Talqılaw:Minayxan Jumanazarova
Tema qosıwUsı betke kiriwler statistikası |
| Bul bet Minayxan Jumanazarova atamasındaǵı maqala boyınsha máseleler dodalanatuǵın maydan bolıp tabıladı. |
|
| Derekler izlew: Google (kitap · jańalıqlar · akademiyalıq · erkin súwretler · WRS) · FENS · JSTOR · NYT · WP kitapxanası |
Қарақалпақстан Республикасына мийнети минген мәденият хызметкери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыушылар ауқамы ағзасы шайыра Минайхан Жуманазарова 1957-жылы 4 - октябрде Бозатау районының «Еркиндаря» хожалығында Аймурат уста шаңарағында тууылады. Әкеси қарақалпақ тарийхында из қалдырған Пирим ийшан ал, анасы болса, журт түлеген Ешимахунның ауладынан.
Әкеси уста болсада ески қарақалпақ әдебиятын жақсы меңгерген инсан еди. Болажақ шайыра жаслайынан үй китапханасындағы әдебиятларды қунт пенен оқып, әтирапындағы ҳәдийселерге итибарсыз болмады. Мектепте оқып жүрген жыллары, яғный 1972 жылдан баслап оның ҳәр қыйлы жанрдағы мазмунлы шығармалары баспа сөз бетлеринде жарық көре баслады.
Ол 1987 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факултетин тамамлады. 1991-1992 жыллар аралығында Қарақалакстан телевидениесинде редактор лауазымында өз искерлигин алып барды. Сондай ақ, 1992-2010 жыллар дауамындада Қарақалпақстан радиосында редактор ҳәм бөлим баслығы лауазымларында жумыс иследи.
С А З
Өз искерлиги дауамында ол адебияттан қол үзбеди. Поэзияның машақатлы майданында шебер қәлем тербеткенлиги, тынымсыз излениулери нәтийжесинде туңғыш топламы «Елим деп ениремесен» деген ат пенен 1992-жылы басып шығарылды. Буннан тысқары «Журегимде бир дарт бар», «Алуидағ айтпайман мухаббат», «Еле мен», «Ешим ахун ҳәм оның әуладлары», «Ажаға», «Кетпек ушын келгенмен», өзбек тилинде «Яшин булмай яшай олмайман», «Калбингизда қолгим келади» қосықлар топламлары ҳәм «Тумаристиң сөзлери», «Балалык шақ» гурриңлер топламы жарық көрди. Ал 2019-жыл да болса, «Минайхан» атамасындағы кең көлемли шығармалар топламы басып шығарылды. Буннан тысқары оның публицистикалық мақалалары, очерклери, эсселери баспа сөз бетлеринде жәрияланып барды.
С А З
Уатанга деген садықлық, мехир мухаббат, ар-намыс, хуждан темасы шайыра шығармаларының баслы ураны болып, тек өз кеуил сарайы, ар-намысы менен ҳужданына жүгинип шығармалар дөретти. Сонлықтанда бүгинги куни шайыр шығармалары қарақлапақ миллий поэзиясында өзиниң салмақлы орнына ийе. ~2026-25857-15 (talk) 19:00, 2026-jıl 28-aprel (UTC)