Kontentke ótiw

Wikipedia talqılawı:Maqala baslawshılar ushın qısqa qollanba

Basqa tillerde kórsetiw funkciyası bul bet ushın islemeydi.
Tema qosıw
Wikipedia — erkin enciklopediya

Қарақалпақ қара-үйи

[derekti redaktorlaw]

Қара-үй- көшпели ҳәм ярым көшпели халықлардыӊ еӊ әййемги үйлериниӊ бири болып, қарақалпақларда қоӊсы халықларға қарағанда кеӊ таралған болып, ҳәзирги күнге шекем кеӊ таралып келген болып, оныӊ өз өзгешеликлери қурылысы ҳәмде дәстүлери менен ажыралып турады. Оны ағаштан усталар ҳамде ҳаяллар нағыс берилген тоқымалар менен ислеген.

        Қара –үйлер эрамыздыӊ I-мыӊ жыллықларыныӊ орталарында пайда болған, көшпели халықлар жасаў шәраятына бола ҳаўа райы жазда ыссы болғанлықтан қара үйлер қурып жасаған. Қарақалпақларда қара үй алты, сегиз, он еки қанатлы етип қурылған.Қара үйдиӊ иши екиге оӊ ҳәм шеп тәрепке бөлинген, оӊ тәреп төри болған. Қара үй ишкерисиндеги затлар семьядағы дәстүрге байланыслы койып шығылған. Қызыл басқур, ақ басқур, белжип қощкар мүйизли нағыслапып  қарай үйдиӊ қабырғаларык қурастырып байлаўда пайдаланған. Оӊ тәреп ер адамларға тийисли болған, шеп тәреп ҳаялларға хожалық буйымлары (қазан аяқ), ол жерде аўқат таярлайтуғын затлар жайласып, дийўалда (керегеде) ун салып коятуғын қалта (шанаш) илдирип койылған ҳәм қабақтан исленген ыдысқа азықлық затлар салынған, ол жерде ҳәмде қалтада дәнлер сондай ақ суў және қол дигирман, кели-келсап, гүби ҳәмде ыдысларды қоятуғын сабаяқ шкаф,  жайласқан. Қара үйдиӊ оӊ жағында аттыӊ ерин, тақым ҳ.т.б сақлаған, сондай ақ оӊ жаққа шымылдықта илдирип қойылған, ол жерде еки қабат келиншеклер туўмастан алдын  ҳаяллар менен жатқан. Қара үйдиӊ төрине жақын жерде сандық жайласқан болып, онда төсеклер сақланған. Қара үйдиӊ ортасында төртмүйешли ошақ атөшкир жайласқан болып оныӊ шетинде ернеги онша бийик болмаған әтештен болып, онда қоз шала жанып турған от болып ол ҳәм үйди жақты қылған ҳәм от жағыў ушын пайдаланылған.

        Қара үйлерде айрым ўақларда, ылақ ҳәмде қозыларда сақланған, бай адамлар аӊға шығыў ушын мыйқы яки бүркит сақлаған.

Қарақалпақ қара-үйинде болатуғын дәскелер

        Кереге – Ағаштан исленген қара уйдиң қабырғасы

        Уўық – Қара уйдиң шаңарағы менен керегесин тутастырып турыўшы бөлеги

        Шаңарақ – Қара үйдиң төбе бөлеги. Шаңарақ уйдиң төбесин гүмбездей етип көрсетеди.

        Уўық баў – уўықты керегеге байлайтуғын баў.

        Баў-шуў – отаўдағы қур, баўлардың жалпы аты.

        Үзик – отаўдың кийиз жабыў. Көбинше ақ қойдың жүнинен исленеди.

        Қур – отаў, қара уй жиҳазларының жалпы бир атамасы.

        Белдеў – Керегени ший менен жаўғаннан кийин, белинен тартып байлайтуғын 30-40 см

Дигирман – Дәнди езип унға айландыратуғын қурылма. Қара уйдиң шеп жағында турады.

Шанаш – Ун салып коятуғын қалта.

Сабаяқ – Ыдысларды салып қоятуғын шкаф

        Сандық – Керекли затларды сақлап қоятуғын ыдыс. Қара уйдиң төринде турады.

        Кепшик – Дәнли егинлердиң қоғын алатуғын дийқаншылық буйым.

Ерин, тақым – Аттың ери, қара уйдиң оң тәрепине қойылады.

        Әтештан – Ошақтың қозы түсетуғын алдынғы тәрепи

Қамшы – териден өрип исленген шабарманлардың, жай атлылар қуралы.

Аттың дорбасы өз алдына өнер түрлери пайдаланып тоқылған. Көбинесе ат дорбаны қой жүни, ешки жүнинен аралас жиптен гилемниң нағысларын салып тоқыған. Дорбаның аттың басына илетуғын баўы, дорбаның еки қапталында оған сән берип туратуғын пепеклери болған.

Беллик - аттың белине тартылатуғын күшли айылы.

Терлик ат терлегенде терди өзине сиңирип туратуғын киши жабыўы.

Куйысқан аттың мойнына ердиң жылжып кетпеўи ушын пайдаланады

Тебинги териден исленген, ердиң еки қапталында болады.

Терлик деп аттың терин сиңириў ҳәм аязлатпаў ушын пайдаланылатуғын буйымды атайды. Терликке нағыс салынады.

Желемик атты жаўып қоятуғын жипектен исленген жабыў. Шетине нағыс салынады.

Жона - аттың ери батпаўы ушын ердиң астына қояды, ол майда етип өнер менен сырылады, нағыс салып исленеди, шашақлы болады.

Тилла ер - сөзи дәстанларда ең көп ушырасатуғын сөзлердиң бири. Қарақалпақларда аттың ери үлкен искусство өнери менен исленген. Ағаштан исленеди, сүйек пенен әшекейленеди, мыс, алтын пайдаланады.

Айыл менен таралғы ер аттың үстинен аўмаўы ушын тартылады.

Қос айыл ҳәм шам айыл бул айылдың түрлери.

Ердин жанбаўы болады.

Узенги ерге миниў ушын және ердиң үстине минген адам еки аяғын тиреп отырыўы ушын пайдаланады. Зәңги ерге жалғастырылады, ерге жалғасқан жери териден исленеди, аяқты тиреп отыратуғын жери темирден исленеди. Зәңгини узайтыўға, қысқартыўға болады, оны тебинги деп атайды.

Сийнемент аттың көксин жаўып турыўға пайдаланған.

Төслик аттың тесине қойылады.

Беллик белине тартылады.

Аттың басына ноқта, суўлық, аўызлық, шылбыр, көзлик пайдаланады. Атты отлаўға жибергенде, я бир жерде турғанда тусаў, кисеннен пайдаланған. Аттың қоржыны қарақалпақларда өнердин ең жоқары түри. Оны гилем тоқыўшылар таярлаған. Ол жүннен ийрилген, жиптен нағыс салып тоқылған, оның аўзы өрип жабылған.

Зер баўырлы қамшы. Аттың қамшысын таярлаў бул да өнердиң ең баҳалы түри болған. Бул қамшының баўын малдың ийленген тери- синен өрген. Қарақалпақлар ата-бабасынан қалған қамшыны ақ отаў- дың төрине илдирип қойыў дәстүр болған. Оның колга услайтуғын тәрепи тут, жийде, ерик ағашынан исленип, ол өрип қапланады. Жез қосып өрилген қамшыны "жез баўырлы қамшы" дейди. Қамшының услайтуғын тәрепинде териден шашақлы баўы болады. Salamatsu (talqılaw) 11:32, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақ илиминиң сәркардасы академик Сабыр Камалов 100 жаста

[derekti redaktorlaw]

Академик Сабыр Камалов деп илимий орталықта жаңлағанда ҳәр бир илимпаздың ҳәм излениўшиниң көз алдынан илим сәркардасы келетуғыны анық.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети синген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги, тарийх илимлериниң докторы, профессор Сабыр Камалович Камалов 1924-жылы 10-сентябрьде ҳәзирги А.Досназаров атындағы фермерлер хожалығы аймағындағы «Қарабуға» аўылында туўылған.

1944-жылы урыстан қайтқаннан соң, Шымбай қаласының орта мектеплеринде әскерий таярлық пәнинен муғаллим болып ислей баслады. 1944-жылы Қаракалпақ Мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетинде оқып жүрген күнлеринен баслап-ақ өзи қатарлы студентлерге әскерий ис пәнинен сабақ берд. Студентлик гезинде, яғный 1948-жылдың январь айынан баслап Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақ экономика ҳәм мәденият илим-изертлеў институтына киши илимий хызметкер болып жумысқа кирип, өз илимий-дөретиўшилик исин баслады. Өзбекстан Илимлер Академиясы Тарийх ҳәм археология институтына аспирантураға оқыўға түсти. Сол ўақыттағы елге аты танылған алымлар С.П.Толстов, Т.А.Жданко, В.А.Рыбаков, М.М.Герасимов ҳәм басқалар менен илимниң сырларын үйренип, қарақалпақ халқының тарийхын изертлеген.

1953-жылы апрелде «Қарақалпақлар Россияға қосылғанға шекем Хийўа ханлығының қурамында (1800-1873 жж.)» атлы темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 1955-жылы оның биринши «XIX әсирде Хийўа ханларына қарсы қарақалпақлардың халық-азатлық ҳәрекетлери» атлы дәслепки монографиясы, 1958-жылы «XVIII әсирдиң екинши ярымы – XIX әсирдиң басында Хийўа ханларының қарақалпақларды басып алыўы», 1968-жылы «Қарақалпақлар XVIII-XIX әсирлерде (Россия ҳәм Орта Азияның басқа ханлықлары менен қатнасықлары тарийхына)» атлы китаплары баспадан шықты. С.Камалов 1969-жылы докторлық диссертациясын табыслы жақлап шықты.

1974-жылы Сабыр Камаловқа профессор атағы берилди ҳәм сол жылы Өзбекстан Илимлер Академиясының хабаршы – ағзасы, ал 1979-жылы болса ҳақыйқый ағзасы етип сайланды. 1973-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери», ал 1974-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери» атақлары берилди.

Илимий жумыслар менен бир қатарда, С.Камалов жәмийетлик ислерди де алып барды. Ол 1959-1999-жылларда 40 жыл даўамында үзликсиз Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан Жоқарғы Кеңеслерине депутатлыққа сайланып келди. 1963-1985-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы баслығының орынбасары болып иследи.

1961-1965-жыллары Қарақалпақстан «Билим» жәмийетиниң баслығы лаўазымында хызмет атқарды. 1961-жылдан 1996-жылға шекем «Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Хабаршысы» илимий журналының бас редакторы, ал 1996-жылдан баслап редактордың орынбасары, 1994-жылдан С.Камаловтың тиккелей қатнасыўында ӨзРИА  Қарақалпақстан Бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты жанында ашылған тарийх илимлеринен кандидатлық диссертацияларды қабыллаў ҳәм жақлаў бойынша Қарақалпақстанда биринши Қәнигелестирилген Кеңес ашылып, сол Кеңеске басшылық етип киятыр.

Сабыр Камалов бир қатар орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды. Оған еки рет Өзбекстан Жоқарғы Советиниң Ҳүрмет Жарлығы берилди. 1994-жылы ғәрезсиз Өзбекстан Республикасының «Жасорат» ҳәм «Шухрат» медалларына ылайық болды. 2003-жылы Өзбекстан Ҳүкимети Сабыр Камаловты «Ел журт ҳурмети» ордени менен сыйлықлады. Өзбекстан Ҳүкиметиниң академик Сабыр Камаловтың хызметлерин бундай жоқары баҳалаўы Ўатанымыз өз перзентиниң елде илимниң гүллеп, раўажланыўындағы пидәкерли мийнетин ылайықлы баҳалағанлығын және бир мәртебе көрсетти.

Академик С.Камаловтың жәриялаған мийнетлериниң тематикасы ҳәр қыйлы. Оның мийнетлериниң дизиминен 400 ден артық илимий, илимий-көпшилик ҳәм оқыў-методикалық жумыслары: монографиялары, китаплары, брошюралары, сондай-ақ, топламлардағы бап ҳәм бөлим-параграфлар, республикалық газета ҳәм журналлардағы мақалалары орын алған. Соны да атап өтиў керек, академик С.Камаловтың қәлемине қарақалпақ халқының тарийхы, этногенези, бүгинги күн тарийхый процессинде жәмийетимиздиң раўажланыўына байланыслы мәселелерге арналған кең көлемли шығармалар жатады. Бул, дерлик, қарақалпақ халқының антик дәўирден бүгинги күнге шекемги басқышты өз ишине алған әсирлик тарийхы. Мысал ретинде автордың «XIX әсирде Хийўа ханларына қарсы қарақалпақлардың халық-азатлық ҳәрекетлери» (Нөкис 1955), «Хорезм оазиси халықларының дослығы ҳаққында» (Нөкис. 1996), «Қарақалпақлар XVIII-XIX әсирлерде (Россия ҳәм Орта Азияның басқа да ханлықлары менен қатнасықлары)» (Ташкент, 1968) китапларын атап өтсек арзыйды.

Әсиресе, ол ғәрезсизлик жыллары үлкен инта менен дөрете баслады. Қысқа ўақыт ишинде 10 ға шамалас мийнетин жарыққа шығарды. Солардан: «Қарақалпақстан тарийхы», «Қарақалпақлар XVI-XVIII әсирдиң екинши ярымында» «Төрткүл – Қарақалпақстанның биринши пайтахты», «Ерназар Алакөз – халық батыры», «Вамбери қарақалпақлар туўралы», «Халқы ушын шейит өлген батырым», «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетшилигиниң тарийхынан» китапларын атып өтсек болады. 1997-1999-жыллары авторлар топары қурамында Сабыр Камалович үш томлық «Өзбекстанның жаңа тарийхы» китабын жазыўға қатнасқан (Ташкент. 1999-2000).

ХХ әсир Қарақалпақстан тарийхының теориялық аспектлерине итибар қарата отырып, Сабыр Камалов тоталитар система тәрепинен айыпсыз репрессияға ушыраған елимиздиң мәмлекетлик ғайраткерлериниң атларын мәңгилестириўде көп мийнет еткен.

Академиктиң мийнетлеринде А.Досназаровтың, Қ.Әўезовтың, К.Нурмухамедовтың, И.Бекимбетовтың, Н.Сапаровтың ҳәм басқалардың өмири ҳәм хызметлерине кең дыққат бөлинген. 1995 –жылы академик С.Камалов өз мийнетлеринде илимий тийкарлап ҳәм бир неше басқышларға бөлип ХХ әсир Қарақалпақстан тарийхындағы сиясий репрессияларды изертлеўдиң характеристикасын берди. Академиктиң илимий жуўмақлаўлары бул мәселелерди изертлеўшилер ушын жол көрсетиўши бағдарлама сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 1997-жыл 24-февральдағы №45/2 санлы «Қарақалпақстанның жаңа тарийхын дүзиў ҳаққында» қарарына муўапық алым «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» китабын жазыў бойынша авторлар топарына басшылық етти. Китап 2003-жылы «Қарақалпақстан» баспасында басылып шықты. Китаптың ең әҳмийетли бөлимлери С.Камаловтың өзи тәрепинен жазылды. Бул китаптың жарық көриўи ҳәзирги күнде жәмийетшилигимиз турмысындагы көзге көринген, дыққатқа ылайық үлкен ўақыя болды. Автордың «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм олардың мәмлекетшилигиниң тарийхынан» китабының бүгинги күнде оғада актуал екенлигин айтып кеткен орынлы.  Себеби, көлеми онша үлкен болмаған бул китабында, С.Камалов кең жәмийетшиликке түсиникли түрде қарақалпақлардың келип шығыўы мәселеси, көп әсирлер даўамында қарақалпақлардың мәмлекетшилигиниң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў басқышлары ҳаққында сөз етеди. Ол бурын белгили болған фактлерди де жаңаша «сөйлете» алған. Бул мийнети ҳүкиметимиз ҳәм жәмийетшилигимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2002-жылы усы китабы ушын Қарақалпақстан Республикасының илим ҳәм техника бойынша берилетуғын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

Ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ С.Камаловтың басшылығында Қарақалпақстан халықларының тарийхы, мәдений мийрасы, раўажланыў машқалаларына бағышланған бир қанша илимий проектлер орынланды. Солардан:

1.«Қубла Арал бойы халықларының тарийхы ҳәм мәденият тарийхы бойынша шығыс дереклериниң корпусы», «Өзбекстанның ғәрезсизлигиниң қәлиплесиў дәўиринде Қарақалпақстанның мәденияты, илими, көркем-өнери, экономикасы: Қарақалпақстан мың жыллықлар аралығында», «Қарақалпақ халқының қайта туўылыўы ҳәм раўажланыўы», «Қарақалпақ халқының мәмлекетшилиги тарийхы», «Қарақалпақстан халықларының дәстүрий өнерментшилик өндирисин үйрениў (қайта ендириў ҳәм раўажландырыў машқалалары), «Қарақалпақлар тарийхын сырт еллерде Орайлық Азияны изертлеўлер контекстинде үйрениў» грант темалары болып табылады.

Академик С.Камаловтың тиккелей қатнасыўында 1997-жылы биринши мәрте орта мектеплер ушын Қарақалпақстан тарийхы бойынша бағдарлама жазылды. Сол ўақыттан баслап республика мектеплеринде  Қарақалпақстан тарийхы пән сыпатында өтиле баслады. Оның авторлығындағы Қарақалпақстан тарийхы бойынша кейинги сабақлық 1993-жылы баспадан шықты. Сол сабақлық негизинде Қарақалпақстан тарийхы бойынша басқа да сабақлықлар дүзиле баслады. Усылайынша, 1995-жылы Қарақалпақстан тарийхынан сабақлық жазылды. Алымның қатнасыўында орта мектеплер ушын сабақлықлар басылып шықты.

Сабыр Камаловтың Германия (Берлин), Австрия (Вена), Финляндия (Хельсинки), Туркия (Анкара), Россия (Москва, Оренбург), Украина (Киев), Туркменистан (Ашхабад), Қазақстан (Алматы) ҳәм басқа қалаларда ислеген илимий баянатлары сырт ел баспаларынан шықты. Оның атын дүнья жүзиниң жетекши илимий жәмәәтлери арасында жақсы таныған. Ол тек ғана илимий жумыста ислегенде, илимий мийнетлери еле де көп болған болар еди. Бирақ оның ўақтының басым көпшилиги административлик жумысларға сарыпланды. 5 жыл педагогикалық институттың ректоры, 35 жыл Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан Филиалын ҳәм соңынан бөлимин басқарды.

Ол басқарған дәўир ишинде ӨзРИА ның кейин ала Бөлимге айналған Қарақалпақстан филиалы (1961-1996 жж.) Қарақалпақстанда илимниң ҳәм илимий кадрларды таярлаўдың нағыз орайына айланды. Егер филиал дүзилген ўақытта (1959) республикада 1 илим докторы ҳәм 18 илим кандидатлары ғана ислеген болса, 1996-жылға келип илим докторларының саны 60 қа, ал илим кандидатларының саны 600 ге жетти. Бул ўақыт ишинде Қарақалпақстан илими халық аралық сахнаға шықты, келешекте раўажланыў перспективалары белгиленген.

С.Камаловтың шөлкемлестириўшилик таланты менен ӨзРИА ҚҚ Филиалының қайта дүзилип, бөлимге айланған. Оның басламасы ҳәм тиккелей қатнасыўының арқасында жаңадан илимий-изертлеў институтлары, атап айтқанда, Тәбийий илимлердиң комплексли институты, Есаплаў Орайы (ҳәзир ол Арал бойы социал-экономикалық машқалалар институты болып қайта дүзилди), Биоэкология институты, Тарийх, археология ҳәм этнография институты дүзилди. Солай етип, егер 1961-жылы филиалда бир ғана Тарийх, тил ҳәм әдебият институты болған болса, 1996-жылға келип Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими қурамына алты илим-изертлеў институтлары киретуғын болған.

Академик С.Камалов тек тарийхшы ғана емес, туўған жериниң нағыз перзенти, халқының дәртлерин жүрек төринен қабыллаған ол Арал апатшылығына, Ана тәбиятқа байланыслы машқалаларды шешиўде шетте қарап отыра алмады. Көп ғана регионаллық ҳәм халық аралық форум ҳәм әнжуманларда, республикалық ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында Дүнья жүзи ушын тәшўиш болған Арал теңизин сақлап қалыўға, қорғаўға шақырған.

Академик Сабыр Камалов бир неше илимий жойбарларға басшылық еткен. Солардан «Қарақалпақлардың этник тарийхының социал-экономикалық аспектлери (XIX әсирдиң екинши ярымы – ХХ әсирдиң баслары)», «Жазба дереклерди илимий тәрийплеў, Қубла Арал бойы халықлары тарийхының тарийхнамасы» илимий жойбарларында қатнасқан. ӨзРИА Қарақалпақстан Бөлими Президиумының мәсләҳәтшиси, Тарийх, археология ҳәм этнография институтында жетекши илимий хызметкер болып ислеп келген.

Сабыр атаның адамгершилик пазыйлетлерин көплеп шәкиртлери мақтаныш пенен тилге алады. Ол ҳәр дайым илим жумысының дурыс шөлкемлестирилиўиниң, олардың дөретиўшилик исине тийисли шәраят туўғызыўдың тәрепдары болып келген. Соның менен бирге ол кең пейил, атына жараса сабырлы, ҳәзилкеш инсан, үлгили шаңарақ басшысы болған.

Академик С.Камаловтың өмири ҳәм турмысы, хызметлери тек илим интеллигенциясы ушын өрнек болып қалмастан, жас әўладты садықлық ҳәм Елге муҳаббат, билимге қуштарлық руўҳында тәрбиялаўда үлги бола алады.

Salamatsu (talqılaw) 11:33, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери тарийх илимлери докторы, профессор М.-Ш.Қдырниязов

[derekti redaktorlaw]

Республикамызда илим пәнниң раўажланыўына үлес қосқан пидайы илим ғайраткерлери көпшиликти қурайды. Бирақ, солардыӊ қатарында өз илимий мектебин жарата алғанлар жуда көп емес, мине усы илим пидайылары қатарына өткен әсирдиң 70-жылларында жергиликли археология мектебиниң қәлиплескен ўақтында тарийх илиминиң машақатлы соның менен бирге қызықлы тармағына кирип келген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Археология» кафедрасы профессоры, тарийх илимлери докторы, археолог илимпаз М.-Ш.Қдырниязов болып табылады.

Уллы Алишер Наўайы атап өткениндей, «дүньяның бар байлық ҳәм ғәзийнеси менен де сизлердиң жоқары мәртебели мийнетиңиздиң ҳақын қайтарып болмайды».

Археолог илимпаз мийнетлерин хүкиметимиз терең баҳалай отырып,

1-октябрь «Устазлар ҳәм оқытыўшылар куни» мүнǝсибети менен алымға «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» атағы салтанатлы түрде берилди. Əлбетте, илим жолында алып барылған мийнеттиң аз ғана дыққат итибарға алыныўы инсанға қосымша дөретиўшилик илҳам бағышлайды. Əсиресе жас әўладты тәрбиялаўда, оларды илимге бағдарлаўға, елимиздиң тарийхый мәдений орынларын археологиялық жақтан изертлеўлерге, илҳамландырыўға талпындырады ҳәм күш-қуўат бағышлайды.

Шынында да, ҳәр бир жас нәрестени өз перзентиндей ардақлап, жас әўлад тәрбиясы ушын көз нурын, қәлбин, пүткил барлығын инәм ететуғын устазлар туўра мәниде пидайы кәсип ийелери есапланады.

Уллы ағартыўшы Абдулла Авлоний «Инсан ақыл-ойының қуўаты ҳәм кеңлиги бәринен бурын муғаллимниң тәрбиясына байланыслы» деген сөзлери сизлердиң машақатлы, соның менен бирге, уллы ислериңизге берилген жоқары баҳа болып есапланады. Себеби, устазлық Алла нурын салған уллы бир мәртебели кәсип, мине усы мәртебеден жәмийеттиң пүткил жәмәәтине нур, зыя таралады.

Қдырниязов Муҳаммед-Шарип 1950-жылы 30-мартта Қоңырат районының бурынғы жетинши аўыл советинде екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы шаңарағында дүньяға келген. Оның шаңарағы белгили себеплерге көре сол жылдың жазында Хожели қаласына көшип өтеди. Баласының оқыўға деген ықласын байқаған әкеси оны алты жастан баслап орта мектепке оқыўға береди. Устаз 1966-жылы №1 санлы мектепти питкерип, Қарақалпақстан мәмлекетлик педагогика институтының (ҳәзирги Əжинияз атындағы НМПИ) тарийх-филология факультетине оқыўға киреди. Еле студент пайытында-ақ илимге шын ықлас қойып, дәслепки илимий мийнетлери рус әдебиятындағы тюркизм тарийхына бағышланады. Əсте ақырынлық пенен тийкарғы илимий қызығыўшылығы болған пәнлер арасында дыққат итибарды ҳәм умтылыўды талап ететуғын, тарийхый сырларға толып-тасып атырған археология илимине деген ықласы қәлиплесе баслайды.

Илимпаз 1969-жылдан 1971-жыллар аралығында белгили алым, археолог В.Н.Ягодин басшылығындағы ӨзРИА ҚҚ филиалы Курганча археологиялық экспедициясына белсене қатнасады. Сол пайытта-ақ устазымыздың талапшаңлығына сай оғада қурамалы болып есапланған өз бетинше археологиялық қазыў ислерин алып барыў исенип тапсырылған еди. Педагогикалық институтты 1971-жылы тамамлаған соң, ӨзР ИА ҚҚ филиалы Тил ҳәм әдебият илим изертлеў институты «Археология» секторына жумысқа шақырылады.  

1971-жыл ноябрьден 1972-жыл декабрь айы аралығында болажақ илимпаз Ўатан алдындағы әдиўли миннетин атқарып армия қатарында хызметте болады. Узтаздың илимий уқыплылығын есапқа алған ƟзР ИА ҚҚ филиалы басшылығы 1973-жылдың басынан бул инсанды М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетине дәслеп стажировкаға, соң аспирантураға оқыўға жибереди. Бул жерде «Археология» кафедрасында дүньяға белгили илимпаз Г.А.Федоров-Давыдов басшылығында Евразия көшпелилери нумизматикасы тарийхы ҳәм Алтын Орда қала цивилизациясы тарийхын пүткиллей үйрене баслайды. 1973-1977 жыллары Москвада Қдырниязов ММУ «Археология» кафедрасында археология илими ушын зәрүрли болған теориялық көнликпелерди өзлестиреди. ММУ ҳәм РИА археология институтының археология илиминиң пүткил дүнья тән алған илимпаз алымларынан А.В.Арциховский, Б.А.Рыбаков, Л.Р.Кызласов, В.И.Янина, И.Т.Кругликова, И.В.Яценко, В.М.Массон, Г.А.Федоров-Давыдов ҳ.т.б. лекцияларын тыңлайды ҳәм зәрүрли сабақларын алады. ММУ да оқып жүрген пайытларында устазымыз Волга бойында 1973-1976 жж, Алтын Орда пайтахты, РФ Волгоград ҳәм Астрахань ўалаятларындағы Кривой Луки ҳәм Никольск көшпелилери курганлары археологиялық экспедицияларында дала изертлеў ҳәм археологиялық қазыў жумысларында қатнасады. 1980-жылы М.В.Ломоносов атындағы ММУ да «Города Хорезма Золотоордынского периода» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы қорғағаннан соң, ӨзР ИА ҚҚБ «Археология» бөлимине жумысқа қайтады.

«Археология» бөлиминде жумыс ислеген жыллары илимпаз Айбүйир, Устирт, Хорезм археологиялық экспедициясы қурамында өз алдына илимий- изертлеў ислерин алып барады. 1982-жылдан баслап устазымыз конкурслық таңлап алыў тийкарында Бердақ атындағы ҚМУ «Тарийх» кафедрасына үлкен оқытыўшы сыпатында жумысқа өткен. Университетте ислеген жыллары илимпаз археолог доцент атағын, кейин профессор атағын алып, тарийх факультетинде илимий ислер бойынша декан орынбасары, оқыў ислери бойынша декан орынбасары, кафедра баслығы, факультет деканы лаўазымларында пидайы мийнет алып барады.

2005-жылы устаз археолог Самарқанд қаласында ӨзР ИА Археология институты қәнигелестирилген кеңесинде «Культура Хорезма XIII-XIV вв» темасында докторлық диссертациясын табыслы қорғап шығады. Илимпаз археологтың илимий қызығыўшылығы Қубла Арал бойының орта әсир тарийхы ҳәм материаллық мәденияты менен тығыз байланыслы. Бүгинге шекем устаздың 200 ден аслам тезислери ҳәм 40 тан аслам илимий мақалалары ҳǝм мийнетлери бар. Олар арасында монографиялардан: «Материальная культура городов Хорезма XIII-XIVвв.» (Нукус, 1989), «Золотая Орда и культура Южного Приаралья» (Нукус, 1993), «Городская культура средневекового Хорезма  XII-XIV вв.» (Самарканд, 2007), «Средневековый Миздахкан» (Самарканд, 2010), «Культура Хорезма XIII-XIV вв.» (Самарканд, 2015), «История цивилизации Хорезма» (Нукус, 2017).

Илимпаз археолог тәрепинен бир қатар оқыў қолланбалар ислеп шығылған болып, олардан: «Археология Приаралья позднежелезный век» (Нукус, 1989), «Алтын Орда дәўириндеги Түслик Арал бойы мәденияты» (Нөкис, 1993), «Письменные источники и исследования по археологии средневекового Хорезма» (Нукус, 1995), «Орта Азия археологиясы. Қǝдимги ҳәм орта әсир дәўири» (Нөкис, 2003), «Хоразмнинг ўрта аср шаҳарлари маданияти» (Нөкис, 2006), «Амир Темур ҳәм Темурийлер дәўириндеги Арал бойы мәденияты» (Нөкис, 2009), «Орта әсир Хорезм археологиясы культурогенези» (Нөкис, 2018), ҳǝм басқа да мийнетлери баспадан шыққан. Алым устаздыӊ сырт ел баспаларында: Франция, Россия, Казахстан, Молдова ҳ.б. еллердеги илимий басылымларда да өз илимий изертлеўлер нәтийжелерин жәриялаўға ерисе алған.

Елимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң археолог алым раўажланған орта әсирлер дәўири Хорезм қаласазлық мәдениятына байланыслы бир қатар илимий жойбарларды ислеп шықты ҳәм оларға басшылық етти. Солардан ӨзР МК жанындағы илим ҳәм техника бойынша Мәмлекетлик Комитет тәрепинен қаржыландырылған илимий жойбарлар болып, олардан: «Урбанизационные процессы в средневековом Хорезме.XII-XIVвв.», «Амир Тему рва Темурийлар даври Хоразм маданияти XIV асрнинг 70-йиллари –XV аа.», «Хоразм цивилизацияси тарихи», «Ўрта аср Хоразм археологияси культурогенези».

Устаз археолог бир қатар халықаралық илимий теориялық, илимий әмелий конференцияларға: Ташкентте 1997, 2002, 2008, 2010, 2018; Самарқандта 2004, 2007, 2008, 2015; Актобе- Актау 2006,2007, 2010, 2015,2018; Москвада 2006, 2008, 2013; Азовта 2002; Астраханда 2011; Казаньда 2013; Шымкентте 2008; Киевте 2008, Кишиневта 2018 жыллары өткерилген Евразия еллери қаласазлық мәденияты, Уллы Жипек жолы диалог жолы, Орта әсирлер көшпелилер мәденияты, Алтын Орда дәўири қаласазлығы, Орта Азия қалалары жасы бойынша юбилейлерине бағышланған халықаралық конференцияларына қатнасқан.

Жоқарыда айтып өтилгениндей, археолог алым өз илимий мектебин жаратыўға миясар болған, устаздың тиккелей өзи басшылығында С.Уталиев, Р.Бауетдинов, Б.Турғанов ҳәм басқалар кандидатлық диссертацияларын табыслы қорғаған болса, ҳәзирги пайытта бир қатар үлкен илимий хызметкерлерге: С.Сайпов, А.Алимбетов, М.Толыбаев ҳәм археология қәнигелиги бойынша бир қатар магистр талабаларға илимий мәсләҳәтши болып, оларға дурыс илимий бағдар көрсетиўде белсендилик қɵрсетти.

Соның менен бирге С.Ильясова, К.Машарипов, М.Мадаминов, Т.Абдуллаевларға кандидатлық диссертация ислерине, Б.А.Байтанаев (Алматы), Б.Ж.Эшов (Ташкент), Б.Х.Матбабаев (Самарқанд) ҳǝм басқалардың докторлық диссертация жумысларының рәсмий оппоненти болды. Археолог алым М.-Ш.Қдырниязов ӨзР ИА ЖАК Д.015.93.01 Өзбекстан Миллий университети ҳәм К.015.30.01 ӨзР ИА ҚҚБ КГИИИИ жанында қәнигелестирилген 07.00.01-«Тарийх» бирлескен арнаўлы кеңеси ҳәм Самарқанд Археология изертлеўлер институты жанындағы 07.00.06-«Археология» арнаўлы кеңесиниң турақлы ағзасы болған. Ол 1986-жылдан берли Миздахкан қалашасында, 2004-жылдан Пулжай естелигинде,

2015-жылдан Жампыққала естеликлеринде алып барылған ҚМУ археологиялық экспедициясына пидǝкерлик пенен басшылық етти.

Археолог илимпаз илимий дөретиўшилиги менен қоса жас әўладқа тәрбия бериўде ҳәм илим сырларын үйретиўде педагогикалық жумысларды да алып барған еди. ҚМУ студент талабалары ҳәм магистрантларына «Орта Азия археологиясы», «Əййемги ҳǝм орта әсир Орта Азия қалалары тарийхы ҳәм урбанизациясы», «Нумизматика», «Торевтика», «Тарийхтаныў» пәнлеринен шаршамастан арнаўлы лекциялар оқып келген. Соның менен бирге алым-устаз жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып, «Ўзбекистон Археологияси», «История и археология Турана», «Бердақ атындағы КМУ Хабаршысы» журналларының редакция Кеңесиниң турақлы ағзасы болып табылды.


Salamatsu (talqılaw) 11:37, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ҚАҲАРМАН ИЛИМПАЗ ИЛИМИЙ ЖОЛЫ

[derekti redaktorlaw]

Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, тарийх илимлери кандидаты, профессор, Ғайратдин Хожаниязов 1948 жылы 11-июльде Қарақалпақстан Республикасы Қараѳзек районы аймағында туӯылды. 1972 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институттың тарийх факультетин питкергеннен кейин өзиниң мийнет жолын Тарийх, археология ҳәм этнография институтыда киши лаборант лаӯазымынан баслап, өмириниң ақырына шекем бѳлим баслығы лаӯазымында иследи. 1972-1973 жыллары армия қатарында хызмет етти. 1974-1978 жыллары М.В.Ломоносов атындағы ММУ (МГУ) дың археология кафедрасында профессор Г.А. Федоров-Давыдов басшылығында ҳәм Россия Федерациясы ИА Археология институтының антик археология секторында профессор И.Т. Кругликова басшылығында илимий стажировкада болды. 1980-1983 жыллары аралығында аспирантурада оқып «История фортификации древнего Хорезма» («Хорезмниң әйиемги фортификациясы тарийхы» ) атамасында кандидатлық диссертациясын жақлады.

Ғ. Хожаниязов  1975-1977 жыллар аралғында М.В.Ломоносов атындағы МГУ дың ҳәм РФ ИА Археология институтының Херсонесте (Қрым, Украина), Тѳменги Волга бойларында (Кривая Лука, Сарай Бату, Сарай Берке) ҳәм Ставрополь үлкесинде алып барылған археологиялық қазыӯ жумысларында қатнасты.

Илимлер академиясына жумысқа кирген дәӯиринен баслап Республикамыздың археологлары В.Н.Ягодин, М.М.Мамбетуллаев, Е.Е.Бижанов, Ю.П.Манылов, Н.Юсуповлар менен биргеликте үлкемизде алып барылған археологиялық иззертлеӯ жумысларына белсене қатнасты. Сол ӯақытлардан баслап үлкемиздиң антик ҳәм орта әсир қалаларының фортификациясы илимпазды ѳзине тарта баслады. Ѳткен әсирдиң 80-жылларынан баслап ѳз алдына дала иззертлеӯ жумысларын шѳлкемлестип Арқа-қарақалпақ, Қубла-қарақалпақ, Қызыл-қала, Джампық-қала, Миздакхан археологиялық отрядын шѳлкемлестирди.

Тәжирийбели археолог Ғ. Хожаниязов 50 жылға шамалас дәӯир ишинде үлкемизде шѳлкемлестирилген археологиялық қазыӯ жумысларын бир де бир жылын ѳткерип жиберместен қатнасты.

1984-1990 жыллары аралығында Хийӯа қаласының жасын анықлаӯ мақсетинде шѳлкемлестирилген археологиялық иззертлеӯ жумысларының, 1989 ҳәм 1991 жыллары ЮНЕСКО тәрепинен шѳлкемлестирилген «Уллы Жипек Жолы, Сәӯбетлесиӯ жолы» («Великий шелковый путь. Путь диалога») халықаралық экспедициясының қатнасыӯшысы. 1995 жылдан ҳәзирги күнге шекем даӯам етип атырған А. Беттс, С.У.Хелмс, Ф.Ж.Кидд, Т.Д. Колинлар, Э. Беккер-Брайтлар менен биргеликте «Қарақалпақстан-Австралия» халықаралық археологик экспедициясының қатнасыӯшысы болды.

Жоқарыда атап ѳтилген археологиялық экспедициялар ӯақтында, илимпаз тәрепинен әйиемги ҳәм орта әсир Арал бойы аймақларында бир қанша жаңа археологиялық объектлер ашылып иззертленди. Олар қатарына Ақшүнгил қаласы (1978 ж. Қоңырат районы), Кетменши баба (Тақыятас 2000 ж.), Ақшаханқаланың сыртқы дийӯаллары (1982 ж. Беруний районы), Миздакхандағы Сулайман Хаддадии Мусавий комплекси-Ақ ханака (1989 ж. Хожели районы), Қрантаӯ зардуштийлик некрополи (1999 ж. Нѳкис районы) ҳ.т.б. Илимпаз тәрепинен Хийӯа қаласындағы иззертлеӯлер ӯақтында XIV ә. ақыры – XV ә. басларына тийисли 248 гүмис теңгеден ибарат, Тимур ҳәм тимурийлер дәуиринде 20 жерде (монетный двор) басып шығарылған ғәзийне табылды.

Илимпаздың изертлеӯ жумысларының нәтийжелери Ѳзбекстан, Тәжикистан, Қырғызыстан, Түркменистан, Қазақстан, Россия, Франция, Англия, Австралия мәмлекетлеринде баспадан шықкан 150 ге жақын илимий мақалалар, китаплар ҳәм монографияларда кѳриӯимизге болады. Солардың ишинде ең итибарға ылайықлары «Городище Дэвкескен-Вазир», «The military architecture of ancient Chorasmia (6th century B.C.-4th century A.D.), “Кадимги Хорезм мудофаа иншоотлари, Аййемги Окс дарьясынын томениндеги зардуштлик дининин излери (Ж.Базарбаев соавторлығында), «Қарақалпақстанның әжайып жети естелиги» (Ж.Хакимниязов соавторлығында), «История развития фортификации античного Хорезма», «Les fortifications karakalpakes aux XVII-XIX -e siecles». Cahiers d’Asie Centrale. Karakalpaks et autres gens de L’Aral: Entre rivfges et Deserts, «Five seasons of excavations in theTash-Kיirman oasis of ancient Chorasmia, 1996-2000. An interim report» (Helms S.W., Yagodin V.N., Betts A.V.G., Kidd F.), «The Karakalpak-Australian Excavations in Ancient Chorasmia: the Northern Frontier of the “Civilisedי” Ancient World» (Helms S.W., Yagodin V.N., Betts A.V.G., Negus M.) атап ѳтиӯ керек.

Илимпаздың илимий иззертлеӯ тараӯы әйиемги ҳәм орта әсир Хорезм археологиясы, фортификация тарийхы менен шеклкнип қалмастан, үлкениң этноархеологиясы, дини ҳәм жәмийетлик муқаддес орынларын да ѳз ишине алды. Илимпаздың «The military architecture of ancient Chorasmia (6th century B.C.-4th century A.D.)», «Кадимги Хорезм мудофаа иншоотлари», «Городище Дэвкескен-Вазир» атлы монографияларында дәслепки рет фортификация бойынша кейинги жыллары жыйналған материаллар системаластырылды ҳәм улыӯмаластырылды; ҳәр қыйлы қорғанлардың (қала қорғанлары, муқаддес қорғанлар, қала дийӯаллары) ѳзине тән қәсийетлери анықластырылды; фортификацияның айырым элементлери ҳәм генезис мәселери қайта қорип шығылды; әйиемгихорезм фортификация раӯажланыӯының тийкарғы басқышлары; Орта Азия ҳәм Үстирт кѳшпелилериниң әйиемги фортификациясының раӯажланыӯында Хорезм фортификациясының орны кѳрип шығылды. Булардың барлығы антик дәӯирдеги Хорезм фортификация искусствосы Орайлық Азия фортификация искусствосы менен бир қатарда раӯажланғанлығын ҳәм бул жерде ѳзине тән қорғаныс қурылыслары мектеби болғанлығын кѳрсетти.

Профессор Ғ. Хожаниязов талантлы үлкетаныӯшы ҳәм ескиликлердиң танытыӯшысы сыпатында белгили болды. Оның излениӯлери арқасында Қарақалпақстанның муқаддес орынлары системаласып иззертлене баслады. Илимпаздың басламасы менен халық арасында белгили ҳәм белгисиз болған жәмийетлик-муқаддес орынлардың дизими алынып, буның нәтийжесинде «Қарақалпакстанның мухаддес орынлары» (соавтор О.Юсупов); «Назархан» (Ж.Оразымбетовым пенен биргеликте); «Имам ийшан — қарақалпақ халқының уллы уламасы ҳәм ағартыўшы тулғасы» (К.Наимов пенен биргеликте); «Қарақалпақстандағы естелик қәбирстанлар»; «Қарақалпақстанның әжайып жети естелиги» (Ж.Хакимниязовым пенен биргеликте); «Амударьё» (К.Нуржанов пенен биргеликте) илимий-ғалабалық китаплар баспа жүзин кѳрди.

Қарақалпақстандағы әйиемги дәӯирден баслап бүгинги күнге шекемги тарийхый естеликлер картасы, буннан тысқары «Қызыл-қала», «Қой-қырылған-қала», «Миздахкан» ҳ.т.б. буклетлери ислеп шығылды. Ғ. Хожаниязов «Археологические исследования в Каракалпакии»; «Археология Приаралья». 1-4, 6; бѳлимлери; «Материалы к своду памятников истории и культуры Каракалпакской АССР»; «История и материальная культура Каракалпакстана» топламларының авторлар коллективи қурамы ҳәм атқарыӯшысы сыпатында белгили. Москва, Душанбе, Бишкек, Ташкент, Самарқанд, Хийӯа, Нѳкис, Бостан қалаларында ѳткерилген конференция ҳәм симпозиумларда докладлары менен қатнасты.

Профессор Ғ. Хожаниязовтың тиккелей басламалары ҳәм излениӯлери нәтийжесинде Қарақалпақ халқының кѳплеген белгили тулғаларының қәбирлери анықластырылып, оларға естелик қәбир таслары қойылды; солар ишинде 1991 ж. Жийен Жыраӯ, Ѳтеш шайыр (Қараѳзек районы); 1992 ж. Ережеп тентек Қулшы улы (шымбай районы); Мурат шайық (Қараѳзек районы); 1993 ж. Әжинияз Қосыбай улы (Мойнақ) қәбирлерин айтып ѳтиӯ орынлы.

Ол топонимик объектлерге белгили адамдардың атларын бериӯ бойынша Республикалық координацион кеңестиң (1994-2000 жж.); Бердақ атындағы мәмлекетлиқ сыйлықлаӯ комиссиясының (1995-2000 жж.) ағзалары қурамында болды.

Тарийхый ҳәм мәдений естеликлерди қорғаӯ жәмийетиниң баслығы лаӯазымында ислеп жүрген ӯақытларында (1990-1994 жж.) Қарақалпақстан республикасының жәмийетлик ѳмиринде белсене қатнасты. «Хожели-Қарақалпақстанның әйиемги қаласы» атлы илимий-теориялық конференциясын шѳлкемлестириӯде белсене қатнасты (25 яварь 1995 ж.). Ол бир неше рет «Арал кызлары», «Саният/Art/ Искусство» журналларының редколлегия қурамында хызмет кѳрсетти. Булардан тысқары мәдений-ағартыӯшылық мәкемелериниң хызметинде де актив қатнасыўшысы болды. Ғ. Хожаниязов кѳп жыллар бойы кѳркем-ѳнер музейи шѳлкемлестириӯшиси И.В. Савицкий менен бирге ислести ҳәм биргеликте Қызыл-қала, Джампық-қала ҳ.т.б. кѳплеген антик дәӯир  ҳәм орта әсирге тийисли қалаларда қалаларда археологиялық қазыӯ жумысларын алып барып, музей ушын керекли коллекцияларды жыйнаӯда ѳз кѳмегин тийгизип киятыр. Жигирма жылдан берли Қарақалпақстан үлкетаныӯ музейи менен бирге ислесип Қарақалпақстан археологиясы кѳргизбелерин шѳлкемлестириӯде, ҳәмде Тѳрткүл ҳәм Нѳкис қалаларының 75-жыллық юбилейин ѳткериӯде (2003 ж.), Маъмун Академиясының 1000 жыллығына арналған кѳргизбесин ѳткериӯде, Имам Ийшан Қайыпназар бий улының 220 жыллығы (2004 ж.), профессор Қ. Айымбетовтың (2008 ж.), үлкетаныӯшылар Исмет Мадияров, Атағулла Худайбергенов ҳәм тағы кѳплеген халқымыздың атақлы тулғаларының юбилейлерин ѳткериӯде белсене қатнасты.

Ғ. Хожаниязов Қарақалпақстанның мәдений ҳәм тарийхый естеликлери ҳаққында таярланған бир неше документаллық фильмлердиң консультанты ҳәм авторы болып есапланады. Олар қатарына «Арал бойларындағы А. Темур басып ѳткен жоллар» (Ташкент-Нѳкис 1996 ж.), «Миздакхан», «Мәңгилик сезими» (реж. С.Б.Эгай, Ташкент 2006 ж.), «Алтын мийрас», «Гүлдирсин» ҳ.т.б. айтып ѳтиӯ орынлы.

Сондай ақ профессор Ходжаниязов педагогикалық искерлик пенен де пенен шуғылланып 1994 жылы дәслепки рет НМПИ диң тарийхшы студентлерине дала әмелиятын шѳлкемлестирди. 1998-2020 жыллар аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент ҳәм магистрантларына қәнийгелик жумыслары бойынша лекциялар ѳтип, илимий басшылық етти. Оның авторлығында «Археологиялық ҳәм этнографиялық дала оқыў әмелияты» (оқыў методикалық қолланба, 2004 ж.); «Тарийхый улкетаныў» (оқыў методикалық қолланба, 2001 ж.) атлы оқыӯлықлар баспадан шықты.

Археолог алым Ғ.Хожаниязов өзиниң интеллектуал потенциалын өмир ҳәм илим  жолында дурыс бағдарлай билген исанлардан бири болды. Алым ҳәм устаз  мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2003-жылы «Меҳнат шухраты» ордени менен 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» мәмлекетлик атағы берилгенлигин, жәмийетлик искер Ғ.Хожаниязов 2014-жылғы болып өткен сайлаўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, 2015-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Сенаторы болып сайланғанлығын, 2018-жыл «Беруний авлодлари» жәмийетлик фондының «Беруний әўладлары» көкирек нышаны менен сыйлықланып, 2019-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы аттестация комиссиясы тәрепинен профессор атақлары берилди. Salamatsu (talqılaw) 11:39, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Этнограф алым ҳәм устаз

[derekti redaktorlaw]

Илимпаз ҳәм педагог Қарақалпақстан Республикасында тарийх илиминиң раўажланыўына ҳәм Жоқары билимлендириў тараўында педагог кадрларды таярлаўда белгили дәрежеде өзиниң үлесин қосқан тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Айназар Өтемисовтың туўылғанына 90 жыл ҳәм илимий педагогикалык хызметине 70 жыл толды.

Айназар Өтемисов 1934-жылы Қараөзек районы (бурынғы Тахтакөпир районы) ҳәзирги Қараөзек ширкет хожалығының «Самат» деген аўылында дийқан шаңарағында туўылады. 1953-жылы 10-классты питкергеннен кейин Самарқанд қаласындағы Алишер Наўайы атындағы Өзбек мәмлекетлик университетиниң тарийх факультетине оқыўға киреди ҳәм оны 1958-жылы питкергеннен кейин Қараөзек районындағы И.В.Сталин атындағы орта мектепте тарийх пәнинен муғаллим ҳәм районлық халық билимлендириў бөлиминде методист болып жумыс ислейди. 1959-жылы апрель айынан баслап Өзбекстан Республикасының сиясий ҳәм илимий билимлерди тарқатыў жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлиминде инспектор- методист лаўазымында хызмет етеди.

Ол 1960-жыл февраль айынан баслап Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалының Н.Даўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының археология ҳәм этнография секторында киши илимий хызметкер болып жумыс ислейди ҳәм 1965-1968- жылларда этнография қәнигелиги бойынша Өзбекстан Илимлер академиясының тарийх институтында аспирантурада оқып өзиниң диссертациялык илимий жумысын дәслеп тарийх илиминиң кандидаты Л.С.Толстова, кейин тарийх илимлериниң докторы У.Х.Шалекеновтың басшылығында алып барады. Аспирантураның ўақты питкеннен кейин Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының этнография секторында дәслеп киши, кейин аға илимий хызметкер лаўазымында ислеп илим-изертлеў жумысларын алып барады. Ол 1971-жылы «Түслик Арал жағалаўларындағы балықшылардың турмысы ҳәм мәденияты» ( XIX әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң 60-жыллары) деген темада Ташкенттеги тарийх институтының арнаўлы қәнигелескен кенесинде «Тарийх илимлериниң кандидаты» деген илимий дәрежени алыў ушын диссертациясын жақлады.

Айназар Өтемисов 1960-1977-жыллар аралығында академия системасында илимий хызметкер болып ислеген дәўиринде белгили тарийхшы-этнографлар Т.А.Жданко., У.Х.Шалекенов., Л.С.Толстова., Х.Е.Есбергеновлардың басшылығында Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында, Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қазақстан Республикасының Қызыл Орда ўәлаятларында ҳәм Түркменстан Республикасының Гөне Үргенч районында болған көп санлы тарийхый- этнографиялық экспедицияларға қатнасып, қарақалпақ халқының өтмиштеги ҳәм ҳәзирги дәӱирдеги тарийхы ҳәм этнографиясы бойынша баҳалы мағлыўматлар жыйнайды. Жыйналған материаллар тарийхшы илимпазлардың, соның ишинде А.Өтемисовтың қарақалпақ халқының тарийхы ҳәм этнографиясына арналған илимий мийнетлеринде пайдаланылды.

Доцент Айназар Өтемисов 1977-2000-жыллар аралығында Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетинде дәслеп КПСС тарийхы кафедрасында аға оқытыўшы, СССР тарийхы кафедрасында аға оқытыўшы, кейин Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халыклары тарийхы кафедрасы ашылғаннан кейин усы кафедрада аға оқытыўшы болып жумыс ислейди. Ол 1993-жылы Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестация комиссиясының шешими менен доцент атағын алды. 1993-1994-жылларда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы кафедрасын басқарады. Доцент Айназар Өтемисов Республикамыздағы мийнеткеш кишипейил илимпаз- педагоглардың бири. Оның қарақалпақ халқының тарийхы ҳәм этнографиясын үйрениўге арналып жазылған 30 дан аслам илимий мийнетлери жарық көрди. Оның «Быт культура рыбаков побережья Южного Арала» (1970ж), «Қарақалпақстан балықшылары» (1979ж), «Қаракалпақлардың өнер-кәсиплери» (1991ж) деген мийнетлери «Қарақалпақстан»  баспасында жарық көрди.

Ол Өзбекстан Илимлер Академиясының «ФАН» баспасынан шыққан «Хозяйство Каракалпаков в XIX начале XX века» (1972ж.), «Этнография каракалпаков» (1980ж) деген монографиялық мийнетлердиң авторларының бири, оның «Из истории деревообделочных производств каракалпаков в XIX нач. XX века» деген мийнети «Вопросы истории, археологии и этнографии Каракалпакстана» деген топламда басылып шықты (Нукус, 1993ж).

Этнограф алым  Айназар Өтемисовтың  2022-жылы «Авангард» баспасынан «Түслик Арал халқының  салт-дәстүрлери» атамасындағы мийнети китап болып шықты. Бул мийнетте тарийхшы жаслар ушын әҳмийетли болған  қарақалпақ халқы  ҳаққында тарийхый мағлыўматлар, Арал теңизин жағалап қоныс басқан еллер, халқымыздың  отырықшы урыўлық  қәўимлик бирлеспелери, муқаддес  зиярат орынлар өзине тәлим берген  устазлары Тахтакөпир ҳәм Қараөзек ели халқына  хызмет еткен  ел азаматлары ҳаққында  арнаўлы темада  сөз еткен. Ең  әҳмийетлиси Қубла Арал аймақларында  жасап атырған қарақалпақ халқының   бир-биреўге иззет ҳүрметиниң  көриниси болған  салт-дәстүрлери  ҳаққында кең  түрде  мағлыўматлар береди.

Доцент А.Өтемисов бир қатар Республикалық ҳәм университеттиң конференцияларында баянатлар иследи ҳәм шығып сөйледи. Ол тек ғәрезсизлик жылларында қарақалпақлардың балықшылық кәсибине байланыслы «Гейпара ырым ҳәм инанымлар» (1991 ж), «О ювелирном ремесле каракалпаков в конце XIX нач. XX вв.» (1992ж), «Из истории деревообделочного производства каракалпаков в XIX нач-ХХ в (1993ж), «Академик Сабыр Камаловтың өмири ҳәм творчестволық жолы» (1994ж), Ташкентте фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 50 жыллығына бағышланған Илимий-әмелий конференцияда «Қарақалпақстанлы жаўынгерлердиң уллы жеңиске қосқан үлеси» (1995 ж), Амир Темурдың 660 жыллық юбилейине арналған илимий конференцияда «Темур дәўиринде өнерментшилик ҳәм оның раўажланыўы» ( 1966 ж.) ҳәм тағы басқаларды атап өтсек болады, булардың ҳәммеси баспадан шықты. Оның басшылығында студентлер илимий-теориялық конференцияларда бәрқулла баянатлар жасап турды, жүзге жақын питкериўшилердиң диплом ҳәм питкериў қәнигелик жумысларына илимий жақтан басшылық етти.

А.Өтемисов жана педагогикалық-технологиялық талапларға сәйкес «Этнография» пәни ҳәм «ХІХ әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басындағы қарақалпақлардың турмысы ҳәм мәденияты» деген арнаўлы курс ҳәм студентлер ушын этнографиялық әмелият өткизиўдиң жумыс бағдарламасы ҳәм лекция текстлерин дүзип жазды. Доцент Айназар Өтемисовтың шаңарағын арамыздағы үлгили шаңарақлардың бири десе болады. Ол өзиниң зайыбы, аға методист-оқытыўшы Оразымбетова Оразгүл менен бес перзентти камалға келтирди. Бәри жоқары қәнигели жетик кадрлар болып жетилисти. Salamatsu (talqılaw) 11:41, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақстан мәдениятының жанкүйери Наўрыз Жапақов

[derekti redaktorlaw]

Қарақалпақстан илими ҳәм мәденияты тарийхындағы белгили тулғалардың бири Наўрыз Жапақов болып табылады. Наўрыз Жапақов 1914-жылыф 23-майда Тахтакөпир районының аймағында дийхан шаңарағында туўылды. Оның мийнет жолы жүдә ерте басланды. 1930-жылдан баслап Кегейлиде баслаўыш класстың муғаллими, 1931-жылы Ашхабадтағы зооветеринария институтының студенти, 1932-жылы «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери, 1933-жылдан баслап «Жас Ленинши» газетасының жуўаплы хаткери, 1938-жылдан баслап «Совет Қарақалпақстаны» газетасының бөлим баслығы ҳәм жуўаплы хаткери болып ислеген. Екинши жер жүзлик урыс жылларында 1942-жылдан баслап 1947-жылға шекем Өзбекстан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан обкомының биринши секретары, ал 1947-жылдан 1952-жылға шекем Қаракалпақстан АССРы Министрлер Кеңесиниң баслығы болып иследи. 1952-жылдан 1955 жылға шекем жоқары партия мектебиниң тыңлаўшысы, 1955-1956-жыллары Қарақалпақстан АССРы Жоқарғы Совети Президиумы баслығы, 1956-жылдан 1959-жылға шекем Қаракалпақстан АССРы Министрлер Кеңесиниң баслығы болып екинши рет хызмет етти. 1959-1961-жыллары Өзбекстан Илимлер Академиясының А.С.Пушкин атындағы тил ҳәм әдебият институтының аспиранты болып 1961-жылы өз ўақтында «Аяпберген Муўсаевтың дөретиўшилиги» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлап болғаннан кейин, сол институтта докторлық диссертациясын жақлағанға шекем жумыс иследи. 1967-жылдан 1971-жылға шекем Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалында қолжазбалар бөлиминиң баслығы, 1971-жылдан өмириниң ақырына шекем сол институтта фольклор секторының баслығы болып жумыс иследи. Наўрыз Жапақов 1975-жылы қайтыс болды, Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшылығына жерленген.

Наўрыз Жапақов Қарақалпақ халқының экономикасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў ушын көп күш жумсады. Чарджоу-Қоңырат темир жолының қурылысында бастан аяғына жүрди, республикамыздың экологиялық ҳалатын сақлаўға үлкен әхмийет берди. Еки мәртебе бурынғы Аўқам Жоқарғы Советине депутат, бир мәртебе Қарақалпақстан АССРы Жоқарғы Советине депутат етип сайланды. Өзбекстан Компартиясы XIII съездиниң делегаты болды. Ели халқы ушын ислеген хызметлери баҳаланып 1944-жылы «Ҳүрмет белгиси» ордени менен, 1947-жылы «Қызыл Жулдыз» ордени, 1949-1957-жылы еки мәртебе Ленин ордени менен сыйлықланады. Қарақалпақстакн аўыл хожалығын раўажландырыўға мбелсене қатнасқаны ушын 1958-жылы ВДНХның «Улкен алтын» медалы менен сыйлықланды.

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер Наўрыз Жапақов 1967-жылы «Қарақалпақ әдебиятында социалистлик реализмниң негизлери ҳәм қәлиплесиўи» атамасында докторлық диссертациясын қорғап шықты. Оның илимий мийнетлери есапқа алынып 1973-жылы «Қарақалпақстан АССРына мийнети сиңген илим ғайраткери», 1974-жылы «Өзбекстанға мийнети сиңген илим ғайраткери» Ҳүрметли атақлары берилди.

Наўрыз Жапақов көплеген қосық ҳәм поэмалардың авторы. Оның дәслепки қосықлар топламы «Күн» атамасы менен 1940-жылы баспадан шықты. Буннан кейин «Бахытлы заман» (1946), «Халық батыры»(1948), «Шайыр сөзи»(1949), «Бахыт»(1954), «Бәҳәр» (1955), «Дослық ҳаққында қосық» (1956), «Суўшы»(1958), «Дослық дәстаны» (1960) қосық ҳәм помалары баспадан шықты.

Өзбек драматурги Мелкумов пенен бирликте «Арал балықшылары» киносценарийин, «Теңиз мәртликти сүйеди» кинофильминиң Қарақалпақстанда биринши пайда болыўына тийкар салды. Бул фильм 1959-жылы Москвада болып өткен Өзбекстан әдебияты ҳәм көркем өнериниң ҳәптелигинде көрсетилип жоқары табысларға еристи.

Халық жыраўлары Қурбанбай жыраў, Есемурат жыраў, Қыяс жыраў, Ещан бақсы, Жапақ бақсылар менен тығыз байланыста болып оларды Нөкис қаласына көширип әкелип дөретиўшилик ислерине шәраят жаратты. Қурбанбай жыраўан жазып алынған «Қырқ қыз» дастанын рус тилине аўдартыў ушын белгили аўдармашы Тарковскийди Нөкиске мирәт етти. «Қырқ қыз» дәстанын рус тилинде оқыған француз жазыўшысы Луи Арагон дәстанға жоқары баҳа берди. Наўрыз Жапақовтың тиккелей басшылығында 1956-1957-жыллары «Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» 13 топлам рус тилинде басылып шықты.

Өзиниң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик хызметлери, искерлиги менен белгили ойшыл инсан Наўрыз Жапақов халқымыздың ядында мәңги жасайды.


Дәрек: Наўрыз Жапақов: Еске түсириўлер, илимий мийнетлери (Дүзиўшилер Т.Мәмбетниязов, Х.Сейитов, И.Қурбанбаев, У.Жапақова) Нөкис «Билим», 1990-жыб-626 бет. Salamatsu (talqılaw) 11:44, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Кегейли районының дүзилиў тарийхынан

[derekti redaktorlaw]

XIX әсирдиң екинши ярымында қарақалпақлар Хийўа ханлығының пуқаралығында жасады. 1873-жылы патша Россиясы Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан соң, Гендимиан шәртнамасына муўапық Әмиўдәрьяның оң жағасындағы қарақалпақлар рус патшалығына қараған. Бул жерде Әмиўдәрья бѳлими дүзилип ол еки участкадан Шымбай ҳәм Шорахан участкасынан ибарат болды. Орайы Петро-Александровск қаласы еди. Ал Әмиўдәрьяның сол тәрепиндеги қарақалпақлар әдеттегидей Хийўа ханлығының қурамында 1920-жылға шекем қалған.

1917-жыл ўақыяларынан соң Әмиўдәрья бѳлиминде 1917-жыл декабрьде совет ҳүкимети орнатылып, Түркстан АССРы Сырдәрья ўәлаятына қараслы Әмиўдәрья бѳлими болып дүзиледи. 1920-жылы совет ҳәкимияты тәрепинен Хийўа ханлығы сапластырылғаннан соң Хорезм Халық Совет Республикасы шѳлкемлестириледи. Сол жағалық қарақалпақлар усы республика қурамында жасады. 1923-жылы орайы Хожели қаласы болған қазақ-қарақалпақ автоном ўәлаяты ХХСР қурамында дүзилди.

        1924-жылы Орта Азия миллий мәмлекетлик шегараланыў ѳткерилгеннен соң, Әмиўдәрьяның еки тәрепиндеги қарақалпақлар бирлестирилип 1925-жылы 16-февральда Қарақалпақ автономиялы область болып Қазақстан АССР қурамында шѳлкемлестирилди. Елди басқарыўды жақсылаў ҳәм ықшамлаў мақсетинде 1927-жылдың 3-июлинде Қарақалпақстан Автономиялы областының Атқарыў комитетиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан областы сорамын районларға бөлиў иләжлары  исленип шығылды. Усының нәтийжесинде Автономиялы областьтың төрт округи енди 10-район , 112 аўыллық кеңеске бөлинди. Соған тийкарланып 1928-жылдың басында Кегейли ҳәм Жаңабазар волостьлықлары тарқатылып оның негизинде Кегейли районы шөлкемлестирилди. Районның орайын ҳәм оған қарайтугын сорамның шегараларын белгилеў 1928-жылдың биринши ярымына дейин  даўам етеди. Нәтийжеде жаңа районға қубласындағы Төктиң таўы, күн шығысында «Қуўаныш жарма»  каналынан ямаса ҳәзирги Нөкис районының дерлик 90 процент жери, арқасы Шымбай районы «Тазғара» дан берман қарап «Кегейли»  каналының күн батар тәрепи арқасы Қусхана  таўы , Порлытаў таўларынан қайтып Кегейли районы сорамына тийисли болған. Сондай-ақ арқа күн батары 12-аўыл, «Бахытлы», «Майжап» совхозларына дейин барған. Басқарыў сорамындағы жер көлеминиң үлкенлигинен Кегейли районы сол дәўирде Қарақалпақстанда алдынғы орында турған[1].

1928-жылдың 6-август куни «Аяқ ҳәўли» ямаса «Аяқ аўыл» деп аталатуғын ҳәзирги Кегейли районының орайының күн шығар тәрепиндеги Мамыт ахунның Мешит жайында районның дүзилгенин жәриялаў мақсетинде район белсендилериниң конференциясы болып өтеди. Мине усы куни Кегейли районының шөлкемлескен күни ретинде аталып киятыр. Бул әнжуманда мәдений ағартыў, салық ислери, талапшы қосшылар уйымын шөлкемлестириў батрак ҳәм гедейлер ислери бойынша мәселелер қаралып тийисли шешимлер қабыл етилген. Кеңсе ушын ақ отаўлар тигилип , районға басшылық ететуғын мәкемелер өзлериниң дәрежеси менен оларға жайласып, ел басқарыў исин жүргизе берген[2].

Кегейли районының шөлкемлесиўи менен бирге 1928-жылы дәслепки үш колхоз дүзилген. 1929-жылы оның саны 33 ке жетти. Бул колхозлар тийкарынан 15-20 хожалықты бириктирип, егислик жерлери де азғана 30 гектардың дөгерегинде болған. Қуўанышжарма, Кегейли каналларын қайта қурыў бойынша қазыў жумыслары басланып кетти. Бирақ усындай жумысларға қарамастан Шымбай районында суўғарылып егилетуғын егислик жерлер азайып кетти. Буның себеби Кегейли ҳәм Қуўанышжарма каналларынан суў алып келиў оғада  қыйын болды. Оның үстине Кегейли  ҳәм Қуўанышжарманың сағалары есапланған Көкөзек ҳәм Пахтаөзек қолайсыз жерге жайласқан еди. Оны ҳәр жылы Әмиўдәрьяның нәўпир суўы астынан геўлеп жығып ҳәм дегиш алып кете беретуғын еди. Соның ушын да, Қызкеткен каналының сағасын Тахиаташтан  2 км төмениректен алыў мақсетке муўапық деп табылды[3].

1959-жылы Куйбышев районы Кегейлиге қосылып  оның территориясы жәнеде үлкейди. 1969-жылы Кегейли районынан тийкарынан толығы менен Нөкис районы , 1979-жылы Бозатаў районы бөлинип шықты ҳәм олар ҳазирги күни өз алдына район сыпатында хызмет етпекте.

        Кегейли районының биринши басшылары:

1)    Жуманияз Маткаримов  1928-1930-жж.

2)    Емберген Дәлиев 1932-1933-жж

3)    Абдулла Ирманов  1933-1934-жж

4)    Түркменбай Таўманов 1935-1937-жж


[1] Ж.Моянов. Кегейли тарийх жылнамасында. Нөкис «Билим» 2009-ж

[2] «Кегейли турмысы» газетасы. 1999-жыл, 12 март

[3] Көрсетилген дерек Salamatsu (talqılaw) 11:45, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Кегейли районы бесинши аўыл(ҳәзирги Абат АПЖ) тарийхынан

[derekti redaktorlaw]

Қарақалпақ халқының ағайинлик белгиси урыўларға бөлиниўи белгилериниң болғанлығы сыяқлы Кегейли районы Абат АПЖ аймағында Араншы, Тоқманғыт, Хожа, Естек, Нөкис, Кенегес, Шүйт, Оймаўыт, Добал, Ақпышақ , Шортанбай лақаплы аўыллар болып бул аўылларда, Өмир Кенегес, Араншы Кенегес, Тоқманғыт, Ақмаңғыт, Добал Кенегес, Оймаўыт Кенегес, Байымбет шүйт, Актоғын Кенегес, Қыят, Қыпшақ, Естек, Әлеп Нөкис ҳәм басқада урыўлар жасап келмекте.

Абат аўылы елаты территориясындағы халықлар XIX әсир екинши ярымында Шымбай участкасы Жаңа базар болыслығына қараслы болған. Халықтың күн көриси төмен болған. Аўылларда жасаўшы дийханлардың көпшилик бөлегинде 0,5-1 танап егислик жери болған. Дийханлар жерлерин шығыр менен суўғарған. Аўылда жасаўшы халықлар Абат жармыс атлы ири каналдан суў ишкен[1]. Сол дәўирде биз сөз етип отырған хожалық территориясында жасаўшы халық аз еди. Көпшилик жерлери қалың тоғайлық болып оларды өзлестириў ушын көп күш талап етти. ХХ әсирдиң 30 жылларына келип дийханлар аўыл-аўыл болып колхозға кире баслады. 1930 жылы ҳәзирги Абат АПЖ территориясында Райком, Алиев, Агроном, Жданов, Ворошилов, Андреев, Октябрь, Бозжап, Курбанов, Ағартыў колхозлары дүзилди. Мамықшы, Естек аўылы есабынан Жданов атындағы колхоз дүзилди. Колхозға Баўимов Изам баслық болып сайланды. 1930-жылы Шортанбай аўылы есабынан Алиев атындағы колхоз шөлкемлеседи. Бул дузилген колхозға Абибуллаев Қанияз баслық болып сайланды. Дәслепки колхоз ағзалары Елмуратов Бегжан, Досназаров Пазыл, Айтжанов Қанияз, Қуўанышов Қалбай, Байжанов Қосжан, Матжанов Сейтмуратлар болды. Алланазаров Қунназар аўыллық кеңести, Ещанов Қошқарбай 5 аўыллық бойынша комсомол шөлкемин, Нурыллаев Нағметулла партия шөлкемин басқарды. Әлеп Нөкис аўылының есабынан Агроном колхозы дүзилди. Колхоз баслығы болып Қайыпов Дәли сайланды. Сондай-ақ 1932-жылы Ворошилов атындағы, Боз жап колхозлары дүзиледи. Ворошилов атындағы колхозға Байжанов Қосжан , ал Бозжап колхозына Ерекеев Ещан басқарма баслығы болып сайланды. 1933-жылы «Октябрь» (ҳәзирги Бозжап аўылы) колхозы қуралды. Колхозға Жуманиязов Избасқан  баслық болған.1934-жылы Қурбанов атындағы (ҳәзирги Сапалақ палўан аўылы) колхоз қуралды. Колхозды Нуратдинов Асаматдин басқарады. 1935-жылы «Ағартыў» (ҳәзирги Қанияз Абибуллаев атындағы ДФХБ орайына туўры келеди.) колхозы дузилип оған басқарма баслығы болып Абибуллаев Қанияз сайланды. Колхоз басшылары мийнеткеш дийханлардың саўатын ашыў, саўатсызлықты сапластырыў мәселелерине де үлкен кеўил бөлди. Усы дәўирлерде колхозда дәслепки муғаллимлер пайда болды. Олардан Панаев Сейтмурат, Пиримбетов Қайыпбек, Аташев Ерназарлар колхозшыларды ликбезде оқытты[2].

Кегейли районының бурынғы 5-аўыл кеңеси, Қ.Хабибуллаев атындағы дийкан- фермер хожалығы, бүгини Абат АПЖ аймағында төрт аўыл Нөкис (Алтымшак, Гөбдир, Жаманжак, Бозақ) болып тығыз жайласкан. Кыр дөгерегинде кенегеслердин өмир-кенегес, ақтоғын- кенегес, араншы-кенегес, добал кенегес, оймаўыт, тоқмаңғыт, шүйт урыўлары мәкан баскан.

Канияз Хабибуллаев колхозга баслык жылларында Каракалпакстаннын арка районлары арасында, биринши болып бесинши аўылда, 1948-жылы дизель күши менен ислейтугын киши электр үскенеси курылып, уйлерде электр шыракдары жанды, уйлер хәм көшелерде радиолар сөйлеп турды[3].

Мағлыўмат ушын соны айтып өтиўимиз керек, әпиўайы жумысшылықтан сов­хоз директорына дейинги машақатлы ҳәм жемисли жолды басып өткен Ернияз Панаев 1956-1960-жыллары Кегейлиде бас агроном, 1960-1967-жыллары ҳәзирги Қ.Ҳәбибуллаев, 1967-1970-жыллары М.Жуманазаров атындағы, 1971-1996-жыллары «Мәденият» хожалығында директор лаўазымларында ислеп, мийнетте мол табысларды қолға киргизди. Республика ҳүкимети оның мийнетин жоқары баҳалап, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген агроном», «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» атақлары менен сыйлықлады. Халқымыз оны Өзбекстанға еки мәрте, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советине үш рет депутат етип сайлады. Өмирлик жолдасы Тур­ғангүл Әбдихалиқова менен 14 перзентти камалға келтирип, халық қатарына қосты. Ҳәзир «Кегейли» посёлкасындағы бир көше Е.Панаев аты менен аталады[4].

Буннан тысқары районда колхоз қурылысын шөлкемлестириўге белсене қатнасқан көп ғана аўыл-хожалық мийнеткешлерин айтып өтсек орынлы болады. Солардан Есимбетов Сағынбай 1933-жылы сол Молотов атындағы колхозда орта мектепти тамамлап колхозға бириншилерден болып әпиўайы колхозшы болып жумысқа араласады. Ол 1941-жылы екинши жер жүзлик урысқа, яғный әскерий хызметке шақырылады ҳәм Москва түбиндеги саўашларға қатнасады. Урыста «Айрықша хызметлери ушын» ордени менен сыйлықланады. 1943-жылы урыстан қайтып келгеннен кейин өзин мийнет майданында, өзин көрсетиў ушын, өзиниң туўылып өскен колхозына қайтып келип мийнет етеди. Ол 1954-жылдан 1981-жылға шекем колхозда падашы болып үлкен мийнет жеңислерине еристи[5].

Кегейли районы шөлкемлесиўи менен бирге 1928-жылы дәслепки үш колхоз дүзилген. 1929-жылы оның саны 33 ке жетти. Бул колхозлар тийкарынан 15-20 хожалықты бириктирип, егислик жерлери де азғана 30 гектардың дөгерегинде болған. Қуўанышжарма, Кегейли каналларын қайта қурыў бойынша қазыў жумыслары басланып кетти. Бирақ усындай жумысларға қарамастан Шымбай районында суўғарылып егилетуғын егислик жерлер азайып кетти. Буның себеби Кегейли ҳәм Қуўанышжарма каналларынан суў алып келиў оғада  қыйын болды.  Оның үстине Кегейли  ҳәм Қуўанышжарманың сағалары есапланған Көкөзек ҳәм Пахтаөзек қолайсыз жерге жайласқан еди. Оны ҳәр жылы Әмиўдәрьяның нәўпир суўы астынан геўлеп жығып ҳәм дегиш алып кете беретуғын еди. Соның ушын да, Қызкеткен каналының сағасын Тахиаташтан 2 км төмениректен алыў мақсетке муўапық деп табылды[6].


[1] Кегейли турмысы газетасы

[2] Дәўлетмуратов А. Ҳәр заманға бир заман. Н.2005

[3] А.Жузимбетов. Нөкисим-мақтанышым. Н.2012

[4] «Еркин Қарақалпақстан» газетасы 2018-жыл

[5] Ж.Моянов. Кегейли тарийх жылнамасында. Нөкис «Билим» 2009-ж

[6] Көрсетилген дерек Salamatsu (talqılaw) 11:47, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Арал теңизи тарийхынан

[derekti redaktorlaw]

Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки жазба мағлыўматлар зардуштийликтиң муҳаддес китабы «Авесто»да ушырайды. «Авесто»да суў ҳәм өнимдарлық қудайы Ардивиге бағышланған қосықта келтирилген Вурукша теңизи ҳәм оған қуйылатуғын Арьянам ҳаққында мағлыўматларды Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья менен байланыстырыўшы пикирлер бар.

Антик дәўир тарийхшысы Клавдий Птоломей де Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар қалдырған. Ол Соғд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын Окс пенен Яксарт дельтасының аралығындағы Оксиан көлин атайды. Көл оның картасында да көрсетилген[1].

  Арал теңизи ҳаққында IX-X әсирлердеги араб изертлеўшилери- ибн Хордадбек, ибн Русте, Масуди, Истахри, ибн Хавкалдың қалдырған мағлыўматлары жүдә әҳмийетли. Ибн Хордадбек «Китаби-ал-масалик вал-мамлик» (Саяҳатлар менен мәмлекетлер китабы) атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жәйҳун, Арал теңизин Кардер көли деп атайды.

Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық жақтан толық изертлеў XVI әсирден кейин басланды. XVII жасаған Хийўа ханы Абылғазы Бахадурхан өз шығармаларында Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның XVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйғанлығы ҳаққында жазып қалдырған.

        Арал теңизи ҳаққында 1627-жылы ислеп шығылған Москва мәмлекетиниң картасынан да мағлыўмат аламыз. Онда Арал «Көк теңиз» деген ат пенен берилген.

        XVIII әсирден баслап Россия империясы Орта Азия ҳәм Қазақстан жерлерин үйрениў мақсетинде экспедициялар шөлкемлестире баслады. 1740-1741-жыллары Сырдәрья ҳәм Арал жағалаўларына жиберилген И.Муравин басшылығындағы экспедиция Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматлары бир қанша анықластырады. Ол дәслепки мәрте Арал теңизиниң шығыс жағалаўларын картаға түсирген. XVIII әсир даўамында М.Бекчурин, Т.С.Бурнашев, А.С.Безносиковлар өз саяҳатлары негизинде теңиз ҳаққында мағлыўматлар берди.

Арал теңизиниң қурып барыў қәўипи жүдә кескин машқала болып қалды. Арал теңизи машқаласы узақ өтмишке барып тақалады.

Арал дағдарысы инсаният тарийхындағы ең ири экологиялық ҳәм гуманитар апатлардан бири болып табылады. Теңиз бассейнинде жасайтуғын 35 миллионнан аслам адам оның тәсиринде қалды.

Биз 20-25 жыл даўамында дүньядағы ең ири жабық суў бассейнлериниң жоғалып баратырғанлығына гүўа болмақтамыз. Бирақ бир әўладтың көз алдында пүтин бир теңиз набыт болғаны еле жүз берген емес еди.

1911-1962 жылларда Арал теңизиниң көлеми ең жоқары болып, 53,4 метрди, суўдың көлеми 1064 куб километрди, суўдың жүзеси 66 мың квадрат километрди ҳәм минералласыў дәрежеси бир литр суўда 10-11 граммды қураған еди. Теңиз транспорт, балық хожалығы, климат шәраяты жағынан да үлкен әҳмийетке ийе болған. Арал теңизине Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьядан ҳәр жылы дерлик 56 куб километр суў келип қуйылар еди.

1994 жылға келип Арал теңизиндеги суўдың көлеми - 32,5 метрге, суў көлеми - 400 куб километрден кемейип кетти, суў акваториясының майданы болса 32,5 мың квадрат километрге түсип қалды, суўдың минералласыўы еки есеге артты[2].

Әййемги заманның өзинде Арал теңизи көп еллерге мәлим болған. Әййемги греклер менен римликлер Арал теңизин өзлерине қолай көрип, оны Каспийдиң «Скифлик шығанағы» деп атаған. С.П. Толстов «Каспий теңизиниң скифлик шығанағы антик авторлардың айтыўынша ҳәзирги Арал теңизи орналасқан территорияны өз ишине қамтып шығысқа қарай созылып жатырғанлығы ҳаққында жазып қалдырған. Антик дәўирдеги әдебиятларда «Окс көли», «Окс батпақлығы» деген түсиниклер ушырасады. Буларда Арал теңизи болыўы мүмкин» деген пикирди билдиреди.

Ал Плиний болса «Окс пенен Яксарт Согды жеринен Скиф шөлин бойлап ағып, скиф теңизине қуяды», - деп жазған. Ерте дәўирдеги белгили алым Клавдий Птоломей де Арал теңизи хаққында бир қанша мағлыўматларды жазып қалдырған. Ол Согды таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын (Птоломей солай түсиндирген) Окс пенен Яксарттың өзеклериниң аралығында жатқан Оксиян көлин айтып өтеди. Көл оның картасында да көрсетилген.

Византия елшиси Земарх Килийский түрк қағанлығына барған сапарында «Көлдиң қумлы жағалаўлары менен 12-күн даўамында жүрип өткенин» жазған. Рус академиги В.Бартольд бул Арал теңизи болыўы мүмкин деп болжайды.

Арал теңизи туўралы  IX ҳәм X әсирлерде жасап өткен араб саяҳатшы алымлары Ибн-Хордадбек, Ибн-Русте, Маъсуди, Истахри, Ибн-Хаукалдың келтирген мағлыўматлары жүдә қымбатлы. Бул мағлыўматлардан  сол ўақыттағы Арал теңизиниң көлеми менен жағаларының дүзилиси туўралы мағлыўмат алыўға болады. Ибн Хордадбех «Китаби-ал-масаллиқ вал мамлик» (Саяхатлар менен мәмлекетлер китабы») атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жəйхун, Арал теңизин Курдер көли деп атайды. Ибн-Рустениң Әмиўдәрья менен Арал теңизи туўралы жазғанлары анағурлым қунлы болып, оның мағлыўматлары бойынша Арал тенизиниң көлеми 80-фарсах, теңиздиң батыс жағалаўындағы атаўлары Сиякун (қара таўлар) деп аталады. Оң жақ жағалаўы батпақлы, онда қалың тоғай өскен[3].

        Ал Сиякун-Үстирттиң тик жарлары болыўы мүмкин. Өйткени оның батыс жағалаўы бийик болып, айырым жерлериниң бийиклиги -190 метрге жетеди. Ибн-Хаукалдың Жанкент қаласы Хорезм көлине қуятуғын өзинен бир фарсахтай қашықлықта жайласқан деген дереги жүдә əҳмийетли мағлыўмат болып табылады. Арал теңизин изертлеўшилердиң бири академик Л.С Берг төмендеги пикирди билдиреди: «Бул мағлыўматлар X әсирде Арал теңизиниң көлеми менен жағалаў дүзилиси ҳәзиргидей болғанын дәлиллейди, өйткени Жанкент қаласының қарабаханалары ҳәзирги ўақытта теңиз жағалаўынан 50 шақырымдай қашықлықта жатыр».

Л.С.Бергтиң пикиринше XIII әсирде өмир сүрген араб авторы Бекбан X-XII-әсирлерде Сырдәрья менен Əмиўдәрьяның сағалары ҳәзирге уқсас болғанлығы, ал теңиздиң жағалаў көлемин ҳәзиргиси менен сәйкес келетуғынын жазған[4].

Ибн-Рустениң заманласы  ал- Маъсуди Арал теңизиниң атаўын келтирместен, Балха яки Жəйхун дəрьясы Термиз əтирапынан өтип, Хорезмге жеткенде бөлекленип барып көлге қуятуғынлығын жазып қалдырған. Көл сол жерде жалғыз болған… Бирақ Маъсуди бул көл (Арал теңизи ) үлкен салалар арқалы Каспий теңизи менен жалғасқан деген надурыс жуўмақты да билдиреди.

Араб географы Истахри (961) Арал теңизин «Хорезм көли» деп атаған жәнеде Сырдарья хаққында да мағлыўматлар келтирген. Сырдарья ҳаққында дурыс ҳәм кең түрде жазып, Истахри былай дейди: «Бул көлдиң айланасы 100-фарсах. Суўы дузлы, көлге Жəйхун, Илаш (Сырдарья) және басқада дəрьялар қуяды.»

Истахридиң «Климат китабында» X әсирдиң 19-ланд картасы берилген. Оның 18-19 карталарында Арал теңизи менен оған қуятуғын дəрьялар көрсетилген. Бул карталар бул үлкениң бай топономикасын ғана көрсетип қоймайды, бунда X әсирде Əмударьяның тек бир арнасы ғана болып, оның Арал теңизине қуятуғынлығын дәлийллейди[5].

Тарийхый дереклерге сүйене отырып, Арал теңизиниң көлеми өткен        мың жыллықта жоқары болған. Бул ҳаққында мағлыўматлар В.В. Бартольд пенен Л.С.Берг мийнетлеринде көп келтирилген. Оларда жоқарыдағы Аралды үлкен суў тармағы ретинде сәўлеленгени айтылады. X әсирде өмир сүрген белгисиз автордың парсы тилинде жазған «Худуд ал «Алам» (шығыстан батысқа дейинги әлем областлары) атлы қол жазбасында да Арал теңизиниң көлеми 300- фарсахқа тең келетуғынын және жағалаўларының қумлы екени жазылған. XI әсирде өмир сүрген Шығыстың уллы ойшылларының бири Әл- Беруни сол замандағы араб географларының жыйнаған мағлыўматларына қарай отырып Арал теңизи менен оның жанындағы территорясының жүдә толық сыпатламасын берген. Оның сызған картасында Арал теңизи Хорезм деген ат пенен көрсетиледи. XIV әсирден баслап Батыс Европада жаңа географиялық карталар пайда болды. Соның бири белгисиз автордың «Каталониялық картасы» (1375) Бунда Каспий теңизи ҳəм Арал теңизлери көрсетиледи.

Орта әсирлерде Әмударья бағытын биресе Сарықамысқа, биресе Арал теңизине бурып отырған. Буның себеби елеге шекем шешилмеген. Буны Л.С. Берг отырықшы халықтың шарўашылық хызмети менен, ал Г.В Лопатин Монгол басқыншылығы менен байланыстырады, өйткени олар өзлериниң болжаўлары ўақтында Хорезмниң суўландырыў тармақларын бузып кеткен. Адамлардың  шарўашылық ҳәрекетиниң өсиўи Әмиўдарья ушын орта әсирлерде күшли болды[6].

        Белгили тарийхшы илимпаз С.П. Толстов өзиниң «Гузлар қаласы» деген мийнетинде қарақалпақлардың ең әййемги ата-бабалары болып есапланған массагетлер конфедерациясына кириўши апасиаклар қәўими ҳаққында жазып, булар әййемги ўақытлардан берли балықшылық, дийханшылық, шарўашылық етиў дәстүрлерин сақлаўшы ярым отрықшы қәўим болған еди… хожалықтың бундай түрлери менен шуғылланыў бизиң эрамыздың V әcиринде эфталитлерде, Х-XI әсирлерде огуз-печенеглер қәўимлеринде де болды»-деп көрсетеди.[7]

Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясы ағзаларының бири болған А.В. Виноградов өзиниң Әмударья ҳәм  Сырдәрья төменинде улыўма Хорезм оазисинде жүргизилген көп жыллық археологиялық изертлеўлериниң нәтийжесинде «Орта Азиядағы еки дәрья аралығында әййемги аңшылар ҳәм балықшылар» деген монографиялық жумысында б.э.ш. V-VI әсирлерде Әмиўдәрья менен Сырдәрьяның төменги алапларында жасаған әййемги қәўимлердиң ҳәм балықшылық болғанлығын археологиялық қазыўлар нәтийжесинде табылған көп санлы аң аўлаў ҳәм балық аўлаў қуралларының ҳәм ҳәр түрли балықлардың суўрети сызылған таслар арқалы дәлиллеп береди.[8]

Арқа Хорезмде балықшылық кәсибиниң үлкен орынды тутқанлығы ҳаққында IX-XI әсирлерде жасаған араб географларының бири Бин-Русте дельтаның арқа бөлиминдеги Халижан деп аталатуғын жер туўралы  жазып: «Ол жерде балықшылар аўылы жасап, олар ылай менен қамыстан исленген жер төлелерде турады, балық аўлаў қуралы ретинде де сол қамыстан пайдаланады ҳәм оны Хорезм айналасындағы жерлерге сатыўға шығарады»-дейди.[9]

Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги, археолог, профессор Я.Г.Гулямов жоқарыда айтылған Халижан деген жердиң қайсы жерде екенлиги ҳаққында айта келип, ол жерди ҳәзирги  Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районының территориясына туўра келеди,- деп көрсетеди.[10]

Әмиўдәрьяның төменги ҳәм Арал  теңизиниң шежиресине байланыслы жазылған гейпара материалларда буннан 1800-2000 жылдай бурын өмир сүрген атақлы грек илимпазы Клавдий Птолемейдиң “Алмагест” (“Уллы қурылыс”) атлы мийнетинде жер шарының 27  бөлектен туратуғын картасын дүзгенлиги айтылады. Оның 22 картасында ҳәзирги Арал менен Каспий теңизи суўретленген. Зарафшан ҳәм Әмиўдәрьяның (оксус) Каспий теңизине қуйып турғанлығы көрсетилген. Усы жерде айтып өтиўимиз керек, 1740-жылы англичан Томсон өзиниң жазып қалдырған естеликлеринде “Әмиўдәрьяның төменги қуярлығында қарақалпақлар жасайды, олар қамыс қайықлары менен жағаға жақын жүрип балық аўлайды”-деп жазады.[11]

Бул жоқарыда келтирилген тарийхый  дереклерден биз билемиз, Әмиўдәрьяның төменги бөлиминде ямаса Түслик Арал бойларында жасаған халықлардың әййемги ўақытлардан берли жасаў турмысында балық аўлаўшылықтың, басқа хожалық тараўлары менен бир қатарда үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын көремиз ҳәм бул балық аўлаў дәстүри бизиң ўақтымызға шекем даўам етпекте.

Хийўа ханы Абылғазы (XVII) қалдырған мағлыўмат бойынша, Әмиўдарья тармағы XVI ә Каспий теңизине қуйған. Бул мәселе менен геологлар, әсиресе немис геологы Вольтер шуғылланып  дəрья ҳеш қашан Каспийге қуймағанлығын дәлийллейди. Узбой (қурғақ арна) басқа жол менен пайда болған деген пикирди билдиреди. Бул пикирди рус геологы И.В.Мушкетов да жазып қалдырған.

        Арал теңизиниң жаңа трансгрессиясы XVII әсирдиң екинши ярымында өтти. Әмиўдәрья өз аңғарын Арал теңизине қарай өзгерткеннен соң теңиздиң толқыны көтерилди. Трансгрессия дəўиринде Арал теңизиниң акваториясы ҳәзиргисинен бир қанша үлкен болған және жағалары күшли тилкимленген. А.В. Шнитников  XIV-XV әсирде Аралдың ағысы жоқары болғанын айқын түрде баянлайды. Буның тийкарында автор Оғузлар мәмлекетиниң пайтахты Жанкент пенен Қуандәрья бойындағы бир нешше қалалардың тарийхына байланыслы мағлыўматларды жазып қалдырған. Тарийхый археологиялық изертлеўлерге қарағанда (Лившин 1832, Толстов 1947, 1948,)Жанкент XIX әсирдиң аяғына дейин ғана өмир сүрген. Буннан кейин отырықшы халық көшип қала бузылмаған ҳалда қаңырап қалған. Шнитниковтың болжаўына қарағанда, Жанкент пенен басқа да қалалардан (Қуйрық қала, Кескен қуйрық қала) халықтың көшип кетиўине теңиздиң көтерилиўи апатлы суў тасқынларының болыўы себепши болған.

        Келтирилген тарийхый мағлыўматларды геоморфологиялық материаллар менен салыстырсақ, I ҳәм  II мың жыллықлар аралығында (буннан 700-800 мың жыллықлар бурын) Арал теңизиниң ағысы ҳəзиргисинен 1,5 м жоқары болған деўге болады. Ал Л.С. Бергтиң болжаўына қарағанда оның көлеми оннанда үлкенирек болған[12].

        Көрип шыққанымыздай Арал тенизи туўралы дәслепки мағлыўматлар топланыўы оның қарапайым түрде сыпатланыўы менен тән. Бул мағлыўматларды қалдырғанлар арнаўлы теңиз изертлеўшилер емес жолда көрингенин жазған саяхатшылар, дүнья жүзилик әдебиятқа тийисли жағынан дерек жыйнаған жолаўшылар. Сонлықтан бул гезде Арал теңизи ҳаққында анық фактлер тийкарында илимий изертлеўлер болған жоқ деўге болады. Деген менен жердеги тəбият қубылысларының гейбир мағлыўматлардың көрсетиўинше ҳәзирги климатқа усы үлкениң тәбиятының өзгериўи сапасын анықлаўда көп жәрдем болады.

Арал теңизи – қумлы, қурғақ климатлы үстирт қыратқа орналасқан. Ол – бурынғы Сармат теңизиниң бир бөлеги. 1950 жылы Арал тенизиниң узынлығы 426, ени 284 километр, ең терең жери 68 метр болды.    Теңиздиң 96 % суў, 4 % қурғақ жер қурайды. Арал жер шарының 60 градуслық енликте орналасқан. Теңиз суўы оңнан солға қарай ағады. Кайнозой дәўириниң орта шетинде, яғный будан 21 миллион 1200 жыл бурын, Арал Каспий теңизине қосылып турған. Бул байланыс 1573 жылға дейин созылған. Бурын Амудария (Оксус) Узбой тармағы арқалы Каспий теңизине, ал Торғай өзени Аралға қуйған. Усы әсирдиң 950- жылы Ибн Рустемниң заманласы Масуди «Балық өзенине келип қуятуғын» Жайхун (Амудария) Термидь, Испиран сыяқлы бир неше сағаларға бөлинип, бир тараўы Хорасан менен көп қамалға айрылатуғын Ховарезм (Қыят) қаласының төменги тәрепинен  Джоржания (гөне Ургенш) бойында турған көлге қуяды» деп жазған[13]. Алымның көл деп атырғаны ҳәзирги Арал теңизи болып табылады. Буннан 1800 жыл бурын жасаған атақлы грек  алымы Клавдин Птолемей өзиниң  «Алмагест» (Уллы қурылыс) деген шығармасында жер шарының 27 бөлектен туратуғын картасын дүзген. Оның 22- картасында Арал менен Каспий тенизи келтирилген. Бунда Зарафшан Әмиўдәрья (Окс) тармақларының Каспийге қуятуғынлығы көрсетилген.       Буннан 62000 жыл бурын Әмиўдәрья Ферғананың сайы арқалы Тянь-Шань таўынан басланған. Усы ўақытта саяхатшы Марко Полода буған «Ион» деген ат берген. Ал, Сырдарья (Яксарт) пенен ҳәзирги Бухара ўалаятындағы Кулжит таўынын шығыс тәрепиндеги сайдың изи менен аққан. Арал теңизиниң арқа тәрепиндеги Саршығанақ, Ақеспе қасынан 80 метр тереңликтен Олигоцен ўақтында өмир сүрген қызыл балықтың ири улыўдың киттиң омыртқа сүйеклери тасқа айланып атырған ҳалда табылған. Мезозой дәўиринде муҳит түбинде өмир сүрген фораменифер деген жәнликтиң сыртқы қабыршағынан пайда болатуғын бор Арал теңизиниң түслик тәрепиндеги Ақисиден табылған. Аралдан акуланың тиси менен сүйеги табылған. В.е.ш 138 жылы Қытай хүкиметиниң елшиси Чжан-Кянь өзиниң қол жазбаларында «Канн-гюй мәмлекети ҳаққында, шексиз үлкен теңиздиң жағасында жайласқан» (Арал Р. О.) деп жазған.

        Арал теңизи усы атты ийелегенге шекем түрлише аталған. Оны саяхатшылардың мийнетлеринде жийи ушыратамыз. Мысалы 865 жылы Ибн Хордадбек «Курдер» көли десе, 243 жылы Масуди «Куржани», 961 жылы Истахди «Казбин», 1339 жылы Хафизи «Абдуда» XVII әсирде Бекрон «Джентд» көли деп жазған[14]. Бүгинги Арал деген ат негизинен XVII  әсирден бери аталған. Нормандияның кароли II Рожердиң тапсырыўы бойынша тарийхшы араб Идириси 1154 жылы саяхатқа шығып, дүнья жүзлик картасын дүзген. Бул картада Сырдария (Шаш) Амударияға (Жайхун) қуяды деп көрсетип кеткен.         XI  әсирде жазылған «История Северных двор» деген китапта б.е.ш. екинши әсирдеги «Янцай» мәмлекетиниң тарийхы жазылған. Онда «Янцай мәмлекетине бағынған алан халқы Сырдарьяның төменги ағысында көшип жүр» едик делинген[15].

        Сырдәрьяға шекем қуятуғын тармақлар ҳаққында ең биринши толық мағлыўматлар 1664-1665 жыллары голландиялы Николай Витсен жазған. Ол 1692 жылы жазылған. «Арқа ҳәм түслик Татария» деген мийнетинде Валин (Каспий) теңизинен Көк (Арал) теңизине дейин 250 шақырым. Көк теңизге оң түслик Буен (Шу) тармағы қуяды» деп жазған. Әмиўдәрьяның төменги ағысы менен Аралдың оң түслигинде буннан мың жыл бурын балық аўлана баслаған. Буны араб саяхатшысы ҳәм жазыўшысы Әл- Балхидиң мийнетлеринде айқын көриўимизге болады.     1740 жылы Томсонь «Әмиўдәрьяның төменги ағысындағы Қарақалпақлар турады. Олар жағадан узакласпайтуғын қамыс қайықлары менен аўлайды деп естелик қалдырған».

        1592 жылларға шекем «Барсакелмес» аралының батыс тәрепи қурықлықдан бөлинип кеткен. XVI әсирдиң ақыры менен XVII әсирдиң басларында теңиз суўы тармағының төменлеўине байланыслы «Барсакелмес», «Қасқа қулан», «Көз жетпес» «Уялы», «Бектаў», «Возрождения», теңизли араллар пайда болған. Арал тенизин саяхатшылар ҳәр әсирде картаға түсирип келген. Атап айтсақ, 1658 жылы алым Дженкинсон, 1664 жылы голландиялық Николай Витсен, 1723 жылы Далилия, 1734 жылы Крилов, 1741 жылы Муравин, 1834 жылы Левшин. Теңиз тәбиятын изертлеўде капитан Бутаков пенен баласы кобзарь Шевченкода көп мийнет еткен[16].

Бүгинги күни Арал теңизи қурып баратырған теңизлер қатарына киреди. Орайлық Азия мәмлекетлери баслықларының 1993 жыл март айында Қызылордада болып өткен ушырасыўы әне усы машқалаларды шешиў жолындағы түртки болды.  Бул ушырасыўда Арал теңизи кризисин шешиў бойынша биргеликте ҳәрекет қылыў туўралы питимге қол қойылды. Арал теңизи машқалалары бойынша Мәмлекетлераралық Кеңес ҳәм оның Исши органы – Атқарыў Комитети, сондай-ақ, Аралды қутқарыў Халықаралық фонды шөлкемлестирилди. Орайлық Азия республикалары мәмлекет басшыларының 1994 жыл январда Нөкис қаласында болып өткен екинши ушырасыўда Арал теңизи бассейниндеги экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша жақын үш-бес жылға мөлшелленген, регионды социал-экономикалық раўажландырыўдың анық ҳәрекетлер дәстүри тастыйықланды. 1994 жыл март айында Ташаўызда болған үшинши ушырасыўда Мәмлекетлераралық Кеңестиң усы дәстүрдиң орынланыўы ҳаққындағы есабаты тыңланды[17].

1997 жыл февралда Орайлық Азиядағы бес мәмлекет баслықларының БМШ, Жәҳән банки ҳәм басқада халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында Алматыда болып өткен ушырасыўында Арал машқаласын шешиў бойынша шөлкемлестириўшилик дүзилмелерди жетилистириў ҳаққында қарар қабыл етилди - Аралды қутқарыў Халықаралық фондының бир қанша исшең қурамы ҳәм оның негизинде ҳәрекетшең Атқарыў комитети дүзилди.

Арал машқаласының пүткил кескинлигин оны сақлап қалыў бойынша кешиктирип болмайтуғын иләжлар көриў зәрүрлигин түсинген ҳалда, Орайлық Азия республикаларының ҳүкиметлери, қәнигелери ҳәм регионның илимий жәмәәтшилиги, халықаралық шөлкемлери 1995 жыл 20 сентябрде Нөкис қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң Арал теңизи бассейнин турақлы раўажландырыў машқалалары бойынша Декларация қабыл етти. Декларация турақлы раўажланыў қағыйдаларына қатаң әмел қылыўды нәзерде тутады ҳәм итибарды төмендеги жүдә айрықша әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратады:

- аўыл ҳәм тоғай хожалығының және де тең салмақлы ҳәм илимий тийкарланған системасына өтиў;

- суў запасларынан пайдаланыўдың үнемлеў усылларын ислеп шығыў, суўғарыўда ҳәм қоршаған орталықты қорғаўда жетилистирилген технологияларды қолланыў жәрдеминде ирригацияның нәтийжелилигин асырыў;

- регионның тәбийғый запасларын комплекс басқарыў системасын жетилистириў.

Нәтийжеде Арал кризисиниң турақлы раўажланыўы, булл регионда жасап атырған адамлардың турмыс дәрежеси пәсейип кетиўине жол қоймаў, келешекте жас әўлад ушын мүнәсип турмысты тәмийнлеў принциплери тийкарында шешиў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм де турмысқа асырыў зәрүр[18].

Арал теңизи ҳаққында IX-X әсирлердеги араб изертлеўшилери- ибн Хордадбек, ибн Русте, Масуди, Истахри, ибн Хавкалдың қалдырған мағлыўматлары жүдә әҳмийетли. Ибн Хордадбек «Китаби-ал-масалик вал-мамлик» (Саяҳатлар менен мәмлекетлер китабы) атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жәйҳун, Арал теңизин Кардер көли деп атайды. Араб географы Ибн Русте Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки толық мағлыўматларды береди. Оның мағлыўматлары бойынша Арал теңизиниң көлеми 80 фарсах, теңиздиң батыс жағалаўындағы төбеликлер Сиякух деп аталады. Оң жағалығы батпақлық, онда қалың тоғай өскен. Ибн Хавкалдың Жаңакент қаласы Хорезм көлине қуятуғын дәрьядан бир фарсахтай қашықлықта жайласқан деген мағлыўматыда әхмийетли[19].

        Араб географы Истахри Арал теңизин «Хорезм көли» деп атаған ҳәм де Әмиўдәрья, Сырдәрья ҳаққында мағлыўматлар берген. Истахридиң мағлыўматы бойынша: «Көлдиң көлеми 100 фарсах. Суўы дузлы, көлге Жәйҳун, Илаш (Сырдәрья) ҳәм басқа дәрьялар қуяды»[20].

        Мамун академиясында тийкарғы тулғалардың бири болған Абу Райхан Берунийдиң шығармаларында Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматлар жазып қалдырылған. Беруний өзиниң 1025-жылға тийисли «Геодезия» мийнетинде Әмиўдәрьяның Арал теңизине қуятуғынлығын, бирақ ол зигзаг пайда етип Сарықамыс көли арқалы қуйғанлығы айтылады.

        Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық жақтан толық изертлеў XVI әсирден кейин басланды. XVII жасаған Хийўа ханы Абылғазы Бахадурхан өз шығармаларында Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның XVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйғанлығы ҳаққында жазып қалдырған.

Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлардың жыйналыўы негизинен рус үлкесиниң тарийхы менен тиккелей байланыслы. Теңиз бенен оның жағалаўлары биринши рет «Үлкен сызыў китабы»менен Москва мәмлекетиниң картасынан (1627) толық орын алды. Онда Аралға Көктеңиз деген ат берилген. Хлавин теңизинен Көктеңизге дейин күн шығысқа дейин де 250-шақырым, ал Көктеңизден Сыр дəрьяның сағасына дейин де 250-шақырым. Көк теңиздиң ени 60 шақырым. суўы ашшы делинген.

        1696-Россия хүкимети Қазақстан жериниң географиялық картасын дүзиў шәртин қойды. Бул жумыс Тоболь хызметкери С.У. Ремезовқа тапсырылды. Ремезов еки түрли карта таярлаған. «Пүткил Сибирь қалалары менен жериниң көриниси», «Барлық суўсыз ҳәм де тасландық далаларының көриниси». Арал теңизи буның екеўиненде орын алған.

        XVIII әсирден баслап Қазақстан жерине арнаўлы орыс экспедициялары келе баслайды. Усы ўақыттан баслап Арал теңизи ҳаққындағы дереклер пайда бола баслайды. Солардың бири – 1740-1741-жыллардағы Сырдәрья ҳәм Аралға жиберилген арнаўлы экспедиция. Экспедицияға қатнасқанлардың бири Э. Муравин Арал теңизиниң рельеф формаларына сыпатлама берген. Иван Муравин биринши рет Арал теңизиниң Шығыс жағалаўларын арнаўлы съёмкаларды алыўды шөлкемлестириў нәтийжесинде картаға түсирген[21].

        Усы ўақытта өмир сүрген алым П.И.Рычков (1712-1777) Арал-Каспийдиң гидрогеографиялық жағдайына толық сыпатлама берген ҳәмде усы теңизде тиришилик ететуғын балықлардың түрин анықлаған. Бул бойынша оның 1762-жылы баспадан шыққан «Оренбург топографиясы» атлы китабы жүдə əҳмийетли. Алым сол ўақыттағы мағлыўматларды жыйнаўда көп мийнет ислеген.

        Қубла Арал бойлары Әййемги дәўирден баслап үлкен тарийхый, сиясий ўақыяларға  толы аймақлардан есапланады. Соның ушында бул географиялық аймақ үлкен  археологиялық этнографиялық, тарийхый мәдений орайлар дың изертлеў, үйрениў объектине айналды. Усы мақсетте XVIII-XIX әсирлерде Хийўа территориясына көплеген   елшилер саяхатшылар  келип ханлықтағы халықлар туўралы, олардың кәсиби, экономикалық жағдайы туўралы көплеген мағлыўматлар жыйнады. Олардан Гладышев, Муравин, Рычков, Днилевский Макшеев, Бутаков, Залесов, Майер, Галкин, Кун, Веселовский ҳ.т.б.

XVIII-әсирде Россияда илимлердиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы әсиресе империяның шығыс сиясатындағы бағдарлар. Арал бойларында әййемнен жасап киятарған қарақалпақлар ҳәм араллылар ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлардың топланыўына тәсир  жасады.К. Миллер 1742-1743 жылы дипломатиялық тапсырма менен Жонғар ханы ҳәм «Қырғыз» даласына ҳәм Орта Азияға жиберилди. Оның мағлуматы ҳәм картасынан П.И. Рычков, Я.В. Ханьков пайдаланды. К. Миллер картасы (ланд карта) «қырғыз қайсақ ордасынан Зенгорск ҳакимлиги ҳәм кейин қарай Орск қамалына дейин 1743-ж майдың 12-күнин деп аталады. Бул картада Аралдың шығысында жайласқан жерлерде көрсетилген[22].

1753-ж Хийўа қаласында  саўдагер Данил Рукавкин болды. Ол Оренбург-Уральск Сарайчик қорғаны-Устюрт_Кят-Хийўа жолы менен келип, кейин қарай Қызылқумның арқа тәрепинен Сырдәрья бойлап қайтқан. Самара саўдагерлериниң есабаты толық болыўына қарамастан, онда Арал, Əмиўдәрья, Сырдәрья, Қуандәрья бойы жерлери, елатлары ҳақкында мағлыўматты ушыратамыз.        

Жоқарыдағы арнаўлы изертлеўлерде басқа рәсмий емес жағдайда дүзилген документлер менен қатар Арал бойы халықларының тарийхы ҳакқында мағлыўматлар береди. Булар саяхатшылар, саўда адамлары, яки орынсыз тутқында болған жайық казаклары, руслар тәрепинен қалдырылған мағлыўматлар есапланады.

Гладышев ҳәм Муравинниң 1741 ж мағлыўматында «Арал ҳәкимшилигинде төрт төбе» ни айтып, «көрсетилген араллылар Арал теңизине жақын жайласып улы дәрьяның еки жағасына орналасқан-оң тәрепте Биш төбе таўларына дейин араллылардың қаласы Шах Темир улы дәрьяға жетпей қурылған, айрымлары жүзден бес жүзге шекем топласып көшип жүреди, аталған қалада қарақалпақлардың (қара үй) басқа қурылыслар жоқ» деп жазады.

Басқа бир рус адамы И.Е.Величко 1803 ж «Қоңырат» халқы ҳаққында айтып, олар көбирек өзбеклерден турады.. араллылар депте аталады. Арал жанында көшпели қоныслар бар»-деп жазады. XIX ә баслап Орта Азия жерлерин илимий жақтан изертлеў жумыслары Европа ҳәм Россияда жолға қойыа баслады.

XIX ә 20-жыллары Бухарага А.Негри басшылығындағы елшилер келген. Бул экспедиция Россияда Орта Азия ханлары менен экономикалық, сиясий қатнаслардың кеңейе баслағанын көрсетеди. Бул елшилер қурамында Х.Пандер, Э.А.Эверсманлар болған. 1821 ж. бәҳәрде экспедиция қатнасыўшылары кейин қайтады. Бунда Э.А. Эверсман Туран. Орта Азия, әсиресе Қуўандәрья ҳәм Жаңадәрья тармақлары ҳаққында, Арал теңизи жағалаўлары жөнинде баҳалы мағлыўмат топлады[23].

Э.А.Эверсман өз жумысын 1825-1826 жж. Ỵстүртте Ф.Берг экспедициясы қурамында даўам етти. Соң өз бақлаўларын Эверсман 1840-ж «Оренбург үлкесиниң тәбийий тарийхы», «Оренбургтан Бухараға саяхат (1823-ж) атлы китапларында жәриялады. Бул шығармада Каспий, Арал теңизи, Ỵстүрт, Туран жерлериниң тарийхый-географиялық жағдайлары менен Уатар этнографиялық, экологиялық дереклерди, бақлаўлары жазып қалдырады.

XIX ә 30-жылларында географиялық әдебиятлар менен қатар тарийхый мағлыўматлар көбирек  пайдалаылған әдебиятларда пайда болды. Олардың қатарында 1832-ж. А.Левшин тәрепинен жазылған «Киргиз-қайсак ямаса Киргиз-казак ордаларын ҳәм далаларын шолыў» деп аталған мийнети айрықша орын тутады.

XIX ә 20-30 жылларында (1819-1820 жж) капитан Николай Муравин басшлығында Əмиўдәрья тармағы Узбой бойлап Хийўаға саяхат болған. Оның мағлыўматында Түркмения ҳәм Хийўа жерлериндеги физико-географиялық жағдай, суўғарыў иншаатлары, түркмен, өзбек, қарақалпақлардың тарийхы, этнографиясы жәмийетлик дүзими қалалар, өнертментшилик, саўда ҳақында дереклер бар[24].

Арал бойы жерлери тарийхын үйрениўде теңизши саяхатшы А.И.Бутаковтың 1848-1849 жж Арал теңизин географиялық изертлеў ўақтында топлаған материаллық шығармаларында сөз етиледи.

        XVIII әсирдиң ақырында Арал әтирапына келген орыс изертлеўшилериниң бири-Мендияр Бекчурин (1740-1821) Оренбургтан Бухараға дейин өзи өткен жолын жазды ҳәм қумлардың формаларын классификациялаўға ҳəрекет етти. Арал теңизи жағалаўларындағы қумларды изертлей отырып, «қумлы жағалар», «қумлы төбешиклер» атлы түсиниклер енгизилди. Берчуринниң саяхат ўақтында жазған есабы «Журнал»деп аталады. Бунда Арал теңизине қуятуғын Сырдәрья, Әмиўдәрья, Жаңадәрья ҳаққында олардың жағалаўындағы өсимликлер, ҳайўанатлар дүньясы ҳаққында қымбатлы мағлыўматлар бар. Бекчурин усы жерден жабайы жылқы-тарпанларды кийиклерди көргенин айтады. Ҳәзир тарпанлар жойтылып кеткен. Бекчуринниң заманласы Т.С Бурнашев «Саяхат» атлы китабын өзиниң Орта Азияға саяхатлары негизинде жазды.

        Т.С.Бурнашевтиң А.С. Безносиков пенен биригип таярлаған картасы XVIII   әсирдеги жаңа карта үлгилери болып табылады. Бул ўақытта Арал ҳәм оның бассейни ҳаққында мағлыўматлар толықтырылды. Бул изертлеўлер илимий орталыққа жетпегени менен илимий  изертлеўге кең жол ашты.

        Арал теңизин изертлеў тарийхы XIX әсирде басланады. Бул ўақытта Қазақстанның оң түслиги менен Орта Азияның территориялары Россия империясы тəрепинен басып алынған еди.. Усыған байланыслы Арал теңизин изертлеў жумысларына айрықша итибар берилди. Бул ҳаққында натуралист Э.А.Эверсман бир қанша əҳмийетли мағлыўматларды жазып қалдырды. Ол 1825-1826 жыллары  Ф.Бергтиң экспедициясына қатнасты. Өз изертлеўлеринде Э.А.Эверсман Арал- Каспий ойпатының геологиясы менен ботаникалық-зоологиялық айырмашылықларын көрсетти. Алым Арал теңизиниң жағалаўына шекем изертледи. Ол жағалаўлардың физикалық-географиялық атамаларын ислеп шықты. Теңиздиң жағалаўлары ҳаққында, Сырдәрьяның төменги ағысы ҳаққында дəрьялар менен көллер ҳаққындағы мағлыўматларды салыстыра отырып, алым Арал теңизиниң тартылып баратырғаны ҳаққында болжап өтеди. Кейинирек бул теорияны Л.С.Берг жоққа шығарады[25].

50-жылларда Россия Илимлер академиясының шөлкемлестириўи менен Арал теңизине дəслепки илимий экспедициясы келди. Бунда зоолог Н.А. Северцов пенен ботаник И.Г Борщов жумыс иследи. Олар 1857-1859 жыллары Аралдың шеп түслик ҳәм шығыс жағалаўында физикалық-географиялық бақлаўлар жүргизди ҳәм теңиз түбине айрықша итибар қаратты.

        1874- жылы А.А.Тилло баслаған Оренбург отряды Арал менен Каспий теңизиниң аралығын нивелирледи. Изертлеўлер нәтийжесинде Арал теңизиниң ени Каспий теңизинен 73-метр жоқары екенлиги ҳаққында мағлыўмат берген.

        1874-жылғы Әмиўдәрья экспедициясына қатнасыўшылар Арал бассейниниң физикалық геоботаникалық бақлаўлар жүргизди. Аралдың шығыс жағалаўының көлеми теңиз деңгейиниң төмен түсиўине байланыслы өзгерип атырғанлығы ҳаққында фактлер көрсетилген. Каспий ҳәм Арал теңизиниң фауналарын салыстыра отырып, изертлеўлер нәтийжесинде Аралдың бир ўақытлары Каспийден бөлекленгенлиги анықланды[26].

        1879-жылы А.Я.Гедройцтың усы атамадағы геологиялық изертлеўи тармақлардың өзгериўине адамлардың шарўашылық ҳәрекетлерин ашып көрсетти. А.Я.Гедройцтың үлкен жетискенлиги Сарықамыс көлиниң ашылыўы болды.

        Соның менен бир қатарда Арал теңизи менен оған байланысатуғын обьектлер интенсивли түрде изертленди. Геодезиялы съёмканың нәтийжесинде жаңа географиялық карталар дүзилди. Теңиз бенен Сырдәрья аңғарының гидрогеологиясы жоқары дәрежеде изертленди. Арал бассейни территориясын физикалық-географиялық  ҳәм геобатаникалық түрге бөлиўдиң биринши схемалары ислеп шығылды.

        XX әсирдиң басында Россияда капиталистлик қатнасықлардың күшейиўине байланыслы шийки затқа деген талап артты. Соған байланыслы Арал теңизин изертлеў жумыслары қайтадан басланды. Бул ўақытта изертлеўлер 1897-жылы басланды. Бул жылы Ташкент, Рус географиялық жəмийетиниң Түркистан бөлими дүзилди. Л.С.Бергтиң биринши изертлеўлери усы шөлкемниң хызмети менен тығыз байланыста болды. Жас алым Арал теңизин изертлеў ўазыйпасын усынды.

        Н.Н.Соколовтың Арал экспедициясы (1900-1903) бассейниниң географиялық-гидрологиялық жағдайын изертледи.

        Теңиздиң өзи, оның айланасы изертленди, метрологиялық бақлаўлар жүргизилди. Усы мақсетте Л.С.Берг Сырдәрьяның төменги ағысында метеостанциялар шөлкемлестирилди. Жәнеде Аралдың жағаларында геологиялық ҳәм геоморфологиялық бақлаўлар, ихтиологиялық изертлеўлер алып барылды. Усы жыйналған мағлыўматлар тийкарында алымның «Арал теңизи (1908)» атлы ири жоқары баҳалы монографиясы шықты. Бул монография «шын мәнисинде тек географиялық монография ғана емес, теңиздиң өзин, Орта Азияның барлық тәрепин ишине алатуғын монографиялардың жыйнағы болып табылады. Мийнеттиң тоғыз тараўының ҳәр қайсысын- автордың өзиниң ҳәр түрли дереклери, сондай-ақ ертедеги қолға түспейтуғын мағлыўматлар ықшамластырылған шығарма деп айтыўға болады. Бул мийнетинде Лев Семенович географиялық талықлаўдың шебери ғана емес, түпсиз билим ийеси көргенин қойып жибермейтуғын, сезине бай өзиниң де, өзгелердиң де пикирин оқый алатуғын сегиз қырлы бир сырлы алым ретинде танытты». (Н.Н. Соколов) Л.С.Беркке дейин теңиздиң гидрологиялық қәсийетлери изертленбеген еди, тереңлигиниң картасы жасалмаған, теңиз жағаларының дүзилиси менен геологиясы, оның өсимликлери ҳәм ҳайўанатлары ҳаққында мағлыўматларда мәлим емес еди. Мине усылардың бәрин Л.С.Берг анықлады[27].

        Алым тәбиятта жүдә аз ушырасатуғын анық суў көзиниң толық физикалық-географиялық сыпатламасын берди. Ол өз монографиясында теңиздиң көлеми, тереңлиги, ағыслары, суўдың температурасы, түри менен тынықлығы, дузлылығы менен метрологиялық жағдайлары ҳаққында толық дереклер келтирди. Л.С.Берг Арал теңизи суўының дузы аз екенин-теңиз бетинде оның муғдары 1,03 проценттен аспайтуғынын анықлады. Ол  гидрологиялық бақлаўлар негизинде суўдың температурасы жетерли дəрежеде өзгермели екенлигин дәлийллеп, бәри ярым метр аралығындағы температура айырмашылығының 12-градусқа дейин жететуғынын анықлады. Алым илимде биринши мәрте Арал теңизинде сейш қурылысы болатуғынлығын анықлады. Ол сейш атмосфералық қатлам менен самал күшиниң өзгериўинен пайда болатуғын қубылыс деп есаплайды. Изертлеўши Аралда сейиштыңдым узақ болыўы (23-саат 45-минутқа дейин)сақланып туратуғынын атап өткен.

        Л.С Берг теңиз жағаларының ақырын изертлеп, Арал теңизиниң жағаларын үш түрге: тегис (батыс), қалақша тәризли (сол түслиги) және қайнаўлы (шығысы) жағаларға бөлди. Теңиздиң қойнаўлы жийеклери тек Аралға ғана тән.

        Л.С.Берг атап көрсеткениндей, Арал  түбинде қырда және теңизде өсетуғын өсимликлердиң түрлери ушырасады. Теңизде жәниўарлар дүньясы жүдә көп. Оннан  алым молюскилердиң 7 түрин, балықлардың 18 түрин тапқан.

        Арал теңизиниң гидрологиясы менен теңгейиниң аўытқуларын изертлей келе отырып, алым 1740 жылдан берги тарийхы мағлыўматларды салыстырды. Соның менен Арал акваториясының көтерилиў  ҳәм пәсейиўи ўақытлары алмасып отыратуғынлығын анықлады.

        «Арал теңизи» монографиясы тек бир аймақты физикалық-географиялық түрлеринен сыпатлаў туўралы биринши тәжирийбелердиң бири болды. Л.С.Бергтиң пүткил илимий творчествосына тән табияты тутастай алып, комплексли изертлеў ҳәдийси усы монографияда айрықша сезиледи. Онда автор Арал теңизин физикалық-географиялық түрде сыпатлаўы тәбияттың тарийхы даўамы менен байланыстырады. Усы замандағы тәбият қубылысларының тийкарында тарийхқа нәзер салсақ, изертлеўши Арал теңизиниң пайда болыўы туўралы ири мәселелерди көтереди[28].

        «Арал теңизи» монографиясы 1908-жылы баспадан шықты.Усы ўақыт ишинде Арал теңизинде талай рет изертлеўлер өткерилип жаңадан-жаңа дереклер ашылды. Соның өзинде Л.С.Бергтың иззертлеўлери илимий мәнисин усы күнге дейин сақлап келеди.Жаңа мағлыўматларды Бергтиң дереклери менен салыстырып иззертлеў ушын монографияда келтирилген илимий жуўмақлар ҳəм пикирлердиң, сондай-ақ ондағы теңиз фактлериниң бүгинги күнде зор мәниси бар. Буның өзи Арал теңизи туўралы қызықлы мағлыўматлар алыўға мумкиншилик береди.

        Л.С.Берг монографиясындағы мағлыўматларды ҳәзирги замандағы жаңа мағлыўматлар менен салыстырып,Арал теңизиның эволюциясы ҳаққында жуўмақ шығарыўға болады. Л.С.Берг 1906-ҳәм 1925 жыллары Арал теңизинде болып, қосымша гидрологиялық  бақлаўлар менен балық шарўашылығы ушын изертлеў жумысларын жүргизди.

        Бул ҳаққындағы изертлеўлерге ҳəртəреплемелик тән: гидрографиялық-гидрологиялық, гидробиологиялық, топырақ-ботаникалық, геологиялық, географиялық-геоморфологиялық ҳәм тарийхый археологиялық жумыслар өз-ара байланыста жүргизиледи. Арал теңизи менен оның жағалаўларын изертлеў совет ҳүкимранлығы жылларында да даўам етти: 1920-жылы оған Д.С.Малинин ҳәм 1921-жылы Д.Котельников келди. Д.П.Малинин Аралдың биринши ҳәм ҳәзирги жалғыз қысқаша лоциясын (теңиз тәрепиндеги) дүзди. 1934-жылы штурман Андрианов А.И. Бутаков ислеп шыққан картаны толықтырыў мақсетинде гидрографиялық жумыслар жүргизди.

Хорезм оазисиниң дәрья қырғақларына жақын аўыллар ҳәм қорғанлар халқының белгили бөлими ХХ әсир орталарына шекем Әмиўдәрья суў жолынан пайдаланып, қоңсы аймақлар менен экономикалық байланыслар алып барған.   

1858 жылда Хийўа ҳәм Бухараға жиберилген Игнатьев басшылығындағы рус елшилик миссиясы алдына Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья суў жолынан рус кемелери пайдаланыўы ушын имканият жаратыў мәселесин шешиў жүклетилгенин еске алыў мүмкин[29].

Хорезм оазисиниң арқа бөлиминде кемелер кең тарқалды. Онда  Әмиўдәрьяның жоқарысына Чаржаўға шекем, төменги тәрепте Аралға шекем ҳәм оннан Сырдәрьяның қуярлығына шекем жүзип барылған.

Кемеши салдаўшылардың мийнети жүдә аўыр болды. Олар Әмиўдәрья ҳәм каналлар бойлап Қоңыраттан Хийўаға шекемги жолды пияда басып өткен ҳәм оннан арман қарай ағысқа қарсы кемени тартып барған.

Кемешилер қарақалпақлар аймағында ишки каналлар ҳәм жапларға кирип өткен. Әмиўдәрьяның оң тәрепиндеги Кегейли, Қуўанышжарма, Шортанбай, шеп тәрептеги Қыят жарған, Шоманай, Ханжап кемелер жүретуғын жоллар хызметин атқарған.

Көплеген кемешилер Хожели ҳәм Нөкис аралығында Әмиўдәрья арқалы өткерилиўге хызмет еткен. Сондай-ақ Қуўанышжарма арқалы өткелдиң барлығын Каулбарс атап өтеди. Данилевскийдиң мағлыўматлары бойынша қарақалпақ кемешилери Айбүйир көли арқалы саўдагерлердиң кәрўанларын өткериў менен де шуғылланған.

Кемелерден басқа, көллерде балықшылық ҳәм өткел ушын саллардан пайдаланылған.

Балықшылардың тийкарғы транспорты қайық ҳәм жекен сал болған. 1859-жылы рус изертлеўшилеринен бири, қарақалпақ балықшыларының кемелери бар, ол кемелер онша үлкен емес ағаш бөлимлеринен дизип жыйналған, темир менен бириктирилген, теңизден Қоңыратқа шекем усындай 150 ге шамалас кемени санаўға болады. Олардың үлкенлери 150 пуд жүк көтере алады» деп жазған. Анағурлым қурғын балықшылардың қайықлары болған, ал кәмбағаллары жекеннен сал ислеп алған ҳәм оны таяў менен басқарған.

XIX әсирде қарақалпақлардың арасында болып олардың жағдайын өз көзи менен көрген Венгрия илимпазы Вамбери Хийўадан Қоңыратқа барғаны туўралы былай деп жазады[30]: «Хийўадан Қоңыратқа көбинесе жазда дәрья арқалы барады. Оксустың ағысы пәтли болса бес күнде барады. Бирақ пәтли ағыс тек жазда-суў тасқанда ғана болады. Бәҳәрде, гүзде суў қайтып ағыс пәсеңлейди, кеме узақ жүреди, ал қыста болса кеме жүрмейди, өйткени Оксусты муз қаплайды. Кемени еки адам басқарады. Биреўи кемениң басында, екиншиси кейнинде отырып удайына дәрья суўының қараўытқан ҳәм сарғайған жерлерине бағдарлап турады. Кемешилердиң айтыўы бойынша дәрьяның суўының сондай жерлеринде ағыс пәтли болады. Басқарып баратуғын таяўы мықлы узын ағаштан исленип уш бети ескекке усап кетеди. Соны қолға услап кемеши кемени көпшилик жағдайда отырып басқарып барады. Тек қәўипли жерлерде түргелип турады. Ҳәр еки сааттан кеме басқарыўшылар екеў-екеўден  алмасып турады».

Вамбери кәраматлы орын есапланған Тоқмақ-Ата атаўы ҳаққында былай деп жазады: »Көпшилик жағдайда бәҳәрде кудайға сыйыныўшылар Тоқмақ-Бабаға сыйыныў ушын да көлге барады. Ол Тоқмақ Баба деп аталатуғын атаўда, дәрьяның қуяр жерине жакын жерде жайласқан. Тоқмақ-Баба кәраматлы адам болған, соның менен бирге балықшылардың пири болып есапланған. Оның сүйеги-денеси кишкене махбараның астында жайласқан-жерленген. Ишки бөлмесинде оның кийимлери ҳәм қазан табақлары турыпты. Қазан-табақларына қарағанда жүдә ески заманларда өткен адам болыўы керек. Ыдысларының ишинде оның қазаны үлкен ҳүрметке ийе»[31].

Әмиўдәрьяның үлкен тармақлары бойлап суў жолынан пайдаланыўдың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына сәйкес рәўиште аймақта кемешилик те раўажланып барған.  Әлбетте, бул жерде кемелер ҳәм басқа суў транспорты қураллары тезлигине суў ағысы жөнелиси, самал тезлиги ҳәм бағдарлары,  жыл мәўсимлери де өз тәсирин өткерген. Мысал ретинде, XIX әсир ақырында Әмиўдәрьядағы рус пароходлары жазда Чаржаўдан Термизге шекем болған аралықты 7 күнде, қыста 11 күнде басып өткенлигин айтып өтиў мүмкин. Олардың қайықлары ағыс бойлап бир күнде 25-35 км. аралықты басып өткен. Улыўма алғанда, айырым мағлыўматларды анализлеп қарасақ, кайықлардың ағыс бойлап жүзиўдеги тезлиги ағысқа қарсы жүзгендегиден 2-2,5 есе тезирек болған.

Өткен тарийхый дәўирлер даўамында аймақтағы үлкен дәрьялар ағысы бойлап жолға қойылған кемешилик ҳәм оның менен байланыслы кәсип-өнерлер, тийкарынан, кемелер  қурыў, оңлаў. ижараға бериў, жүклерди ҳәм жолаўшыларды тийисли мәнзилге алып барыў ҳәм басқа да хызметлер бар болған.

        Бул дәрьялар қырғақларында өткелллерин бақлап баратуғын, бажы салықлары өндирилетуғын ҳәм кемелер тоқтаўы ушын хызмет кылған орынларға ийе мәканлар  ҳәм қалалар пайда болған ҳәм улыўма  суў жоллары менен байланыслы тийисли инфрадүзилмелер раўажланып келген.

         Әмиўдәрьяның ағысы бойлап өткен суў жоллары аймақ байланыс коммуникация дизиминиң әҳмийетли тармақларын дүзип, аймақлық экономикалық-мәдений байланысларда үлкен орын тутқан.  

        Хорезм археологиялық этнографиялық экспедицияның материалларында Қарақалпақстанның арқа районларындағы жол қатнасы қураллары ҳаққында былай деп көрсетиледи: «Арба жүдә сийрек гезлеседи, бул өзгеше «қарақалпақ Венециясы»  болған Мойнақ районы турмысында ҳәм хожалығында кеме үлкен роль атқарады, колхозшы балықшылар барлық ўақтын қайықта өткереди, оның менен базарға, мийманға, жумыслары бойынша район орайына барады».

        Ески қарақалпақ қайықлары бөлек ағашлардан соғылған болып,  ертеде ағаш шегелер менен, соңынан ХIХ әсирден баслап темир мыйықлар менен қағылған. 1873 жылы Амудәрьяның шеп жағалығындағы қарақалпақларды бақлаған М.Г.Черняев  қайықлар ҳаққында былай деп жазады: «айырым ағаш бөлеклерден исленген, темир менен беккемленген қайықларды теңизден Қоңыратқа шекемги аралықта 150 ге шекем жыйнаў мүмкин, олардың ең үлкени 300, ал кишилери 150 пудқа шекем жүк көтереди». Усыған сәйкес қайықты баянлаўды Л.Соболевте көремиз: «... айырым бөлеклерден қуралған, темир ҳәм қамыс пенен бир бирине бекитилген жеңил қайықлар» деп көрсетеди.

        А.В.Каульбарс өзиниң «Низовья Амударьи» мийнетиниң дәслепки бетлеринде Хийўа кемесиниң ҳәм майда ағашлардан соғылған кишигирим балықшылық кемесиниң   өзгешелигин баянлаўға  үлкен итибар береди. Кишкене балықшылық кемелериниң қурылысы бойынша жүдә жақсы екенлигин атап өтеди: «Жаңа кеме ҳеш қандай суўды өткермейди.  Бирақ жергиликли тораңғылдан исленип, оның материалы қанаатландырмайды, сонлықтан бундай кемениң хызмети 6-7 жылдан аспайды. Кишигирим балықшылық кемелери  Әмиўдәрьяда жүдә жақсы соғылады, олардың жүриси жеңил ҳәм қымбат емес». 

ХIХ әсирдиң 70 жылларындағы қайықлардың көриниси рус художниги Каразинниң сүўретлеринде берилген. Әмиўдәрья салдаўшыларына арналған Н.Каразинниң картинасын көрип  толып-таспаў мүмкин емес. Репинниң «Волгадағы бурлаклар» ҳәм Каразинниң «Әмиўдәрья салдаўшылары» картиналарын көргенде  И.Е.Репинниң  «ҳақыйқатлық оғада ашынарлы, оның нағысларын бийпәрўа турып ар-намыс пенен тоқыў қыйын…» деген сөзлер ядқа түседи.

1873-жылдан  кейин, әсиресе қарақалпақлар аймағына казак уралецлердиң қоныс басыўына байланыслы кемениң  түри өзгерген. Балықшылық аўылларында көбирек  уралецлердиң жеңил қайықлары «будар» қолланылған.

XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап жол қатнасы қураллары тараўында  гейпара өзгерислер болды.  Балықшылар арасында қайықтың жаңа түрлери, сондай–ақ  желқомлы кемелер пайда болды.

1874-1879-жыллары Қуўаныш жарма, Даўқара көли ҳәм басқа да Әмиўдәрья тармақлары арқалы  пароходлар Арал теңизине түскен. Сондай-ақ Әмиўдәрья арқалы Петро-Александровскийден Қазалы-Нөкис, Мойнақ-Аральскийге «Самарқанд» ҳәм басқа да пароходлар қатнаған.


[1] Арал тағдыры. Алматы., 1989.

[2] Каримов И.А. Ўзбекистон XXI аср бўсағасида….. Т.1997

[3] Гулямов Я. Хоразмнинг суғорилиш тарихи. Т.1959

[4] Берг Л.С. Избранные труды. 1 том. М.1956

[5] Арал тағдыры. Алматы 1989

[6] Берг Л.С. Избранные труды. 1 том. М.1956

[7] Толстов С.П. Города Гузов. Журнал. «Советская этнография» М, 1947, N 3, 71-бет.

[8] Виноградов А.В. Древние охотники и рыболовы Среднеазиатского междуреья. Москва, 1987.

[9] Гудкова А.В. и Ягодин В.Н. Археологические исследования по городище Ток кала. Общественные науки Узбекистана. 1961. N5 67-,бет

[10] Гулямов Я.Г. История оршения Хорезма с древнейших вр. До наших дней. Ташкент, 1957, 126-бет

[11] «Казак адебияты» газетасы, 1988. февраль

[12] Берг Л.С. Избранные труды. 1 том. М.1956

[13] Гулямов Я. Хоразмнинг суғорилиш тарихи. Т.1959

[14] Берг Л.С. Избранные труды. 1 том. М.1956

[15] Көрсетилген дерек

[16] Камалов С Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[17] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[18] Каримов И.А.Ўзбекистон XXI аср бўсағасида….. Т.1997

[19] Арал тағдыры. Алматы 1989

[20] Арал тағдыры. Алматы 1997

[21] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[22] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[23] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[24] Мамбетуллаев М.Туребеков М. Қаракалпақстан тарийхы. Н.2011

[25] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[26] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[27] Арал тағдыры. Алматы 1989

[28] Арал тағдыры. Алматы 1989

[29] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[30] Камалов С. Вамбери Қарақалпақлар туўралы. Н.1996

[31] Камалов С. Вамбери Қарақалпақлар туўралы. Н.1996

Толық мағлыўматты С.А.Сулаймановтың Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья суў жоллары тарийхы(ХIX әсирдиң 70-жыллары-ХХ әсирдиң 80-жылларының биринши ярымы) монографиясынан алсаңыз болады. Salamatsu (talqılaw) 11:53, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ҚАРАҚАЛПАКСТАН АЙМАҒЫНДАҒЫ АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ ТУРИСТЛИК ОРЫНЛАР

[derekti redaktorlaw]

Қарақалпақ тарийхы инсаният жәмийетиниң ең әййемги дәўирлерине барып тақалады. (Қарақалпақстан аймағы жәҳән цивилизациясы ошақларынан бири есапланади.) Бул үлкени айрықша археологиялық табылмалар мәканы деп айтыў мумкин. Бул аймақта еки ярым мың жыллық тарийхтан гүўалық бериўши тарийхый, археологиялық ҳәм архитектуралық естеликлер бүгинги күнге шекем сақланып келинген. Қарақалпақстан музейлеринде адамды таң қалдыратуғын көплеген археологиялық естеликлерден табылған материаллық мәденият үлгилери бар, олар оғда кем ушрайтуғынлығы менен жәҳән жәмийетшилигин өзине тартып келмекте.

Тарийхый – археологиялық дереклердиң  гүўалық бериўинше, ҳәзирги Қарақалпақстан аймағында адамлар сонғы палеолит дәўиринен баслап жасай баслаған. Эрамызга шекемги 5-мың жыллықтан 2-мың жыллық басларына шекем халық тийкарынан, Әмиўдәрья бойында, Арал ҳәм Каспий теңизлери әтирапларындағы кеңисликте жасаған. Эрамызға шекемги 2-мың жыллықтың ақырында бул аймақта суўғарылатуғын дийханшылық пайда болған.

Қарақалпақстан аймағында антик дәўирине тийисли Қойқырылғанқала, Айбүйир ҳәм Бурлиқалъа қарабаханаларында алып барылған археологиялық қазыў жумыслары процессинде эрамызға шекемги IV әсирге тийисли жазба естеликлер, Қойқырылған қала ҳәм Ақшахан қалада әййемги сүўретлейтуғын көркем өнер ҳәм мүсиншилик үлгилери табылды. Айбуйир қала ҳәм Топыраққаладан дәслепки Хорезм жазыў үлгилери табылды. Бул өтмиштен қалған естеликлер әййемгиде әйне сол жерден өткен Уллы жипек жолы бойында жайласқан болып, өз тарийхында қаншама ири ўақыялар, социаллық-сиясий ўақыялардың гүўасы болған.

ҚОЙҚЫРЫЛҒАН ҚАЛА Храм-обсерватория. Б.Э.Ш. IV Б.Э-IV әсири Қойқырылғанқала диаметри 80 метр болып шеңбер формасында қурылған. Ортада диаметри 44,4 метр болған еки қабатлы жай бой көтерген.

Изертлеўлер соннан дерек береди, орайдағы жай астрономиялық бақлаўлар жүргизиў ушын қурылған. Буған астраномияда пайдаланылатуғын астролюбия әспабының табылыўы дәлил бола алады. Қойқырылған қалада сапал ҳәйкел (адам ҳәйкелшелери) формасында исленген оссуарийлер табылған ҳәм олардың бир бөлеги Өзбекстан халықлары тарийхы мәмлекетлик музейинде сақланып атыр.

ЖАНБАСҚАЛА Б.Э.Ш. IV – Б.Э. I әсирлер

Султан Увайс таўларынан қубла-шығыс тәрепке созылған төбеликлер ақырындағы таслы төбеликтиң арқасында жайласқан. Қала 1946-48-жыллары биринши мәрте сүўретке алынған. Ол төрт мүйештеги формада, аймағы 200 х170 м. Қаланың орайлық көшесиниң төринде атошгох (зардуштийлик храм) жайласқан. Жанбаскала сыйыныўханалары әййемги Хорезмниң диний ҳәм жәмәәт түсиниклери хаққында мағлыўматларды толықтырады.

АЯЗҚАЛА Қорған, Б.Э.Ш. IV–III әсирлерде қурылған.

Үш естеликтен ибарат (Аязқала 1, 2, 3). Тәбийий төбелик үстинде жайласқан. Аязқала-1 қорғаны эр. алд. IV-III әсирлерде қурылған.

Аязқала-1 естелиги киши дийўал менен оралған Султан Увайс таўының арқа тармақларының төбелигинде яғный таў дизбегинен 60 м бийикликте төрт мүйеш формада жайласқан. Аязқала-2 қорғыны VII әсирдиң екинши ярымы - VIII әсир басларына тийисли болып, ХIII әсирде оның бир бөлегинен турақ жай ретинде пайдаланылған. Аязқала 3 тиң қурылған дәўирин С.П. Толстов оның қәсийети айрықша структураға йие екенлигинен келип шығып, кушанлар дәўирине тийисли деп есаплайды, қорғанда турмыс эрамызға шекемги III-IV әсирге шекем даўам еткен.

ҮЛКЕН ГҮЛДИРСИН. Қала б.э.ш. IV–III әсирлер, эр. XII–XIII әсирлер. Үлкен Гүлдирсин - әййемги Хорезмниң ең ири шегара қалаларынан есапланады. Аймағы 350х230 метрден ибарат. Бул жерде алып барылған қазыў жумыслары уақтында археологлар тәрепинен әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли материаллар, гүлал ыдыслар, бронзадан исленген безеўлер, әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли теңгелер табылған. Бул теңгелер қорғанда турмыс 1220-жылларға шекем - яғный Муҳаммед Хорезмшах басқарған дәўир, Шынғысхан басқыншылығына шекем даўам еткен.

МИЗДАХҚАН Археологиялық-архитектура комплеки Б.Э.Ш. IV әсир – Б.Э. XIV әсир. Әйемги Миздахқан археологиялық-архитектура комплекси шама менен үлкен майданда (200 гектардан артық), Хожели-Гөне Үргениш автомобил жолы бойында жайласқан. Комплекстиң тийкарғы бөлимлери Хожели қаласының қубла-батысындағы үш төбеликте жайласқан. Бул төбеликлер Гәуир қала, Мазлумхан сулыў деп аталыўшы төбеликтеги әййемги некрополъ ҳәм пәсликтеги Алтын Орда дәўирине тийисли мәҳәллелердиң излеринен ибарат. Комплекс қурамына Гәўир қала, Шамун наби, Жапа шеккенхон Сулу, Халифа Ережеп мазарлары киреди.

ТОПЫРАҚ ҚАЛА. Бизиң эрамыздың  I–IV әсирлер. Топыраққаланың көлеми 500 х350 м. Төртмүйеш формасында қурылған қорған әтирапын қоршап турған қорған дийуаллары топырақ төбеликлер формасында сақланып қалған. Олардың бәлентлиги айырым орынларда 8-9 метр ге шекем жетеди. Мүйеште үш минарлы сарай қәд көтерип турған. Қорған дәрўазасынан басланатуғын көше қорғанды екиге ажыратып турған, көшениң еки тәрепи жерлерге (тийкарынан өнерментлер жасайтуғын) бөлинген болып, жерлердиң биринде эхром жайлары жайласқан.

БОГРАХАН ЕСТЕЛИГИ Бограхан естелиги Қоңырат қаласынан 10 км арқа-батыста жайласқан.  Қаланың өмир сүрген ўақты XI-XII әсирлерге тийисли. Қаланың улыўма майданы 60 гектардан артық болып, ол цитательден, шахристаннан ҳәм рабатдан турады. Цитадель шахристанның арқа-батыс тәрепинде жайласқан. Ҳазирги ўақытта естеликте реконструкция жумыслары алып барылып зыяратшылар  ушын қолайлы шәраятлар жаратылған.

ЖАМПЫҚҚАЛА. Қаратаў посёлкасының қубла-шығысынан 4,5 км де, Султан Увайс таўы ернеклериниң батыс жанбаўырларында, төменги Әмиудәрьяның оң жағасында жайласқан, естеликтиң қубла-батыс бөлегинде 620 м 2 майдан бар. Улыўма аймағы 12 гектарды ийелеп турған қорған дийўаллары қып-қызыл үстинлерден бәлент етип тикленген. Қорған ортасында үлкен қабыллаўханасы жайласқан (дворцовая плошадъ), Қалада турмыс ХII-ХIV әсирлерде халық жасаған.

ҚЫЗЫЛҚАЛА. Қызылқала естелиги Беруний қаласының арқа тәрепинде 27 км узақлықта жайласқан. Қызыл қала жүргизилген археологиялық қазыў жумыслары ўақтында қаланың биринши қабатына тийисли зал ашылған. Қала  сыртқы көриниси квадрат формада болып көлеми 65х63 метр, 13-14 метр бийикликтеги қорған дийўаллар менен қоршалған, қорған дийўаллары ҳәзирги ўақытта да жақсы сақланған. Атқышлар галереясының биринши төменги қабаты жабық болып, екинши қабаты ашық болған. Қаланың төрт мүйеши топханалар менен беккемленген.

ИЙШАН ҚАЛА. Ийшан-қала ҳәзирги Кегейли районының Халқабад қаласына  жақын жерде жайласқан. Қала қорған дийўал менен қоршалып оның түслигинде, арқа-шығыс тәрепинде жергиликли дин ийелериниң үйлери менен бирге медресе, мешит ҳәм әўлийешиликлер бар. Қаланың қорған дийўал менен қоршалған бөлиминиң размери 68х35 м. Оның арқа-шығыс мүйеши планда 25х9 м текшее тәризли кемис жерис бар. Қорғанның тек бир дәрўазасы болып ол арқа тәрепте болған. Буның ишинде 15 тен аслам өжирелер бар. Қорған дийўалдың сол ўақыттағы басқа қорғанлардан парқы буның үстинде сақшылар жүретуғын майданшасы ҳәм оқ ататуғын тесиклери болмаған. Бирақ ҳәр 7-8 метрден қорған дийўалдың дийўалларының беккем турыўы ушын «минаралар» қурылған Ийшан қала. XIX әсирде салдырған Қубла Арал жағалаўларындағы бирден-бир оқыў орны есапланады. Salamatsu (talqılaw) 11:56, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ЗИЯРАТ ОРЫНЛАРЫ ҲӘМ МҮҚӘДДЕС ҚӘДЕМ ЖАЙЛАР

[derekti redaktorlaw]

ШЫЛПЫҚ. Б.э.ш. I–IV әсирлер, б.э IX–XI әсирлер. Нөкис ҳәм Беруний қалалары (Қарақалпақстан) аралығындағы, Нөкистен 43 км қублада, Әмударьяның оң жағасында, бәлентлиги 35 - 40 м. болған тәбийий төбеликте қурылған. Шылпық шеңбер формасында болып, әтирапы қалың пахса дийуал менен оралған, бир тәрепи кириў жолы ретинде ашық қалдырылған. Шылпықтың 6-8 метрлик дийўалы сақланған, ишки радиусы 12 м. Илимпазлар пикирине көре, Шылпық отқа сыйыныўшылар өликлерин келтирип қойатуғын арнаўлы мазар уазыйпасын өтеген. IХ-ХI әсирлерде жергиликли халық оны белги беретуғын минар ретинде пайдаланған. Шылпық астрономиялық бақлаўлар жүргизетуғын арнаўлы жай екенлиги шама етилген.

СУЛАЙМАН БАҚЫРҒАНИЙ (ҲАКИМ АТА) МАҚБАРАСЫ. Мойнақ районы аймағында пүткил туркий халықлар арасында Ҳәким ата аты менен атақлы болған Хожа Сулайман Бақырғаний теберик зыяратхана  маҳбарасы жайласқан. Туркий мусулман дүньясында Сулайман Бақырғаний Хожа Ахмет Яссаўийден кейинги әўлие ретинде тән алынған. Усының себебинен халық оның қәбирине бир неше рет (ХII, ХIV, ХVI әсирлер) мазарлар қурдырған. Усы орында Ҳәким атаның мазары ҳәзирги уақытта да зыярат орны ҳәм муқәддес қәдем орынларынан ибарат комплекс қайта исленген.

СУЛТАН УАЙС ИБН АЛ ГАРАНИ  (СУЛТАН БАБА) Султан Уайс қойымшылығы ҳәзирги Беруний районы аймағында, тәбияты гөззал Қаратаў жанбаўырында, шығыстан батысқа қарай бир-еки шақырымға созылып орналасқан. Бабаның комплексинде жүргизилген археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде XII-XIII әсирлерде тийисли материаллық мәденият  қалдықлары табылған.

  Комплекс қурамына олардан басқа Султан Уайс Баба аты менен байланыслы жети батыр қәбири, Мунәжәт төбе, Кийик саўған ҳәўиз қусаған бирқанша орынлар бар. Шынар Баба естелиги XIV әсирге тийисли болыўы итимал. Бул жерге келген зыяратшылар ушын дерлик барлық шәраятлар  жаратылған.

НАРИНЖАН БАБА. Наринжан баба комплекси - Елликқала районындағы архитектуралық естелик (X-XVIII әсирлер). Комплекс әййемги қала орнындағы қәбиристан орайы - Наринжан баба мазары әтирапында түрли дәўирлерде зыяратхана, шығыс махбара (XIV-әсир), мешиттеги кең намазхана айуан, қаландархана (XVIII әсир) ҳәм басқа қосымша бөлмелер қурып жүзеге келген. Ғәрезсизлик дәўиринде Нәринжан баба мақбарасы қайта салынды. Salamatsu (talqılaw) 11:57, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЙМАҒЫ ӘЙЙЕМГИ ЦИВИЛИЗАЦИЯ ОРАЙЛАРЫНЫҢ БИРИ

[derekti redaktorlaw]

Орта Азия аймағында әййемги дәўирлерден жасап киятырған халықлар арасында өзбек халқы өзиниӊ бай тарийхы, этникалық келип шығыў менен ажыралып турады. Орта Азияныӊ еки ири дәрясыныӊ аралығында өзбек халқыныӊ анық қәлиплескен дәўири мәселесинде алымлар ортасында бир пикирге келинбеген. Себеби, бир топар алымлар халықтыӊ этногенезин жазба дереклерде этнонимниӊ тилге алынған дәўиринен баслаў керек деген жуўмақға келген болса, басқа топар алымлары бул процессти әййемги дәўирлерден баслаў керек деген жуўмақға келген.

Айырым илмпазлар өзбек миллетиниӊ этник қәлиплесиўи менен байланыслы әййемги халықлар буннан 6-8 мыӊ жыл алдын, айырымлар 3 мыӊ алдын жасаған деген пикирди билдиреди. Соӊғы жылларда өзбек халқыныӊ қәлиплесиўи XVI әсирден басланған деген илимий пикирлерде пайда болды.

Соӊғы жылларда алып барылған илимий-изертлеўлер өзбеклерге тән антропологиялық көринис дәслеп Сырдәряныӊ орта ағымы, яғный Ташкент ҳәм Қубла Қазақстан жерлери, Жетисиў әтирапларыда бизиӊ эрамызға шекемги I мыӊ жыллық ақырында қәлиплесе баслағанлығы анықланды. Шама менен бизиӊ эрамызға шекемги III-II әсирлерде бул этниаклық қәўимлер түрли жөнелислерде Орта Азияныӊ орайлық ҳәм қубла ўәлаятларына кирип келген.

Б.э.ш I мыӊ жыллық орталарында ҳәм әсиресе бизиӊ эрамыздыӊ V-VII әсирлеринде арқадан түркий қәўимлердиӊ Орта Азия аймақларына кирип келиў процесси басланды. Олар жергиликли халықлар менен аралас жасаў процессин бастан кеширди, бул халықларға тил мәселесинде тәсир көрсетип, олардыӊ тиллериниӊ түркийлесип барыўына себебши болды. VII-VIII әсирлерде Орта Азиядағы түркий халықлардыӊ тийкарғы бөлеги Чуст, Жетисуў, Шаш, Фергана, Зарафшан ҳәм Қашқадәрья оазислеринде жасаған. Жазба дереклерде VII әсирден баслап бул аймақлар Түркстан деп аталған. Соныӊ менен бирге отырықша турмыс шараятында жасаған жергиликли халықларда түркий қәўимлерге өз тәсирин көрсеткен. Бирақ, тил жағынан түркий қәўимлердиӊ тәсири сол дәрежеде болды, араблар Орта Азияны ийелеген дәўирге шекем үлке халықлар түркийлесип болған еди.

Өзбек халқыныӊ қәлиплесиўинде және бир әҳмийетли дәўир IX-XII әсирлер болып, Орта Азияда жүзеге келген түркий мәмлекетшиликлерден бири Қараханийлер дәўиринде түркий өзбек халқы дерлик қәлиплесип болады. Бул дәўирде ҳәзирги Өзбекстан жерлеринде өзбеклерге тән антрпологиялық көринис қәлиплеседи.

Өзбек халқыныӊ қәлиплесиўинде әҳмийетли дәўирлердиӊ бири XV-XVI әсирлер болып, бул дәўирде Дешти Қыпшақтан қәўимлердиӊ миграциясы ҳәм жергиликли халықлар менен араласыў процесси жүз береди. Сондай-ақ бул дәўирде өзбек халқыныӊ елат ҳәм миллет сыпатындағы белгилери анық қәлиплесе баслайды.

Солай етип, өзбек халқыныӊ қәлиплесиўи узақ тарийхый процесс екениниӊ гуўасы болдық. Өзбек халқыныӊ этник тийкарын мәмлекетимиз аймағында әййемги дәўирлерде жасаған соғдлар, бақтриялылар, хорезмлилер, сак ҳәм массагетлер қурайды. Үлкемизге түрли дәўирлерде келген қәўимлер тәрепинен белгили дәрежеде этник тәсир көрсетилген. Өзбек халқыныӊ қәлиплесиўинде барлық дәўирлерде жергиликли халық ҳәр дайым сыртдан келген елатлардан үстин болған.

Қарақалпақлар Шығыстың белгили ҳалықларынан болып, олардың келип шығысы оғада узак, ҳәтте ерте дәўирлерден баслап Арал бойларын жайлаған Сак, Массагет қәўимлери менен тутасады.

Сак ҳәм Массагетлер Арал бойы батпақлықларының турғын қәўимлери сыпатында бизиң эрамыздан бурынғы VII-II әсир мәдениятларында терең из қалдырған.

Әмиўдәрьяның төменинде Арал теңизиниң қубласында VII-ХIII әсирлерде Хорезм мәмлекетинен ғәрезсиз дәслеп печенеглер аўқамы, кейин Кердер деп аталған мәмлекет өмир сүрди. Қарақалпақлар усы әсирлерде халық болып қәлиплести ҳәм усы жерде дәслеп печенеглер, кейин (X-XI әсирлерде) қарақалпақлар деген атқа ийе болды.

Қарақалпақстанның әййемги Хорезм менен жақыннан қатнаста болыўы, оның мәдениятына да әдеўир тәсир тийгизген. Хорезм ҳалықлары VI-VIII әсирлерден баслап-ақ Арал жағаларындағы «батпақлықтағы қалалар» турғынлары менен мәдений қатнасықлары Әмиўдәрьяның аяғындағы «Күйик қала», «Төкқала» қусаған археологиялық естеликлерде де көринеди. XI-XIV әсирдеги қарақалпақлар тарийхы Дон ҳәм Урал бойлары менен байланысады. Хәтте ири халықлардың өзлери де Батыс Сибирь ҳәм Урал жағаларында көшип қонып жүрген.

Буннан тысқары булардың барлығы да өз ўатанласларын таслап кетпеген. Себеби, усы дәўирдин өзинде де XII-XIV әсирлерде  қарақалпақлардың айырымлары Шымбай ҳәм Дәўқара бойларында көринсе, XIII әсирден баслап Хорезмниң Алтын Ордаға қосылыўына байланыслы Едил бойы қарақалпақлардың Хорезм ҳәм Түркстанға көшип өткенлиги де байқалады. Соның ушын да қарақалпақлардың ерте дәўирден баслап XII әсирге шекемги Хорезм тарийхында тутқан орнын былай қойғанда, олардың бул үлкедеги XIV-XVI әсирдеги тарийхта тутқан орны да аз емес.

Сонлықтан да профессор С.П.Толстов «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўиндеги ең әҳмийетли жағдай IX-XI әсирдеги печенег бирлеспесиниң дүзилиўи болып есапланады» - деп жазған еди. «Черные клобуки» (қарақалпақлар), Торк ҳәм Берендей деген атлар менен көрине баслайды. Олар Россияда түрк тилин тарқатыўға үлес қосады. Себеби: «Түрки тилин ең дәслеп IX әсирдиң ақырында печенеглер алып келген». «Печенег» термини Батыс Европа, Византия хроникаларында кең қолланғанда, ал шығыс авторлары мийнетлеринде оғада аз ушырайды. Махмуд Қашқарий өзиниң «түрк сөзлер топламы»нда «бачене» деп тилге  алынады. Венгриялы илимпаз Д.П.Европустың сөзине қарағанда: «Печенег» сөзи «қайың адамлар» деген мағананы билдирер екен.

XII әсирге келип Черные клобуки (Қарақалпақлар) ең баслы орынға көтериледи.

Қарақалпақлардың дәстанларында, шежиресинде, олардың Жайық, Едил, Арал ҳәм Қаратеңиз бойларында жасағаны сөз етиледи. Бул әпсаналарда толғаўларда: Жәнибек, Орысбий, Орманбетбий, Майхыбий қусаған адамлардың атлары жийи-жийи гезлеседи. XIV-XVI әсирлерде Қарақалпақлар Ноғайлы аўқамы қурамында болып, өзиниң басқарыў системасына ийе болған.

Қарақалпақ қәўимлериниң Хорезмге қарай массалық көшиўлери негизинен XIV әсирдиң орта гези 1340-жыллардан басланған. Себеби, бул дәўирде Хорезмде толық турақласқан Қоңыратлар Хусайын суўпы-Қоңырат басшылығында Алтын Ордадан ғәрезсиз болган өз мәмлекетин дузеди.

XV әсирдиң ақырында Дешти-қыпшақ саҳра даласында қазақ ханлығы дүзилсе ҳәм XV әсирдиң ақырында XVI әсирдин басында Сырдәрья менен Әмиўдәрьяның орта ағысы бойларында Шейбани басқарған өзбек ханлығы дүзиледи. XV-XVI әсирде қарақалпақ улысы дүзилди.

Қарақалпақлар тарийхында ең белгисиз болып қалған дәўирлердиң бири XVII әсир. Бирақ XVI әсирдиң ақыры, яғный 1598-жылдан баслап қарақалпақлар, өзиниң тутас миллий атағы менен Батыс ҳәм Шығыс дереклеринде де көрине баслайды.

Қарақалпақлар ҳаққында пикирлер сол дәўирлерде жасаған Бухара ҳәм қазақ ханлары хроникаларында әдеўир айтылады. Мәселен, Имамқулы (1611-1642), Субханқулы (1680-1702), ӘзТәўке (1680-1718) ҳәм басқа да патшалар дәўиринен еске алыўы мумкин. Бул дәўирде қарақалпақлар Бухара ҳәм қазақ ханлықларынан ғәрезли болып жасады.

Қарақалпақлар көп тартыслардан кейин 1694-жылдан баслап Түркистанда өз ханлығын тиклеўге миясар болған. Мәселен, Тобаршық султан (1694-1709), Қайыпхан (1709-1722), Ешим Муҳаммед (1722-1723). Булар Шыңғысхан нәсиллериниң әўладлары болып, соңынан өзлерин түрки ханлары –деп атаған.

1723-жылы Жунғар атланыслары қарақалпақлардың Түркистандағы ханлық бийлигин пүткиллей қулатты. Солай болса да бул үш хан тарийхта қарақалпақ ханлары сыпатында тән алынды.

Ал XVIII әсирден баслап қарақалпақлардың тийкарғы бөлеги Хорезмде көринеди. Тарийхшы П.П.Иванов XVIII-XIX әсирлерде өткен Хорезм ханларынан бес ханды қарақалпақлардан болғанлығын анықлаған. Буннан тысқары, қарақалпақлар Дәўқара-Шымбай аймағында өз ханлығын тиклеўге ҳәрекет етеди.

1723-жылы Түркистанда Жуңғар басқыншылығына ушыраған қарақалпақлардың тийкарғы бөлеклери Аралға жетип барыў ушын Сырдәрьяны жағалап көшип, Жаңадәрья әтирапында Қазақтың Киши Жүзиниң ханы Әбилхайырдан ғәрезли болып жасады. Бул дәўирде оларға Ғайыпхан ҳәм Мурат шайыхлар басшылық еткен. Әсиресе Маманбий ҳалықтың миллий азатлығы жолында гүреседи. Ал, қарақалпақлардың Түркистаннан Ташкент арқалы Ферғана ойпатында Бухара арқалы Қашқадәрьяға ҳәм Сурхандәрьяға шығынып кеткен бөлеклери көп санлы ҳалықлар арасына сиңисип кеткен. Олардың ел бийлеўши топарларының атлары өз қәўимлериниң атамалары тийкарында Қыпшақ, Қоңырат, Маңғыт, Кенегес деп айтылады да, соңынан бул үлкелердеги этникалық бирликлер менен беккем араласып кетеди. Сол себебли тил ҳәм этникалық өзгерислер тек Бухара қарақалпақлары арасында ғана сақланған.

Абулғазыхан Баҳадырханның мағлыўматы бойынша, қарақалпақлардың Хийўа ханлығы менен қатнасықлары XVII әсирден басланады. XVII әсирдиң басларында Әмиўдәрьяның қуяр жерине суў келгеннен кейин батыста Үстирт ҳәм сол әтирапта жасап атырған қарақалпақлар ата-журтына көшип келе баслайды.

XVII-XVIII әсирлерде Хорезмниң арқасында, Әмиўдәрьяның қуяр жеринде орайы дәслеп Қоңырат қаласы, кейин Шымбайға жақын жерде жайласқан Шахтемир қаласы болған. Оның бас қаласы Қоңырат XVIII әсирдиң ақырында, орта әсирлерде Гөне-Үргениш қандай әҳмийетке ийе болған болса, ол да сондай әҳмийетке ийе болған.

1714-жылы араллы өзбеклер Хийўа ханы Ядгар ханға қарсы көтерилис жасап, Сырдәрья бойындағы қарақалпақлардың ханы Ешим-Муҳаммедти ханымыз деп мойынлайды.

XVIII әсирде Әмиўдәрьяның қуяр жеринен Сырдәрьяның қуяр жерине дейинги аралықтағы еллерди «Қарақалпақ ели» деп атайтуғын еди.

Хийўа ханы Шерғазы 1715-жылдың қысында қарақалпақларды бағындырыў ушын биринши мәртебе атланыс жасайды. Бирақ қарақалпақ елин бағындыра алмайды.

1728-жылы қарақалпақлар араллы өзбеклер менен биригип, хийўалыларға қатты соққы береди. Улыўма алғанда, Әмиўдәрьяның төменги жағында жасаўшы халықлардың Елбарс ханның (1728-1740 жж) ҳүкиметин мойынлаўы менен Хийўа ханлығының қарақалпақлар ҳәм араллы өзбеклерди бағындырыўдағы биринши дәўири жуўмақланады.

1740-жылы Хийўаны Иран шахы Нәдир шах жаўлап алғаннан соң, бул ханлықта сиясий жағдай өзгерип, ҳүкимет ҳәлсиреп, Әмиўдәрья қуярлығындағы өзбек ҳәм қарақалпақлар ханлықтан ғәрезсиз жағдайда жасайды.

1770-1790-жылларда Хийўа ханы Муҳаммед Әмин инақ дәўиринде қарақалпақларда Хийўаға бағындырыўдың екинши басқышы басланады. Бунда жаўлап алыў жолы менен емес, парахатшылық жолы менен жүргизиледи.

Улыўма алғанда қарақалпақлар XVIII әсирде Хийўа ханлығында болған сиясий ўақыяларда белгили роль атқарған. Қарақалпақлар өз ғәрезсизлиги ушын ҳәм өз жерлери ушын сыртқы душпанларға қарсы гүрес алып барады.

1804-1806-жыллары Хийўа ханы Елтүзер Муҳаммед тусында қарақалпақларды Хийўа пуқаралығына өткериўдиң үшинши мапазы басланып, ол 1810-жылы Муҳаммед Рахим ханның (1806-1825) дәўиринде оларды толық бағындырыў менен тамамланады.

XVIII әсирдиң ақыры – XIX әсирдиң басында Хийўа ханларының жаўлап алыўшылық ҳәрекетлерине қоныратлы өзбеклер ҳәм қарақалпақлар оғада үлкен қарсылық көрсетеди. 1809-1811 жыллар арасында Хийўа ханына қарсы урысларда қаҳарманлық көрсеткен Бегис, Мыржық (Мырза Муҳаммед) ҳәм Нуртайларды халық батыры сыпатында ядында сақлап киятыр.

Солай етип, XIX әсирдиң биринши шерегинде Хийўа ханлары Қоңыраттан баслап Жаңадәрьяға дейинги жерлерди толық жаўлап алып, бул жерлердеги халықларға үстемлик ете баслайды.

XVIII-XIX әсирлердеги бул сиясий ўақыяларға қарамастан, Хийўа ханлығындағы халықлар менен қарақалпақлар арасында тығыз экономикалық ҳәм мәдений байланыслар даўам еткен. Қарақалпақлар Гөне-Үргениш, Хийўа ҳәм Гүрлен ҳ.т.б. қалаларға барып саўда-сатық қылып турған. Көплеген хийўалылар Қоңырат қаласына келип саўда қылған. Хийўадан қазақ жерлерине баратуғын саўда жолы қарақалпақлар жериниң үстинен өткен. Көплеген қарақалпақ жаслары Хийўа ҳәм Гөне-Үргениш медреселеринде оқып, арал бойларында Шығыс мәдениятын тартатуғын еди. Қарақалпақ жыраў-бақсылары белгили болып, ҳәттеки халық аўзында XVII-  XVIII әсирлерде жасаған Қоңыратлы шайыр ҳәм бақсы Дәўлетияр бек Мақтумқулының атасы Азадийға саз үйретип, оған устаз болған деген де аңыз бар.

XIX әсирдиң екинши шереги Хийўа ханлығында ишки алаўызлықтың күшейиўи менен сыпатланады. Бул жағдай қарақалпақлардың 1827-жылы Хийўа ханы аллақулыханға қарсы көтерилис шығарыўына алып келип, бунда Хийўа ханлығынан азат болып, қарақалпақлар өз мәмлекетшилигине ийе болыўды мақсет етип қояды. Көтерилиске Айдос бий басшылық етип, бирақ көтерилис жеңилис пенен тамамланады.

1855-жылдың гүзинде қарақалпақлар арасында үлкен көтерилис келип шығады. Көтерилисти Мыржық батырдың баласы Ерназар алакөз басқарып, қарақалпақлар өзлерине хан етип Зарлық төрени (Шыңғыс әўлады) сайлайды. Бирақ 1856-жылдың февраль ақырында  Сейдмуҳәммед Хожелиде қарақалпақ, өзбек, қазақ ҳәм туркменлердиң бирлескен күшине қатты соққы береди.

1858-жылдың гүзинде Қоңыратта көтерилис ханның қойған ҳәкими Қутлымуратты өлтириў менен басланады. Көп узамай Қоңырат ишинде алаўызлық туўып екиге бөлинип, көтерилистиң жеңилиўине мүмкиншилик туўғызды.

1858-1859-жыллардағы көтерилисти Муҳаммед Фена (Панахан) баскарады. Бул көтерилис тез сапластырылғаны менен оның тарийхый әҳмийети бар. Бул Хийўа ханлығындағы халықлардың аўыз-биршилигиниң гуўасы, өйткени өзбеклер, қазақлар, туркменлер ҳәм қарақалпақлар ханлардың езиўинен қутылыўды мақсет еткен еди.

XIX әсирдиң екинши ярымында қарақалпақлар Хийўа ханлығының пуқаралығында жасады. 1873-жылы патша Россиясы Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан соң, Гендимиан шәртнамасына муўапық Әмиўдәрьяның оң жағасындағы қарақалпақлар рус патшалығына қараған. Бул жерде Әмиўдәрья бѳлими дүзилип ол еки участкадан Шымбай ҳәм Шорахан участкасынан ибарат болды. Орайы Петро-Александровск қаласы еди. Ал Әмиўдәрьяның сол тәрепиндеги қарақалпақлар әдеттегидей Хийўа ханлығының қурамында 1920-жылға шекем қалған.

1917-жыл ўақыяларынан соң Әмиўдәрья бѳлиминде 1917-жыл декабрьде совет ҳүкимети орнатылып, Түркстан АССРы Сырдәрья ўәлаятына қараслы Әмиўдәрья бѳлими болып дүзиледи. 1920-жылы совет ҳәкимияты тәрепинен Хийўа ханлығы сапластырылғаннан соң Хорезм Халық Совет Республикасы шѳлкемлестириледи. Сол жағалық қарақалпақлар усы республика қурамында жасады. 1923-жылы орайы Хожели қаласы болған қазақ-қарақалпақ автоном ўәлаяты ХХСР қурамында дүзилди.

1924-жылы Орта Азия миллий мәмлекетлик шегараланыў ѳткерилгеннен соң, Әмиўдәрьяның еки тәрепиндеги қарақалпақлар бирлестирилип 1925-жылы 16-февральда Қарақалпақ автономиялы область болып Қазақстан АССР қурамында шѳлкемлестирилди. Қарақалпақ автоном ўәлаятын шѳлкемлестириў комиссиясының баслығы Аллаяр Қораз улы Досназаров(1896-1937жж) болды. Қарақалпақ автоном ўәлаяты 1930-жылы РСФСР қурамына киргизилип, 1932-жылы 20-мартта Қарақалпақстан Автономиялы Совет Социалистлик Республикасына айланады. ҚҚАССР Орайлық Атқарыў Комитетиниң биринши баслығы Кѳптилеў Нурмухаммедов болды. 1936-жылдың 5-декабринен баслап Қарақалпақстан АССРы Өзбекстан ССРы қурамына киреди. 1990-жылы 14-декабрьде Өзбекстан Республикасы курамында Қарақалпақстан суверенли республика деп жәрияланды. Salamatsu (talqılaw) 12:02, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Aydos biy

[derekti redaktorlaw]

Aydosbiy Sultanbiy ulı (1827-jılı qaytıs bolǵan). Qaraqalpaqlardıń Qońırat arısı Qoldawlı ruwınan bolǵan. Aydos biy barlıq qaraqalpaqlardı basqarıwdı niyetlegen.

     1825-jılı Xiywaǵa Allaqulı xan bolǵannan keyin Aydos biydıń barlıq qaraqalpaqlarǵa xan bolıwı tuwralı ótinishi orınlanbaǵan. Aydostıń burınǵı huqıqları sheklengen.                   1827-jılı Xiywa xanlıǵınıń zulımlıǵına qarsı qaraqalpaqlar kóterilis shıǵardı. Kóteriliske qaraqalpaqlardıń biyi Aydosbiy basshılıq etedi.

    1827-jılı 25-iyul kúni Xiywa xanı Allaqulıxan Aydosbiydıń basshılıǵındaǵı kóterilisti bastırıw ushın áskerler jiberdi. Aydos Aral teńiziniń jaǵısında, Sarıataw degen jerde ózine qosılǵan adamlardı jıynay baslaǵan. Bul jerde qorǵan saldırǵan. Qońırattı basıp alıw ushın Aydos óz ulları Írza menen Tóreniń basshılıǵında bir topar láshker jiberedi. Kóterilisshiler Qońırattı basıp ala almay, jeńiliske ushıraydı. Írza óltirilip, Tórenıń qolına kisen salınıp Xiywaǵa jiberiledi. Aydos Qoqan xanlıǵına iyisli bolǵan Sırdárya boyına qaray sheginedi. Jol-jónekey Shirik-Rabat degen jerde kóterilisshiler toqtaydı. Aydos balalarınıń ólgenine hám tutqınǵa túskenine isenbey, olardıń Qońırattan keliwin kútedi. Bul jerge xan áskerleri kelip, kóterilisshilerdi qıyratıp Aydostı óltiredi.        

    Qaraqalpaqlardıń Aydos biy basshılıǵındaǵı 1827-jılǵı kóterilisi sátsiz juwmaqlandı. Salamatsu (talqılaw) 12:04, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Maman biy

[derekti redaktorlaw]
Maman biy

    Maman biy Orazan batır ulı  (1722-1826-jılları). Mamanbiy Oraz Muhammed batır ulı. Qaraqalpaqlardıń On tórt ruw arısınıń Qıpshaqtıń Yabı (yamasa Jabı) ruwınan bolǵan.    

    Jańadárya qaraqalpaqlarınıń jáne bir bólimi Maman biy basshılıǵında qazaq xanı Abdulǵazınıń qarawına ótpekshi boladı. Maman, Esengeldi hám basqa biyler Xiywa xanına baǵınbay, qazaq xanına qurallı járdem kórsetiwin ótinish etedi. Maman biyden basqa Jańadárya qaraqalpaqlarınıń biylerine óz ruwların basqarıw ushın jarlıq beredi.

    Maman tuwralı xalıq arasında júdá kóp tariyxıy maǵlıwmatlar bar. Olarda Maman biydıń ádilligin, sheshenligin, onıń el mápi ushın júrgizgen gúresleri tuwralı aytılǵan. 1740-jılı qaraqalpaqlardıń elshileri sol waqıttaǵı Rossiya imperiyasinıń paytaxti Sankt-Peterburg qalasına jiberilgen. Bul elshiler haqqında rus hámeldarlarınıń Orenburg gubernatorına jazılǵan xatında bilay delingen: “Qaraqalpaq elshilerinıń arasında ózin tutıwı hám parasatlılıǵı jaǵınan Maman batır bizge kóbirek unadi. Onıń batırlıǵı, ádepliliginde shek joq. Jas bolsa da aqıl-parasatlı ekenligi bilinip tur. Elshilik qarım-qatnasları haqqında da pikir bildire aladı. Biraq elshilerdiń baslıǵı bolıp tayinlanǵan Murad shayxtıń balası Abdulaziz shayx bizlerge unamadı. Onıń pikirleri sayız bolıwına qaramastan, dıim ashıwshaq. Heshkimdi tıńlamaydı. Ózin patshalarday joqarı tutadı. Sol sebepli jolda Maman batır menen urısıp boldı. Bunday adamdı imperator háziretleriniń aldına elshi bolıp baratuǵin bolsa, bir qudaydıń ózi saqlasın” - dep jazılǵan.

Salamatsu (talqılaw) 12:05, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Ernazar Alakóz

[derekti redaktorlaw]
Ernazar Alakóz

    Ernazar Alakóz (1806-1856-jılları). Ernzazar biy (Alakóz batır) Mir Aliy biy  (Mırjıq batır) ulı. Qaraqalpaqlardıń Qońırat arısı Qoldawlı ruwınan bolǵan. 1855-jılı qaraqalpaqlardıń qoldawlı qáwiminen bolǵan Ernazar biy basshılıǵındaǵı kóterilis baslanadı. Ernazar Alakóz biylerdi jıynap alıp, barlıǵı bolıp 60 biy xanǵa qarsı shıǵamız dep wádelesken hám ant ushın bir almanı 60 qa bólip jegen. Sonda Ernazar Alakóz xanlıqtı Xiywa xanınan ayırıp alıp, óz aldına xanlıq, óz aldına mámleket dúzgisi kelgen edi. Qaraqalpaqlar bunnan bılay Xiywa xanlıǵına boysınbaytuǵınlıǵın járiyalaydı. Ernazar biy Rossiya tásirinde bolǵan qazaq ruw baslıqlarınan biri Zarlıqtı xan etiw hám imperiyanıń qol astına ótiwge umtıladı.  Ernazar Alakóz de tazadan xan etip qazaqlardıń arasınan Zarlıq xan degen tóreni saylaydı, al Ernazar Alakózdıń ózi Zarlıq xannıń qusbegisi boladı. 1856-jılı Said Muxammedxan Xiywa taxtına otırǵan soń, Ernazar biy kóterilisin bastırıw ushın úlken áskeriy bólim jiberedi. Aral teńizinıń jaǵasına Qazaqdáryanıń quyar jerine qorǵan saladı. Qorǵan soń «Ernazar qala» dep atalıp ketedi. Xiywanıń jasawıl basısı qorǵannıń ishine Jáleke hám Shońqı degen jansızlardı jiberedi. Shońqı Ernazar Alakózdi awır jaradar qıladı, Ernazar Alakóz úyine jetip óledi. Xiywalılar qorǵanǵa bastırıp kirip, Ernazardıń basın kesip aladı, al denesin xalıq qorǵannıń túslik tárepine jerleydi. Ernazardıń aǵası Iskender menen balası Xojeke Xiywada darǵa asıladı. Ernazardıń anası Qumardı da xan aq úyli etip, Xiywada saqlaydı, kóp sınaqlardan ótkeredi. Bárine shıdam bergen Ernazardıń anasın kórgen xan: «Ernazardıń batır bolǵanınıń sebebi anası batır eken»,—degen eken.

Salamatsu (talqılaw) 12:06, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Allayar Dosnazarov

[derekti redaktorlaw]

       Allayar Dosnazarov (1896-1937-jılları) - Ámiwdárya bólimi Shımbay wezdiniń "Kók ózek" bolıs(Qaraózek rayon)ında diyqan shańaraǵında dúnyaǵa kelgen. 1913-jılı óz awılında shopanlıqtan, 1931-1934-jıllarda Moskvadaǵı «Metallstroy» tresti orınbasarı, keyin «Metallist» zavodınıń  direktorı lawazımlarına shekemgi bolǵan joldı basıp ótken.

    1924-jılı 14-oktyabrdegi Sovetlerdiń Pútkil Awqamlıq Oraylıq Atqarıw Komitetini ekinshi sessiyası Túrkstan Oraylıq Atqarıw Komitetiniń «Milliy shegaralaw haqqındaǵı» qararın bir qatar ózgerisler menen tastıyıqlandı. Bul sessiyada milliy shegaralaw komissiyasıń qaraqalpaq boyınsha járdemshi komissiyasınıń baslıǵı A.Dosnazarov shıǵıp sóyledi hám ol qaraqalpaqlar da tatarlar hám basqa xalıqlar sıyaqlı óz ana tili hám mádeniyatına iye xalıq ekenin dálilledi. Onıń sóylegen sózlerin qazaqtıń danıshpan jazıwshı-shayırı S.Seyfulin russhaǵa awdarıp turdı. Solay etip, kóp tartıs hám qıyınshılıqlardan keyin Awqamlıq oray Qazaqstan quramına kiretuǵın Qaraqalpaqstan Avtonomiyalı wálayatın dúziwge qarar etti hám Revolyuciyalıq Komiteti Revkom dúzildi. Onıń baslıǵı bolıp A.Dosnazarov tastıyıqlanıp, ol shólkemlestiriw byurosı juwaplı sekretarı dep ataldı.

    "1929-jılǵı Taxtakópir qozǵalańına basshılıq etken kontrevolyuciyalıq háreketke qatnasqan", degen jala-dóxmet penen 1935-jılı 15-yanvarda Moskvada NKVD tárepinen qamaqqa alınǵan hám 10 jıl múddetke qamaq jazasına húkim etilgen. 1937-jılı 8-dekabrde Belomor-Baltika kanalına 40 km qashıqlıqtaǵı Kem stanciyası janında atıp óltirilgen. Allayar Dosnazarov 1968-jılı 27-sentyabrde aqlanǵan. Salamatsu (talqılaw) 12:06, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Арал теңизи ҳаққындағы жазба дереклер

[derekti redaktorlaw]

Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки жазба мағлыўматлар зардуштийликтиң муҳаддес китабы «Авесто»да ушырайды. «Авесто»да суў ҳәм өнимдарлық қудайы Ардивиге бағышланған қосықта келтирилген Вурукша теңизи ҳәм оған қуйылатуғын Арьянам ҳаққында мағлыўматларды Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья менен байланыстырыўшы пикирлер бар.

Антик дәўир тарийхшысы Клавдий Птоломей де Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар қалдырған. Ол Соғд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын Окс пенен Яксарт дельтасының аралығындағы Оксиан көлин атайды. Көл оның картасында да көрсетилген[1].

  Арал теңизи ҳаққында IX-X әсирлердеги араб изертлеўшилери- ибн Хордадбек, ибн Русте, Масуди, Истахри, ибн Хавкалдың қалдырған мағлыўматлары жүдә әҳмийетли. Ибн Хордадбек «Китаби-ал-масалик вал-мамлик» (Саяҳатлар менен мәмлекетлер китабы) атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жәйҳун, Арал теңизин Кардер көли деп атайды.

Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық жақтан толық изертлеў XVI әсирден кейин басланды. XVII жасаған Хийўа ханы Абылғазы Бахадурхан өз шығармаларында Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның XVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйғанлығы ҳаққында жазып қалдырған.

        Арал теңизи ҳаққында 1627-жылы ислеп шығылған Москва мәмлекетиниң картасынан да мағлыўмат аламыз. Онда Арал «Көк теңиз» деген ат пенен берилген.

        XVIII әсирден баслап Россия империясы Орта Азия ҳәм Қазақстан жерлерин үйрениў мақсетинде экспедициялар шөлкемлестире баслады. 1740-1741-жыллары Сырдәрья ҳәм Арал жағалаўларына жиберилген И.Муравин басшылығындағы экспедиция Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматлары бир қанша анықластырады. Ол дәслепки мәрте Арал теңизиниң шығыс жағалаўларын картаға түсирген. XVIII әсир даўамында М.Бекчурин, Т.С.Бурнашев, А.С.Безносиковлар өз саяҳатлары негизинде теңиз ҳаққында мағлыўматлар берди.

Арал теңизиниң қурып барыў қәўипи жүдә кескин машқала болып қалды. Арал теңизи машқаласы узақ өтмишке барып тақалады.

Арал дағдарысы инсаният тарийхындағы ең ири экологиялық ҳәм гуманитар апатлардан бири болып табылады. Теңиз бассейнинде жасайтуғын 35 миллионнан аслам адам оның тәсиринде қалды.

Биз 20-25 жыл даўамында дүньядағы ең ири жабық суў бассейнлериниң жоғалып баратырғанлығына гүўа болмақтамыз. Бирақ бир әўладтың көз алдында пүтин бир теңиз набыт болғаны еле жүз берген емес еди.

1911-1962 жылларда Арал теңизиниң көлеми ең жоқары болып, 53,4 метрди, суўдың көлеми 1064 куб километрди, суўдың жүзеси 66 мың квадрат километрди ҳәм минералласыў дәрежеси бир литр суўда 10-11 граммды қураған еди. Теңиз транспорт, балық хожалығы, климат шәраяты жағынан да үлкен әҳмийетке ийе болған. Арал теңизине Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьядан ҳәр жылы дерлик 56 куб километр суў келип қуйылар еди.

1994 жылға келип Арал теңизиндеги суўдың көлеми - 32,5 метрге, суў көлеми - 400 куб километрден кемейип кетти, суў акваториясының майданы болса 32,5 мың квадрат километрге түсип қалды, суўдың минералласыўы еки есеге артты[2].

Әййемги заманның өзинде Арал теңизи көп еллерге мәлим болған. Әййемги греклер менен римликлер Арал теңизин өзлерине қолай көрип, оны Каспийдиң «Скифлик шығанағы» деп атаған. С.П. Толстов «Каспий теңизиниң скифлик шығанағы антик авторлардың айтыўынша ҳәзирги Арал теңизи орналасқан территорияны өз ишине қамтып шығысқа қарай созылып жатырғанлығы ҳаққында жазып қалдырған. Антик дәўирдеги әдебиятларда «Окс көли», «Окс батпақлығы» деген түсиниклер ушырасады. Буларда Арал теңизи болыўы мүмкин» деген пикирди билдиреди.

Ал Плиний болса «Окс пенен Яксарт Согды жеринен Скиф шөлин бойлап ағып, скиф теңизине қуяды», - деп жазған. Ерте дәўирдеги белгили алым Клавдий Птоломей де Арал теңизи хаққында бир қанша мағлыўматларды жазып қалдырған. Ол Согды таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын (Птоломей солай түсиндирген) Окс пенен Яксарттың өзеклериниң аралығында жатқан Оксиян көлин айтып өтеди. Көл оның картасында да көрсетилген.

Византия елшиси Земарх Килийский түрк қағанлығына барған сапарында «Көлдиң қумлы жағалаўлары менен 12-күн даўамында жүрип өткенин» жазған. Рус академиги В.Бартольд бул Арал теңизи болыўы мүмкин деп болжайды.

Арал теңизи туўралы  IX ҳәм X әсирлерде жасап өткен араб саяҳатшы алымлары Ибн-Хордадбек, Ибн-Русте, Маъсуди, Истахри, Ибн-Хаукалдың келтирген мағлыўматлары жүдә қымбатлы. Бул мағлыўматлардан  сол ўақыттағы Арал теңизиниң көлеми менен жағаларының дүзилиси туўралы мағлыўмат алыўға болады. Ибн Хордадбех «Китаби-ал-масаллиқ вал мамлик» (Саяхатлар менен мәмлекетлер китабы») атлы мийнетинде Әмиўдәрьяны Жəйхун, Арал теңизин Курдер көли деп атайды. Ибн-Рустениң Әмиўдәрья менен Арал теңизи туўралы жазғанлары анағурлым қунлы болып, оның мағлыўматлары бойынша Арал тенизиниң көлеми 80-фарсах, теңиздиң батыс жағалаўындағы атаўлары Сиякун (қара таўлар) деп аталады. Оң жақ жағалаўы батпақлы, онда қалың тоғай өскен[3].

        Ал Сиякун-Үстирттиң тик жарлары болыўы мүмкин. Өйткени оның батыс жағалаўы бийик болып, айырым жерлериниң бийиклиги -190 метрге жетеди. Ибн-Хаукалдың Жанкент қаласы Хорезм көлине қуятуғын өзинен бир фарсахтай қашықлықта жайласқан деген дереги жүдә əҳмийетли мағлыўмат болып табылады. Арал теңизин изертлеўшилердиң бири академик Л.С Берг төмендеги пикирди билдиреди: «Бул мағлыўматлар X әсирде Арал теңизиниң көлеми менен жағалаў дүзилиси ҳәзиргидей болғанын дәлиллейди, өйткени Жанкент қаласының қарабаханалары ҳәзирги ўақытта теңиз жағалаўынан 50 шақырымдай қашықлықта жатыр».

Л.С.Бергтиң пикиринше XIII әсирде өмир сүрген араб авторы Бекбан X-XII-әсирлерде Сырдәрья менен Əмиўдәрьяның сағалары ҳәзирге уқсас болғанлығы, ал теңиздиң жағалаў көлемин ҳәзиргиси менен сәйкес келетуғынын жазған[4].

Ибн-Рустениң заманласы  ал- Маъсуди Арал теңизиниң атаўын келтирместен, Балха яки Жəйхун дəрьясы Термиз əтирапынан өтип, Хорезмге жеткенде бөлекленип барып көлге қуятуғынлығын жазып қалдырған. Көл сол жерде жалғыз болған… Бирақ Маъсуди бул көл (Арал теңизи ) үлкен салалар арқалы Каспий теңизи менен жалғасқан деген надурыс жуўмақты да билдиреди.

Араб географы Истахри (961) Арал теңизин «Хорезм көли» деп атаған жәнеде Сырдарья хаққында да мағлыўматлар келтирген. Сырдарья ҳаққында дурыс ҳәм кең түрде жазып, Истахри былай дейди: «Бул көлдиң айланасы 100-фарсах. Суўы дузлы, көлге Жəйхун, Илаш (Сырдарья) және басқада дəрьялар қуяды.»

Истахридиң «Климат китабында» X әсирдиң 19-ланд картасы берилген. Оның 18-19 карталарында Арал теңизи менен оған қуятуғын дəрьялар көрсетилген. Бул карталар бул үлкениң бай топономикасын ғана көрсетип қоймайды, бунда X әсирде Əмударьяның тек бир арнасы ғана болып, оның Арал теңизине қуятуғынлығын дәлийллейди[5].

Тарийхый дереклерге сүйене отырып, Арал теңизиниң көлеми өткен        мың жыллықта жоқары болған. Бул ҳаққында мағлыўматлар В.В. Бартольд пенен Л.С.Берг мийнетлеринде көп келтирилген. Оларда жоқарыдағы Аралды үлкен суў тармағы ретинде сәўлеленгени айтылады. X әсирде өмир сүрген белгисиз автордың парсы тилинде жазған «Худуд ал «Алам» (шығыстан батысқа дейинги әлем областлары) атлы қол жазбасында да Арал теңизиниң көлеми 300- фарсахқа тең келетуғынын және жағалаўларының қумлы екени жазылған. XI әсирде өмир сүрген Шығыстың уллы ойшылларының бири Әл- Беруни сол замандағы араб географларының жыйнаған мағлыўматларына қарай отырып Арал теңизи менен оның жанындағы территорясының жүдә толық сыпатламасын берген. Оның сызған картасында Арал теңизи Хорезм деген ат пенен көрсетиледи. XIV әсирден баслап Батыс Европада жаңа географиялық карталар пайда болды. Соның бири белгисиз автордың «Каталониялық картасы» (1375) Бунда Каспий теңизи ҳəм Арал теңизлери көрсетиледи.


[1] Арал тағдыры. Алматы., 1989.

[2] Каримов И.А. Ўзбекистон XXI аср бўсағасида….. Т.1997

[3] Гулямов Я. Хоразмнинг суғорилиш тарихи. Т.1959

[4] Берг Л.С. Избранные труды. 1 том. М.1956

[5] Арал тағдыры. Алматы 1989 Salamatsu (talqılaw) 12:12, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Өмир жолымдағы қырлы соқпақлар. проф.Жамурат Қутлымуратов

[derekti redaktorlaw]

Ҳәр бир адам анадан туўылып дүньяға келгеннен кейин балалық дәўирин басынан өткерип қатардан кем болмайын деп жасағысы келеди. Бундағы ең тийкарғы мәселе күн көриў ушын белгили кәсипке ийе болып, өзин сүйген қызға үйленип бахытлы семья қурыў, өнип өсиў ҳәм бул дүньяда өзине ылайық, басқаларға өрнек болатуғын из қалдырыў болып есапланады. Мениң әкем, айтатуғын еди: " балам өмир теректиң саясындай өтеди де кетеди" деп Мен буған ўақтында итибарда бермеппен.

        Мине ҳәзир мен 80 жасқа минип баратырман, өмирдиң қысқалығына енди түсиндим. Албетте 80 жас аз жаста емес, бирақ тәбиятқа салыстырғанда тек бир тамшы суўдай көринеди. Ойлап қарасам усы жасқа шығаман дегенше өмир жолымда басымнан қанша қыйыншылықлар, қуўанышлар ҳәм қайғылар гезлести. Жас әўладларға мениң басымнан кешкен күнлерим сабақ болсын деп қолымнан келгенше өткен өмиримди қысқаша елеслетким келеди.

Мен Қутлымурат улы Жамурат 1922-жылы 27-декабрьде Кегейли районының 5 аўыл Советиниң (Кеңесиниң) Тоқманғыт аўылында гедей дийхан семьясында туўылдым. Әкем – Есназар улы Қутлымурат, анам Қалийла қызы Убайда. Олардың ескише де саўаты, жасайтуғын дурыслы жайы да болмаған, үш перзентли болып еки перзенти жаслайынан дүньядан өтип, мен тек жалғыз перзенти өлмей тири қалғанман.

Мениң балалық ўақтым аңсат өтпеди: мектепке оқыўға да жасым өткериңкиреигенде бардым. 1930-жыллардағы ашлыққа дус келди. Еле есимде: жеўге нан кем болғанлықтан аўылдың балалары менен көлде өсетуғын атшоқай деген шөптиң тамырын терип әкелетуғын едик. Оны қазанға қуўырып, майдалап ун қылғаннан кейин дәнниң унына араластырып қазанға нан қатыратуғын еди. Бизлер соны ҳәм таза шыққан жоңышқаның жапырағын унға араластырып ислеген нанды жеп те күн көретуғын едик. Бул ашлық әдеўир жыллар даўам етти. 1937-жылларға қарап күн көриў азырақ жақсыланайын деди. Мен 1937 жылы аўылда IV класты питкерип оқыўымды даўам етиў ушын сайлап алынған балалар қатарында аўылдан 15 км узақласқан Кегейли райоының орайында жайласқан М.Горький атындағы мектептиң интернатында жатып оқыдым. Сол дәўирде жийтуғын тамағымыз жарма ҳәм қара нан, олда жетиспейтуғын еди.

Мен қалай болмасын бир кәсип ийелейин деп 1939 жылдың сентябрь айында Шымбай қаласында жайласқан педагогикалық училищеге оқыўға кирдим. Шымбай қаласы бизиң аўылдан 35 км қашықлықта еди. Бул мениң материаллық жағдайымды жәнеде қыйынластырды. Хәр ҳәптениң алтыншы күни оқыўдан кейин бир ҳәптеге азық әкелиў ушын пияда аўылға бир өзим кететуғын едим. Сол жыллары асфальт жолда ҳәм автомашиналар да жоқ еди. Шымбай педучилищесинде оқыўым усындай қыйыншылықта 3 жыл даўам етти. Оның үстинде 1941-жылы 22-июнь күни басқыншылық пенен СССР ға топылған жаўыз немец фашизмине қарсы қырғын қанлы урыста басланып кетти. Еки үйдиң биреўине "перзентиңиз ана Ўатан ушын мәртлерше саўаш майданында қурбан болды" деп жазылған «қара қағазлар» фронттан келе баслады. Мине бизлер енди ғана жигитлик дәўирине жеттик деген ўақтымызда жаўыз урыстың аўыр салдары бизлердиң де басымызға түсти.

Педучилищени қысқартылған программа бойынша жақсы баҳалар менен питкерип 1942-жылы июнь айында Шымбай районы есабынан фронтқа кеттик.

ЕЛЕ ЕСИМДЕ: мени армияға узатып салыў ушын 35 км жердеги Тоқманғыт аўылынан пиядалап Шымбайға анам келди. Бизлерди Нөкиске әкетиў ушын Шымбай қаласы арқалы өтиўши Кегейли каналының ишинде турған кемелерге мингизди. Желқомлы кемелер өрге қарай қозғала бергенде канал жағасында турған анам «бөке жаным, жалғызым, баўырым» деп жуўырып бир нешше мәртебе узын көйлегине оратылып жығылып қушағын ашып жылаўы менен қала берди.

Еки күн өткеннен кейин кеме менен Нөкиске келип әскерий комиссарияттың казармасынжа жайластық. Армияға шығарып салыў ушын сары ғунан атын минип әкем Нөкиске келген екен. Сол ўақытлары Әмиўдәрья соншама суўлы еди, оның атасының шуўылдаған сести Нөкистеги әскерий казармаға еситилетуғын еди. Тез арада бизлерди фронтқа жибериў ушын дәрьяның жағасына апарды. Қарасақ дәрьяда бизлерди әкетиў ушын көп баржы кемелер күтип турған екен. Кемеге минер алдында узатып салыўға келип турған ата-ана туўысқанлар менен хошласыў ушын бизлерге 15-20 минуттай ўақыт берди.

Мен әкемниң қасына барып «аға енди бизлер фронтқа кететуғын болдық сүйип қал» дегенмен. Мениң «сүйип қал» деген сөзим әкемниң жүрегин тесип өтсе керек. Әкем бир қолын сары  қунанның мойнына екинши қолын мениң мойныма салып өксип-өксип жылап жиберди, менде жыладым. Акемниң көзинен сел-сел болып аққан аянышлы жасы мениң аяғыма қамшылап турды ҳәм әдеўир ҳәлсиреп қалды. Бизлер кемеге минип Мойнаққа қарай кеттик, ал әкем  ғунанның мойнына асылып жылаўы менен қалды. Ал бизлер анаў-мынаў аўыр жағдайларды ойламастан жаўыз фашизмди жеңемен деген дуҳ пенен фронтқа кете бердик. Сол ўақытлары Совет халқының басына ең аўыр жағдай түскен еди. Бир жылдай ўақыт ишинде немец фашизми совет мәмлекетиниң көп территориясын яғный Украинаны, Белоруссияны, Латвияны, Литваны, Эстонияны ҳәм Россияның көп территориясын, материаллық байлығын басып алып, Ленинградты блокадалап, Москваны басып алыў ушын бир неше мәртебе урынып қырғын саўашлар жүргизип атыр еди. Суў ҳәм темир жол транспортларының түйискен жери. Волга дарьясының бойындағы Сталинград қаласын ҳәм көп материаллық байлықларға ийе болған Кавказдағы территорияларды басып алыў ушын қырғын саўашлар жүргизип атырған дәўир еди. Совет халқының басына азатлық, я қуллық, я өмир, я өлим саўдасы түсип турған ўақыт еди. Бизлердиң армияға шақырылыўымыз усындай ең аўыр жағдайға душакер болды. Мениң менен армияға алынған Қарақалпақстанлы азаматлар көп узамай 2 айдың ишинде фронтқа атланды, олардың көбинен Сталинград ушын қырғын саўашта қаза тапты, биразы аўыр жарадар болды. Орта мағлыўматлы саўатым болғаннан кейин мени артеллерия разведкасына таярлайтуғын әскерий бөлимге связист кәсибин үйретти ҳәм көп узамай Сталинград саўашына қатнасыўға жиберди. Бир нешше күн даўамында қыстың қарлы қатты суўығында пиядалап Сталинград фронтына келип, өмиримде биринши мәртебе 1942-жылы 19-ноябрь күни Сталинград қаласы ушын болып атырған өте қырғын саўашқа қатнастым. Өмиримде биринши мәртебе көз алдымда шақмақтай жарқырап жарылып атырған артилерияның минометтиң снарядларының ҳәм бомбалардың жарылып атырған қорқынышлы сести, пулемет оқларының ысылдысын еситтим.

Сталинград майданындағы аппақ қардың қып қызыл қанға араласып боялғанын көзим менен көрдим. Бурын дурыслап елестирмесемде ата-анамның армияға узатып салардағы көз жасларының сел-сел болып төгилгенин, олардың перзентке болған шексиз меҳри-муҳаббатының соншама күшли болғанын мен сол жерде ғана түсиндим. Усы күннен баслап 3 жыл даўамында туўған же рана Ўатан ушын немец фашизмине қарсы саўашларға қатнасып, Сталинградтан баслап Берлин, Прагаға шекемги аралықтағы қырғын саўашлардың қанлы соқпақларын басып өттим ҳәм 1945 жыл 9 май күни Прага қаласында адамзат тарийхында үлкен әҳмийетке ийе болған Уллы Жеңис күнин күтип алдық. Әлбетте мен 3 жыл даўамында нешше қырғын саўашлардың гүўасы болды, сум әжел бизлер менен жолдас болды. 1418 күн, 1418 түн даўам еткен фашизмге қарсы урыста ана ўатан ушын, ҳәзирги ҳәм келешек аўладтың бахты ушын тек Совет аўқамындағы халықлардан 30 миллионнан аслам жаўынгерлер саўаш майданында мәртлерше қурбан болды. Соның ишинде 500 мыңдай халқы бар. Қарақалпақстаннан урысқа кеткен 64 мың жаўынгерлердиң елге тири тек 31 мыңы ғана қайтып келди. Солардың ишинде менде барман. Оттың ишинде пахтаны да сақлайды дегендей ата-анамның ағайин-туўғанларды қуўанттым. Мениң саўашқа қатнасқандағы айырым эпизодлар китапларда ҳәм газеталарда жәрияланған. Мен офицер емеспен, қатардағы солдатпан. Солай болсада саўаш майданында көрсеткен батырлығым, жаўынгерлик мәртлигим ушын урыс дәўиринде 5 рет мәмлекетлик орден ҳәм медаллар менен сыйлықландым.

Армиядан қайтып келгеннен кейин 1946 жылдың январынан 1948 жылдың 1 сентябрине шекем Кегейли райоының Андреев ҳәм М.Горький атындағы мектеплерде муғаллим ҳәм оқыў бөлими бойынша директордың орынбасары болып иследим. Билимимди тағыда жоқары көтериў, жоқарғы мағлыўматлы қанигеликке ийе болыў мәселеси мени және де толқынландырды. Ата-ананың жалғыз перзенти болғанлығымнан, оның үстине Кегейлиде, Шымбайда оқыйман деп 5 жыл, армияда 3 жыл, ҳәммеси 8 жыл даўамында ата-анамның алдында болмағанлығым ҳәм анамның ревматизм кесели менен аўырыў болыўына байланыслы мениң оқыўға кетиўиме олар нарыйзашылық билдирди.

Әлбетте ата-анама аңсатта емес жалғыз перзентиниң көп жыллар даўамында алдында болмағаны, оның үстине урыстан кейинги жыллардағы жетиспеўшилик, қыткершилик, қымбатшылықлар турмыс кешириўге әдеўир қыйыншылықлар туўдырып турған дәўир еди. Бирақ мениң жоқарғы мағлыўмат алыўға деген нийетим мени тындырмады ҳәм ата-анамнан өтиниш етип оқыўға кетиўге рухсат сорай бердим. Ата-анамның балаға деген меҳри-муҳаббатының күшли болғанынан болса керек олар маған «балам үйленип бизлерге келин алып бер де оқыўға кете бер» деди.

Жаслайымда маған тыянақлы билим алыўға мүмкиншилик берген ата-анамның бул тилегин орынламасам болмайтуғын болды. Аўылда ойнап өскен ең кеўил жақын жорам Нағметов Палўанияз бенен атлы бир жыл даўамында Кегейли, Шымбай, Қараөзек районларын аралап өзиме турарлық өмирлик жолдас болатуғын қызды изледим. Ол жыллары урыстың салдарынан кызлар көп, ал жигитлер аз еди ҳәм қызлар менен ушырасатуғын мәдений орынларда жоқ еди. Қыйынлық пенен өзиме ылайық өмирлик жолдас болар деген қызды Кегейли районының 4 аўыл Совети Сталин атындағы   колхоздан (Ҳәзирги қылқалы аўылы) 1948-жылдың бәҳәринде таптым ҳәм сол жылы 6 апрель күни оған үйлендим. Ол мектеп жасындағы жас қыз Реймова Айымгүл еди.

Мен жоқары мағлыўматлы қәнигеликке ийе болайын деп 1947/48 оқыў жылында Қарақалпақ Мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетине кирип сырттан оқып атыр едим. Аўымгүлге үйленгеннен кейин тереңирек билим алыў ушын ата-анамның ҳәм өмирлик жолдасымның келисими бойынша оқыўымды сол факультеттиң ишки бөлиминде даўам етип 1951-жылы июль айында инстиутты айрықша баҳалар менен питкерип ректораттың шешими бойынша 1951-жылдың сентябринен баслап математика кафедрасында окытыўшы болып қалдым. Сол ўақытлары мен қарақалпақ миллетинен математика кафедрасында биринши оқытыўшы едим. Мениң жоқарғы оқыў орнына окытыўшы болып қалыўыма сүйикли устазларым Омар аға Булешев, Мажит аға Галикеев ҳәм институттың директоры Генжебай аға Убайдуллаевлар себепкер болған еди. Мине соннан берли 21 жыл өтти.

Мениң студентлик ҳәм оқытыўшылық дәўирим аңсатлық пенен өтпеди. Ата-анам камбағал хожалық болғанлықтан материаллық жақтан көп қыйыншылықларға дуўшар болдық Кегейли районының мектеплеринде ислеген, пединститутта оқыған жыллары кемтарлықтан армиядан кийип келген солдатлық формадағы кийимлеримди гражданлық формадағы кийимлерге де алмастыра алмадым. Мени муғаллимлер институтта көк шийнелли студент дейтуғын еди. Оның үстине үйленгеннен кейин өмирлик жолдасымды ҳәм бир жылдан кейин ата-анамды да Нөкиске бирге жасаў ушын әкелиўге туўра келди, өйткени анам ревматизм кесели менен аўырып аяғын баса алмай қалған еди. Нөкисте жасайтуғын дурыслы жайда жоқ еди. Сол жыллары пед институттың шығысында жайласқан «Колхоз сектор» деп аталынатуғын үйлерден Бердамбет ғаррының қалықлығы бир гербиштиң енинен өрилген төбеси жүдә пәс кишкене малханасын бир қозының пулына алып сол жайда 5 жыл (студентлик дәўирде 3 жыл муғаллимлик дәўирде 2 жыл) жасаўға туўра келди. Ол жағыўға отында, гүнде жақтылатыўға электр тогы да жоқ еди, ал ишимлик суўлы Қызкеткен каналынан тасыйтуғын едик. Оқыўымды даўам етиў ҳәм хожалықты сақлаў ушын күндиз окыдым, түнде кешки мектеплерде оқытыўшы болып иследим ҳәм жәмийетлик жумысларға да актив қатнастым.

Ол жыллары институттың жайының қурылысы толық питпеген жыллылық системасы қурылмағанлықтан қыста аудиториялар суўық дәўеттеги сыялар қатып қалып конспект жазыўға қыйын еди. Анығын айтсам, айырым ўақытлары нан алыўға да пул болмай қалған жағдайларында группадағы пулы бар жораларымызнан нан алыўға қарып алып стипендия алғанша еплеп оңысатуғын да едик. Мен ҳәзир усындай қыйыншылықларға шыдап оқыўымды қалай даўам еттим деп өзиме-өзим саўал беремен. Бундай қыйыншылықларға шыдаўыма армиядағы өте аўыр қыйыншылықларды басымнан өткергеним себепкер болған болыўы керек деп ойлайман.

Ғәрежет жағынан кемтарлықта жасағанлықтан ўақтында дурыслап аўырыўдан емлене алмай, мениң қызығымды көре алмай анам 1953-жылы, әкем 1959 жылы дүньядан өтти. Ең қымбатлы сүйикли ата-анам тири болғанда мен оларды ҳәзир алдыма алып отырар едим деймен. Илаж жоқ алла тәғдийрине!

Пединститутта ҳәм университетте ислеген дәўиримде тек қатардағы әпиўайы оқытыўшы ғана емес, ал көп жыллар даўамында жоқарғы окыў орынларының басшы лаўазымларында иследим. Атап айтқанда 1953 жылдың 10 майынан 1955 жылдың 10 октябрине шекем Қарақалпақ Мәмлекетлик пединститутының сыртқы бөлим бойынша орынбасары, 1957-жылдың 1-октябринен 1963-жылдың 16 мартына шекем физика-математика факультетиниң деканы, 1965-жылдың 24-мартынан 1969-жылдың 16 июлине шекем математика кафедрасының баслығы, 1968-жылдың 15 июлинен 1972 жылдың 16 майына шекем Қарақалпақ Мәмлекетлик пединституты жанында жаңадан шөлкемлесип атырған бирлескен есаплаў орайының басшысы (директоры), 1972-жылдың 16 майынан 1976-жылдың 1-июнына шекем пед институттың физика-математика факультетиниң деканы, 1976-жылдың 1-июнынан 1985-жылдың сентябрь айына шекем Нөкис мәмлекетлик университетиниң математика факультетиниң деканы, 1986-жылдың январь айынан 1988-жылдың август айына шекем университеттиң сырттан оқыў бөлими бойынша проректор лаўазымында, ал 1988-жылдың август айынан 2000 жылдың июль айына шекем математика анализ кафедрасының профессоры болып иследим.

Қарақалпақ Мәмлекетлик пединститутта ҳәм университетте ислеген дәўиримде оқытыў процессиниң жақсыланыўына, оның материаллық-техникалық базасының беккемлениўине, халық хожалығының барлық тараўларына, соның ишинде орта ҳәм жоқары оқыў орынлары, илимий орайлар ушын жоқары квалификациялы илимий педагогикалық кадрларды таярлаўға өзимниң салмақлы үлесимди қостым. Атап айтқанда ҳәзир университетте, пединститутта физика-математика пәнлери бойынша окытыўшы илимпазлардың 90 проценттен амламы мениң оқытқан ҳәм тәрбиялаған шәкиртлерим. Олардың илимий атақлар алыўына мүмкиншиликлер туўдырып қәўендерлик етип себепкер болғанман.

Мен оқытқан ҳәм тәрбиялаған шәкиртлеримниң басым көпшилиги қала районларындағы Халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, мектеплерде, орта арнаўлы оқыў орынларында басшы жумысларда ислеп атыр, ал айырымлары министр ҳәм оның орынбасары лаўазымларын табыслы атқарып атыр. Мәселен Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министри полковник Мақсет Бабаниязов, оның орынбасары полковник Орынбай Турдаков, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Бегдулла Султанов, оның орынбасары Еркин Сейтов, Қарақалпақстан Республикалық орта арнаўлы оқыў орынлары басқармасының баслыгы Тәўекел Абдукаликов, оның орынбасары Гафур Халмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының бурынғы орынбасары, ҳәзир Қарақалпақстан Республикасы Баспа сөз ҳәм хабар агентлигиниң директоры Әжинияз Тәжибаев, Нөкис районының бурынғы ҳәкими, ҳәзир Қарақалпақстан Республикасы руўхыйлық ҳәм ағартыў орайының баслығы Улмамбет Хожаназаровлар халқымыздың ийгилиги ушын өзлерине жүкленген ўазыйпаларды басқаларға үлги болғандай дәрежеде атқарып атыр. Мен олар менен мақтанаман ҳәм барлық шәкиртлеримниң ислеринде тасқын табыслар, узақ өмир, беккем ден саўлық шаңарақларына аманлық тилеймен!.

Устаз тек билим бериўши ғана адам емес, ол әдеп-икрамлылықты, туўрылықты, ҳадаллықты, мәденияттың ең жоқары пазыйлетлерин, жоқарғы адамгершилик қәсийетлерин үйретиўши адам. Устаз ҳәр бир инсан ушын ата-ана меҳри-муҳаббатынан да жоқары туратуғын кәсип. Егер меннен бугин «сизиң жас жигитлик дәўириңиз қайтып келсе, сиз қандай кәсипти таңлар едиңиз» деп сораса мен оған иркилместен оқытыўшылық, устазлық кәсипти таңлар едим деп жуўап берер едим!

Адамзат жәмийетинде илимди ийелеў, илим үстинде тынбай ислеў жүдә зәрүрли ҳәм әҳмийетли ис. Қураний каримде Муҳаммед алайҳиссаламның илим ҳақкындағы «илимди ийелеп, илим саҳрада достың, өмир жолында сүйенишиң, жеке ўақтында жолдасын, бахытлы күнинде басшың, қыйналған ўақтында мәдеткериң, адамлар арасында абырайын, душпанға қарсы қуралың» - деген қатарлары билимлиликтиң адам өмиринде зәрүрлигин жоқары бахалайды. Ата-бабаларымыздан киятырған нақыл бар: «билимли адам озар, билимсиз адам тозар» деген. Усыларды есапқа алып пединститутта ҳәм университетте ислеген дәўиримде оқытыў процесси менен қоса илимий дәрежемди көтериў үстинде гезлескен көп қыйыншылықларға қарамастан өз үстимде тынбай иследим.

1955-1956 оқыў жылында пед институттың проректорлық лаўазымынан кешип Москвадаға Ломоносов атындағы университеттиң механика-математика факультетиниң жанында шөлкемлестирилген жоқарғы оқыў орынлары ушын математика тараўы бойынша жоқары квалификациялы оқытыўшылар таярлаўдың бир жыллық курсын табыслы тамамлап математика пәни бойынша кандидатлық минимумды да тапсырып қайттым.

Деканлық лаўазымынан кешип 1960-жылдың сентябринен 1962-жылдың март айына, 1963-жылдың март айынан  1964-жылдың март айына шекем Ломоносов атындағы Москва университетиниң механика- математика факультетинде илимий стажировкада болып аспирантураның теориялық курсын толық питкерип, сол университеттин көрнекли профессоры К.А.Рыбынковтың басшылығында ҳәзирги заман математикасының әҳмийетли тараўларының бири болған комбинаториялық анализ бойынша «Математикада комбинаторлық методтың раўажланыўы» деген тема үстинде илимий жумысты ислеп, 1965 жылы 23-февраль күни Москвада кандидатлық диссертацияны табыслы жақлап, айырым «досларымыздың» көргенсизлик етип ВАК ға жаманлап жазған хатларына қарамастан физика-математика илимлериниң кандидаты деген илимий дәрежеге ийе болдым.

Бул тема үстинде илимий жумысларымның жуўмақлары 1964-жылы монография формасында 10 баспа табақ көлеминде жәрияланды.

СССР Министрлер Кеңеси жанындағы Жоқарғы Аттестациялаў комиссиясының 1968-жыл 26 июльдеги қарары менен маган математика кафедрасынын доценти деген илимий атақ берди.

Москвада илим үстинде ислеген дәўиримде жасаўға ғәрежет өте аз болғанлықтан көп қыйыншылықларға душар болдым. Атадан жалғыз болғанлықтан қысылғанда маған материаллық жақтан жәрдем беретуғын адам болмады. Ал жүрек кеселине душар болған өмирлик жолдасым Айымгүл 5 бала менен үйде қалды ҳәм жумыс ислеўине де мүмкиншилик болмады. Айлығым 120 сом ғана еди, буны семья менен бөлисиўге туўра келди. Соның салдырынан Москвада илимий жумыс үстинде ислеген дәўиримде 5 бала менен қалған өмирлик жолдасымды, балаларымды ҳәм мен Москваға кетер алдында туўылған баламды көрип кетиўге 20 ай даўамында мүмкиншилик болмады. Москвада болған ўақтымда күнлик ғәрежетим 1 сомнан аспаўы тийис еди. Усындай қыйыншылықларға семьямның ҳәм мениң шыдығаныма ҳәзир өзимде ҳайран қаламан!

Қарақалпақстанда уйымласып атырған кибернетика тараўындағы бирден-бир есаплаў орайының басшысы ўазыйпасында ислеўиме байланыслы илимий жумысымның бағдарын Өзбекстан Пәнлер академиясының  Ташкенттеги Кибернетика институтының илимий жумысларының тематикасы менен байланыслы алып барыўга туўра келди. Академик В.Кабуловтың басшылығында физика-математика илимлериниң докторы Эркин Басырович Абуталиев ҳәм басқада илимпазлар менен бирликте халық хожалығында ҳәм илимде үлкен әҳмийетке ийе болған жер асты газ ҳәм суўдың стационар болмаған фильтрациясының математикалық теориясын ислеў үстинде илимий жумыслар алып бардық ҳәм бул тараўда белгили нәтийжелерге еристик. Илимий жумыслардың жуўмақлары бойынша Өзбекстан көлеминде өткерилген семинар математикалық конференцияларда докладлар исленди ҳәм еки үлкен көлемли (29 баспа табақ) илимий монографияларда, 10 нан аслам статьялар формасында илимий журналларда жәрияланды.

Қысқа ўақыт ишинде математиканың ең әҳмийетли тараўларының бири болған кибернетика бойынша Қарақалпақстанда биринши мәртебе есаплаў орайын дүздик, оны иске қостық ҳәм усы тараў бойынша орайлық илимий орынларда (Ташкентте, Москвада, Киевте, Новосибирскийде) зәрүрли болған илимий кадрларды таярладық. Соның нәтийжесинде қарақалпақстанда илим-изертлеў ҳәм жоқары оқыў орынларында халық хожалығындағы илимий-техникалық, экономикалық мәселелерди шешиўге кибернетика методларын, электрон-есаплаў машиналарын кеңнен қолланыўга мүмкиншилик туўды.

Булардан тысқары университеттиң студентлери ушын қарақалпақ тилинде жоқарғы математика бойынша оқыўлық ҳәм оқыўлық қолланбалардың өте зәрүрлигин есапқа алып, математикалық анализ курсы бойынша биринши мәртебе «Математикалық анализге кирисиў» деген оқыўлық қолланбаны жазып (10 баспа табақ көлеминде) 1983-жылы «Қарақалпақстан» баспасы арқалы жарыққа шығардым. Ал матетаматикалық анализ курсының ең әҳмийетли тараўы болған дифференциял есабы бойынша қарақалпақ тилинде 10 баспа табақ мкөлеминде «Дифференциал есабының тийкарлары» атамасындағы оқыўлық қолланбасының қол жазбасын таярлап питкердим. Бирақ уни верситетте полиграфиялық төлемлерге ғәрежет болмағанлықтан бул оқыўлық қолланба баспадан шығарылмай қалды.

Пединститутта ҳәм университетте ислеген дәўиримде жәмийетлик жумысларға да актив қатнастым, яғный 5жыл пединстиуттың партия шөлкеминиң секретары, бир нешше жыллар даўамында Нөкис мәмлекетлик университетиниң ветеранлар шөлкеминиң баслығы, ал 1994 жылдан 1997 жылға шекем Нөкис қалалық ветеранлар шөлкеминиң баслығы ҳәм республикалық ветеранлар кеңесиниң президиумы ағзасы болып иследим.

Мениң узақ жыллар даўамында минсиз ислеген илим-изертлеў тараўындағы, жоқары ҳәм орта оқыў орынларына, халық хожалығынан барлық тараўларына жоқары квалификалциялы қәнигелер таярлаўдағы илимий-педагогикалық мийнетлеримди ҳүкиметимиз жоқары баҳалап мени бир нешше мәртебе Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеслери президиумларының ҳүрметжарлықлары менен сыйлықлады ҳәм 1973-жылы маған «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери», 1992-жылы «Өзбекстанға мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» деген ҳүрметли атақларын берди, ал 1984 жылы СССР Министрлер Кеңеси жанындағы Жоқары Аттестациялаў комиссиясының қарары менен мен Қарақалпақстан Республикасында математика тараўы бойынша биринши болып профессор деген илимий атағын алыўға мияссар болдым.

Мениң жоқары мағлыўмат (билим) алыўыма, пединститутта, университетте табыслы ислеўиме, илим үстинде белгили нәтийжелерге ерисиўиме, халыққа танылып ҳүрметли атақлар алыўыма 53 жыл қослас болған өмирлик жолдасым Рейим қызы Айымгүл үлесин қосты. Өйткени ол турмысымызды гезлескен барлық қыйыншылықларға көнди, қуўаныш қайғыларды бирге бөлисти, мениң алдыма қойған мурат-мақсетлериме ерисиўиме жан-тәни менен қоллап-қуўатлап көмеклести, бир-биримизге исеним, меҳир-муҳаббат жүдә күшли болды. 3 ул 3 қызды тәрбиялап өсирдик, оларға жоқары мағлыўмат алыўларына мүмкиншиликлер туўдырдық, қызларды қияғы, улларды уяға қондырдық, олардан 18 ақлық, 6 шаўлық көрдик, досларды көбейттик. Оның ағайин-туўғанларға, перзентлерине, қурбы-қурдасларына болған сыйласық, семьяның жарасығы, ашылған гүли, уйытқысы, ақылгөйи, жоқары адамгершилик қәсийетлерине ийе болған ақ кеўилли, ақыллы, ҳадал ҳәм пәк,ийманы кәмил инсан, қатын қызлардыӊ сардары,нағыз Бийпатпаныӊ өзи еди. Мен жумыстан келгенде Айымгүл үйде болмай қалған жағыдайда мениӊ ишкен шайым да қонбас еди.

        Мениӊ оны ҳүрметлеп,қәдирлеп жанымнан артық көргеним соншелли, ол аўыр жүрек кеселлигине душар болса да оныӊ ден-саўлығын беккемлеў ушын ҳш нәрсени аямастан 30 жыл даўамында СССР көлеминдеги еӊ жақсы санаторияларға соныӊ ишинде Кисловодский курортына 23апардым ҳәм дүньядағы еӊ күшли емлеў орынларында яғыный Москвадағы академик А.Н.Бакулев атындағы институттын клиникасында (1967 жылы) ҳәм Ташкенттеги Семашко атындағы атақлы емлеўханасында бир нешше рет емлеттим. Соныӊ нәтийжесинде оныӊ ден-саўлығы әдеўир жақсыланды.

Өмирлик жолдасын қәдирлеўде,ҳүрметлеўде басқаларға мысал болсын деп Айымгүлдиӊ туўылғанына 40 жыл (1970) ҳәм 60 жыл (1990) толыўына арналған юбелейлерин салтанатлы формада өткердик.Әсиресе оныӊ 60 жыллық юбелейин өткергенимизде безелген «Чайка» автомашинасы ҳәм 10 нан аслам жеӊил автомашиналар колоннасы (дизбеги) менен Нөкистиӊ ҳәм Кегейлиниӊ шыпалы орынларына 7 саат даўамында сейил етимп қыдырдық.Өмирлик жолдасымныӊ өтиниши бойынша екеўимиздиӊ қослас болғанымызға 50 жыл толған алтын тойымызды да салтанатлы түрде 1999 жылы өткердик.Ерли-зайыплар арасында бундай иззет-ҳүрметлик басқаларға да үлги (мысал) болсын деп өткерилген тойлардыӊ,сейиллердиӊ салтанатлы көринислери Қарақалпақстан телевиденеси арқалы 2 рет берилди ҳәм телевидениени көриўшилердиӊ бизлердиӊ атымызға буны қоллап-қуўатлаўшы бир нешше хатлар келип түсти. Бул бизлерди жәнеде руўхландырды.

        Бирақ 42 жыл даўам еткен аўыр жүрек кесели жыллар өткен сайын Айымгүлди ден саўлығын төменлете берди. Перзентлериниӊ сүйикли анасы,ақлық-шаўлықларыныӊ қәдирли әжеси,қурбы-қурдасларыныӊ ҳақыйқыйдосты, ошақ басыныӊ салтанаты,көрки,ериниӊ кеўил қошы,өлимге көз қыйып болмайтуғын,ҳәммемизге қәдир-қымбатлы-Айымгүл 2001жыл 5 август күни көзи жайнап артына қарай-қарай алла тәғдирине рыйза болып өтти.Бул ақыбет перзентлерине,ақлық шаўлықларына,туўған-туўысқанларына,қурбы-қурдасларына,келинлерине,әсиресе маған орны толмайтуғын аўыр жоғалтыў болды.Аллав тәғдирине илаж жоқ,алдынан жарылқасын!

                           Адиўлеп әлпешлеп өсирдиӊ бизди,

                              Қалай умытамыз анажан сизди,

                              Алла тәғдирине ҳеш бир шара жоқ,

                               Айралық өртеп тур жүрегимизди

деп зарланып жылағанлары менен баўырымды езип,жүрегимди елжиретип жиберди ҳәм Айымгүлди ойлап оныӊ кийген кийимлерин,жыйнаған мүликлерин көрип елеге шекем көзимниӊ жасын тыйа алмай атырман. Адамныӊ өмиринде,қартайған ҳалда өмирлик жолдасынан айрылған басқа аўыр нәрсе жоқ екен!

Айымгүлдиӊ Нөкис қаласындағы «Сәлмен ата» әўлийесине (қойымшылығына) жерледик ҳәм оныӊ өнип-өскен үримпутақларынан естелик болсын деп басына ғүмбезлеп өзине турарлық етип жай-естелик салдық.

Айымгүлдиӊ жарқын келбети, ерине, перзентлерине,ақлық шаўлықларына, келинлерине, туўған - туўысқанларына, қурбы-қурдасларына, қоӊсы-қобаларына болған меҳри-муҳаббаты жүрегимизде мәӊги сақланады!

Мен өмирде гезлескен қырлы соқпақларды яғыный қыйыншылықларды,табысларды,қуўаныш-қайғыларды өмир жолын енди баслаған жас әўладларға сабақ болсын деп ҳақыйқатын қысқаша байандадым.

Бул биреўлерге унаў,биреўлерге унамаў да мүмкин.Бирақ өтип атырған өмирдиӊ ҳәр бир күнин,айын,жылын кәдирлеў,алдыӊа қойылған жақсы нийет, мурат-мақсетлериӊе ерисиў ушын гезлескен қыйыншылықларға шыдаў,аса кетпей өзиӊ ҳәм өзиӊ ушын ҳадал мийнет етиў,қолыӊнан келгенше адамларға тек жақсылық қылыў керек деп ойлайман.

        Мениӊ 50жылдан аслам дәўир ишинде халқымныӊ ийгиликли ушын  ҳадал мийнет етип илим ҳәм билимлендириў тараўында көрнекли табысларға ерисиўиме мүмкиншиликлер туўдырған университет ҳәм бурынғы пединститут коллективлерине,олардыӊ басшыларына шексиз миннетдарлық билдиремен!

        Өткен өмириме қайылман,қайтпас жаўынгер,көрнекли устаз,педагог,илимпаз болғаныма мақтанаман!

        Өмиримниӊ ақырына шекем ҳәзирги ҳәм келеси әўладлардыӊ бахты ушын,халқымыздыӊ аўызбиршилигин,дослығын беккемлеўде,жасларды ана Ўатанын ҳәм мийнетин сүйиўшиликке тәрбиялаўда ҳадал мийнет етиўге таярман!

        Мениӊ бул өмир баянымды дыққат пенен оқып белгили жуўмаққлар шығарғанларға минедарлық билдиремен! Salamatsu (talqılaw) 12:13, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Жамурат Қутлымуратов

[derekti redaktorlaw]

Физика-математика илимлериниң кандидаты, профессор. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери. Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери.

1922-жылы Кегейли районында туўылған. 1951-жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик педагогика институтының физика-математика факультетин табыслы тамамлады ҳәм сол ўақыттан баслап педагогикалық институтта, соңынан университетте оқытыўшылық хызметинде иследи. Жамурат Қутлымуратов жоқарғы мектеп тараўында 42 жыл ислеген дәўиринде 5 жыл кафедра баслығы (1964-1969), 17 жыл физика-математика ҳәм математика факультети деканы (1957-1963, 1972-1985), 5 жыл сырттан оқыў бөлиминиң проректоры (1952-1955, 1984-1986), 4 жыл (1968-1972) Қарақалпақстанда биринши шөлкемлестирилген бирлескен есаплаў орайының директоры лаўазымында жемисли мийнет етти.

Ширкет хожалығы территориясында дәслепки саўат ашыў мектеплери колхозластырыў дәўирлеринде ашыла баслады. 1929-жылы Андреев колхозынан баслаўыш мектеп ашылып бул мектепте 18 оқыўшы оқыған. Олар жасына қарамастан бирге оқыйтуғын болған. 1936-жылы усы мектеп 7 жыллық мектепке айланды ҳәм мектеп Андреев атындағы мектеп болып аталды. Бул мектепте сол жылларда 195 оқыўшы болған.

Андреев мектебинде усы дәўирде Изекеев, Сапарнияз, Қутлымуратов Жамурат, Панаев Сейтмурат, Мустапаев Арепбай, Алиев Калменбет, Сержанов Жумат, Абдиев Салила қусаған барлығы болып II муғаллим оқыўшыларға билим берген 1949-50 жылларда Андреев мектеби 10 жыллық мектеп болып дүзилди ҳәм де усы оқыў жылынан баслап    Киров мектеби деп аталды. Усы жылы мектепке 390 оқыўшы тәлим алған. Усы жыллары мектеплерге Хожамуратов бийлеген. Сержанов Реназар Ешмонов Жақсыбай, Бекбаев Нуратдин усаған муғаллимлер келип қосылды.1

1958 жыллардан баслап мектеплерге Ибрагимов Жақсымурат, Берданов Жолдасбай, Оразымбетов Орынбай, Байназаров Жуманазар сыяқлы муғаллимлер педагогикалық институтты питкерип келип араласты.

50 жыллары Киров мектебин питкерип, кейин оқыўын даўам етип Қарақалпақстанға белгили алым дәрежесине жетискен адамлар оғада көп. Олардан Қутлымуратов Жамурат – физика-математика илимлериниң кандидаты, Камал Мамбетов – филология илимлериниң докторы, Саманов Жаңабай – геология, минерология илимлериниң кандидаты ҳ.т.б. Киров мектебинде кейинги 60-70 жыллары ҳәм оннан да соңғы жыллары оқып питкерип заманымыздың алдынғы қатарлы азаматлары болып жетилискен оғада көп адамларды айтыў мүмкин. Оқыўшыларын усындай дәрежеге жеткериўде тарийх пәни муғаллими Жолдасбай Бердановтың мийнети уллы. Ол 40 жыл устазлық етип мыңлаған шәкирт таярлап шығарды. Жолдасбай Бердановтың бул мийнетлери есапқа алынып ол Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы ҳәм Хүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.

Ол 1990 жылы 7 сентябрь күни салтанатлы түрде Қарақалпақстан халық шайыры Садық Нурымбетовтың атына қойылды. С.Нурымбетов усы жерде туўылып өскен. Колхоз мийнеткешлери мектеп жәмәәти мектеп атын шайырдың исмин қойыўды мақуллады. Садық Нурымбетов атындағы орта мектеп 1992-жылы ноябрь айында жаңадан салынып пайдаланыўға берилди. Сол ўақытта мектеп директоры Әрепбай Тохтабаевич Сулейманов еди.

Мектеп салынып пайдаланыўға берилди. Мектеп еки атақлы типовой 422 орынлық болып онда 70 муғаллим жас әўладларға билим бермекте. Оқыў кабинетлик системада жүргизилип ҳәр пән бойынша секциялар ислейди. Мектепте ҳәр қыйлы дөгереклер бар. Спорт зал болып онда гүрес, футбол секциялары үзликсиз ислеп тур. Ҳәр жылы мектепти 50-60 оқыўшы питкерип шығып өндиристиң ҳәр қыйлы тараўларында хызмет етип атыр.


1 Ветеран муғаллим Берданов Жолдасбайдан алынған мағлыўмат. 1999-жыл Salamatsu (talqılaw) 12:14, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ӘМИР ТЕМУРДЫҢ УЛЛЫ ИСКЕРЛИКЛЕРИ ЖӘҲӘН НӘЗЕРИНДЕ

[derekti redaktorlaw]

Исаният жәҳән раўажында шешиўши әҳмийетке ийе уллы шахслардың үлесин мүнәсип баҳалайды. Шынында да, олардың унамлы искерлиги жаңа-жаңа жас әўладлар итибарын үлкен күш пенен өзине тартыўы тәбийғый.  Тарийхта әне сондай уллы шахслардың бири – Муҳаммед Тарағай Баҳадыр улы Амир Темур есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026 жыл 5-февральдағы ПҚ-46-санлы  уллы мәмлекетлик искер ҳәм сәркарда, илим-пән, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери Саҳыпқыран Әмир Темур туўылғанлығының 690 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққындағы Қарары үлкен тарийхый әҳмийетке ийе болды. Себеби, уллы мәмлекетлик искер ҳәм сәркарда, екинши ояныў дәўири — Темурийлер Ренессансы жаратыўшысы Әмир Темур миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм жәҳән тарийхында бийтәкирар орынды ийелейди.

Тоталитар дүзим тәрепинен наҳақ қараланып келинген бул уллы шахстың мүбәрек исми ҳәм яды ғәрезсизлик жылларында тарийхый әдалат тийкарында қайта тикленди. Саҳыпқыран Әмир Темур шахсы миллий мәмлекетшилигимиз тымсалына айланып, өзликти аңлаў, үрип-әдет ҳәм дәстүрлеримизди тиклеўде халқымызға үлкен руўҳый күш бағышлап келмекте.

 

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң, Әмир Темур шахсы және Ўатан ҳәм миллет тымсалына айланды. Ғәрезсизликтиң ҳәр бир байрамында, Суверен Ѳзбекстанның ҳәр бир қәдеминде уллы шахс руўхы ҳәмийше бирге.  

Әмир Темур исми, оның тарийхы халқымызды бирлестириўде, ўатанпәрўар болыўда, мәдений тамырларымызды терең аңлаўда, қүдиретли келешегимизди қурыўда жаңадан-жаңа күш қуўат ҳәм жигер бағышлап турады.

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сыпатламасы менен айтқанда, «Уллы саҳыпқыран Әмир Темур биз - әўладларға қалдырған ўәсиятында жүдә әҳмийетли бир пикирге айрықша итибар берип, «Ел дәртине дәрман болмақ – уллы пазыйлетиңиздур», деп атап ѳткени әлбетте бийкарға емес».

Уллы бабамыздың ең баслы пазыйлетлеринен бири сол болған, ол буннан алты әсир алдын ҳеш қандай мәмлекеттиң коңсылары менен ѳзара жақсы байланыслары, мәптарлы шериклигисиз жарқын келешек болмаслығын терең аңлаған.  

Уллы мәмлекетлик искер, орта әсирдиң белгили әскер басшысы, ели ушын гүрескен, илим-пән ҳәм мәденият қәўендери болған Әмир Темур дәўиринде илим-пән, мәденият ҳәм билимлендириў тараўлары жоқары дәрежеде раўажланған.

Тарийхый дереклерде келтириўинше сахыпқыран Әмир Темур - жарқын сезимлерге ийе, еслеў қәбилети жоқары, өткир зейинли, бир сөзли, руўхый күш-қүдирет ийеси ҳәм саўлатлы инсан сыпатында тәрийпленеди.

Басқа алымлар қатары Европалы алымлар да Әмир Темур ҳәм оның искерлиги ҳаққында буннан 500 жыл илгери өз дөретпелеринде сөз ете баслаған. Буны 1553-жылы Флоренциялы италиян алымы Пьетро Перондино де Прато

қәлемине тийисли «Скифли уллы Тамерлан» атлы китабының баспадан шығарылыўы дәлиллейди. Бул өз гезегинде Европада Әмир Темур ҳаққындағы ең дәслепки илимий изертлеўлерден бири есапланады.

Европа тиллеринде (испан, инглис, француз) жәрияланған жазба дереклер ишинде белгили орынды испан елшиси Руи Гонсалес де Клавихоның «Самарқандта Әмир Темур сарайына саяхат күнделиги (1403-1406)» ийелейди.

Әмир Темур - тарийхшылардың тәрийплеўинше орта әсирдиң атақлы мәмлекетлик ҳәм әскерий ғайраткерлеринен бири болып, Европа алымлары өз шығармаларында оның әҳмийетли пазыйлетлерин айрықша атап өткен.

Немис алымы Фридрих Кристоф Шлоссер өзиниң 1868-жылы баспадан шыққан «Жәҳән тарийхы» I-том шығармасында: «Жәҳәнгир, Узақ Шығыста белгили ҳуқықтаныўшы болыў менен бирге, өзинде Азияда кем ушырасатуғын тактикалық ҳәм стратегиялық билимлерди әмелде көрсете алды», - деп келтирип өткен болса, Немис алымы ҳәм тарийхшысы Макс Вебер: «Ол саркардалықта ҳәм мәмлекетти басқарыўшылық тараўында айрықша талантқа ийе еди», - деп тәрийплейди.

Европалылар Әмир Темурдың Түрк султаны Баязид үстинен ерискен жеңисин жоқары баҳалап, XV әсирдиң басында Францияда Әмир Темурға арнап естелик орнатылады ҳәм оған алтын ҳәриплер менен «Европаны қутқарыўшы» деп жазып қойылған. 

Және де XVI-әсирде жасаған белгили инглис шайыры ҳәм драматурги Кристофер Марлоның «Уллы Темур» атлы трагедиясында жас Темурбек өзиниң теңсиз ақыл-парасаты ҳәм ғайраты менен дүнья тарийхындағы қүдиретли патшалардың бирине айланғанлығы берилген. Бул трагедия XVII-әсирге дейин саҳна төрин берместен ҳәттеки Англия театр мәўсимлерин баслап берген.

Соның менен бирге бир неше Европалы композиторлар да өз операларында Әмир Темур образын жаратқан. XVII-әсир басында Италиялы композитор Гаспирини «Тамерлан» операсын жаратып, бул опера Вена театрында саҳна жүзин көрди. Буннан илҳамланған композитор Лео оны Неаполь театрында саҳналастырады. Антонио Вивальди, Сколари, Генден ҳәм басқа да композиторлар да бул темада музыкалық шығармаларын дөреткен.

«Темур Тузуклери»н инглисшеден француз тилине аўдармалап, 1787-жылы баспадан шығарған француз алымы Леангле Темур ҳаққында төмендегише пикир билдиреди: «Темурхан сиясий ҳәм әскерий тактика ҳаққында китапша жазған ҳәм өз әўладларына даналық жол қалдырған тарийхый шахс».

Әмир Темурдың белгили мәмлекетлик искерлиги, әдалатпарўарлығы, илим-пән ҳәм мәденият қәўендери сыпатындағы хызмети әсирлер асып бизиң дәўиримизге жетип келди.

Әмир Темур руўхый мийрасының өзеги – Самарқанд болды.  Самарқанд бул- әпсаналы тарийхый қала, жәҳән архитектурасының дүрданасы, инсан терең ақылы ҳәм шексиз билиминиң нәтийжели жемиси болып табылады.

Усы орында Федерико Майор Сарагосаның (ЮНЕСКО бурынғы директоры) төмендеги баҳалы пикирлерин келтирип өтиў орынлы: «Әлемде сондай орынлар бар, олар инсанды ойға талдырады, олардың сеҳри ҳәм атларын еситкен ўақтың ямаса жазыўларын көрген гезиң бирден тәсирлене баслайсаң. Бизиң дыққатымызды тартатуғын орынлар қатарында бир орын бар, ол да болса Самарқанд. Бул орын бәлент сарайлары, жарқын кәрўан сарайлары мисли ең жақсы сезимлер гирдабынан пайда болғандай. Әмир Темурдың Самарқандтағы сарайында болған Испания елшиси Руи Гонсалес де Клавихоның күнделигин оқыр екенмен, Орайлық Азияның XIV-әсир мәдениятына, архитектурасына, техникалық ҳәм илимий тапқырлығына, бул мәдениятқа әпсаналы жәҳәнгир Әмир Темурдың унамлы тәсирин сезиндим».

Бүгинги күнде дүньяның 50 ден артық мәмлекетлеринде Темуртаныўшы алымлар илимий изертлеўлер алып бармақта. Бул алымлардын жемисли мийнетиниң нәтийжелери сыпатында көплеген китаплар шығарылмақта. Өткен 690 жыл даўамында Европа тиллеринде Амир Темурға бағышлап жазылған ири көлемли шығармалардың саны 500 ге, ал Шығыс тилеринде болса 1000 ден асқанлығын мақтаныш пенен тилге алыўымызға болады.

Әмир Темурдың Азия, улыўма жәҳән тарийхындағы уллы хызметлери ҳәм тутқан орны ҳаққында жуўмақлап төмендегилерди айтып өтиў жүдә орынлы:

   - Әмир Темур Орайлық Азияны монғоллар қысымынан азат етиўге барлық Ўатансүйиўши күшлерди бир жерге жәмлеп, оларды ғәрезсизлик ушын гүресиўге бағдарлаған жетекши әскер басшы, жергиликли халықтың бул тараўдағы арзыў-үмитлериниң жүзеге шығыўына үлкен үлес қосқан сәркарда;

-   Әмир Темур көп жыллар даўамында ғәрезли болып, өзге ҳүкимдарларға бойсынып келген Мәўераннахр ҳәм Хорасанда өз журты хылқының күш-қүдиретине сүйенген ғәрезсиз ҳәм бирден-бир Ўатан дүзе алды;

- Әмир Темур Европа мәмлекетлери раўажланыўының тезлесиўине белгили дәрежеде өз үлесин қосып, Россияны Алтын Орда зулымынан, Европаны болса Түрклер қәўпинен сақлап қалды;

- Әмир Темур өз сиясатында мәденият, абаданластырыў, өнерментшилик қәўендери сыпатында танылып, мәдений тәрептен жоқарылаўға ҳәм туркий тилдиң раўажланыўына имкан жаратты;

- Әмир Темур бир қатар шығыс еллери ҳәм де Европа мәмлекетлери менен де унамлы дипломатиялық байланыслар орнатып, олар менен ҳәр тараўда саўда-сатық, мәдений байланыслардың және де раўажланыўына кең жол ашып берген уллы тарийхый тулға.

Улыўма алғанда, бул уллы тарийхый шахстың жарқын келбети, өтмиши, мәрт, ҳадал ҳәм ғайратлы халқымызды бирлестириўге, меҳир-ақыбетли болыўға ҳәм күдиретли келешегимизди қурыўда, жаңадан-жаңа инновациялық идеяларды, тарихый жаңалықларды ашыўда бизге қуш-қуўат ҳәм жигер бағышлайды.    Salamatsu (talqılaw) 12:16, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Әмир Темур ҳәм Қубла Арал бойлары

[derekti redaktorlaw]

Уллы салтанатлар тарийх бетлеринде жаратылады, бирақ оларды қурған тулғалар тарийх бетлеринде мәңги жасайды. Әне усындай уллы тулғалардың бири – Әмир Темур Сақыпқыран болып есапланады. Маўераннахр – деп аталыўшы тарийхый-географиялық аймақта дүньяға келген бул уллы  тарийхый шахс қысқа ўақыт ишинде үлкен салтанат дүзип, дүнья сиясий картасын өзгерте алған.

Әмир Темур ҳәм темурийлердиң тарийхын еле де тереңнен үйрениў, оны кең жәмийетшиликке тереңнен танытыў әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып есапланады.

1221- жылы Кубла Арал бойын - Хорезмди жаўлап алған Шыңғысхан бул кең пайтахт жерлерди еки улына еншиге бөлип береди, үлкен улы Жошыға бас қаласы Гурганж (ҳәзирги Гөне Үргениш) болған Арқа Хорезм жери бериледи, ал киши улы Шығатайға Қат-Қыят, Гүлдирсин, Шорахан, Мешекли, Дарған ҳәм Хийўа қалаларын инам етеди. Солай етип Кубла Арал бойында моңголлардың еки үлкен улысы пайда болады. Бул улыслар ҳәм олардың шегаралары ҳаққында 1332-жылы жәрияланған Қытай тарийхый карталарынан бизге белгили.

Монғоллар ийелигиндеги жерлердиң майданы Жошының баласы Батыйхан дәўиринде және де кеңейтилип, 1241-жылы жаңа қүдиретли улыc дүзиледи. Батыйxан дүзген бул улыс жылнамаларда Алтын Орда аты менен белгили болып тарийхқа солай киреди. Усы жаңадан дүзилген улыс курамына кирген елатлар, соның ишинде Қубла Арал бойының белгили бөлеги XIV әсирдиң басына келгенде экономикалық жақтан бираз раўажланады, қайтадан тикленеди ҳәм абаданластырылады бир қанша жәмийетлик қурылыслар бой тиклейди. Гурганж қаласы халық аралық саўда орайына айланып, оның майданы 400 гектарға шекем кеңейеди. Саўда жолы бойында жайласқан Миздахкан (Хожели) сыяқлы ири қалаларда жаңадан бир қатар биналар салынады.

XIV әсирдиң орталарына келгенде Алтын Орда ханларының сиясий үстемлигиниң ҳәлсирей баслағанынан пайдаланған оның Гурганждеги ҳәкими Қутлык Темур өз алдына ғәрезсиз болыўға ашықтан-ашық ҳәрекет етеди. 1357-жылы Алтын Орда ханы Жәнибектиң өлтирилиўи менен 1380-жылға шекем ханлықта орын алған сиясий турақсызлық, 25 ханның өзгериўи Алтын Орданың ҳәлсиреўине алып келеди, нәтийжеде дәслеп Хорезм, соң Астрахан Алтын Ордадан бөлинип шығады. Алтын Орда ҳәм Шығатай улысларының сиясий жақтан бөлине баслағанынан пайдаланған Түркистандағы түркий қоңырат руўынан шыққан Хусейин суўпы басшылығындағы Қубла ҳәм Арқа Хорезм ханлығы дүзиледи. Ҳәттеки олар Шығатай улысына караслы Қыят, Хийўа ҳәм Хазарасп сыяқлы елатларды 1367-жылы жаўлап алады. Қоңыратлы суўпылардың ҳәрекетлериниң орынсыз екенлигин қалалар менен олардан тонап алынған байлықларды қайтарып бериўди Шығатай улысының бирден бир әмири болған Темур Хусейиннен талап етеди. Ал қоңыратлы суўпылар болса Сақыпқыранның 1370-жылы қойған жоқарыдағы талабын орынлаўдан ҳәм Шығатай улысын мойынлаўдан бас тартады. Бул сөйлесиўлердиң дипломатиялық жол менен шешилмейтуғынлығына көзи жеткен Әмир Темур әскерий жүрис жасаўға мәжбүр болады.

Шарафаддин Али Яздийдиң жазып қалдырған мағлыўматлары тийкарында Әмир Темур қашан, қайсы жол арқалы бизиң үлкемиз бойлап жүрип өткенлигин, келиў себеплерин анықлаўға болады. Уллы сәркарда Хусейин суўпының сиясий ҳәрекетлерине жуўап қайтарыў ушын 1372-жылы Самарқандтан шығып Бухараға, Әмиўдәрья жағалаўындағы Сепая кәрўан жолы арқалы келеди. Сепая жолы тарийхта X-XI әсирлерден белгили. Ол арқалы Х әсирдеги араб-парсы саяхатшылары ал-Истахри ҳәм ал-Макдисилер, ал 1333-жылы Танжер қаласынан шыққан географ Ибн Батута ҳәм басқа да саяхатшылар жүрип өткенлиги мәлим. Қыят қаласынан шыққан Ибн Батута Сепая жолы арқалы жети күнде Бухараға барғанлығын жазып қалдырған. Әмир Темур да усы Сепая жолы арқалы X-XIV әсирлерде салынған ҝәрўан сарайлар Жигитқала қала – Гүгиртли - Сартараш - Дашқала Есик Рабат – Мешекли - Шорахан қаласы арқалы Қыятқа келеди. Қыяттан шығып Гүрленнин тусында Хас минар деген жерде Әмиўдәрьядан кесип өтип Гурганжге жол алады. Әмир Темурдың келиўи менен тосаттан кайтыс болған Хусейин суўпының орнына оның туўысқан иниси Юсуф суўпы тахтқа отырғызылады. Темур менен Юсуф суўпы арасында парахатшылық питими дүзиледи. Келисим шәртлерине сай Шығатай улысына тийисли қалалар ҳәм олардың ғәзийнелери қайтарып бериледи. Тынышлық питимин еле де беккемлеў мақсетинде Хусейин суўфының қызын (Алтын Орда ханы Өзбек ханның ақлығын) Саҳыпқыран өзиниң үлкен улы Жәҳәнгирге некелеп алады. Солай етип түби бир туўысқанлықты қайтадан жаңалап Әмир Темур келген жолы менен Самарқандқа қайтып кетеди.

Әмиўдәрьяның тийкарғы саласы XIII-XIV әсирлерде Дәрьялық ҳәм Даўдан арқалы Қарақумды жағалап Сарықамысқа, оннан Каспийге қарай ағып турған. Ал Әмиўдәрьяның суўы кемирек саласы – Курдер, дәрьяның ҳәзирги аңғары менен Аралға қуйып турған. Академик Я.Г.Гулямовтың пикиринше ол Бағдад-Гадрис каналына туўра келеди. Бул канал Гүрленниң тусында саға алып турған. Темур көп қыйыншылық көрмей өз әскерлери менен усы жерден кешип өтеди.

Әмир Темурдың елине қайтып кетиўи менен Юсуф суўпы қарындасы Малика Ханзада Сонбекти Самарқандқа жибериўден бас тартып қоймастан, сол 1372-жылдың гүзинде Қыятқа топылыс жасап халқын тонайды. Бул хабар Саҳыпқыранның жолға таярлық көриўине ҳәм 1372-жылы бәҳәрде тағы сапарға шығыўына мәжбүр етеди. Темурдың киятырғанлығынан хабар тапқан Юсуф суўпы өзиниң ислеген ислеринен пушайман жеп Қыяттың Шағатай улысына тийисли қала екенлигин мойынлайтуғынлығын, оның байлықларын қайтарғанлығын ҳәм Ханзаданы Самарқандқа жибериўге таяр екенлигин хабарлап уллы сәркарданың алдына ат-тон менен өзиниң елшилерин жибереди. Шарафаддин Яздийдиң жазыўынша Темур елшилерди Қызыл қумда ушыратқан ҳәм Юсуф суўпыны кеширип сол жерден өз пайтахтына қайтып кеткен. Алтын Орда ханы Өзбек ханның ақлық қызы Малика Ханзадаға үйленген Темурдың баласы Мухаммед Жәҳәнгир өзиниң әкеси сыяқлы «Гураган» - ханның күйеў баласы деген атақ алады.

1376-жылы Темур өзиниң белгили сәркардалары Сары-Буға, Адиль Шах, Хитай Баҳадур ҳәм Ильчи Бугалардың басшылығындағы Отыз мыңлық армиясын Монголстан ханы Камараддинге атландырады. Ал, өзи болса қалған әскерлери менен Шығатай улысының шегараларының пүтинлигине тағы қол салған Юсуф суўпыға қарсы үшинши мәртебе жолға шығады. Шарафаддин Яздийдиң мағлыўматына қарағанда Сепаяда оған келип қосылыўы тийис. Әмиўдәрьяның шеп тәрепиндеги Гурзиван ҳәм Аби-Мейман ҳәкими Туркен – Арлатты әскерлери менен ушыратпаған Әмир Темур оларға әскербасы Пуладты жибереди де өзи жүрисин даўам етеди. Қыяттан өтип Хасминарға жақынлаған жерде Камар ад-динге қарсы өзи жиберген әскер басыларының Самарқандқа жүрис баслағанлығы ҳаққында Темурдың изинен қыстаўлы хабар келеди. Пайтахт қаласына қәўип дөнип турғанын еситкен Саҳыпқыран сол жерден изине қайтып Маўереннаҳрдағы топалаңды бастырады.

1377-жылы Темурдың өз әскерлери менен Сырдәрьяның орта оң алабында, Ташкенттен 160 шақырым арқада жайласқан Отырар қаласында жүргенинен пайдаланған Юсуф суўпы Бухараны талайды. Қудасының буныңдай жарамас қылықларына наразы болған Әмир Темур Жалал-аддин Баҳадыр басшылығындағы елшилерин атландырады. Келген елшилердиң Юсуф суўпы аяқ-қолларын кисенлетип қамап таслайды. Буны еситкен Саҳыпқыран Юсуф суўпыға төмендеги мазмундағы хатты жоллайды: «Елшилер қол қатылмайтуғын адамлар», оларды өлтириўге, қамаўға, иркип қойыўға болмайды. Елшилердиң хызмети оған тапсырылған ўазыйпаны жеткизиўден ғана ибарат. Сонлықтан мениң елшилериме жәбир-қысым көрсетилмей қайтарылсын». Әмирдиң хатын алып келген шабарманды да қамап таслайды. Бул да аздай Туй-Бугу басшылығында бир топар қарақшыларды жиберип, Бухара әтирапындағы түркмен қәўимлериниң малларын тонатады. Булардың барлығы Темурдың шыдамының шегине жетиўине ҳәм Хорезмне төртинши мәртебе ләшкер тартып келиўине мәжбүр етеди. Бул сапары ҳәзирги Туркстан қаласына жақын жердеги Отрардан шыққан Темурдың қайсы жол менен келгени ҳаққында ҳәзирше анық жазба дереклер жоқ. Шарафаддин Яздийде тек Темур әскерлериниң Гурганжге жақын жерде Ески Өгиз деп аталған Әмиўдәрьяның саласынан кесип өткенлиги, қалаға жақын жерде Сәркардаға арнап саркоп салынғанлығы айтылған. Ҳәзирги Хожели менен Гөне Үргениш аралығында өзине арнап салынған саркопта турған Темурға қаладан елши хат алып келип тапсырады. Хатта қашанға шекем еки адамның кесиринен еки тәрептеги мусылманлар азап шегип қырыла береди, оннан да екеўмиз жекпе-жекке шығайық, ким жеңсе соның бахты-делинген еди. Юсуф суўфының хаты менен танысқан Темур оны қуўана қабыл етеди ҳәм ол ҳаққында өзиниң де көп ўақыттан берли ойлап жүргенлигин, бирақ Суўпы келисим бермес деген ойда болғанлығын айтып өзиниң жекпе-жекке таяр екенлигин қамалдағы қаладан келген шабарманға билдиреди. Саўытын ийнине илдирип, қурал-жарақларын асынып сыртқа шыққан Сәркарда оның әмир-ноянлары наразылықларын билдирип, жекпе-жекке шықпаўды сорайды. Бирақ ол ҳешкимди тыңламайды. Сонда оның ең жақын адамларының бири ҳажы Сейф-аддин Баҳадыр Әмир Темур атының жылаўынан услап – «бизлердей қулларың турғанда Сизиң жекпе-жекке шығыўыңыз натуўры» - деп жалбарынып соранады. Буған қәҳәри келген Сәркарда атының жылаўын тартып алып қала сыртындағы қәндек жағасына барып «Сениң талабың менен мине мен келдим, майданға шық, көремиз Алла –таала кимди қоллап-қуўатлар екен» деп Юсуф суўпыны майданға шақырады. Бирақ Саҳыпқыраннан қорққан Юсуф суўпы қаладан шықпайды.

Даўам еткен үш айлық қамалдан кейин қала тәслим болады. Юсуф суўпы қайтыс болады. Темур өзиниң туўған жери Шаҳрисабзде сарай салдырыў ушын бул жерден алымларды, сүўретшилерди, шебер усталарды алып елине қайтады. Әмиў бойы топырағында кемалға келген шебер усталардың Уллы Сәркардаға бағышлап 1380 жылы тиклеген дүньяға даңқы кеткен Ақ сарайы ҳәзирге шекем адамлардың ақылын ҳайран қалдырып келмекте.

1383-жылы Гурганж ҳәкими Сулайман суўпы Алтын Орда ханлары сиясаты үстемлигин мойынлап Тохтамыс хан аты менен Хорезмде теңгелер басып шығара баслайды. Барып-барып Хорезм Алтын Орданың Әмир Темурға қарсы гүрес алып баратуғын орайына айланды. 1387-жылы қыста Тохтамыс Хорезм ҳәкиминиң жәрдеми менен Темурдың Мәўереннахрда жоқлығынан пайдаланып, Бухара ҳәм Самарқанд аймақларын талайды. Персияда жүрип бул хабарды еситкен Саҳыпқыран 1388-жылы февраль айында асығыслы түрде Самарқандқа қайтады. Өзиниң Хорезмге бесинши атланысын Сәркарда Самарқандтан баслап, ески кәрўан жолы менен болған Сепая кәрўан сарайы арқалы Қыятқа келеди. Гүрленниң тусында Эгри Яр (Қыйсық Жар) деген жерге келип, «Бағдадек» каналынан өтип Гурганжге қарай бағдар алады. Сулайман суўпы, Шыңғыс әўладларынан болған Иль-Игмыш Оглан ҳәм тағы басқа ҳәмелдарлар қаланы таслап қашыўға мәжбүр болады. Олардың изинен Темур өзиниң баласы Мираншах мырза басшылығындағы әскерлерди жибереди. Сулайман суўпы менен Иль-Игмыш Оглан Дешти Қыпшаққа қашып қутылады да қалғанлары Үстирт шетиндеги Қумкендте (ҳәзирги Шемаха қала) Мираншах Мырза тәрепинен тутқынға алынады.

Солай етип 18 жыл даўамында Түркистан мәмлекетлигинен бөлинип жасаўға ҳәрекет еткен суўпылар династиясын тарқатып, олардың орнына Хорезмге ҳәким етип Темур өзине жақын адам Жәҳәнгир Кайшынның улы Мусаканы қояды. 1391-жылы Мусака Темурдың пәрманы менен, Гурганждиң «каан» деп аталған кварталын қайта тиклеп дийўал менен қоршайды.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, мине биз жоқарыда келтирген мағлыўматларға тийкарланып Әмир Темурдың Қубла Арал бойына үш рет келип, еки рет жолдан қайтып кеткенлигин көремиз. Ол ҳәр сапары ески кәрўан жолы менен Сепая арқалы Жигит қала – Қыз қала – Көк Огуз – Гүгиртли – Сартараш – Ешек Рабат – Даш қала – Мешекли – Шорахан – Қыят ҳәм Миздахкан қалалары арқалы жүрип өткен. Әмир Темур жүрип өткен ески саўда жолы тек ғана орта әсирлерде хызмет етип қоймастан, ал оның XIX әсирге шекем пайдаланылғанлығын дереклерден көриўимиз мүмкин. Salamatsu (talqılaw) 12:18, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

Беруний бабамыз туўылған Кат қаласы тарийхый дереклерде.

[derekti redaktorlaw]

Хорезмде эрамыздың III эсиринен баслап афригийлер династиясына тийкар салынады. Хорезмниң жаңа патшалары III эсирде мәмлекет пайтахтын Кат қаласына көширип өз резиденциясын тиклейди. Кат қаласында туўылған бабамыз Абу Райхан Беруний «Африг Искандер тарийхының алты жуз он алтыншы жылында (эрамыздын 305-жылы) пайтахтты Кат қаласына көширди, Ал-Фир устине өз қорғанын салдырады. Соң хорезмлик -Африг ҳәм оның әўладлары патшалығының тарийхы басланады» [1,71] деген мағлыуматларды жазып қалдырады. Мәмлекет пайтахтын ат-Табарий - «Мадинат ал Фир» деп атаса, ал- Истахри, ибн Хаўкал хам Макдисийлер - «Кат» ямаса «Кас», Абу Райхан Беруний «Фил» ямаса «Фир» деп атайды. Маселен ибн Хаўкал «Оның (Хорезмниң) пайтахты Даржаш еди, ол уайран болғаннан соң адамлар қапталынан басқа қала салады, ол хорезмшесине Кас деп аталады» деп атап келтиреди [2.154., 7.150]. Бугинги кунде халық арасында Қыят қаласы атамасы менен аталады.

Мәмлекет пайтахты Топыраққала эрамыздыц П-Ш әсирлеринде Хорезм патшаларының династиялык орайы хәм резиденциясы болған, IV әсирлерде пайтахт Қыят (Кас, Кат) - Пил каласына (Фил, Фир) көширилген деген пикир алымларымыз тарепинен де усынылады [9,287-288]. Академик Я.Ғ.Ғуломов Хорезмниң жаңадан болған патшалары эрамыздьң III әсиринде Кат каналын қазады хам соң ол жерге Жаңа қала салып өз резиденциясын көширген деген пикирди айтады [2,117].

Афригийлер пайтахты мэселесинде археолог алым Ғ.Хожаниязов: Хорезм пайтахты болған қала излерин Топыраққала ҳәм Кат каласы әтирапынан излеўимиз керек, бунда соңғы жыллары Ақшахан қала шахристанында алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде анықлықлар киритилди. Мәселен Ақшахан қаланың майданының кеңлиги (56 га) ҳәм эрамыздан бурынғы IV эрамыздиң IV эсир басларына тән қудиретли әскерий қорғанысқа ийе. Хорезм патшалары сарайы ҳәм династиялық орайы болған Топырақ қала шахристаны хәмде эрамыздьң IV әсир басларында мәмлекет пайтахты болған Пил-Кат (Кас) қаласы жайласкан «пайтахт» аймақта орналасқаны, олардың арнаўлы сыртқы аймақлық узын Ақшахан қала қорғаныў дийўаллары менен ораб алынғаны, Ақшахан қаланьң топографиясында беккем монументал етип салынған әхмийетли диний қурылысларға ийе болған өзине тән «муқаддес» қаланың жайласыўы, ғәрезсиз әййемги Хорезм мәмлекетиниң пайтахты деп есаплаўға имкан береди [16,67-68]-деп жазады.

Илимий орталықта мәлим болған «Кат», «Кас», «Қыят» сыяқлы қала атлары әййемги Хорезм тилинен аўдармалағанда, «сахрадағы дийўал» мәнисин аңлатқан. «Авестодағы» «Вара» сөзи «Пил» ямаса «Фир» сөзлери менен уқсас ҳәм әййемги қорғанлар, дийўаллар, бекинислер, қала қурылыслары (имаратлары) мәнисин билдирген [4,25-27]. Абу Райхан Берунийдиң жазып қалдырғанындай «Ал-Фир Хорезм қаласының сыртында (қапталы, сыртында) ылай ҳәм қам гербиштен қурылған корған болып, бир- бириниң ишинде жайласқан, саўлаты ҳәм бийиклиги жағынан қалыспайтуғын үш қабат қорған дийўаллардан ибарат болған [1,71].

Эрамыздың V-VIII эсирлерине тийисли тарийхымыз бойынша жазба мағлыўматлар аз ушырасыўы, араблар басып алғаннан соң халкымыздың бурынғы материаллық, мәдений ҳәм руўхый жазба дереклер ҳәм диний тәлиматларды жоқ етиб жибериў ҳәм тыйым салыныўы ақыбетинде болады. Абу Райхан Беруний Хорезмге бастырып келген Кутайба ибн Муслим басшылығындағы араблар жазба дереклерди отқа жағып жибергени, алымларды болса туўылған жеринен сыртқа сүргин етиўге пәрман бергенлиги туўралы жазып қалдырады [1,71].

Кутайбаның басып алғанынан соң Хорезм аймағы Арқа ҳәм Түслик бөлимлерге ажыратылалы. Арқа бөлиминде Кутайба тәрепинен тайынланған Гурганч әмири басқарса, Түслик бөлими орайы Кат қаласы болған афригийлер династиясы уәкиллеринен болған хорезмшахлар тәрепинен басқарылады. Гурганч әмири Маьмун ибн Мухаммад (995-997) 995-жылы гүз мәўсиминиң басларында үлкен армиясы менен Түслик Хорезм пайтахты Кат қаласын басып алады ҳәм өзин «Хорезмшах» деп жәриялайды. Мәмлекет пайтахтын Кат қаласынан Гурганчке (ҳәзирги Гоне Ургенш) көширеди [10,47].

Абу Райхан Беруний «Жайҳун оны (Кат қаласын) ҳәр жылы бузып, қулатып ҳәм бөлеклеп ығызып кете берди ҳәм ақырында Искандер тарийхының бир мың үш жүз бесинши жылында (997-жылы) оны толық қыйратып ҳеш нәрсе қалмағанлығы туўралы мағлыўмат береди [1,71]. Сол дәўир дереклеринде Қыят қаласында үлкен базар, орайлық бөлиминде жума мешит, оның қасына шах Мамун сарай қурдырған. Мешиттиц адам бойлы қара тастан исленген базалар үстине орнатылған ағаштан исленген колонналары болған. Қаланы Әмиўдәрья суўы басып кеткеннен соң ағаштан исленген колонналар Хийўа қаласына алып кетилген [12.].

Мирхонд өзиниң «Селжукийлер тарийхы» мийнетинде селжук султаны Алп-Арсланның (1063-1072 жж.) 1066 – жылғы жүриси туўралы мағлыўматында «Алп Арслан Кятқа шекем барып….қыйратылған барлык имаратларды қайта тиклейди», ҳәмде үлкен жума мешитин қайта тиклейди деп келтиреди [6.40].

Хорезмшахлар пайтахты Кат каласы, мамунийлер, ғазнауийлер ҳәм селжукийлер дәўиринде ири қалаға айланады. Әсиресе хорезмшахлар ҳүкимранлығы дәўиринде (1097-1231-жыллары.) аймағы кеңейип, сулыў гүлленген қала болады. Кат қаласында мешитлер, медреселер, хаммомлар, кәрўан сарайлар, саўлатлы сарайлар ҳәм шарбақлар салынады. Араб географы-саяхатшысы ал Макдиси «Қала (Кат) жүдә сулыў, онда жетик алымлар, әдебият тараўыньң билимданлары көп екен» деп жазады [7,178, 185-188]. Қаланың базары ҳәмме уакыт Индия, Қытай, Иран, Рум, Дамашк, Бағдат ҳәм Булгар еллеринен келген саўдагерлер тәрепинен әкелинген буйымлар менен толған.

X әсирдиң ақырларында белгисиз автор тәрепинен жазылған «Худуд ул-Олам» (Әлем шегаралары ҳәм аймақлары) атамасындағы географиялық шығармада; Кат-Хорезмниң пайтахты, Түрк гузларына өтетуғын дәруаза. Бул қала Түрк, Түркистан, Мавераннахр ҳәм Хазарлардың саўда орайларынан. Оның ҳәкими хорезмшах деп аталады. Оның адамлары ийман ушын гүресиўшилер есапланады, деп атап өтеди [15,44]. Кат базарына Ғазна алмалары, Самарканд жүзимлери, Қуваньң анары, Қытай жипеги, Бухараньң даңқы шыққан Зандана таўарлары алып келинген. Олар Кат қаўынларын алып кеткен, себеби бундай мазалы қаўынлар басқа аймақларда ушыраспайтуғын болған. Тарийхый дереклерде, үсти қар ҳәм музлар менен оралған кат қаўынлары арнаўлы қорғасын ыдысларда сырт еллерге алып кетилген. Буннан басқа қаўынларды арнаўлы жылтырақ, (зер қағаз) қағазларға орап Бағдатқа, араб халифалары сарайларына алып барылған [10,47]. 1333-жылы Хорезмге келген Ибн Батута Кат қаўынлары туўралы кең тоқтап өтеди. Онда Ҳиндистанға барғанда Кат қаўынларын көрип хайран қалғанлығын жазады.

1221-жылдың басларында монголлар топылысы ақыбетинде Кат қаласы және де үлкен бүлгиншиликке ушырайды. Әтирапындағы көплеп қалалар уайран етиледи, аўыллардың көпшилигинде халықтың жасаў жағдайы тоқтатылады. Бул туўралы Ибн Батута Кат ҳәм оның әтирапындағы монголлар келместен бурынғы гүлленген, материаллық жақтан бай қалалардың көпшилиги бузып тасланғанлығын атап өтеди [14,132-133].

Хорезм мамлекети монголлар дәўиринде және де екиге бөлинеди, орайы Ургенч болған (Гөне Ургенч) Арқа Хорезм Алтын Орда, орайы Кат қаласы болған Түслик Хорезм Чағатай улусы тәрепинен басқарылды. 1329-1331- жылы дүзилген ҳәм Палладий тәрепинен шығарылған Қытай картасында Жошы ҳәм Шағатай улусы шегаралары «Кэ-ти» (Кат) ҳәм «Хулацзы-му» (Хорезм-Ургенч) қалалары ортасынан өткенлиги көрсетиледи [2.172]. 1359-жылда Бердибекханның өлиминен соң, Алтын Ордада басланған өз - ара жәнжеллерден пайдаланған Қоңырат суўфылары арқа Хорезмде жаңа династияның ғәрезсиз ҳүкимранлығын тиклейди. Соң Кат ҳәм Хийўа қалаларын басып алып, Арқа Хорезм менен Түслик Хорезм жерлерин қайта бирлестиреди.

Манголлардан ғәрезсиз мәмлекет дүзген Амир Тимур пүткил Мавераннахрды бирлестириў мақсетинде Хорезм хүкимдары Хусайн суўфыдан бурын Шағатай улысына тийисли Кат ҳәм Хийўа қалаларын қайтарыўды сорап елшилер жибереди. Сөйлесиўлер нәтийжесиз болғаннан соң әскерий атланыс жасайды ҳәм еки қаланыда Мавераннахрға қосып алады. Бул дәўирде Кат қаласы күшли бекинис дийўалларына ийе қорған болған. Бул туўралы Шарафатдин Али Яздий ҳәм Низомиддин Шомийлер XIV әсирдиң екинши ярымында Кат қаласының стратегик ҳәм беккем қорған сыпатында үлкен әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында өзлериниц «Зафарнома» атлы китапларында жазып қалдырады [3,73-74; 11,92-93]. Кат ҳәм Хийўа қалаларындағы бүгинге шекем сақланып келген архитектуралық естеликлер, Хийўадағы Сайид Алауаддин, Кат қаласындағы Шейх Аббас Уәлий мавзолейлериниң архитектурасы ҳәм безеўлери шеберлик пенен ислетилген. Буннан темурийлер дәўиринде Хорезмде хожалық ҳәм мәдений турмыстың қаншелли жоқары болғанлығынан дерек береди.

Темурийлер хүкимранлығынан соңда Кат қаласы мәдений ҳәм саўда-сатық орай сыпатында белгили болған. Хорезм ҳүкимдары, тарийхшы Абулғазы Баҳадурхан (1644-1665) атасы Хорезм ханы Арабмухаммед тарепинде Асфандиярхан менен биргеликте Хорезм тахты ушын гүрескен ханның басқа балалары Хабаш Султан менен Эльбарс Султан (оларга найман ҳәм уйғыр қәўимлери жәрдемлескен) тәрептарларынан жеңилгеннен соң дәслеп Кат қаласында, кейин Бухара ханы Имамқулиханның сарайында пана тапканлыгын атап өтеди [2,117].

Хийўа тарийхшысы Мунистиң айтыўынша, Анушахан ҳүкймранлығы дәўиринде (1663-1687) Жармыш каналының қурылысына - Әмиўдәрьяның оң жағадағы Кат қаласының суўсыз қалғаны себеп болған. Соның ушын, қала турғынларының суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, Әмиўдарьяның шеп жағадан Жармыш каналын қазыўға буйрық берген ҳәм ол жерде жаңа Қыят қаласын салдырды ҳәм ески Кат қаласы халқының көпшилик бөлими көшип өткен. Анушахан бул арқалы Түслик Хорезмниң ески қалаларында жасаўшы халықты жәмлеп, оларға таянған ҳалда өз мәмлекетин жәнеде беккемлеўге ҳәрекет қылған [2,117]. Ески Кат қаласы халқы соң Шейх Аббас Уәлий мавзолейи әтирапына мәкан басады ҳәм XX әсирге келип бул аймақта үлкен елатлық пайда болады.

1873 - жылы ҳәзирги Төрткүл қаласы жанынан Петро-Александровск қаласы әскерий гарнизон сыпатында салынады. Ҳәзирги Беруний районы аймагы Шаббаз (Шейх аббас Уәлий) ҳәм Бийбазар болыслығы деп аталады. 1873-жылы А.Л. Кун Хийўа ханлығына сапары дәўиринде, ески Кат қаласын барып көреди ҳәм Шейх Аббас Уәлий ески қаланың төрттен бир бөлимине жайласқан кишкене қорған екенлигин жазып қалдырады [5,51]. Қалада минара ҳәм Шейх Аббас Уәли мавзолейи бар екенлиги бойынша мағлыўмат береди. Буннан басқа, бул мағлыўматларды М.И.Иванин, Әмиўдәрья экспедициясы ағзалары Л.Н.Соболев, Н.Каразинлер де жазып қалдырады [13,68].

XX асир орталарында А.И.Тереножкина ески Кат қаласында сақланып келген дийўал қалдықларын XVIII-XX асирдиң басларына тийисли екенлигин атап өтеди. Г.П.Снесарев ески Кат қаласы ҳәм Абу Райхан Беруний ҳаққында жергиликли халық арасынан фолклорлық материаллар топлайды [6,51-52].

1963-жылы ӨзИА ҚҚ бөлими Тарийх, тил ҳәм әдебият институты қәнигелери естеликте илимий изертлеўлер алып барады. Қала қам ылайдан исленген пақсалардан тикленген болып, улыўма майданы 44 га., батыс дийўал 621 м., түслик дийўалы 712 м., арқа ҳәм шығыс дийўалларының узынлығы 660 метр қурайды. Дийўаллары ҳәр 33 метрден ярым овал түрийдеги башниялар менен беккемленген. Қаланын төрт тәрепинде дәрўазасы болған. Әтирапы ени 50-60 метр болған қандеклер менең орап алынған. Археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде топланған гүлал ыдыслар нәтийжесинде қаланың IX-X ҳәм XII-XIV әсирлерге тийисли еки дәўири анықланған [6,52-54]. XV-XVII әсирлерге тийисли гүлал ыдыслардың аз ушырасыўы бул дәўирлерде қалада халықтың жасаўының экологиялық себеплерге байланыслы бир қанша кемейе баслағанынан дерек береди.

Солай етип, Афригийлер дәўириниң пайтахты Кат (Қыят, Кас) қаласы әрамыздың III-IV әсирлеринен баслап XI әсирдиң ақырларына шекем өз дәўириниң ең ири қаласы есапланады. (Макдисий Кат қаласы үлкенлиги бойынша Нишапурға уқсайды деп атап өтеди). Белгили шығыстаныўшы алым О.Г.Большаков жазба дереклерди анализлеп каланың (мадина ҳәм рабадты қоса) улыўма майданы 500 гектардан кем болмаған деген пикир айтады) раўажланған пайтахт қаласы есапланған. Кат қаласын мағлыўматларға қарағанда бир неше мәрте дарья (Әмиўдәрья) суўы басқан. Бабамыз Берунийдин айтыўынша 997- жылы қаланы Дарья суўы толық, басып жуўып кеткен. Бирак көп узамай Кат қаласы әтирапында жаңа қала пайда болады. Мәселен, Амир Тимур дәўиринде қала беккем дийўалларға ийе ҳәм әтирапы ени 50-60 метрлик суўға толы қәндеклер менен қоршалған бекинис болған. XVII әсир ақырларындағы оң жағалықтағы суўсызлық акыбетинде қала халқы шеп жағалықтағы жаңа Катқа (дәрьяның шеп қырғағына) көшириледи [13,68-69]. Ески қала орнында Шейх Аббас Уалий елаты пайда болады.

Жоқарыдағы келтирилген мағлыўматлар Кат, Ал-Фир -Фил каласының ерте ҳәм раўажланған орта әсирлерде уллы жипек жолының эканомикалық-сиясий ҳәм мәдений турмысында әҳмийетли рол атқарғаны ҳәм бул үлке транзит саўда орайларынан бири болғанлығын дәлиллейди. Асиресе дереклерден мәлим боыўынша халық аралық ҳәм ишки саўданың кең раўажланыўына улкен үлес қосқан. Кат қаласы Хорезм мәмлекетиниң пайтахты сыпатында сиясий рол атқарған. Хорезмниң орта әсирлердеги қала мәденияты ҳәм урбанизация процесслериниң  раўажланыўы барысында ахмийетли екенлигин көрсетеди.


ӘДЕБИЯТЛАР

1. Абу Райхон Беруний, Танланган асарлар I том, «Қадимги халқлардан қолган ёдгорликлар», Абдуфаттох Расулов вa бошқалар таржимаси.-Тошкент, 1968.

2.    Гуломов Я. «Хоразмнинг суғорилиш тарихи (Кадимги замондан хозиргача)». -Тошкент, 1959

3.     Греков Б.Д. ва Якубовский А.Ю., «Олтин Урда ва унинг кулаши», -Тошкент, 1956.

4.     Дусимов Э, Тиллаева М. - Хоразм ономастик тизимида «Авесто» элементлари. «Авесто» - «Урта Осиё халқлари маданияти тарихида» мавзусидаги республика илмий-амалий анжумани материаллари. Нукус-Хива, 2001.

5.     Кун А.Л., Поездка по Хивинскому ханству в 1873., ИРГО, т.Х, СПб., 1874 .

6.    Манылов Ю.П. К изучению городища Кят. Вестник ККФ АН РУз. №2, 1966.

7.    Материалы по истории туркмен и Туркмении, т. 1.-М.,1939

8.     Низомидцин Шомий, Зафарнома, -Тошкент, 1996.

9.     Топрак кала. Дворец //ТХАЭЭ.Т. XIV. -М., «Наука» 1984.

10.  Толстов С.П. Древний Хорезм. Опыт истрико-археологического исследования. -М., 1948.

11.  Шарафиддин Али Яздий, Зафарнома,-Тошкент, 1997.

12.  Шермухаммедов.П. «Дахонинг туғилиши ёхуд Абу Райхон Беруний кисмати» -Тошкент, 2009.

13.  Хакимниязов Ж., Матякубов Т. Қыят (Кат,Кас) қаласы тарийхынан. Вестник КГУ. №3. 2015.

14.  Хасанов X. «Сайёх олимлар». -Тошкент, 1981

15.  Хожаниязов. Г. Археологические памятники Южного Приаралья. Вести Каракалпакстана, 20-июнь№49. 1998 г.

16.  Ходжаниязов F. «Қадимги Хоразм мудофаа иншоотлари» -Тошкент, 2007. Salamatsu (talqılaw) 12:24, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

IYSHAN QALA QORǴANI TUWRALI

[derekti redaktorlaw]

Qaraqalpaqstan Respublikasında 245 mádeniy miyras obektleri mámleketlik dizimge alınǵan bolıp, olardan 46 arxitekturalıq, 117 arxeologiyalıq hám 82 monumental esteliklerden ibarat. Olar ata-babalarımızdıń ótmishtegi materiallıq hám ruwxıy mádeniyatın úyreniwge xizmet etedi.  Dunya civilizaciya besiklerinen bolǵan Ózbekstan Respublikasında  ǵárezsizlik jıllarında tariyxıy hám mádeniy miyraslardı qorǵaw, úyreniw hám olardan paydalanıw máselesine ayrıqsha itibar berilmekte. ( 3.4)

Ulıwma alǵanda mámleketimiz aymaǵındaǵı esteliklerdiń tariyxı hám olar haqqında derekler tiykarında sol estelikler haqqında maǵlıwmatlar jiynalıp atır. Bular qatarına Xalqabad aymaǵında jaylasqan Iyshan qala tuwralı aytıp ótsek boladı.

Iyshan qalanı Qaraqalpaq jurtınıń arqa soramındaǵı maripat ornına aylandırıwdı niyet etken Ataǵulla iyshan atası qusap, Buxara, Xiywa medreselerinde tálim alıp ulların awıllarǵa shashıp otrımadı. Qorǵannan meshit-medreseler ashıp, Moyatdin, Baxawatdin, Xalilalardı mudarris etip tayınladı. Xabibullanı  onsha uzaq bolmaǵan jaran, Páriydi qazayaqlılar arasına mákan bastırdı. Átteń genje ulı Qozı iyshannıń ómiri uzaq bolmadı. Jigirma segiz jasında allanıń amanatın tapsırdı. Medresege Dáwqar, Tallıq, Dáwıtkól, Aqtuba boylarınan, ózbek, túrkmen arasınan talabalar kelip, tálim ala basladı. Jergilikli qızlardı úyretiw ushın Xiywa qalasınan sheber qollı urshıq iyiriwshiler, órmek toqıp, kiyiz basıwshılar (shıpta), túrkmen arasınan ǵalı, gilem, palas toqıwshılar, qaraqalpaq awıllarınan qara úydiń jabıwların tayarlawshılar jiynaldı. Qızlarǵa diniy tárbiya meen qosa úy turmısı, miyman kútiw siyaqlı turmıslıq mútájlikler úyretildi. (2.11)

Xalqabadtaǵı Qumózek iyshanları XIX ásirde saldırǵan Iyshan qala hám onıń medresesi qaraqalpaq, ózbek, qazaq, túrkmen xalıqlarınıń balaların oqıtatuǵın Qubla Aral jaǵalawlarındaǵı birden-bir oqıw ornı esaplanıp onı pitkergen talabası Buxara menen Xiywadaǵı medreslerde óz bilimlerin jetilisitirip aldıńǵı ulamalar hám záberdes aǵartıwshı tulǵalar bolıp jetilisti. Olardan Imam Iyshannıń úlken ulı Ataǵulla axunnıń perzentleriniń ishinde 12 iyshanlıq dárejesine, 2-axun: Xalila axun hám Iniyat iyshan ulı Shúkirilla axun hám qariylar, kóplegen maqsımlar tayarlandı Ataǵulla iyshannıń dukanı júrip Qumózek iyshanları háwij aladı hám Xalqabadtaǵı úlken meshit penen 48 ójireden turatuǵın 150 talaba oqıy alatuǵın medrese qurıwǵa erisken.

XX ásirdiń basındaǵı jawgershilikte 1916-1917-jılları túrkmenler shawǵandaǵı arqa qaraqalpaqlardıń baspanası Iyshan qala qamalındaǵı “qúdiretli káramat”tan xalqımız da túrkmen basqınshıları da serpilip, Iyshan qaladaǵı ulamalardıń húrmet izzeti burınǵıdan da joqarı kóterilgen. (1.58)

Xalıq ózine pana bolǵan ruwxıy baylıqtı taratıw orayı bolǵan Iyshan qaladaǵı Qumózek iyshanlar qoyımshılıǵın qaysı qıyın dáwirde de ázzilep ziyarat etip, húrmet kórsetpekte. Házirgi jańalanıw sharapatında 1992-jılı 5-martta Iyshan qalada ziyaratxana salınıp, juma namazı oqılıp turıptı. Bul ádiwli istiń bası-qasında Ataǵulla iyshan áwladınan: Nuratdin iyshan Ibrayim maqsım ulı, Ǵaybulla iyshan perzenti Saǵıydulla hajı Xábibullaev, docent Aytanov Tursınbay, xalıq azamatlarınan Qayıpbergen Yusupov, Qosbergen Muwsaev hám taǵı basqa da basshılar belsene qatnastı. Olar xalıq húrmetine miyasar isler isledi. Bul waqiyanıń uzaq tariyxıy tórkini bar. Ilimdegi, dunyanı biliw processindegi ideyalar tábiyat hám jámiyet baylnısların sáwlelendiredi, olardı taǵı da tereńirek biliwge qaratılǵan boladıı. Ideyalar oylawdıń qatıp qalǵan forması ems, ol rawajlanıp jetilisip baradı. (1.62)

Úlkemiz aymaǵı kóplegen ásirler dawamında basqa mámleketlerge baǵınıshlı bolıp jasap keldi. Házir bolsa mámleketimiz abat hám tınısh, óziniń rawajlanıw jolında alǵa qaray ketpekte. Usınday tınısh mákanda jasawımızdıń ózi úlken baxt, biraq bunday tınıshlıqqa hám ǵárezsizlikke ańsat erisilmedi. Watanımız ushın qansha batırlar ózin shiyrin janın qurban qılǵan, mámleketlik siyasiy ǵayratkerler elimizdi ǵárezsizlikke alıp shıǵıw qansha jumıslardı islemedi deysiz ! Biz-jaslar usınday ata-babalarımızdı heshqashan umıtpawımız kerek !

Paydalanǵan ádebiyatlar

1.    Қ.Наимов, Ғ.Хожаниязов, “Имам ийшан – қарақалпақ халқының уллы уламасы ҳәм ағартыўшы тулғасы” Нөкис “Қарақалпақстан”, 2005.

2.     Е.Үсенов, “Ийшан қала. Ғайры журтлардағы қарақалпақлар”, Нөкис, “Қаракалпакстан”, 1992.

3.    G.Karamanova, “Tariyxıy úlketanıwda arxeologiyalıq maǵlıwmatlardıń ornı”, Nókis, 2016. Salamatsu (talqılaw) 12:26, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ЗАҲИРИДДИН МУҲАММЕД ИБН ОМАРШАЙХ МЫРЗА – ОРТА ӘСИРДИҢ БЕЛГИЛИ ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒАСЫ

[derekti redaktorlaw]

Ҳәр бир халықтың тарийхый, мәдений-миллий көринисин анық белгилеўши мәртебели шахлары, тарийхый тулғалары, уллы алымлары, белгили әдебиятшы ҳәм шайырлары болады. Мысалы Искендер Мақдуний, Сократ, Аристотель, Еврипид, Гомер атларын еслегенимизде, эллин мәдениятының уллылығы көз алдымызда геўделенеди.

Жәҳән тарийхында ѳшпес из қалдырған бийтәкирар тарийхый тулғалардан бири Заҳириддин Муҳаммед Бабур уллы шайыр, энциклопедист алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда сыпатында пүткил дүньяға белгили тарийхый шахс есапланады. Оның теберик илимий дѳретиўшилик искерлиги миллий мийрасымыздың дүрданалары болып қалмастан, халқымыздың әдебий-эстетикалық санасының қәлиплесиўинде, сондай-ақ жәҳән әдебияты, илим-пәни ҳәм мәмлекетшилиги тарийхында айрықша орынға ийе.  

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2023-жыл 25-январь айында «Уллы шайыр ҳәм алым, белгили мәмлекетлик искер Захириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын кең нышанлаў ҳаққында» ПҚ-20-санлы қарары қабыл етилген еди.

Бунда 2023/2024 оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының тарийх ҳәм география тәлим бағдары студентлери ушын «Захириддин Муҳаммед Бабур» атындағы мәмлекетлик стипендиясы енгизилди.

Инсаният раўажланыў басқышының уллы перзенти сыпатында бул жылы 542 жыллығы нышанланып атырған Захириддин Муҳаммед Бабур (1483-1530) ири тарийхый тулғалардан бири болып, цивилизациялық раўажланыў басқышында Бабуршелик шахсий имканият, қәбилет ҳәм инсаныйлық пазыйлетлерге ийе шахслар кем ушырасады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев атап өткениндей: «Бул уллы инсан он еки жастан баслап Темурийлер мәмлекетин сақлап қалыўы ушын өзин отқа да, шокқа да урған, ҳеш қандай душпаннан да, сынаўдан да қорқпады. Қырық алты жыллық өмири даўамында мәмлекетлик ғайраткер сыпатында жасап өтти. Өз әўладларына Ўатанға болған уллы мухаббатын, инсаныйлық пазыйлетлерин мийрас етип қалдырды».

Ғәрезсизлик жылларында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың ѳмири ҳәм искерлигин ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның шығармаларын елимиз ҳәм шет ел мәмлекетлеринде кеңнен үгит нәсиятлаў бойынша кѳлемли ислер әмелге асырылмақта. Мысалы: шайыр туўылған күн - 14 февраль сәнеси ҳәр жылы мәмлекетимиз бойлап әдебият ҳәм илимий-ағартыўшылық байрамы сыпатында нышанланып, Бабуртаныўшылық тараўында кѳплеген илимий изертлеўлер, республика ҳәм халықаралық кѳлемде илимий конференциялар турақлы түрде ѳткерилип келинбекте.

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2020-жыл 30-декабрьдеги Олий Мажлиске жоллаған мүрәжетинде «Биз өз алдымызға мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў сыяқлы уллы мақсетти қойған екенбиз, буның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер, Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялаўшы орталық ҳәм шәрт-шараятларды жаратыўымыз керек» - деп атап өткен еди.

Бунда, әўели тәлим ҳәм тәрбияны раўажландырыў, саламат турмыс тәризин қарар таптырыў, илим-пән ҳәм инновацияларды енгизиў миллий идеямыздың баслы үстини болып, хызмет қылыўы керек екенлиги атап ѳтилди.

Уллы Амир Темурдың бесинши әўлады, ѳзбек классикалық әдебиятының белгили ўәкили, уллы шайыр, тарийхшы, географ, мәмлекетлик искер ҳәм қәбилетли сәркарда, бабурийлер династиясының тийкаршысы, темурий шахзада – Заҳириддин Муҳаммед ибн Омаршайх Мырза 1483-жылда 14-февральда Андижанда туўылған.

Бабурдың әкеси — Омаршайх Мырза Ферғана ўәлаяты ҳәкими, анасы — Қутлы Нигарханым Манғол ханы ҳәм Ташкент ҳәкими Юнусханның қызы болған. Бабурдың жаслығы Андижанда ѳткен. Бабур бәрше темурий шахзадалар киби арнаўлы тәрбияшылар, белгили фазыл уламалар устазлығында әскерий тәлим алып, араб ҳәм парсы тиллерин үйренеди, кѳплеген тарийхый ҳәм әдебий шығармаларды оқыйды, илим-пәнге ҳәм қосыққа қызыға баслайды. Дәўжүреклиги ҳәм қаҳарманлығы ушын ол жаслығынан «Бабур» лақабын алады. “Бабур” сѳзи парсы тилинен “бабр”, яғный “барыс”,“жолбарыс” деген мәнисти аңлатады.

Әкеси Ахсида мезгилсиз 39 жасында аянышлы қайтыс болғаннан соң, шаңарақтың үлкен перзенти 12 жасар Бабур мийрасхор сыпатында тахтқа отырады (1494-жыл июнь). Бабур 18-19 жасларында рубайы ҳәм ғәзеллер жаза баслаған.

Бабур Ѳзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң ѳз журтында ҳақыйқый қәдир-қымбатқа ийе болады. Ѳзбекстан Республикаси Биринши Президентиниң Пәрманына кѳре, 1993-жылдың ноябрь айында Алишер Наўайы атындағы Мәмлекетлик академик опера ҳәм балет Үлкен театрында Бабур туўылғанының 510 жыллығы салтанатлы түрде нышанланды. Андижан қаласында Бабур атына университет, театр, китапхана ашылып, миллий бақ («Бағы Бабур») жаратылды. Бул миллий бағы комплексинде «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» музейи, шайырдың символикалық қәбир-мақбарасы қурылды. Қала орайында (автор Равшан Миртожиев) ҳәм Бабур бағындағы естелик комплексинде (автор Қодиржон Салоҳиддинов) шайырға ҳәйкел орнатылды. Андижандағы орайлық кѳшелерден бирине, сондай-ақ Ташкенттеги дем алыў бағы ҳәм кѳшеге, Андижан ўәлаяты, Ханабад қаласындағы дем алыў бағына Бабур аты берилди. Ѳзбекстан Илимлер академиясының Бабур атындағы медали енгизилди. Шығыстаныўшы алым Убайдулла Каримов бул медалдың биринши ийеси болды.

Андижанлы тәбияттаныўшы алым Зокиржон Машрабов басшылығындағы Халықаралық Бабур жамғармасы (1993.23.12) Бабур дѳретпелерин үйрениўде ийгиликли ислерди әмелге асырды. Жамғарманың илимий экспедициясы 10 нан артық Шығыс мәмлекетлери бойлап автомобилде илимий сапарлар шѳлкемлестирип, 200 мың км.ден артық аралықты басып ѳтти. Бабур ҳәм бабурийлердиң теберик жерлери, олардың илимий мийрасына тийисли жаңа мағлыўматларды топлап, илимий айланысқа киритти. Бул мағлыўматлар тийкарында 10 нан зыят илимий, ҳәм кѳркем шығармалар, 10 ға жақын ҳүжжетли видеофильмлер жаратылды. Жамғарманың Лахур (Пакистан), Ҳайдарабад (Ҳиндстан), Абу Даби (Бирлескен Араб Әмирликлери), Москва (РФ), Ош (Қырғызстан), Ташкент, Наманган (Ѳзбекстан) қалаларында бѳлимлери жайласқан. 1998-жыл жамғарманың Бабуртаныўшылық тараўындағы халықаралық сыйлықлары енгизилип, бир неше илим пидайылары бул сыйлыққа ийе болды.

Заҳириддин Муҳаммед Бабур дѳретиўшилигиниң үстини есапланған - "Бабурнама" шығармасы - жәҳән әдебияты ҳәм деректаныўшылығында әҳмийетли ҳәм қайталанбас жазба дерек болып, ески ѳзбек (шағатай) тилинде жазылған. Шығарманың “Бабурия”, “Ўақыянама”, “Тузуки Бабурий”, “Табақаты Бабурий” ҳәм “Таворихи Бабурий” киби кѳплеген атамалары да анықланған.

Бабур атын дүньяға белгили қылған шедевр шығармасы «Бабурнама» бойынша дәслепки дѳретиўшилик ислерин 1518-1519 жылларда баслаған.

"Бабурнама" шығармасы - Темурийлер тарийхы ҳаққында толық сѳзлеўши кѳлемли дерек болып, шығарманың оннан артық қолжазба нусқалары Ѳзбекстан илимлер Академиясы шығыстаныўшылық институтында сақланады. Кѳплеген дүньялық, сол қатарда парсы, инглис, рус, түрк, голланд ҳәм француз тиллерине аўдармаланған. Мысалы: шығарма парсы тилине Бабурдың ақлығы, белгили ҳүкимдар Акбаршах буйрығы менен аўдармаланып, оған ең тәжирийбели ҳинд художниклери тәрепинен миниатюралар сызылған. Ҳәзирги ўақытқа шекем “Бабурнама” жәми 25 тен артық тиллерге аўдармаланған.

«Бабурнама» шығармасының өзи оның жигирмадан артық тараўларға қызыққанлығына айқын мысал бола алады. Себеби «Бабурнама»ның илимий текстин жаратқан япон алымы Э.Мано бул шығармасын «мағлыўматлар ғәзийнеси» деп бийкарға атамаған.

Бабурнама тийкарында бир қатар кѳркем шығармалар дѳретилген. Мысалы: француз әдебиятшысы Флора Анна Стилдиң “Бабурхан”, және бир француз әдебиятшысы Фернард Гренард “Бабур”, америкалы жазыўшы Харольд Лембтиң “Бабур жолбарыс” романлары сондай-ақ Ҳиндстанлы Муни Лал Бабурийлер тарийхына тийкарланып 6 роман жазған.

Темурийлер династиясының уллы ўәкили есапланған Бабур ҳәм бабурийлер тарийхы ҳинд халықлары тарийхында ѳзиниң мүнәсип орнына ийе. Европадағы Бабуртаныўшы алымлардан бири инглис алымы Валдемар Хансен ѳзиниң 1986-жылы Делийде баспадан шыққан «Таўыс таж ямаса манғоллар салтанаты тəғдири» китабында Бабурийлер династиясының Ҳиндстандағы 332 жыллық искерлигине жоқары баҳа береди: «Ҳиндстан ҳәм оның 8 мың жыллық тарийхы мисли бир таўыс болса, сол кѳп мың жыллық тарийхтағы Бабурийлер династиясының 332 жыллық ҳүкимранлық дәўири мине сол таўыстың гүлтажысыдур».

Мырза Муҳаммед Ҳайдар Дуғлат (1499-1551). «Тарихи Рашидий» шығармасында «…Ол ҳәр түрли пазыйлетлери менен безенген ҳәм мақтаўлы қәсийетлерге ийе болған бир патша еди. Бул бәрше пазыйтлеринен ғайраты ҳәм саҳаўаты үстин турар еди. Туркий қосықты Әмир Алишерден кейин ҳеш ким Бабур жазған дәрежеде жазған емес».

Уллы тарийхый тулға сыпатында Бабур шахсы Европа ҳәм АҚШ шығыстаныўшы-тарийхшы алымлары дыққатын өзине таптып келген. Инглис тарийхшысы Эдуард Хольден, әўели Бабурды белгили Юлий Цезарға теңеўди мақул деп билип, «Бабур ақыл-парасатына көре Цезарға қарағанда жақсы көриўге арзыйды, оның маңлайына уллы пазыйлетли инсан деп жазып қойылған».

Захириддин Муҳаммед Бабурдың балалық ҳәм өспиримлик дәўири ҳаққында роман жазған «Бабурнама»ны инглис тилине аўдармалаған Уилям Эрскин Бабурды Азия патшаларына қыяслап төмендегише баҳалайды:

«Саҳаўатлығы ҳәм мәртлиги, қәбилети, илим-пән, көркем-өнерге муҳаббаты ҳәм олар менен жемисли шуғылланыўы тәрепинен Азиядағы патшалар арасында Бабурға теңлесе алатуғын бирде-бир патша табылмайды».

Уллы шах Бабур Ҳиндстанда темурийлерге тән уллы қурылыс дәстүрлерин даўам еттирип, саўлатлы сарайлар тиклеў, каналлар қазыў, бағлар жаратыў, илим-пән раўажына қәўендерлик қылыў, елди әдиллик пенен басқарыў сыяқлы пазыйлетлери кейиншелик Ҳиндстанның уллы белгили перзентлери тәрепинен унамлы ҳәм жоқары баҳаланады. Ҳиндстанның уллы данышпаны, мәмлекетлик ғайраткери Жавохарлар Неру өзиниң «Ҳиндстанның ашылыўы» ҳәм «Жәҳән тарийхына бир нәзер» шығармаларында Захириддин Муҳаммед Бабур ҳаққында ҳикметлерге толы төмендеги пикирлерин қалдырып кеткен:

«Бабур уллы шахс. Ояныў дәўири ҳүкимдарларының ҳақыйқый көриниси. Ол мәрт ҳәм исбилермен адам болған. Бабур жүдә мәдениятлы ҳәм ҳүрметли инсанлар арасында ең жетик инсанлардан бири болған, ол көркем-өнерди әсиресе әдебиятты сүйген».

Бүгинги Ҳиндстанның Панипат қаласында Захириддин Муҳаммед Бабурдың Султан Ибраҳим Лудий менен болған урыстағы жеңисли көринислерин қаланың ашық аспан астындағы музейинде көрер екенбиз, уллы ҳинд халқының Бабурға болған ҳүрметиниң шексиз екенлигин аңлаўымыз мүмкин.

Және де Бангладеш пайтахты Дакка қаласын жаяўлап қыдырған саяхатшы «Ләлбақ - қала» тарийхый музейине кирип, Бабур ҳәм бабурийлерге арналған ханаларды көрер екен, онда бабурийлер әўладларына тийисли кийимлерин, үй буйымларын, әскерий қурал-жарақларын, ат әнжамларын көрип, Бангладеш халқының да бабурийлерге болған ҳүрмет-иззетиниң жоқары екенлигин аңлап жетеди.

Бабурдың хаткери оның айрықша кѳзге таснанатуғын сегиз пазыйлетин келтирип өтеди:

- қәдди бәлент;

- ҳикмети аржуманд;

- тәжирийбели саркарда;

- халқын қорғаўшы;

- кеширимлилик;

- нийети қалыслық;

- шеригиниң кеўилин алыўшы;

- әдалатлы.

Бабур уллы шайыр болып, абыройы жағынан Мир Алишер Наўыйының жанында туратуғын классикалық cөз өнерли шайыр ҳәм әдебиятшы есапланады.   Бабур өзиниң белгили шығармалары менен лирикалық шайыр ҳәм тарийхтаныўшы алым болыўы менен биргеликте мәмлекетлик ғайраткер сыпатында да халқымыздың руўхый мәденияты тарийхында мүнәсип орын ийелеген.

Кейинги жылларда Ташкент ҳәм Андижан қалаларында Бабур Мырзаның саўлатлы ҳәйкеллери орнатылғаны, оның туўылып ѳскен журты – Андижан қаласында Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды ҳәм оның қурамында «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» китап музейи искерлик кѳрсетип атырғанлығы, «Бабур энциклопедиясы», «Бабур. Бабуриды. Библиография» деп аталған салмақлы шығармаларының баспадан шығарылғанлығы, «Бабур ҳәм дүнья» журналының шѳлкемлестирилгенлиги мәдений турмыстағы үлкен ўақыя сыпатында баҳаланбақта.

Бабур, биринши нәўбетте шах, 332 жыл ҳүкимранлық қылған бабурийлер династиясының тийкаршысы болып, ол патша сыпатында әскер тартып шахларға тән жеңилислердиң ашшы тәсирин, ал жеңислердиң уллы көринисин көп мәртелеп өз басынан кеширген, атасы сыяқлы уллы ҳикметли ҳәм жоқары мақсетли шахс болып, Ҳиндстанда ири мәмлекет ҳүкимдарына айланған.

Бир неше мүддет алдын патшалықты Хумайнға тапсырған Бабур 47 жасында 1530-жылы 26-декарьде ѳзи тийкар салған салтанат пайтахты Аграда дүньядан ѳтеди ҳәм сол жерге жерленеди, кейиншелик (1539-жыл), ўәсиятына муўапық хоки Қабулға келтирилип, ѳзи қурдырған «Бағы Бабур»ға қойылған.

Ҳәзирде оның 119 ғәззели, бир масну қосығы, 209 рубайысы, 10 нан аpтық туйық ҳәм бѳлимлери ҳәм 60 тан зыят фардлары анықланған. Дийўан қурамында улыўма кѳлеми 270 бәйттен ибарат 8 маснәўий де орын алған.

Бабур тийкар салған династия тарийхта ең ири династиялардан бири болып, оның әўладлары 332 жылдан артық Ҳиндстанға ҳүкимранлық қылған.

Улыўма алғанда Захириддин Муҳаммед Бабур аты менен ҳәр қанша мақтансақ та арзыйды, өз халқының атын дүньяға танытқан уллы әўладларымыздан бири болып, оннан биз тарийхымызды қәдирлеўди, әсиресе келешекке уллы исеним менен қараўды үйренемиз.

Жуўмақ орнында соны айтып ѳтиў орынлы, Бабур ҳәм Бабурийлер халқымыздың уллы перзентлери есапланып, олар ѳзлериниң кѳп қырлы искерлиги ҳәм дѳретиўшилик дүрданалары менен жәҳән мәденияты тарийхына мүнәсип үлеслерин қосты.

Жанажан Ўатанымыз миллий раўажланыўдың жаңа басқышына — Үшинши Ренессанс дәўирине нық қәдемлер қойып атырған ўақытта, турмысымыздың бәрше тараўларында түпкиликли ѳзгерислер жүз берип атырған бүгинги күнлерде Бабур Мырзаның бийбаҳа мийрасын терең үйрениў ҳәм ғалабаластырыў баслы әҳмийетке ийе ийгиликли ислеримизден бири болып табылады.


Salamatsu (talqılaw) 12:27, 2026-jıl 31-mart (UTC)Juwap beriw

ШЕВЧЕНКО ҲӘМ БУТАКОВ ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ҲАҚҚЫНДА

[derekti redaktorlaw]

Қубла Арал бойын үйрениў мақсетинде ХVIII-ХIХ әсирлерде Хийўаға көп елши, саяхатшылар келип ханлықтағы жағдай ҳаққында, олардың кәсиби, экономикалық шәраяты ҳаққында көплеген мағлыўматлар жыйнаўға муўапық болған. Олар арасында Гладышев, Муравин, Рычков, Данилевский, Макшеев, Бутаков, Шевченко, Залесов, Майер, Галкин, Кун, Веселовскийлер айрықша орын ийелейди.

Арал флотилиясының тийкарын салыўшы Алексей Иванович Бутаков Арал теңизин дәслепки изертлеўши болып табылады. Бутаковты кейнинен «Арал теңизиниң Магелланы» деп атап кетти. А.И.Бутаков, Т.Г.Шевченко, А.И.Макшеевлердиң илимий искерлиги нәтийжесинде1840-жылы сәтсиз жуўмақланған В.А.Перовскийдиң Хийўа экспедициясынан соң узаққа созылған рус-Хийўа қатнаслары кескинлескен бир дәўирде Арал теңизиниң Хийўа ханлығына тийисли жағалаўларына жақынласыў қадаған етилгенлигине қарамастан, Арал теңизиниң түслик жағасын, Әмиўдәрьяның қуярлығын, Тоқпақ-ата(Мойнақ) атаўын, Үрге тумсығын изертледи ҳәм оларға сыпатлама берди. Экспедиция қурамында дилмаш Алмамбет ҳәм сол жердиң тилин билетуғын приказчик Н.В.Захряпин қатнасты[1].

1848-жыл 18-февралда Оренбург үлкесиниң генерал-губернаторы В.А.Обручев императорға 1848-жылдың жазында Арал теңизин толық үйрениў режелестирилгенлиги ҳаққында жазады. Лейтенант А.И.Бутаков Арал теңизин сүўретке алыў ҳәм өлшеў ушын дүзилген экспедиция басшысы етип тайынланады. Бутаковтың туўры айтап өткениндей, Арал теңизин толық үйренип одан пайда алыў ушын «желкенли қайықлар емес, бәлким, пароходлар керек» еди[2].

1848-жыл 5-мартта флот лейтенанты А.И.Бутаков Оренбургқа келди. Оған әскерий министрлик тәрепинен Арал теңизин изертлеў ушын экспедицияға басшылық етиў тапсырмасы берилген. Ол 18 дана теңизшилер жәмәәти менен Арал теңизи ушын үшинши кеме қурыўға киристи. Апрель айының ақырында кеңлиги 1,2 м ҳәм узынлығы 14 м болған кеме тайын болды. Шхуна (кеме) "Константин" деп аталып ҳәм ол да еки қурал менен қуралланды. Көп өтпей, оны Раимға алып келип суўға түсирди[3]. 1849-жылда "Константин" ға қосымша түрде, "Николай" кемеси де әскерий министрликтиң тапсырмаларын орынлаўға киристи.

        Арал флотилиясының басшысы А.И.Бутаковтың тиккелей жәрдеми менен жазыў ҳәм сүўрет салыў ҳуқықынан айрылған сүргиндеги әскер Тарас Григорьевич Шевченко еки жылды(1848-1849) А.И.Бутаковтың басқарыўында Арал теңизинде өткерди. Шевченко сүргинде жүрген үлкесиниң адамлары ҳәм тәбияты ҳаққында бир қатар картиналар, сүўретлер ҳәм қосықлар дөретти. Шевченко экспедицияның сүўретшиси сыпатында «Арал теңизиниң көринислери сәўлеленген әжайып акварель альбом» дөретти. «Арал теңизиниң тик жарлық жағасы», «Николай атаўның таўлы жағасы» сыяқлы әжайып картиналарда(1848-1849 жылларда акварель менен исленген) Арал теңизиниң түслик ҳәм түслик-батыс Қарақалпақлар жасайтуғын жағалаўлары әжайып етип сүўретленген. Шевченко Европа сүўретшилериниң арасында биринши болып Қарақалпақ темасын қолға алды[4].

1850-жылда Теңиз министрлигиниң Гидрографиялық департаменти тәрепинен баспадан шығарылған Арал теңизиниң биринши (меркатор) картасы Бутаковтың еки жыллық изертлеўлериниң нәтийжеси болып табылады. Бутаков экспедициясының есабат материалларына 1848 ҳәм 1849 жыллардағы компания даўамында Тарас Шевченко тәрепинен орынланған Арал теңизи жағалары тәбият көринисиниң алъбомы қосымша етилди”[5].

        1859-жылы Қоңырат көтерилиси ўақтында Бутаков басшылығындағы Арал флотилиясы пароходлары Әмиўдәрьяның қуярлығына түсип Қоңыратқа дәслепки рет корабльлер келеди. Балықшы Қарақалпақлар Бутаковқа, корабллерине жағыў ушын 15 қайық сексеўил берген[6].

Рус кемелериниң Әмиўдәрья бойлап жүзиўи жергиликли халық ортасында, атап айтқанда, қарақалпақлардың социаллық-сиясий турмысына да тәсир етти. Атап айтқанда, 1858-жылда Қоңыратта көтерилген көтерилис ўақтында Россияға қараслы кемелердиң аймақта пайда болыўы Хийўа ханы ҳәм жергиликли халық арасында мәлим дәрежеде албыраўға да себеп болды. Көтерилис басшысы Муҳаммад-Фена бул жердеги халық наразылығынан өз мақсетлери жолында пайдаланыўға қарар етип, Қоңыратты Хийўадан ажыратып алыўға ҳәрекет етти. Көтерилисте өзбеклер, қарақалпақлар, туркменлер қатнасты. Муҳаммад Фена өзин хан деп жәриялады. Ол жәрдем сорап Оренбургтағы Россия ҳүкиметин шақырды. Бул сапары көтерилисшилерге жәрдем бериў ушын А.И.Бутаков командирлиги астындағы Арал флотилиясына тийисли еки баржалы “Перовск” пароходы жиберилди. Бирақ тийкарынан, талаўшылыққа умтылып атырған түркмен феодаллары қолында ойыншыққа айналған Муҳаммад -Фена бул жәрдемнен пайдалана алмады. Россия кемелери ҳеш нәрсе ислей алмады. Қоңырат көтерилиси 1859-жылда бастырылды[7]. Әлбетте, усы ҳәрекетлер метрополияның келеси дәўирлерде Арал флотынан және де кеңлеў пайдаланыўына жағдай туўдырған еди. Тийкарынан суў жолларынан пайдаланыў ҳәрекетлери, жоқарыда атап өтилгениндей, сәл алдынлаў басланған еди.

        Бутаков өз күнделиклеринде Қарақалпақлардың хожалық турмысы ҳаққында да мағлыўматлар қалдырады. Ол өзиниң 1849-жылы экспедиция ўақтында Жаңадәрья жағалаўындағы Бес қум әтирапларында Қарақалпақлардың излерин көргенлигин күнделигинде жазады, яғный Қарақалпақлар гүз-қыс айларында жийде териў ушын келгенлигин атап өтеди[8].

Сондай-ақ жийдениң Тоқмақ ата атаўы әтирапында да өсетуғынлығы ҳәм оның хан ушын терип алынбағанша әпиўайы халыққа рухсат етилмейтуғынлығы ҳаққында өз күнделигинде тоқталған[9].

Арал флотилиясының басшысы капитан А.И.Бутаков 1848-1850-жыллары Арал теңизиниң батыс жағаларына жүзип теңиз фарватерин ҳәм атаўларын изертледи. Соның менен бирге Қарақалпақлардың Хийўа ханлығы ҳәм Қазақлар менен өз-ара қатнасықлары ҳаққында да мағлыўматлар қалдырған. Сырдәрьяда Арал флотилиясы кемелериниң қатнаўы Хийўа ханлығы қурамындағы Қарақалпақлар арасында рус әскерлери теңиз ҳәм Әмиўдарья арқалы Хийўаға әскерий жүрис қылады деген гәплер де тарқалды[10].

Сырдәрьяда 1853-жылы дәслепки параходлар суўға түсирилди, «Перовский» параходы ҳәм «Обручев» баркасы суўға түсирилиўи менен Арал флотилиясының искерлиги басланды. Сырдәрьяда болса флотилияны дүзиўден тийкарғы мақсет әскерий мақсетлер ушын яғный Хийўа ханлығы жерлерине суў арқалы кирип барыў ҳәм келешекте Хиндистанға суў жолын ашыўға қаратылған еди.

Арал флотилиясы пароходларының Әмиўдәрьяның төменги ағымында жергиликли халық көз алдында еркин ҳәрекетлениўи Хийўа ханларының наразылығына себеп болған. Сол себепли де “Хийўа сарайының нәўбеттеги илажларынан бири Рус кемелериниң Әмиўдәрья бойлап жүзип жүриўине жол қоймаў еди. Сол мақсетте 1859-жылдың августынан баслап Сейид-Муҳаммад Нөкис қасында 4000 адамлық гарнизонды сақлады”[11].

Ҳәр қалай руслардың үлкен қәўипин сезген хан өз жерлерин дәрья тәрептен де қорғаў таярлығын көрген. Атап айтқанда, “Үлкендәрья төменги ағымынан 14 верст аржағында Хийўалылар 1000 адамлық гарнизоны ҳәм бес қураллы Аққала қорғанын қурды. Кейин Үлкендарьяда бөгет қурылған. 1869-жылда Муҳаммад -Раҳимхан II дәўиринде Хийўалылар Көкөзекке суў жолын тосыўға урынып көрди. Кейинирек Көкөзекке рус кемелерин өткермеў ушын Серен-қала қорғаны қурылды”[12].

Көрип шығылып атырған дәўирде Даўқара үлкеси Россияның Хийўаға кирип барыўы ушын қолай орын есапланған. “Ол жерге биринши нәўбетте Сырдәрьялы адамлар келип, Россия ҳаққында түрли мыш-мыш гәплер тарқатты. Руслар тәрепке көшип өтиўди қәлейтуғынлар бул жерге топланды. Сол себепли бул аймақта әмелдеги болған Қорғанша қорғанынан тысқары 1862-жылда Сейид-Муҳаммад Қаракөл көлинде Уайс-мама қорғанын қурдырды. Бул шаралар нәтийже бермеди. 1863-жылда қарақалпақлар Сырдәрья сызығына ғалабалық көшип өтиў ушын рус ҳәкимиятынан рухсат ҳәм жәрдем сорады. Бирақ миграцияны қаплаў ушын әскерий отряд ажыратылмады және бул әмелге аспады”[13].

А.И.Бутаков Аралбойы аймағын узақ ўақыт даўамында үйрениў тийкарында бул аймақ тәбиятына тийисли бир қанша шығармалар жазған. Ол жазған мақалалары сол ўақыттағы баспасөз бетлеринде дағаза етилген. Бул дөретпелер: 1853-жылда География жәмийетиниң «Хабаршы» журналында баспадан шығарылған «1848-жылда Арал теңизин сүўретлеў ушын шөлкемлестирилген экспедиция ҳаққында мағлыўмат»; “Отечественние записки”де баспадан шығарылған “Әмиўдәрья дельтасы ҳәм оның төменги ағымы”, “Туркестанские ведомости”да баспадан шығарылған “Арал теңизи қырғақлары”, соның менен бирге, “Хийўа тарийхынан бир неше бетлер”, “Муҳаммад Төре Суфий Қоңыратты ийелеўи және оның өлтирилиўи” ҳәм басқалар[14].

Жоқарыда биз теңизши Алексей Иванович Бутаков ҳаққындағы базы мағлыўматларға тоқтап өтилди. Бирақ оның 1848-1849 жылларда Арал экспедициясы баслығы ретинде Арал теңизинде гидрографикалық изертлеўлер алып барғанлығы, Возрождение ҳәм басқа атаўларды ашқанлығын да атап өтиў керек. Экспедиция материаллары тийкарында Арал теңизи картасы баспадан шығарылды. Ол Сырдәрья, Әмиўдәрья дельтасы жайласқан оазисти изертледи. 1857-1859 жылларда Арал әскерий флотилиясына командирлик етип, Әмиўдәрьяның төменги ағымында бир қатар ислерди әмелге асырды.


[1] Нурмухаммедов М.К. Таңламалы шығармаларының еки томлығы. I  том. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1983, 241 б.

[2] Сулайманов С.А. Орол ва Амударё сув йўли тарихи. Нукус «LESSON PRESS», 2022, Б.50.

[3] Дмитриев В.И. А.И.Бутаков. Гос.изд. Географической литературы. Москва 1955. С.-22.

[4] Нурмухаммедов М.К. Таңламалы шығармаларының еки томлығы. I  том. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1983, 240 б.

[5] Берг Л.С. Очерки по истории русских географических открытий. Изд-во АН СССР, М-Л.1949. С.-216

[6] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.260.

[7] Нурмухаммедов М.К., Камалов С.К., Жданко Т.А., Каракалпаки. «ФАН». Ташкент 1971. 36-бет

[8] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.99.

[9] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.100.

[10] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.191.

[11] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.260.

[12] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XX веках. (К истории взаимоотношений с Россией и среднеазиатскими ханствами), Ташкент, «ФАН», 1968, С.261.

[13] Нурмухаммедов М.К., Камалов С.К., Жданко Т.А., Каракалпаки. «ФАН». Ташкент 1971. 37-бет

[14] Берг Л.С. Очерки по истории русских географических открытий. Изд-во АН СССР, М-Л.1949. С.-216 Salamatsu (talqılaw) 11:17, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Арал ҳәм Әмиўдәрья суў жолы тарийхы деректаныўшылығы

[derekti redaktorlaw]

Темаға тийисли дереклер үлкен көлемге ийе болып, олардың ишки ҳәм сыртқы анализи мәселени жарытыўда зәрүрли әҳмийетке ийе болады. Көплеген мағлыўматлар Арал теңизи ҳәм оның әтирапында әмелге асырылған суў жоллары ҳәм де ондағы транспорт қураллары ҳаққында гүрриң етеди. Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки жазба мағлыўматлар зардуштийликтиң муқаддес китабы «Авесто»да ушырайды. Илимпазлар «Авесто»да суў ҳәм ҳасылдарлық қудайы Ардивиге арналған қосықта келтирилген Вурукша теңизи ҳәм оған қуйылатуғын Аръянам ҳаққында мағлыўматларды Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья менен байланыстырады.

Әййемги дәўир тарийхшысы Клавдий Птоломей де Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар жазып қалдырған. Ол Соғд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын Окс пенен Яксарт дельтасының аралығындағы Оксиан көлин белгилеп өткен. Көл оның картасында да көрсетилген[1]. Ямаса “Алмагест” (“Уллы қурылыс”) атлы шығармасында жер шарының 27 бөлимнен ибарат картасын дүзгенлиги айтылады. Оның 22-картасында ҳәзирги Арал менен Каспий теңизи сүўретленген. Зарафшан ҳәм Әмиўдәрьяның (Оксус) Каспий теңизине қуйып турғанлығы көрсетилген.

Византия елшиси Земарх Килийский Түрк қағанлығына барған сапарында «Көлдиң қумлы жағалары менен 12 күн даўамында жүрип өткенлиги»н жазған. В.Бартолъд[2] бул мағлыўматты Арал теңизи болыўы мүмкин деп болжайды.

Арал теңизи ҳаққында IХ ҳәм Х әсирлерде жасап өткен араб саяхатшы илимпазлары Ибн Хордадбек, Ибн Русте, Маъсуди, Истахри, Ибн Хавқалдың келтирген мағлыўматлары да айрықша әҳмийетке ийе. Олардан сол ўақыттағы Арал теңизиниң көлеми менен жағаларының дүзилиси ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин. Ибн Хордадбех «Китаби-ал-массалик вал мамлик» (Саяхатлар менен мәмлекетлер китабы») атлы шығармасында Әмиўдәрьяны Жайҳун, Арал теңизин Курдер көли деп атайды. Ибн-Рустениң Әмиўдәрья менен Арал теңизи ҳаққында жазғанлары оғада кем ушырайтуғын болып, оның мағлыўматлары бойынша Арал теңизиниң көлеми 80 фарсах, теңиздиң батыс жағасындағы атаўлар Сиякун (қара таўлар ) деп аталады. Оң жағасы батпақ болып, онда қалың тоғай өсип кеткен[3].

Х әсирде жасаған белгисиз автордың парсы тилинде жазған «Худул ал Олам» (шығыстан батысқа шекем әлем ўәлаятлары) атлы қолжазбасы да Арал теңизиниң көлеми 300 фарсахға тең келиўи, тағы жағаларының қумлы екени жазылған. Шығыстың уллы ойшылларынан бири Ал-Беруний сол замандағы араб географларының топлаған мағлыўматларына қарай Арал теңизи менен қасындағы аймақтың жүдә толық сыпатламасын берген. Оның сызған картасында Арал теңизи Хорезм деген ат пенен сәўлелендириледи.

Арқа Хорезмде балықшылық кәсибиниң үлкен орын тутқанлығы ҳаққында IХ-ХI әсирлерде жасаған араб географларының бири Ибн-Русте дельтаның арқа бөлегиндеги Халижан деп аталатуғын жай ҳаққында «... онда балықшылар аўылы болып, олар ылай менен қамыстан исленген жертөлелерде турады, балық тутыўда сол қамыстан пайдаланады және оны Хорезм қалаларына сатыўға шығарады»-деп мағлыўмат берген[4].

Атап өтиў керек, Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық тәрептен толық изертлеўлер ХVI әсирден кейин басланды. ХVII әсирде жасаған Хийўа ханы Абулғазы Баҳадурхан өз дөретпелеринде Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның ХVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйылғанлығы ҳаққында жазып қалдырған. Соның менен бирге, Арал теңизи ҳаққында 1627-жылы ислеп шығылған Москва мәмлекетиниң картасынан да мағлыўмат алыў мүмкин. Ол жағдайда Арал «Көк теңиз» деген ат пенен берилген.

1592-жылларға шекем «Барсакелмес» атаўының батыс тәрепи қурғақлықтан бөлекленген ҳалда болған. ХVI әсирдиң ақыры - ХVII әсирдиң басларында теңиз суўы тармағының төменлеўи менен байланыслы «Барсакелмес», «Қасқа қулан», «Көз жетпес» «Уялы», «Бектаў», «Возрождения» сыяқлы атаўлар пайда болған. Арал теңизин саяхатшылар ҳәр әсирде картаға түсирип келген. Атап айтқанда, 1658-жылы А.Дженкинсон, 1664-жылы Голландиялы Николай Витсен, 1723-жылы Далилия, 1734-жылы Кириллов, 1741-жылы Муравин, 1834-жылы Левшин ҳәм басқалар[5].

1696-жылы Россия ҳүкимети Қазақстан жерлериниң географиялық картасын дүзиў шәртин қояды. Бул жумыс Тоболь хызметкери С.О. Ремезовқа тапсырылды. Нәтийжеде Ремезов еки қыйлы карта таярлап, еки картада да Арал теңизи орын алған еди.

ХVIII әсирден баслап Россия империясы Орта Азия ҳәм Қазақстан жерлерин үйрениў мақсетинде экспедициялар шөлкемлестире баслады. 1740-1741 жыллары Сырдәрья ҳәм Арал бойына жиберилген И.Муравин басшылығындағы экспедиция Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматларға бир қанша анықлық киритип, Арал теңизиниң шығысын картаға түсирген. ХVIII әсир даўамында Н.Бичурин[6], Т.С.Бурнашев[7], А.С.Безносиковлар өз саяхатлары даўамында теңиз ҳаққында бир қатар мағлыўматлар берген.

ХVIII әсирден баслап Қазақстан жерине арнаўлы Рус экспедициялары келиўи менен Арал теңизи ҳаққындағы дереклер пайда бола баслайды. Усылардан бири - 1740 -1741 жылларда Сырдәрья ҳәм Аралға жиберилген арнаўлы экспедиция есапланады. Экспедицияда қатнасқан И.Муравин Арал теңизиниң рельеф формаларына тәрийп берип өткен. Иван Муравин биринши рет Арал теңизиниң Шығыс жағасынан арнаўлы съёмкаларды алыўды шөлкемлестириў менен оларды картаға түсирген[8].

Сол ўақытта жасаған алым П.И.Ричков (1712-1777) Арал-Каспийдиң гидрогеографиялық жағдайына толық баҳа берген ҳәм теңизде тиришилик ететуғын балықлардың түрин анықлаған. Бул бойынша оның 1762-жылы баспадан шыққан «Оренбург топографиясы» атлы китабы үлкен әҳмийетке ийе[9].

Қубла Арал бойын үйрениў мақсетинде ХVIII-ХIХ әсирлерде Хийўаға көп елши, саяхатшылар келип ханлықтағы жағдай ҳаққында, олардың кәсиби, экономикалық шәраяты ҳаққында көплеген мағлыўматлар жыйнаўға муўапық болған. Олар арасында Гладышев, Муравин, Рычков, Данилевский, Макшеев, Бутаков, Залесов, Майер, Галкин, Кун, Веселовскийлер айрықша орын ийелейди.

ХVIII әсирде Россияда илимлердиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы, әсиресе, Арал бойында әййемнен жасап киятырған қарақалпақлар ҳәм араллылар ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлардың топланыўына мүмкиншилик берди.

1753-жыл Хийўа қаласына саўдагер Данил Рукавкин келеди. Ол Оренбург-Уральск, Сарайчик қорғаны-Үстирт, Қыят-Хийўа жолы менен келип, кейин Қызылқумның арқа тәрепинен Сырдәрья бойлап қайтқан. Самара саўдагерлериниң есабатында Арал, Әмиўдәрья, Сырдәрья, Қуўандәрья бойы жерлери, елатлары ҳаққында мағлыўматларды ушыратыў мүмкин[10]. Атап өтиў керек, егер бул мағлыўматлар рәсмий характерге ийе болмаса -де, олардан Арал теңизи әтирапындағы жоллар, жай атамалары, жол машрутлары ҳаққында бир қатар мағлыўматларды алыў мүмкин.

ХIХ әсир 20-жыллары Бухараға А.Негри басшылығындағы елшилер келген. Бул экспедиция Россияда Орта Азия ханлары менен экономикалық, сиясий мүнасибетлердиң кеңейип басланғанлығын көрсетти. Елшилер қурамында Х.Пандер, Э.А.Эверсманлар болған. 1821-жылдың бәҳәринде экспедиция қатнасыўшылары Россияға қайтып кеткен. Усы процессте Э.А.Эверсман Туран, Орта Азия, әсиресе, Қуўандарья ҳәм Жаңадәрья тармақлары ҳаққында, Арал теңизи жағалары ҳаққында да зәрүр мағлыўматларды топлайды[11].

Э.А.Эверсман өз изертлеўлерин 1825-1826 жылларда Үстиртте Ф.Берг экспедициясы қурамында даўам еттирди. Топланған мағлыўматларды Эверсман 1840-жылы «Оренбург үлкесиниң тәбийий тарийхы», «Оренбургдан Бухараға саяхат (1823 ж) атлы китапларында жәриялады[12]. Бул шығармада Каспий, Арал теңизи, Үстирт, Туран жерлериниң географиялық шараятлары менен бирге этнографиялық, экологиялық дереклерди жазып қалдырған.

ХIХ әсир 20-30 жылларында (1819-1820 жж.) капитан Николай Муравин басшылығындағы группа Әмиўдәрья тармағы Узбой бойлап Хийўаға саяхатты әмелге асырған. Оның изертлеўинде Түркменистан ҳәм Хийўа жерлериниң жағдайы, суўғарыў тармақлары, түркмен, өзбек, қарақалпақлардың тарийхы, этнографиясы социал басқарыў принципи, қорғанлар, өнерментшилик, саўда ҳаққында мағлыўматлар орын алған[13]. Соның менен бирге, Арал бойы жерлери тарийхын үйрениўде теңизши саяхатшы А.И.Бутаковтың 1848-1849 жылларда Арал теңизин географиялық тәрептен изертлеген.

ХVIII әсирдиң ақырында Арал әтирапына келген Рус изертлеўшилердиң бири- М.Бекчурин болып, (1740-1821 жж.) ол Оренбургдан Бухараға шекем өзи басып өткен жолы ҳәм қумның формаларын классификациялаўға ҳәрекет етти[14].

Арал теңизин актив изертлеў ХIХ әсирден басланды. Бул ўақытта Орта Азия аймақлары Россия империясы тәрепинен басып алынған еди. Соған байланыслы түрде Арал теңизин изертлеў жумысларына да итибар қаратылды.

1850-жылларда Россия Илимлер академиясының дүзилиўи менен Арал теңизине дәслепки илимий экспедициялар келди. Бунда зоолог Н.А.Северцов пенен ботаник И.Г.Борщовлар изертлеўлер алып барған. Биринши рет Н.А.Северцев Түркистанға 1857-жылда келген ҳәм изертлеўлери П.П.Семеновтың Тян-Шанға еткен экспедицияларына дерлик туўра келеди, бирақ парқы сонда, П.П.Семенов Орта Азияны үйрениўди Орайлық Тян-Шан бийик таўлық аймақларын үйрениўден баслайды. Н.А.Северцов болса Арал теңизи ҳәм Сырдәрьяның төменги ағымына экспедиция уйымластырды[15].

Орта Азияның бир-бирине кери болған түрли аймақларына болған бул еки экспедиция үлкениң тәбиятын үйрениў тарийхында жаңа дәўирди ашты, оны илимий әҳмийетине көре классик деп атаў керек. Н.А.Северцевтиң маршрутлары Орта Азияның дерлик пүткил аймағын қамтып алды, оның экспедицион искерлиги өзгешелиги менен ажралып турар еди:

1857-жыл - Арал теңизи ҳәм Сырдәрьяның төменги ағымына экспедиция.

1859-жыл - Арқа Қызылқумға экспедиция.

1864-жыл - Тян-Шан экспедициясы.

1866-жыл - Биринши Түркистан ямаса Шуй арты экспедициясы.

1867-жыл - Екинши Түркистан экспедициясы.

1874 жыл - Әмиўдәрья экспедициясы.

1877-1878 жыллар Ферғана-Памир экспедициясы[16].

1869-жылы апрелде Рус санааты ҳәм саўдасына көмеклесиўши комитеттиң мәжилисинде Түркистан үлкесиндеги саўда жоллары жағдайы талқыланды. Ол жағдайда ири саўдагер С.Н.Трубчанинов өзиниң Түркистанға еткен сапары ҳаққында мағлыўмат берди. Ол өз жолында дус келген барлық қалалар ҳаққында мағлыўмат берип, жоллардың жағдайы, халықтың турмыс тәризи ҳаққында жазба мағлыўматлар алып келген[17].

1874-жылы А.А.Тилло баслаған Оренбург отряды Арал менен Каспий теңизиниң аралығын нивелирледи. Изертлеўлер нәтийжесинде Арал теңизиниң ени Каспий теңизинен 73 метр бийик екенлиги ҳаққында мағлыўмат берген.

1874-жылғы Әмиўдәрья экспедициясы қатнасыўшылары Арал бассейнинде физико-геоботаникал бақлаўларды әмелге асырды. Ол жағдайда Аралдың арқа жағасының көлеми теңиз жүзесиниң төменлеўине байланыслы өзгерип атырғанлығы ҳаққында фактлер көрсетилген. Каспий ҳәм Арал теңизиниң фауналарын салыстырып, изертлеўлер нәтийжесинде Аралдың бурынлары Каспийден бөлек болғанлығы анықланды[18].

1874-жыл бәҳәринде Россия географиялық жәмийети Әмиўдәрьяның төменги ағымын үйрениў ушын сол дәўир ушын ең ири комплекс экспедицияны шөлкемлестирди, оған Н.А.Северцов тәбияттаныў бөлимине баслық сыпатында мирәт етилди.

Экспедиция бағдарламасында тийкарғы итибар Арал теңизиниң “қурыўы” мәселелери, Қызылқум қумлы бослықларының морфологиясы ҳәм генезиси, Әмиўдәрьяның қурғақ каналларының тәбияты ҳәм басқаларға қаратылды. Бул изертлеўге мәлим дәрежеде палеогеографик ҳәм геоморфологик бағдар берди ҳәм шөл жайлаўларын суўғарыў ҳәм Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда кеме қатнасы навигацияны шөлкемлестириў бойынша жойбарластырылған урыныўлар менен байланыслы ҳалда олардың әмелий әҳмийетин изертледи.

Әмиўдәрья экспедициясының искерлиги үлкен аймақларды ҳәр тәреплеме үйрениўдиң дәслепки тәжирийбеси ретинде Туран тәбиятын изертлеў тарийхында айрықша басқыш болды. Бул экспедиция Орта Азия тәбиятын терең аналитикалық үйрениў дәўирин баслайды, бирақ революцияға шекем кең раўажланбаған[19].

ХХ әсирдиң басында Россияда капиталистлик мүнәсибетлердиң күшейиўи процессинде шийки өнимге болған талап артты. Соған байланыслы Арал теңизин изертлеў жумыслары қайтадан басланды. 1897-жылы Ташкентте Рус географиялық жәмийетиниң Түркистан бөлими дүзилди. Л.С.Бергтиң биринши изертлеўлери сол шөлкемниң искерлиги менен тиккелей байланыслы болды[20]. Жас алым Арал теңизин изертлеў ўазыйпасын усыныс етти.

Теңиздиң өзи, оның шеңбери изертленди, метрологиялық бақлаў жүргизилди. Сол мақсетте Л.С.Берг Сырдәрьяның төменги ағымында метеостанциялар шөлкемлестирди. Оның «Арал теңизи» монографиясы тек бир аймақты физикалық-географиялық классификациясы ҳаққындағы биринши тәжирийбелерден болып, монография 1908-жылы баспадан шықты. Л.С.Берг монографиясындағы мағлыўматлар Арал теңизиниң эволюциясы ҳаққында жуўмақ шығарыўға тийкар болды. Автор 1906 ҳәм 1925-жылларда Арал теңизинде болып, қосымша гидрологиялық бақлаў менен балықшылық ушын изертлеў жумысларын алып барды[21].

Сол орында изертлеў обьектинен басқа дереклерге де итибар қаратыў мақсетке муўапық болып табылады. Атап айтқанда, ХIХ әсирдиң 70-жылларындағы қайықлардың көриниси Рус сүўретшиси Каразинниң сүўретлеринде, атап айтқанда, «Әмиўдәрьяда кеме салдаўшылары» шығармасы да үлкен әҳмийетке ийе.


[1] Арал тағдыры. Алматы, «Қзақстан», 1989. 20-бет.

[2] Бартольд В.В. Сочинения т III, М.1963. С.78


[3] Гулямов Я. Хоразмнинг суғорилиш тарихи. Т.1959. 174-бет

[4] Гудкова А.В. и Ягодин В.Н. Археологическийе исследования по городище Ток кала. Общественные науки Узбекистана. 1961. N5 67-,бет

[5] Камалов С Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968.С.46-47

[6] Бичурин Н.Я. (Иакинф). Собранийе сведений о народах, обитавших в Средней Азии в древнийе времена. В трех частях. – Алматы: ТОО “Жалын Баспасы”, 1998. Ч. II. – С. 145-348.

44 Путешествийе Т. С. Бурнашева от Сибирской линии до города Бухары в 1794 г. и обратно в 1795 г. Изложено Г. Спасским // Сибирский вестник, 1818.С  12

45Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С 45



[9] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С 42-43

[10] Путешествийе из Оренбурга в Бухару Самарского купца Данила Руцкавкина в 1753 году. СпБ 1840, С.34-35


[11] Путешествийе из Оренбурга в Бухару Самарского купца Данила Руцкавкина в 1753 году. СпБ 1840, С.34-35


[12] Первые русскийе научные исследования Устюрта. Издательство Академии Наук. Москва 1963г С-14.

[13] Мамбетуллаев М.Туребеков М. Қаракалпақстан тарийхы. Н.2011.С.74

[14] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С.47

[15] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии (Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-11

[16] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии (Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-11

[17] Материалы по вопросу о торговых путях в Среднюю Азию. С.Петербург. В типографии И.И.Глазунова. 1869г. С. 7

[18] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С. 93

[19] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии(Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-12-13

[20] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993 С.-104

[21] Берг Л.С. Избранные труды. том I. История науки. Издательство Академии Наук. Москва 1956. С.354 Salamatsu (talqılaw) 11:18, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

ӘЖИНИЯЗ ШЫҒАРМАЛАРЫ ТАРИЙХЫЙ ДЕРЕК.

[derekti redaktorlaw]

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақ халқының классик шайыры ҳəм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары 2024-жыл 16-июль күни қабыл етилип, онда бир неше әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынған.

Халық жыршыларының ишинде ѳз ядынан шығарып сѳз дѳретиўшилер - шайырлар деп аталып, олардың шығармалары жазба әдебият пенен тығыз байланыслы. Заманында ҳәр бир халық ѳзи руўхый туў етип кѳтергениндей, дүньяға бир келген дана перзентин туўып, оны ѳзиниң миллий алтын бесигинде тербетеди. Ол енди ѳз халқының бахыт-ығбалы ушын, адамгершилик, ҳақыйқатлық ушын жанын жаббарға берип гүресиў үлгисин кѳрсетеди. Инсан қәлбин, оның қуўанышларын, халықтың жақсы нийетлерин, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин бийтәкирар сѳз маржанлары, қосық қатарлары менен жеткериўди ѳз ѳмириниң мазмуны деп билетуғын дѳретиўши тулғалардың мийнети жүдә машақатлы, жуўапкершиликли ҳәм шарапатлы екенлигин бәршемиз жақсы билемиз. Қарақалпақ халқының уллы шайыры, миллетимиздиң руўхый тимсалы ҳәм мақтанышы Әжинияз сондай кѳринистеги инсан болды.

Белгили Қарақалпақ шайыры ҳəм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы ѳзиниң айрықша ҳəм терең мазмунлы дѳретиўшилиги менен халқымыз мəденияты ҳəм əдебиятын раўажландырыў, жасларды патриотлық ҳəм ийгиликли идеялар руўхында тəрбиялаў, өзбек ҳəм қарақалпақ халықлары арасындағы əзелий дослық ҳəм аўызбиршиликти беккемлеўге мүнəсип үлес қосқан белгили дөретиўши болып табылады. Сезимтал шайырдың қосық ҳəм дəстанларында саўлеленген гуманистик философиялық кѳз-қараслар ел-журтымыз кеўилинен терең орын ийелеген.

Әжинияз Қосыбай улы Қарақалпақлардың XIX әсирдеги шайырларының ишинде ең үлкен фигураға ийе тарийхый тулға есапланады. Ол 1824-жылы Мойнақ ройонының «Қамыс бѳгет» деген жеринде туўылады ҳәм Қарақалпақлардың Қоңырат арысы ашамайлы урыўларының сақуў тийкерсинен болып есапланады. Даңқы жайылған шайыр Әжинияздың жазған қосықлары халық мәпин жырлаўы арқалы, сулыў лирика жанрында қосық жазыўларды ийелеў арқалы кѳпшиликке кеңнен мәлим болған. Ол ѳз заманындағы шайырлардан анағурақым жоқары турады ҳәм кѳп ѳзгешеликлерге ийе. Шайыр Хийўада 1840-1844-жыллары Қутлымурат инақ медресесинде оқыйды ҳәм шығыс әдебиятына қулаш жайып жүзген шайыр. Ол дәўирде Хийўа қаласы кѳплеген шайырлардың жыйналған жери еди ҳәттеки ол жерде Мақтумқулы да оқыған.      

XIX әсирдеги Қарақапақ әдебиятындағы ең үлкен тулға Әжинияз Қосыбай улы(1824-1878 жж) болады. Ол өз дәўириниң зыялы адамларынан болып, Хийўа қаласында Қутлымурат инақ медресесинде тәлим алған, бир нешше тиллерди билген, тарийхты ҳәм фольклорды жақсы үйренген.

        Әжинияз шығармаларында гейпара тарийхый ҳәм этнографиялық мағлыўматлар ушырасатуғынлығы ҳаққында академик С.К.Камалов арнаўлы мақала жазды[1].  

Академик С.К.Камалов өзиниң «Каракалпаки в ХVIII-ХIХ вв» шығармасында Арал флотилиясы искерлигине итибар қаратады, 1858-1859 жыллардағы Қоңырат көтерилиси тарийхы бойынша ҳүжжетлерди илимий айланысқа киритеди, бул көтерилистиң барысын А.И.Бутаков бақлаған еди. Оның мағлыўмат бериўинше, қарақалпақ балықшылары Арал флотилиясының капитаны Ситниковқа оның Аралдан Қоңырат бағдарында жүриўине жәрдем берген[2].

ХIХ әсир ақыры - ХХ әсир басларында Россия империясының Түркистанда алып барған колонизаторлық сиясаты, оның үлке халықлары социаллық-экономикалық турмысына тәсири ҳәр тәреплеме анализ етилген. Усы авторлар ҳүкимет басшыларын метрополияның Түркистан үлкеси менен саўда-сатық байланысларындағы артықмашылығын сақлап қалыўға, сиясий ҳәм әскерий тәсирин күшейтиўге шақырған. Олар арасында Н.И.Масальский, А.И.Дмитриев-Мамонов, М.А.Терентъев, А.И.Шахназаров, И.И.Гейер, Н.П.Верховский, С. Р. Конопко ҳәм басқалардың дөретпелери айрықша орын тутады. Бул авторлар сол дәўирде әмелге асырылған илажлардың тиккелей гүўасы болған ямаса өзлери де бул процесслерде актив қатнас жасаған, олар метрополияның колонизаторлық сиясаты ҳәм уллы мәмлекетшилик шовинизми көзқарасынан келип шыққан ҳалда, империя ҳүкиметиниң Түркистан халықлары турмысына тәсирин “цивилизаторлық миссиясы” ретинде айтыўға ҳәрекет етилген. Соған қарамастан усы әдебиятлар фактик материалларға бай болып, машқаланың мәнисин объектив үйрениўге ҳәм тереңирек ашып бериўге жәрдем береди[3].

1858-жылда Хийўа ҳәм Бухараға Россия елшилери миссиясының уйымластырылыўында Арал флотилиясының роли елшилердиң шығармаларында сәўлелендирилген. А.В.Каулъбарс, А.Л. Кун, Риза Кули Мырзалардың тиккелей 1873-жылда Хийўаның жаўлап алыў етилгенинен кейин жаратқан шығармалары бийбаҳа тарийхтаныўшылық дәреклери есапланады[4].

1875-жылда Н.А.Северцов тәрепинен Түркистан үлкеси генерал-губернаторы К.П.Кауфманға жиберилген «Жаңадәрья ағымын қайта тиклеў арқалы Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья ортасындағы жолды қурыў ҳаққында»ғы хаты үлкен қызығыўшылық оятады. Қубла Арал бойын тарийхый ҳәм этнографиялық жақтан үйрениўде Шохан Уалихановтың шығармалары да үлкен әҳмийетке ийе. Академик В.В.Бартольд Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрьяның төменги ағымы ҳаққында мағлыўматлар комплексин инам еткен[5].

Әжинияз Қосыбай улы туўылғанлығының 200 жыллығын байрамлаў ЮНЕСКОның халық аралық юбилейлер режесине киритилгени де оның дөретиўшилик мийраслары улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе екенлигинен дəрек береди. Бүгинги күнде дүнья мәдениятын қарақалпақ әдебиятының белгили шайыры Әжинияздың мазмунлы қосықларысыз кѳз алдымызға келтирип болмайды. Шайырдың ѳз халқы қәлбин, оның жақсы нийетлерин ҳәм дәртин терең қосық қатарлары менен жырлаған шағармаларын руўхый дүнья халқы жақсы биледи. 

Бүгинги күнде мәмлекетимизде мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел раўажландырыў менен биргеликте, жәмийетимизде китапханлық мәдениятын жетилистириў, миллий ҳәм жәҳән әдебиятының ең сайланды үлгилерин баспадан шығарыўға айрықша итибар қатарылып, бул орында белгили шайырдың “Сайланба дөретпелери” комплексин өзбек ҳəм қарақалпақ тиллеринде жәриялаў, оның турмысы ҳəм искерлигине бағышлап жаратылған көркем, илимий-ғалабалық дөретпелерин қайта баспадан шығарыў, мəмлекет буйыртпасына муўапық Әжинияз Қосыбай улының турмысы ҳəм искерлигине арналған сахна шығармаларын ҳəм де “Әжинияз” көркем-публицистикалық фильмин жаратыў баслы әҳмийетке ийе есапланады. 

Нөкис қаласында шайыр дѳретпесине арналған “Айт, сен Әжинияздың қосықларынан” темасында мəмлекетимиз жас дөретиўшилериниң таңлаўын, дөретиўшилик мектеплери оқыўшылары арасында Әжинияз Қосыбай улы турмысы ҳəм шығармаларына арналған дөретпелер таңлаўын өткериў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мəмлекетлик педагогика институтында шайыр музейин шөлкемлестириў, Әжинияз Қосыбай улының Мойнақ районындағы қәбирин абаданластырыў ҳəм оған естелик орнатыў, усы районда Әжинияз Қосыбай улы атындағы экопарк қурыў белгиленген болып, бул теберик орында шайырымызды еске аларда келеси әўладлар да бул жерге орнатылатуғын жаңа ескерткиш етегине терең ҳүрмет пенен гүл қоятуғынлығын ойлап, ләззетли сезимлерге бѳленесең. Әлбетте бул сезимлер, соның менен бирге шайыр мийраслырының келешеги ҳаққында терең ойланыўға да миннетлейди.  


[1] Камалов С. Әжинияз шығармаларындағы тарийхый ҳәм этнографиялық мағлыўматлар. «Әмиўдәрья», 1976, №10, с 115-118.

[2] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII – 60-х годах XIX в. К истории взаимоотношений в Российей и среднеазиатскими ханствами. Ташкент, 1968., Камалов С. XVIII әсирдеги қарақалпақ–рус қатнасықлары.– Нөкис. 1966. Камалов С., Уббиниязов Ж., Кощанов А.  Из истории взаимоотношений каракалпаков с другими народами Средней Азии и Казахстана в XVII-начале ХХ вв. – Ташкент. 1988., Камалов С. Қарақалпақлардын халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлигиниң тарийхынан. – Нөкис. 2001.

[3] Ўзбекистоннинг янги тарихи. II жилд. Т.2000. Б.15

[4] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993 С.-71

[5] Жалменова О.П. Академик В.В. Бартольд о каракалпаках и Каракалпакии // Вестник КК ФАН Узб. ССР. 1990, №3. Salamatsu (talqılaw) 11:31, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Арал теңизи тарийхынан

[derekti redaktorlaw]

Өзбекстан Республикасы өзиниң географиялық жайласыўы бойынша теңиз жолына туўрыдан-туўры шыға алмайтуғын жәҳәндеги 45 мәмлекет қатарында турады. Суў жолларына туўры шыға алмаслық Өзбекстан экономикалық-саўда мүмкиншиликлерин мәлим дәрежеде шеклейди. Сол мақсетте мәмлекетимиз теңиз портларына шығыў ушын ШБШ мәканында транспорт тәрепинен өз-ара байланыслылықты күшейтиў зәрүрлигине итибар қаратып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қоллап-қуўатлаўы астында Ташкент қаласында Регионлар аралық өз-ара бирге ислесиў орайын шөлкемлестириў усынысын илгери сүрди[1].

Көплеген мағлыўматлар Арал теңизи ҳәм ол әтирапында әмелге асырылған суў жоллары ҳәм де ондағы транспорт қураллары ҳаққында гүрриң етеди. Арал теңизи ҳаққындағы дәслепки жазба мағлыўматлар зардуштийликтиң муқаддес китабы «Авесто»да ушырайды. Илимпазлар «Авесто»да суў ҳәм ҳасылдарлық қудайы Ардивиге арналған қосықта келтирилген Вурукша теңизи ҳәм оған қуйылатуғын Аръянам ҳаққында мағлыўматларды Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья менен байланыстырады.

Әййемги дәўир тарийхшысы Клавдий Птоломей де Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар жазып қалдырған. Ол Соғд таўларынан ағып Каспий теңизине қуятуғын Окс пенен Яксарт дельтасының аралығындағы Оксиан көлин белгилеп өткен. Көл оның картасында да көрсетилген[2]. Ямаса “Алмагест” (“Уллы қурылыс”) атлы шығармасында жер шарының 27 бөлимнен ибарат картасын дүзгенлиги айтылады. Оның 22-картасында ҳәзирги Арал менен Каспий теңизи сүўретленген. Зарафшан ҳәм Әмиўдәрьяның (Оксус) Каспий теңизине қуйып турғанлығы көрсетилген.

Византия елшиси Земарх Килийский Түрк қағанлығына барған сапарында «Көлдиң қумлы жағалары менен 12 күн даўамында жүрип өткенлиги»н жазған. В.Бартолъд[3] бул мағлыўматты Арал теңизи болыўы мүмкин деп болжайды.

Арал теңизи ҳаққында IХ ҳәм Х әсирлерде жасап өткен араб саяхатшы илимпазлары Ибн Хордадбек, Ибн Русте, Маъсуди, Истахри, Ибн Хавқалдың келтирген мағлыўматлары да айрықша әҳмийетке ийе. Олардан сол ўақыттағы Арал теңизиниң көлеми менен жағаларының дүзилиси ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин. Ибн Хордадбех «Китаби-ал-массалик вал мамлик» (Саяхатлар менен мәмлекетлер китабы») атлы шығармасында Әмиўдәрьяны Жайҳун, Арал теңизин Курдер көли деп атайды. Ибн-Рустениң Әмиўдәрья менен Арал теңизи ҳаққында жазғанлары оғада кем ушырайтуғын болып, оның мағлыўматлары бойынша Арал теңизиниң көлеми 80 фарсах, теңиздиң батыс жағасындағы атаўлар Сиякун (қара таўлар ) деп аталады. Оң жағасы батпақ болып, онда қалың тоғай өсип кеткен[4].

Х әсирде жасаған белгисиз автордың парсы тилинде жазған «Худул ал Олам» (шығыстан батысқа шекем әлем ўәлаятлары) атлы қолжазбасы да Арал теңизиниң көлеми 300 фарсахға тең келиўи, тағы жағаларының қумлы екени жазылған. Шығыстың уллы ойшылларынан бири Ал-Беруний сол замандағы араб географларының топлаған мағлыўматларына қарай Арал теңизи менен қасындағы аймақтың жүдә толық сыпатламасын берген. Оның сызған картасында Арал теңизи Хорезм деген ат пенен сәўлелендириледи.

Арқа Хорезмде балықшылық кәсибиниң үлкен орын тутқанлығы ҳаққында IХ-ХI әсирлерде жасаған араб географларының бири Ибн-Русте дельтаның арқа бөлегиндеги Халижан деп аталатуғын жай ҳаққында «... онда балықшылар аўылы болып, олар ылай менен қамыстан исленген жертөлелерде турады, балық тутыўда сол қамыстан пайдаланады және оны Хорезм қалаларына сатыўға шығарады»-деп мағлыўмат берген[5].

Атап өтиў керек, Арал теңизин ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм географиялық тәрептен толық изертлеўлер ХVI әсирден кейин басланды. ХVII әсирде жасаған Хийўа ханы Абулғазы Баҳадурхан өз дөретпелеринде Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар берип өткен. Ол Әмиўдәрьяның ХVI әсир ақырына шекем Каспий теңизине қуйылғанлығы ҳаққында жазып қалдырған. Соның менен бирге, Арал теңизи ҳаққында 1627-жылы ислеп шығылған Москва мәмлекетиниң картасынан да мағлыўмат алыў мүмкин. Ол жағдайда Арал «Көк теңиз» деген ат пенен берилген.

1592-жылларға шекем «Барсакелмес» атаўының батыс тәрепи қурғақлықтан бөлекленген ҳалда болған. ХVI әсирдиң ақыры - ХVII әсирдиң басларында теңиз суўы тармағының төменлеўи менен байланыслы «Барсакелмес», «Қасқа қулан», «Көз жетпес» «Уялы», «Бектаў», «Возрождения» сыяқлы атаўлар пайда болған. Арал теңизин саяхатшылар ҳәр әсирде картаға түсирип келген. Атап айтқанда, 1658-жылы А.Дженкинсон, 1664-жылы Голландиялы Николай Витсен, 1723-жылы Далилия, 1734-жылы Кириллов, 1741-жылы Муравин, 1834-жылы Левшин ҳәм басқалар[6].

1696-жылы Россия ҳүкимети Қазақстан жерлериниң географиялық картасын дүзиў шәртин қояды. Бул жумыс Тоболь хызметкери С.О. Ремезовқа тапсырылды. Нәтийжеде Ремезов еки қыйлы карта таярлап, еки картада да Арал теңизи орын алған еди.

ХVIII әсирден баслап Россия империясы Орта Азия ҳәм Қазақстан жерлерин үйрениў мақсетинде экспедициялар шөлкемлестире баслады. 1740-1741 жыллары Сырдәрья ҳәм Арал бойына жиберилген И.Муравин басшылығындағы экспедиция Арал теңизи ҳаққындағы мағлыўматларға бир қанша анықлық киритип, Арал теңизиниң шығысын картаға түсирген. ХVIII әсир даўамында Н.Бичурин[7], Т.С.Бурнашев[8], А.С.Безносиковлар өз саяхатлары даўамында теңиз ҳаққында бир қатар мағлыўматлар берген.

ХVIII әсирден баслап Қазақстан жерине арнаўлы Рус экспедициялары келиўи менен Арал теңизи ҳаққындағы дереклер пайда бола баслайды. Усылардан бири - 1740 -1741 жылларда Сырдәрья ҳәм Аралға жиберилген арнаўлы экспедиция есапланады. Экспедицияда қатнасқан И.Муравин Арал теңизиниң рельеф формаларына тәрийп берип өткен. Иван Муравин биринши рет Арал теңизиниң Шығыс жағасынан арнаўлы съёмкаларды алыўды шөлкемлестириў менен оларды картаға түсирген[9].

Сол ўақытта жасаған алым П.И.Ричков (1712-1777) Арал-Каспийдиң гидрогеографиялық жағдайына толық баҳа берген ҳәм теңизде тиришилик ететуғын балықлардың түрин анықлаған. Бул бойынша оның 1762-жылы баспадан шыққан «Оренбург топографиясы» атлы китабы үлкен әҳмийетке ийе[10].

Қубла Арал бойын үйрениў мақсетинде ХVIII-ХIХ әсирлерде Хийўаға көп елши, саяхатшылар келип ханлықтағы жағдай ҳаққында, олардың кәсиби, экономикалық шәраяты ҳаққында көплеген мағлыўматлар жыйнаўға муўапық болған. Олар арасында Гладышев, Муравин, Рычков, Данилевский, Макшеев, Бутаков, Залесов, Майер, Галкин, Кун, Веселовскийлер айрықша орын ийелейди.

ХVIII әсирде Россияда илимлердиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы, әсиресе, Арал бойында әййемнен жасап киятырған қарақалпақлар ҳәм араллылар ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлардың топланыўына мүмкиншилик берди.

1753-жыл Хийўа қаласына саўдагер Данил Рукавкин келеди. Ол Оренбург-Уральск, Сарайчик қорғаны-Үстирт, Қыят-Хийўа жолы менен келип, кейин Қызылқумның арқа тәрепинен Сырдәрья бойлап қайтқан. Самара саўдагерлериниң есабатында Арал, Әмиўдәрья, Сырдәрья, Қуўандәрья бойы жерлери, елатлары ҳаққында мағлыўматларды ушыратыў мүмкин[11]. Атап өтиў керек, егер бул мағлыўматлар рәсмий характерге ийе болмаса -де, олардан Арал теңизи әтирапындағы жоллар, жай атамалары, жол машрутлары ҳаққында бир қатар мағлыўматларды алыў мүмкин.

ХIХ әсир 20-жыллары Бухараға А.Негри басшылығындағы елшилер келген. Бул экспедиция Россияда Орта Азия ханлары менен экономикалық, сиясий мүнасибетлердиң кеңейип басланғанлығын көрсетти. Елшилер қурамында Х.Пандер, Э.А.Эверсманлар болған. 1821-жылдың бәҳәринде экспедиция қатнасыўшылары Россияға қайтып кеткен. Усы процессте Э.А.Эверсман Туран, Орта Азия, әсиресе, Қуўандарья ҳәм Жаңадәрья тармақлары ҳаққында, Арал теңизи жағалары ҳаққында да зәрүр мағлыўматларды топлайды[12].

Э.А.Эверсман өз изертлеўлерин 1825-1826 жылларда Үстиртте Ф.Берг экспедициясы қурамында даўам еттирди. Топланған мағлыўматларды Эверсман 1840-жылы «Оренбург үлкесиниң тәбийий тарийхы», «Оренбургдан Бухараға саяхат (1823 ж) атлы китапларында жәриялады[13]. Бул шығармада Каспий, Арал теңизи, Үстирт, Туран жерлериниң географиялық шараятлары менен бирге этнографиялық, экологиялық дереклерди жазып қалдырған.

ХIХ әсир 20-30 жылларында (1819-1820 жж.) капитан Николай Муравин басшылығындағы группа Әмиўдәрья тармағы Узбой бойлап Хийўаға саяхатты әмелге асырған. Оның изертлеўинде Түркменистан ҳәм Хийўа жерлериниң жағдайы, суўғарыў тармақлары, түркмен, өзбек, қарақалпақлардың тарийхы, этнографиясы социал басқарыў принципи, қорғанлар, өнерментшилик, саўда ҳаққында мағлыўматлар орын алған[14]. Соның менен бирге, Арал бойы жерлери тарийхын үйрениўде теңизши саяхатшы А.И.Бутаковтың 1848-1849 жылларда Арал теңизин географиялық тәрептен изертлеген.

ХVIII әсирдиң ақырында Арал әтирапына келген Рус изертлеўшилердиң бири- М.Бекчурин болып, (1740-1821 жж.) ол Оренбургдан Бухараға шекем өзи басып өткен жолы ҳәм қумның формаларын классификациялаўға ҳәрекет етти[15].

Арал теңизин актив изертлеў ХIХ әсирден басланды. Бул ўақытта Орта Азия аймақлары Россия империясы тәрепинен басып алынған еди. Соған байланыслы түрде Арал теңизин изертлеў жумысларына да итибар қаратылды.

1850-жылларда Россия Илимлер академиясының дүзилиўи менен Арал теңизине дәслепки илимий экспедициялар келди. Бунда зоолог Н.А.Северцов пенен ботаник И.Г.Борщовлар изертлеўлер алып барған. Биринши рет Н.А.Северцев Түркистанға 1857-жылда келген ҳәм изертлеўлери П.П.Семеновтың Тян-Шанға еткен экспедицияларына дерлик туўра келеди, бирақ парқы сонда, П.П.Семенов Орта Азияны үйрениўди Орайлық Тян-Шан бийик таўлық аймақларын үйрениўден баслайды. Н.А.Северцов болса Арал теңизи ҳәм Сырдәрьяның төменги ағымына экспедиция уйымластырды[16].

Орта Азияның бир-бирине кери болған түрли аймақларына болған бул еки экспедиция үлкениң тәбиятын үйрениў тарийхында жаңа дәўирди ашты, оны илимий әҳмийетине көре классик деп атаў керек. Н.А.Северцевтиң маршрутлары Орта Азияның дерлик пүткил аймағын қамтып алды, оның экспедицион искерлиги өзгешелиги менен ажралып турар еди:

1857-жыл - Арал теңизи ҳәм Сырдәрьяның төменги ағымына экспедиция.

1859-жыл - Арқа Қызылқумға экспедиция.

1864-жыл - Тян-Шан экспедициясы.

1866-жыл - Биринши Түркистан ямаса Шуй арты экспедициясы.

1867-жыл - Екинши Түркистан экспедициясы.

1874 жыл - Әмиўдәрья экспедициясы.

1877-1878 жыллар Ферғана-Памир экспедициясы[17].

1869-жылы апрелде Рус санааты ҳәм саўдасына көмеклесиўши комитеттиң мәжилисинде Түркистан үлкесиндеги саўда жоллары жағдайы талқыланды. Ол жағдайда ири саўдагер С.Н.Трубчанинов өзиниң Түркистанға еткен сапары ҳаққында мағлыўмат берди. Ол өз жолында дус келген барлық қалалар ҳаққында мағлыўмат берип, жоллардың жағдайы, халықтың турмыс тәризи ҳаққында жазба мағлыўматлар алып келген[18].

1874-жылы А.А.Тилло баслаған Оренбург отряды Арал менен Каспий теңизиниң аралығын нивелирледи. Изертлеўлер нәтийжесинде Арал теңизиниң ени Каспий теңизинен 73 метр бийик екенлиги ҳаққында мағлыўмат берген.

1874-жылғы Әмиўдәрья экспедициясы қатнасыўшылары Арал бассейнинде физико-геоботаникал бақлаўларды әмелге асырды. Ол жағдайда Аралдың арқа жағасының көлеми теңиз жүзесиниң төменлеўине байланыслы өзгерип атырғанлығы ҳаққында фактлер көрсетилген. Каспий ҳәм Арал теңизиниң фауналарын салыстырып, изертлеўлер нәтийжесинде Аралдың бурынлары Каспийден бөлек болғанлығы анықланды[19].

1874-жыл бәҳәринде Россия географиялық жәмийети Әмиўдәрьяның төменги ағымын үйрениў ушын сол дәўир ушын ең ири комплекс экспедицияны шөлкемлестирди, оған Н.А.Северцов тәбияттаныў бөлимине баслық сыпатында мирәт етилди.

Экспедиция бағдарламасында тийкарғы итибар Арал теңизиниң “қурыўы” мәселелери, Қызылқум қумлы бослықларының морфологиясы ҳәм генезиси, Әмиўдәрьяның қурғақ каналларының тәбияты ҳәм басқаларға қаратылды. Бул изертлеўге мәлим дәрежеде палеогеографик ҳәм геоморфологик бағдар берди ҳәм шөл жайлаўларын суўғарыў ҳәм Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда кеме қатнасы навигацияны шөлкемлестириў бойынша жойбарластырылған урыныўлар менен байланыслы ҳалда олардың әмелий әҳмийетин изертледи.

Әмиўдәрья экспедициясының искерлиги үлкен аймақларды ҳәр тәреплеме үйрениўдиң дәслепки тәжирийбеси ретинде Туран тәбиятын изертлеў тарийхында айрықша басқыш болды. Бул экспедиция Орта Азия тәбиятын терең аналитикалық үйрениў дәўирин баслайды, бирақ революцияға шекем кең раўажланбаған[20].

ХХ әсирдиң басында Россияда капиталистлик мүнәсибетлердиң күшейиўи процессинде шийки өнимге болған талап артты. Соған байланыслы Арал теңизин изертлеў жумыслары қайтадан басланды. 1897-жылы Ташкентте Рус географиялық жәмийетиниң Түркистан бөлими дүзилди. Л.С.Бергтиң биринши изертлеўлери сол шөлкемниң искерлиги менен тиккелей байланыслы болды[21]. Жас алым Арал теңизин изертлеў ўазыйпасын усыныс етти.

Теңиздиң өзи, оның шеңбери изертленди, метрологиялық бақлаў жүргизилди. Сол мақсетте Л.С.Берг Сырдәрьяның төменги ағымында метеостанциялар шөлкемлестирди. Оның «Арал теңизи» монографиясы тек бир аймақты физикалық-географиялық классификациясы ҳаққындағы биринши тәжирийбелерден болып, монография 1908-жылы баспадан шықты. Л.С.Берг монографиясындағы мағлыўматлар Арал теңизиниң эволюциясы ҳаққында жуўмақ шығарыўға тийкар болды. Автор 1906 ҳәм 1925-жылларда Арал теңизинде болып, қосымша гидрологиялық бақлаў менен балықшылық ушын изертлеў жумысларын алып барды[22].

Сол орында изертлеў обьектинен басқа дереклерге де итибар қаратыў мақсетке муўапық болып табылады. Атап айтқанда, ХIХ әсирдиң 70-жылларындағы қайықлардың көриниси Рус сүўретшиси Каразинниң сүўретлеринде, атап айтқанда, «Әмиўдәрьяда кеме салдаўшылары» шығармасы да үлкен әҳмийетке ийе.

Изертлеў бойынша көплеген архив дәреклери бар, оларды да дереклик анализлеў зәрүр. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Миллий архиви Р-244-фонд, 1-дизим 58-исинде Орта Азия кемешилиги бойынша материаллар сәўлеленген болып, атап айтқанда, Орта Азия кемешилигиниң Арал агентлиги қурамындағы кемелердиң атларын өзгертиў ҳаққында буйрық берилгенлигин көриў мүмкин. Оған көре «Черняев» моторлы қайығы «Водник» деп, «Кутузов» кемеси «Железнодорожник» ке, «Скобелев» желкенли қайығы «Қарақалпақ» деп өзгертирилгенлиги ҳаққында мағлыўмат бериледи[23], ямаса тағы бир ҳүжжетте Орта Азия кемешилиги бойынша 1-март 1925-жыл №78 санлы буйрығы менен Әмиўдәрья флотилиясы кемелерин ремонттан шығарыў ҳәм Орта Азия республикалары экономикасын жанландырыўда Әмиўдәрья суўшыларының жумысқа болған мүнәсибетин асырыў мақсетинде 1925-жылдың навигация мәўсиминде кемелердиң үзликсиз жүзиўин тәмийинлеў тапсырылғанлығы сөз етиледи[24].

Соның менен бирге, усы ҳүжжетлер Әмиўдәрья ҳәм Арал суў жолында техникалық участкалар, Әмиўдәрья суў жолындағы жағдай, кемелердиң үзликсиз ислеўи, кеме капитанлары, матрос ҳәм жумысшыларының өз жумысына жуўапкершилик пенен қараўы, Әмиўдәрья суў жолында жүзиўши кемелер искерлиги, Орта Азия кемешилиги Арал агентлиги ҳәм Әмиўдәрья агентлигине қараслы кемелерде ремонтлаў жумыслары ҳаққындағы көплеген мағлыўматлар бериўи менен қымбатлы болып табылады.

Буннан тысқары күнделикли баспасөз материаллары теманың сәўлелендириўде айрықша орынға ийе. Атап айтқанда, «Туркестанские ведомости» газетасының 1874-жылғы 8-октябрь санында Әмиўдәрья, Сырдәрья ҳәм Жаңадарья суў жолының әҳмийети ҳаққында кең тоқталған. Бунда Жаңадәрья суў жолы арқалы Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяны байланыстырып үзликсиз кеме қатнасын жолға қойыў мәселеси ҳаққында сөз етиледи. Бул жол ҳаққында атақлы алым академик Л.С.Берг «Морской сборник» журналының 1858-жыл 5-санында мақала жазған еди.

«Туркестанские ведомости» газетасының 1891-жыл 2-апрелъ санында Айбүйир буғазында алып барылған илимий изертлеўлер ҳаққында сөз жүритиледи. Бунда Әмиўдәрьяның ески аңғары Узбой, Сарықамыс ҳәм Арал-Каспий аралығындағы суў жолларының әҳмийетине итибар қаратылған. Соның менен бирге, газетаның 1889-жыл 30-сентябрь санында Әмиўдәрьяда қайық санааты ҳәм кемесазлық ҳаққында мақала баспадан шығарылып, Әмиўдәрьяның киши көлемдеги қайықлардың жүзиўи ушын қолайлығы ҳәм Хийўа қайықларының ислениў технологиясы, оларды соғыўда пайдаланылатуғын материаллар ҳаққында сөз етиледи[25].

«Голос» газетасының 1875-жыл 28-августтағы №258 санында Қоқан ҳәм Хийўа ханлығындағы жағдай ҳаққында сөз етилип Түркистан генерал губернаторының үлкеде транспорт тараўында алып барған сиясаты және оның Россия ушын әҳмийети анализ етилген[26].

Соның менен бирге, күнделикли баспасөзде кейинги дәўирде де Арал ҳәм Әмиўдәрья суў жоллары ҳаққында материаллар берип барылды. Атап айтқанда, «Қызыл Өзбекстан», «Водник», «Қызыл Қарақалпақстан», «Совет Қарақалпақстаны», «Советская Каракалпакия», «Мойнақ балықшысы» газеталары бетлеринде темаға тийисли материалларды ушыратыў мүмкин. Мысалы, «Қызыл Өзбекстан» газетасының 1958-жыл 29-июнь санында Әмиўдәрьяда кеме қатнасының жүз жыллығы мүнәсибети менен Орта Азия кемешилиги басқармасы баслығының орынбасары Б.Суворов пенен сәўбет жәрияланған. «Советская Каракалпакия» газетасының 1951-жыл 14-октябрдеги №2246 санында «Смидович» кемеси капитаны Ашир Якубовтиң кең көлемли мақаласы жәрияланған[27].

Соның менен бирге, теманы жарытыўда аўызеки тарийх материаллары да өз орнына ийе. Бунда Арал ҳәм Әмиўдәрья суў жолында хызмет еткен кеме капитанлары, дарғалар ҳәм Хожели, Қыпшақ ҳәм Мойнақ бәндиргисинде ислеген жумысшылар еске түсириўлери жазып алынған.

Қарақалпақстанның белгили ақсақалы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткери, «Ел журт ҳүрмети» ордени ийеси Қаллибек Камаловтың «Ел хызметинде» мемуарлық китабында Қарақалпақстанның 1960-1980-жыллардағы социал-экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўы ҳаққында сөз жүргизилип, атап айтқанда, региондағы транспорт мәселесине тийисли, әсиресе, суў жолларының республика экономикасында 1970-жылларға шекем тутқан орны ҳаққында кең тоқталған[28].

Академик Марат Нурмухаммедовтың еске түсириўлеринде Әмиўдәрьядағы Нөкис менен Хожели жағалары арасындағы қайық ҳәм пароход-паромлары ҳаққында мағлыўматлар болып, «суў өткизгиш тийкарынан еки түрден ибарат болды; бириншиси, қалақлары бар үлкен моторлы пароход арзан ҳәм исенимли, бирақ; қайнаўытланған дәрьядан асықпастан, әсте ақырын өтер еди, екиншиси, жеке қайықлар олар асыққан жолаўшыларды тез алып өткени менен, ондағылар күтпегенде болып туратуғын қәўипли ҳәдийсеге тәўекел еткен болып, қымбатқа түсер еди. Үлкен ағымға ийе Әмиўдәрьядан өткериўдиң ең романтик түри, қайықшы-дарғаларға тийисли. Дарға қайықтың да командири болып, оның жәрдемшилери салдаўшы ҳәм ескекшиден ибарат. Дарға-қайықтың капитаны, қайықтың ескекшилери болған еки киси команданы яғный матрос хызметин өтейди»[29].

Академик Сабыр Камалов өз еске түсириўлеринде Әмиўдәрья ҳәм Арал суў жолының екинши жәҳән урысы жылларында тутқан орнына айрықша тоқталып, өзиниң фронтқа суў жолы арқалы атланғанын жазып: Әмиўдәрья бойлап «Туркмения», атлы катерге минип жүрип кеттик. Катерге арқа районлардан (Куйбышев, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларынан) биримлеп сайлап алынған балларды миндирди. Жоқарғы районлардан да (Қыпшақ, Шаббаз, Төрткүл) ҳәр биреўинен он-оннан бала минди. Солай етип, үш күн жоқарыға жүзип Чаржуйға келдик. Еки күннен кейин ол жерден бизлерди поезд бенен Наманган қаласына жиберди-деп мағлыўмат берген[30].

Этнограф алым Татъяна Александровна Жданко Хорезм археологиялық этнографиялық экспедициясының Қарақалпақ этнографиялық отрядына басшылық етип суў жолы арқалы пүткил Қарақалпақстан районларын айланып шығады. Ол өз еске түсириўлеринде 1958-жылы балықшылық сейнеринде ҳәм кемелерде Арал теңизинде жайласқан атаўлардағы балықшылық хожалықлары халқының турмыс тәризи үйренилди. Бул ҳаққында 23-август 1958-жылы үйине жазған хатында төменгидегилерди жазады: «Жекке Парсан, Қәдирли анажаным Мойнақтан Сизге жиберген телеграмманы алдыңызба. Бул ўақытта Арал теңизинде күшли ағыс (шторм) болды. Мойнақ және оның әтирапын суў басты. Аэропорт суў астында қалды. Нәтийжеде жергиликли ҳүкимет тәрепинен бизге балықшылық кемеси ажыратылып, балықшылық сейнеринде отрядтың 6 дана ағзасы ҳәм кемениң 12 дана экипажы жәми 18 адам Арал теңизинде жүздик. Биз Арал теңизинде жайласқан 6 атаўды айланып, бесеўин балықшылық аўылын изертлеп сүўретлерге, фотоға сызылмалар, дала жазыўларын алдық. Халықтың өткен турмысы тарийхы бойынша бийбаҳа мағлыўматларға ийе болдық»[31]. 1954-жылы мәўсиминде де Т.А.Жданко отряды қубла Арал бойы балықшыларының турмыс тәризи ҳәм хожалығын изертлениўин даўам еттирди. Судочъе көли, Үстирт платосы, Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья бассейни шеп жағалығындағы балықшылық хожалықларында этнографиялық изертлеўлер алып барылды. Бул маршрут ҳаққында Татъяна Александровна қызы Иринаға жазған хатында төменгидегилерди еске түсиреди: Бизиң алып барған илимий изертлеўлеримиз ишинде әсиресе Үстирт платосы менен оралған Судочъе көли айрықша ядымда қалды. Биз платодан түсип Урге балықшылық посёлкасына жетип келдик. Посёлка көл менен Үстирт аралығында жайласқан[32].

Әмиўдәрья ҳәм Арал суў жолында хызмет көрсеткен «Смидович» кемеси капитаны Ашир Якубовтың түсириўлери оның баласы Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, доцент Махсуд Якубовтың еске түсириўлери де айрықша орын ийелейди[33].

Мийнет пидайысы Кеңесбай Қунназаров Нөкис қаласының қурылысы тарийхынан мемуарлық шығармасында суў траспортының әҳмийети ҳаққында кеңлеў мағлыўмат береди. Атап айтқанда, халық хожалығы жүклерин Аралъскден суў жоллары арқалы Мойнақ портына ҳәм оннан Хожели пристаны арқалы Нөкис қаласы ҳәм Әмиўдәрья арқалы Қыпшақ пристанына, Төрткүлге ҳәм одан жоқарыға Чаржуй станциясына шекем жүклер суў жолы арқалы тап 1970-жылларға шекем тасылғанлығы ҳаққында жазып қалдырған[34].

Қарақалпақстан жазыўшылары да суў жоллары ҳәм балықшылар турмысы ҳаққында бир неше роман ҳәм очерклер жазды. Мысалы Қарақалпақстан халық жазыўшысы Асан Бегимовтиң «Балықшының қызы», Өтеген Айжановтың «Арал қушағында» романлары, Қарақалпақстан халық шайыры Тлеуберген Жумамуратовтың «Мойнақ балық заводында», Караматдин Султановтың «Арал аўылы адамлары» атлы очерклери балықшылардың турмысынан гүрриң етеди[35].

Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери профессор Мақсет Тилеумуратовтың дала жазыўларында Мойнақ ҳәм Қазақдәрьядағы балықшылардың турмысы сәўлелендирилген[36].

Қарақалпақстанның жергиликли дәслепки ушыўшысы Байрон Таженов тийкары Мойнақлы болып өз еске түсириўлеринде туўылған үлкеси Арал теңизи ҳәм онда жүзиўши параходлар ҳаққында еслейди. Атап айтқанда, өзи туўылған аўылын сондай тәрийплейди: Таллық аўылын шырашылар аўылы деп те атайды, себеби дәрьяда жүзетуғын үлкен параход, жүк баржалары ҳәм катерлер, кемелердиң дәрьяда жүриў жолына белги орнатыўшы “фитил лампа”ларды қосыў, дәрьяның терең жерине жасыл, сайыз жайына қызыл лампа жанып туратуғын “бакен” белгилерин орнатып жүреди. Бундай бағдарлаўшы белгилер кемелер ушын сфетофор ўазыйпасын атқарған[37].

Мийнет пидайысы негизи мойнақлы Искендер Шагилов өз еске түсириўлеринде Мойнақ порты ҳаққында жазып қалдырған. Ол сондай еслейди:- Мойнақта үлкен порт бар еди. Параходлар, баржалар келип тоқтайды. Әмиўдәрья арқалы келген жүклер параходларға, баржаларға жүкленип теңиз арқалы Аралъск, Гуръевқа кетеди. Оннан темир жол арқалы Москва ҳәм басқа қалаларға тарқалады. Арал теңизи арқалы келген жүклер Ушсай, Урге ҳәм киши теңиз пристанларына түсирилип, олар Әмиўдәрья арқалы Қоңырат, Хожели, Нөкис, Төрткүл, Ургенч, Чаржуй ҳәм оннан арман қарай Тәжикистанға шекем жүклер тасылар еди. Мойнақ портында турмыс қызғын еди, параходлар кышқырып, баржалар келип, қайықлардың жүзип жүргенин көресең ҳәм ҳайран қаласаң. Мойнақ атаўындағы көшелер теңизде даўыл турса суўға толар еди. Даўыл тынса суў изге қайтады. Ураллы казаклар жүдә көп еди. Олардан жергиликли халық көп нәрсени үйренди. Үй қурыў, балық тутыў, оны сақлаў ҳәм тағы басқалар. Мен Мойнақта Арал (Атаў) көшеси 169-үйде 1933-жылы туўылдым[38]. Улыўма алғанда темаға тийисли дереклер кең көлемли болып, оларды салыстырып анализ етиў мақсетке муўапық болып табылады.

Тема тарийхтаныўшылығы. Изертлеў шеңбериндеги әдебиятларды мазмун-мәниси, характерине қарап 4 группаға ажыратып анализ етиў мақсетке муўапық болып табылады: 1) Россия империясы дәўиринде баспадан шыққан әдебиятлар. 2) Совет дәўири әдебиятлары. 3) Ғәрезсизлик жылларында баспадан шыққан әдебиятлар ҳәм изертлеўлер. 4) Шет ел тарийхтаныўшылығы.

Биринши группа әдебиятларында ХIХ әсир ақыры - ХХ әсир басларында Россия империясының Түркистанда алып барған колонизаторлық сиясаты, оның үлке халықлары социаллық-экономикалық турмысына тәсири ҳәр тәреплеме анализ етилген. Усы авторлар ҳүкимет басшыларын метрополияның Түркистан үлкеси менен саўда-сатық байланысларындағы артықмашылығын сақлап қалыўға, сиясий ҳәм әскерий тәсирин күшейтиўге шақырған. Олар арасында Н.И.Масальский, А.И.Дмитриев-Мамонов, М.А.Терентъев, А.И.Шахназаров, И.И.Гейер, Н.П.Верховский, С. Р. Конопко ҳәм басқалардың дөретпелери айрықша орын тутады. Бул авторлар сол дәўирде әмелге асырылған илажлардың тиккелей гүўасы болған ямаса өзлери де бул процесслерде актив қатнас жасаған, олар метрополияның колонизаторлық сиясаты ҳәм уллы мәмлекетшилик шовинизми көзқарасынан келип шыққан ҳалда, империя ҳүкиметиниң Түркистан халықлары турмысына тәсирин “цивилизаторлық миссиясы” ретинде айтыўға ҳәрекет етилген. Соған қарамастан усы әдебиятлар фактик материалларға бай болып, машқаланың мәнисин объектив үйрениўге ҳәм тереңирек ашып бериўге жәрдем береди[39].

1858-жылда Хийўа ҳәм Бухараға Россия елшилери миссиясының уйымластырылыўында Арал флотилиясының роли елшилердиң шығармаларында сәўлелендирилген. А.В.Каулъбарс, А.Л. Кун, Риза Кули Мырзалардың тиккелей 1873-жылда Хийўаның жаўлап алыў етилгенинен кейин жаратқан шығармалары бийбаҳа тарийхтаныўшылық дәреклери есапланады[40].

1875-жылда Н.А.Северцов тәрепинен Түркистан үлкеси генерал-губернаторы К.П.Кауфманға жиберилген «Жаңадәрья ағымын қайта тиклеў арқалы Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья ортасындағы жолды қурыў ҳаққында»ғы хаты үлкен қызығыўшылық оятады. Қубла Арал бойын тарийхый ҳәм этнографиялық жақтан үйрениўде Шохан Уалихановтың шығармалары да үлкен әҳмийетке ийе. Академик В.В.Бартольд  Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрьяның төменги ағымы ҳаққында мағлыўматлар комплексин инам еткен[41].

Екинши группаға киретуғын ХХ әсирдиң 20 -30 -жылларында баспадан шығарылған әдебиятларда Россия империясының үлкеде алып барған сиясаты тийисли “колонизаторлық” ретинде баҳаланып, бул процесс пенен байланыслы мәселелер салыстырмалы ҳақыйқый тәризде көрсетилген. Темаға тиккелей тийисли ҳәм сол көзқарасты илгери сүрген әдебиятлар А. Асаткин, И.Севостъянов, А.П.Демидов, Е.Федоров, П.Г.Галузо, В.Лаврентъев[42], А.В.Шестаков сыяқлы авторлар тәрепинен жаратылған.

Совет дәўири тарийхтаныўшылығында А.М.Комков тәрепинен Арал ҳәм Әмиўдәрья тарийхы бойынша картографиялық дереклер айтылады, бул дереклер И.Муравин (ХVIII) ҳәм А.И. Бутаков (1849) лардың бағдары бойынша алынған болып, ХХ әсирдиң 30 жылларына шекем болған дәўирди өз ишине алады. 1935-жылда Россияның Хийўа ханлығын жаўлап алыў тарийхы ҳаққындағы дереклер, Әмиўдәрья төменги ағымындағы халықлардың хожалығы ҳаққындағы қымбатлы материаллар илимий айланысқа киргизилди. П.П.Ивановтың қарақалпақ-қазақ-Хийўа мүнәсибетлериниң тарийхы, Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясы тарийхы ҳаққындағы шығармалары үлкен қызығыўшылық оятады[43].

1943-жылда Е.К. Бетгер кандидатлық диссертациясын қорғайды ҳәм А.И.Бутаковтың «Күнделик жазыўлары»н баспадан шығарады, оған А.И.Бутаковтың 1848-1849 ҳәм 1849-1852 жылларда өз қолы менен жазған еки күнделигинен үзиндилер киритилген[44]. Соның менен бирге, Рус саяхатшылары ҳәм экспедицияларының түсиндирмелери, дереклердиң баспадан шығарылыўы да үлкен әҳмийетке ийе.

Тарийхтаныўшылықта дәслепки мәрте 1950-жыллардағы сиясий процесслердиң ең ириси Бас Туркмен каналының қурылысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул канал Тахыятастан басланып, шеп жағасы Қарақалпақстан, арқа Туркменистан, Сарықамыс ҳәм Узбой арқалы Каспий теңизине барып тутасыўы керек еди[45].

Бирақ бул канал қурылысы «қәрежети көп ҳәм экономикалық пайдасы жоқ» деп, 1953-жылы орай тәрепинен тоқтатылды, 1400 шақырым Қарақум каналы қазылды. Бас Туркмен каналы қурылысы екинши жәҳән урысында жеңиске ерисип шыққан халықтың жақты келешекке үмитин билдирер еди. 1951-1955 жыллары Арзи Махмудов, 1956-1963-жыллары Наср Махмудовтың басшылық стили К.Камаловтың еске түсириўлеринде жақсы баян етилген[46].

Транспорт бойынша темир жол қурылысы тарийхын К.Рахманов ҳәм М.Сейтимбетовлар терең изертледи[47]. 1955-жылы Чаржоу-Қоңырат темир жолы қурып питкерилди, солай етип, болажақ Трансқарақалпақ автомобиль магистралының тармағы пайда болды.

1985-жылға келип Арал машқаласы тек Қарақалпақстан, Өзбекстан шәраятында ғана емес, пүткил Аўқам көлеминде талқылана басланды[48].

Т.А.Жданко қарақалпақ халқының балықшылық дәстүрлери ҳәм балық санаатына итибар қаратады. Я.Ғ.Ғуломовтың дөретпелеринде Хорезм оазиси халықларының балықшылық тарийхы ҳәм балық санааты бойынша зәрүр материаллар бар[49].

Академик С.К.Камалов өзиниң «Каракалпаки в ХVIII-ХIХ вв» шығармасында Арал флотилиясы искерлигине итибар қаратады, 1858-1859 жыллардағы Қоңырат көтерилиси тарийхы бойынша  ҳүжжетлерди илимий айланысқа киритеди, бул көтерилистиң барысын А.И.Бутаков бақлаған еди. Оның мағлыўмат бериўинше, қарақалпақ балықшылары Арал флотилиясының капитаны Ситниковқа оның Аралдан Қоңырат бағдарында жүриўине жәрдем берген[50].

Арал флотилиясы тарийхы, соның менен бирге, Р.Косбергенов ҳәм У.Х.Шалекеновлардың[51] шығармаларында да сөз етилген. М.Ю. Юлдашев өзиниң бир мақаласын Арал флотилиясы тарийхына бағышлады. Мақалада Арал флотилиясы искерлигин тәрийплеўден тысқары, автор Әмиўдәрьяның төменги ағымында жасаўшы халықлардың балықшылық ҳәм ХХ әсирдиң 30 - жылларындағы кемешилик санаатының дүзилиси ҳаққында айырым ҳүжжетлерди илимий айланысқа киргизди. Арал флотилиясы, балықшылық мәселелери, сол қатарда А.С.Садықовтың мақалаларының да объекти болды[52].

Қ.Сарыбаевтың[53] илимий жумысларында Әмиўдәрья ҳәм суўғарыў каналларына үлкен итибар қаратылады. Қарақалпақлардың бийғәрез хожалық искерлиги ретинде балықшылық А.Өтемисовтың этнографиялық изертлеўлериниң объектине айланды[54].

Арал ҳәм Әмиўдәрья суў жоллары мәселесине тийисли изертлеўлер Жумабай Уббиниязовтың изертлеўлеринде де өз сәўлелениўин тапқан[55].

Москва ҳәм Ташкентте Хийўа ханлары архивиниң материаллары баспадан шығарылды. Т.Г.Тухтаметовтың[56] атап өтиўинше, 1917-жыл Рамазан яки Қурбан ҳайыттан алдыңғы күнинде Әмиўдәрья бөлиминде балықтың бир бөлеги жергиликли халық тәрепинен өзлестирилсе, үлкен бөлеги кемелерде дәслеп Аралъскке, оннан Россияға жөнетилер еди. Балықшылықтың, Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясының айырым бетлери еске түсириўлерде сәўлелендирилген. Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясының 1917-1920 жыллардағы тарийхы Я.М.Досумовтың[57] монографияларында, Ж.Уббиниязовтың мақаласында өз көринисин тапты[58].

Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясы, Әмиўдәрья кемешилиги тарийхы, соның менен бирге, Хийўа ханлығының Хорезм тарийхтаныўшылығындағы әскерий-сиясий контекстинде де үйренилди. Соңғы жылларда бул тема бойынша С.Р.Давлетов[59], Я. А. Каримов[60], Р.Б.Анёзовлар[61] суў жолы мәселесине итибар қаратты.

Ғәрезсизлик дәўири тарийхтаныўшылығында Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясы искерлигине де итибар қарата баслады. Хийўа ханлығының шет ел тарийхтаныўшылығын, Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясы тарийхтаныўшылығын толық үйрениў ендиғана қәлиплесип атыр.

Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясының искерлиги «Қарақалпақстанның жаңа тарийхын»да өз көринисин тапты. С.К.Камалов[62], К.С.Сарыбаев[63], Б.Кощанов[64], Баллыева Р[65]., Я.А.Абдуллаева[66], М.К.Сарыбаев[67], М.А.Карлыбаев[68], А.М.Джумашев[69], С.У.Нуржанов[70],  М.К.Сейтимбетов[71], К.Т.Тангирбергенова[72], А.Р.Қудияров[73], С.С.Сайманов[74], Б.М.Бекимбетов[75], С.А.Сулайманов[76] ҳәм басқалардың илимий изертлеў жумыслары Арал ҳәм Әмиўдәрья флотилиясы тарийхын және де байытты[77].

Төртинши группа әдебиятларын шет ел тарийхтаныўшылығы қурайды. Шет ел тарийхтаныўшылықта дәслепки рет Сеймур Беккердиң “Россия протектораты Орайлық Азияда: Бухара ҳәм Хийўа, 1865-1924” атлы ири шығармасы жаратылды. Автор совет әдебиятынан кең пайдаланған, шет ел жәмийетшилигин ХХ әсир басларындағы Хорезм ҳәм Бухараның ҳақыйқый жағдайы менен таныстырған.

Ширин Акинер Россия империясы ҳәм СССРда жасаған этнографик группаларға тийисли халықлар өмириниң тарийхый сызылмаларын келтирип, сол дәўирде мусылманлар “кәпирлер” (алдын патша ҳәмелдарлары, кейин болса коммунистлер) ҳүкимранлығында болғанлығы, сиясаты қандай болғанын айтып отеди. Орайлық ҳүкиметтиң оларға салыстырғанда мүнәсибети көп мәрте өзгергенлиги сәўлелендирилген[78].

Девид ҳәм Сю Ричардсон напақадағы бийғәрез Британиялық изертлеўшилерден болып, олар қарақалпақлар тарийхы бойынша “Арал теңизи дельтасындағы қарақалпақлар” атлы қымбатлы монографиясын баспадан шығарды[79].

Қарақалпақстанда стажировканы тамамлаған Туркиялы жас алым Солиқ Йилмаз Қарақалпақ тарийхына тийисли қымбатлы материаллар топлаўға еристи ҳәм ҳәтте Қарақалпақлардың жаңа тарийхы бойынша докторлық диссертациясын қорғады ҳәм кейинирек монографиясын баспадан шығарды[80].

“Арал теңизи пүткиллей қурып қалды” - Американың НАСА космик агентлиги Арал теңизиниң пүткиллей жоқ болып кеткенин көрсетиўши жасалма жолдас сүўретлерин жәриялағанынан кейин Батыс ҒХҚлары өз мақалаларын сондай бәлент пәрўазлы бас бетлер менен жазды.

“Терра жасалма жолдасы тәрепинен алынған сүўретлерде тек суўдың айырым бөлимлери көринеди, бир пайытлар дүньядағы төртинши ири континентал теңиз болған Арал теңизинен қалған нәрсе сол- деп жазады “The Dayly Best” 6-июнь күни 2014-жыл санында. Ол тағы сондай деп жазады: “2001-жылда бул аймақлар тоқ жасыл реңге ийе болған, 2005-жылда болса олар ашық жасыл реңге айналған, себеби теңиз сайызлығы даўам еткен және бул жыл алынған ўақытта олар пүткиллей ғайып болған. Бир пайытлар 67 мың квадрат километр майданды ийелеген теңиз енди шөлге айланды”[81].

Мақала авторлары Аралдың жоқ болыўын “Орайлық Азиядағы суў ресурслары ушын урыстың хабаршысы” деп атаған. Не болып атырғанына бундай атақ берилиў менен, әлбетте, тартысыў қыйын. “Суў” машқаласы Орайлық Азия республикалары ушын әсиресе актуал болып табылады. Арал теңизиниң қурыўы болса регионда ГЭСлар қурыў процессиндеги шешилмеген мәселелер менен бир қатарда елеге шекем шешип болмайтуғын бул машқаланы және де қурамаластырмақта[82].

Теңиздиң транспорт әҳмийетин жойтыўы, балықшылық, шарўашылық ҳәм басқа хожалық түрлериниң қысқарыўы, жайлаўлардың қысқарыўы ҳәм жер өнимдарлығының төменлеўи нәтийжесинде он мыңлаған адамлар өзлериниң дәстүрий тиришилик дәреклеринен айрылды.[83].



[1] president..uz


[2] Арал тағдыры. Алматы, «Қзақстан», 1989. 20-бет.

[3] Бартольд В.В. Сочинения т III, М.1963. С.78


[4] Гулямов Я. Хоразмнинг суғорилиш тарихи. Т.1959. 174-бет

[5] Гудкова А.В. и Ягодин В.Н. Археологическийе исследования по городище Ток кала. Общественные науки Узбекистана. 1961. N5 67-,бет

[6] Камалов С Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968.С.46-47

[7] Бичурин Н.Я. (Иакинф). Собранийе сведений о народах, обитавших в Средней Азии в древнийе времена. В трех частях. – Алматы: ТОО “Жалын Баспасы”, 1998. Ч. II. – С. 145-348.

44 Путешествийе Т. С. Бурнашева от Сибирской линии до города Бухары в 1794 г. и обратно в 1795 г. Изложено Г. Спасским // Сибирский вестник, 1818.С  12

45Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С 45


[10] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С 42-43

[11] Путешествийе из Оренбурга в Бухару Самарского купца Данила Руцкавкина в 1753 году. СпБ 1840, С.34-35


[12] Путешествийе из Оренбурга в Бухару Самарского купца Данила Руцкавкина в 1753 году. СпБ 1840, С.34-35


[13] Первые русскийе научные исследования Устюрта. Издательство Академии Наук. Москва 1963г С-14.

[14] Мамбетуллаев М.Туребеков М. Қаракалпақстан тарийхы. Н.2011.С.74

[15] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С.47

[16] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии (Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-11

[17] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии (Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-11

[18] Материалы по вопросу о торговых путях в Среднюю Азию. С.Петербург. В типографии И.И.Глазунова. 1869г. С. 7

[19] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993.С. 93

[20] Азатьян А. Выдающийеся исследователи природы Средней Азии(Второая половина XIX века). Часть II. Издательство «Учитель» Ташкент-1966. С-12-13

[21] Тилеумуратов М. Историческийе и культурные связи каракалпаков с Российей и Башкирийей в XVIII-начале XX вв. Н.1993 С.-104

[22] Берг Л.С. Избранные труды. том I. История науки. Издательство Академии Наук. Москва 1956. С.354

[23] ЎМА, Р-244 фонд, 1-руйхат 58-иш 67-варақ.

[24] ЎМА, Р-9 фонд, 1-руйхат 2905-иш, 243-варақ.

[25] «Туркестанскийе ведомости» газетаси 1908-йил №212,213,219,220,221.

[26] «Голос» газетаси 28-авгут 1875-й, №258

[27] «Советская Каракалпакия» газетаси, 14-октябрь, 1951 йил, №2246.

[28] Камолов К. Эл хизматида.(хотиралар)-Нукус «Билим», 2021. 484 бет.

[29] «Амударё» журнали. 1998-жыл 3-саны,  5-11 бетлер.

[30] Камалов С. Өмирим сабақларынан….(еске түсириўлери). Баспаға таярлаған Г.Есемуратова. Нөкис «Илим»-2019. 13-бет.

[31] Богословская И.В. У моря барханов, на земле такыров. Сборник воспоминаний о Т.А.Жданко. Ташкент издательство журнала «San’at», 2021, С.118

[32] Богословская И.В. У моря барханов, на земле такыров. Сборник воспоминаний о Т.А.Жданко. Издательство журнала «SANA’T» Ташкент-2021. С.119

[33] Дала ёзувлари №1.

[34] Кеңесбай Қунназаров. Нөкис қаласының қурылыў тарийхы. Нөкис «Қарақалпақстан» 2003-ж. 26-бет.

[35] Жуманазар Уббиниязов. Түслик Аралда балық аўлаўшылық ҳәм балық санаатын раўажландырыўдың гейпара мәселелери. «Қарақалпақ» мәмлекетлик баспасы Нөкис-1961-ж. 6-бет.

[36] Мақсет Тилеумуратовнинг уй архивидан.

[37] Б.Таженов. Пәрўаз-2. (мемуар). Нөкис «Билим», 2013. 9-бет.

[38] Шагилов Искендер. Өткен күнлерди еслеймен. Нөкис «Билим» 2013. 45-бет.

[39] Ўзбекистоннинг янги тарихи. II жилд. Т.2000. Б.15

[40] Тилеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993 С.-71

[41] Жалменова О.П. Академик В.В. Бартольд о каракалпаках и Каракалпакии // Вестник КК ФАН Узб. ССР. 1990, №3.

[42] Тарих шоҳидлиги ва сабоқлари: чоризм ва совет мустамлакачилиги даврида Узбекистон миллий бойликларининг ўзлаштирилиши. Лойиҳа раҳбари, маъсул муҳаррир Д.А.Алимова.-Тошкент «Шарқ», 2001.-153-бет.

[43] Материалы по истории каракалпаков // Труды Института востоководения АН СССР.-М.-Л., 1935. Иванов П.П. Архив Хивинских Ханов XIX в. Л., 1940., Иванов П.П. Новые данные о каракалпаках.// Советское востоковеденийе. Т.III. М.-Л., 1945

[44] Бетгер Е.К. Дневные записки плавания А.И.Бутакова на шкуне «Константин» для исследования Аральского моря в 1848-1849гг. По рукописным материалам Узбекской и Украинской государственных публичных библиотек. Подготовил к печати заслуженный библиотекарь УзССР, кандидат исторических наук Е.К.Бетгер. Ташкент: Изд-во АН УзССР.1953.60с., Бетгер Е.К. Дневники А.И.Бутакова и их судьба// Известия АН УзССР. 1953.№2.-С.88-91.

[45]Кощанов Б.А., Султанова С.К.  Актуальные вопросы  истории Каракалпакстана  1946-1960 годов // Вестник ККО АН РУ,2000, №4; Кощанов Б.А. Коракалпогистон 40-йилларнинг иккинчи ярми - 80 йилларда// Узбекистоннинг янги тарихи. Иккинчи китоб. Узбекистон совет мустамлакачилиги даврида. Тошкент: Шарк, 2000. 512-526 б.; История Каракалпакстана (1916-1991). Учебое пособийе, Нукус,2020; Каракалпакстан в системе международных этнокултурных, экономических и внешних связей Центральной Азии. Нукус, 2021.

[46] Камалов К. Ел хызметинде. Нөкис, 1995. 45 бет.

[47] Сейтимбетов М. Қарақалпақстанда темир жол қурылысының тарийхынан. Нөкис. 1993; Қарақалпақстанда транспорт коммуникациясының раўажланыўы тарийхынан (1920-1930 жж).// Вестник ҚМУ 2017 жыл № 2; Қубла Арал аймағында темир жол қурылысының жойбарлаў изертлеў жумысларының тарийхы // Вестник ҚМУ 2018 жыл № 2;

[48] Камалов С. К. Экологическийе аспекты проблемы [Аральского моря] // Вестник ККФАН УзССР, 1987. № 2. 4-9 бет

[49]Жданко Т. А. Новые материалы по патриархальным пережиткам в земельно-водной общине Средней Азии. -«Известия АНУзССР», Ташкент, 1958. Жданко Т. А. Очерки исторической этнографии каракалпаков (Родо-племенная структура и расселенийе в Х1X - начале ХХ в.) // Труды Института этнографии АН СССР. Новая серия. Москва-Ленинград, 1950. Т. 1Х., Жданко Т. А., «Работы каракалпакского этнографического отряда Хорезмской экспедиции в 1957г. [Работа каракалпакского этнографического отряда Хорезмской экспедиции в 1957 году]”, М .: АН СССР, 1960 (МХЭ, т.IV). Жданко Т. А. Каракалпаки Хорезмского оазиса (Материалы полевых исследований каракалпакского этнографического отряда хорезмской экспедиции АН СССР 1945-1948 гг.), ТХАЭ Т.I М. 1952

[50] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII – 60-х годах XIX в. К истории взаимоотношений в Российей и среднеазиатскими ханствами. Ташкент, 1968., Камалов С. XVIII әсирдеги қарақалпақ–рус қатнасықлары.– Нөкис. 1966. Камалов С., Уббиниязов Ж., Кощанов А.  Из истории взаимоотношений каракалпаков с другими народами Средней Азии и Казахстана в XVII-начале ХХ вв. – Ташкент. 1988., Камалов С. Қарақалпақлардын халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлигиниң тарийхынан. – Нөкис. 2001.

[51] Шалекенов У.Х. Казахи низовьев Амударьи._ Ташкент: «ФАН»,1966.

[52] Садыков А.С. Города Хивинского ханства в конце XIX – начале XX вв., в кн; Материалы по истории и археологии Узбекистана. Научные труды Таш.ГУ. Вып. 441. Ташкент, 1973., Садыков А.С. Экономическийе связи Хивы с Российей во второй половине XIX- начале ХХ вв. Ташкент,1965.

[53] Сарыбаев Қ. Қарақалпақстанда жер-суў қатнасықлары. Нөкис, 1965;  Усы автор. К истории орошения Каракалпакстана. Нукус, 1971; Усы автор. Аграрный вопрос в Каракалпакии (конец  XIX-начало XX вв). Нукус, 1972; Усы автор. История орошения Каракалпакстана с конца Х1Х в. до наших дней. - Нукус, 1995

[54] Утемисов А. Быт и культура рыбаков побережья Южного Арала. Конец Х1Х – 60-е годы ХХ в. — Автореф. дисс. … канд. ист. наук. — Ташкент, 1971; Усы автор. Каракалпакстан балыкшылары. — Нокис: Каракалпакстан, 1977; Түслик Арал халқының салт дәстүрлери. Нөкис «AVANGARD-BASPA» 2022, 134 б.

[55] Ж.Уббиниязов. Қарақалпақстан XX әсирдиң басында. Нөкис «Қарақалпақстан» баспасы. 1972-ж. Қарақалпақстан биринши рус революциясы жылларында. Нөкис «Қарақалпақстан» баспасы. 1966-ж.

[56] Тухтаметов Т.Г. Амударьинский отдел (Социально-экономическое и политическое значенийе для Хорезмского оазиса). Нукус: Каракалпакстан, 1977; Жалилов А. Из истории каракалпаков XIX- начала XX вв. Ташкент, 1986.

[57] Досумов Я.М. Очерки истории Каракалпакской АССР (1917-1927 гг.).- Ташкент: Изд-во АН Узбекистана, 1960; Досумов Я.М. Гражданская война в Каракалпакии (1918-1920 гг.) - Нукус: Каракалпакстан, 1975.

[58] Уббиниязов Ж. Туслик Аралда балык аулаушылык хэм балык санаатын рауажландырыудын гейпара мэселелери. Нокис: ККМБ, 1961; Уббиниязов Ж. От кустарщины до современной промышленности._Нукус: «Каракалпакстан»,1971.

[59] Давлетов С.Р. Шўролар зўри ва Орол шўри// Гулистон журнали. 3-сон 2004. -Б.22-23; ХХ аср иккинчи ярмида совет ҳукуматининг Ўзбекистонда юритган иктисодий сиёсатининг ижтимоий-экологик жиҳатлари// Илм сарчашмалари. 5сон, 2009. -Б.4-6; Некоторые вопросы социально - экологической ситуации в Узбекистане во второй половине ХХ века// Вестник ККОАН РУ. №4-2009._Б.83-85; Проблема Арала и Приаралья: вчера и сегодня//Молодой учёный. Казань, Российская Федерация, 2014. - №2 (61). - с.634-636.

[60] Каримов Я.А. Марказий Осиё коммуникациялар тизимида сув йўлларининг тўтган ўрни. (қадимги дав рва ўрта асрлар). Тарих фан.бўйича фал.док.PhD дисс.автореферати. Нукус 2020.

[61] Анёзов Р.Б. Марказий Осиёнинг Карўан йўлларида хизмат кўрсатиш тизими: шаклланиши ва ривожланиш омиллари(IX-XIX асрлар) Тарих фан.бўйича фал.док.PhD дисс.автореферати. Нукус 2021.

[62] Камалов С. К. Расцвет науки Каракалпакии// Вестник ККФАН УзССР, 1964. № 3. 3-8 бетлер; Камалов С.К., О развитии исторической науки в Советской Каракалпакии // Общественные науки в Узбекистане. 1967. № 11. 39-43 бб; Камалов С. Развитийе общественных наук в Каракалпакской АССР // Общественные науки в Узбекистане. 1973. № 1. 20-29 бетлер.

[63] Сарыбаев К. История орошения Каракалпакстана с конца Х1Х в. до наших дней.-Нукус,1995;

[64] Кощанов Б.А. Большевики в Туркестане. 1917-1922 гг. доктрина и реальность.— Докторлық диссертация авторефераты. — Москва, 1994; Кощанов Б.А., Сейтназаров М.С. Революция? Вторженийе? События в Хивинском ханстве (1919-1920 гг.).— Нукус: Билим, 1997; Кощанов Б., Джумашев А. Зарубежная и  отечественная историография истории Туркестана, Хорезма и Каракалпакстана в первой четверти ХХ века. — Нукус, 1997;

[65] Баллыева Р. Традиционное природопользованийе Каракалпакии. – Нукус: Каракалпакстан, 1996; Усы автор. Этнокультурные особенности природопользования народов Приаралья (в конце XIX и начале XX века). - М., 2003;  Усы автор. Проблемы природопользования в Каракалпакии в советский период и их последствия // Материалы научной конференции «Ломоносовскийе чтения». – М., 2002; Усы автор. Этнокультурные аспекты экологических проблем Приаралье // Актуальные проблемы современной науки. - №1. - М., 2002; Усы автор. Экологический кризис и проблемы изучения традиционного природопользования // Ўзбекистон география жамияти ахбороти.– Ташкент, 2008. 31-жилд.

[66] Абдуллаева Я.А. Қарақалпақстан хаял-қызлары екинши дунья жузлик урыс жылларында// Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Хабаршысы. 2003. №5. С.72-73; Абдуллаева Я.А. Қарақалпақстан ҳаял-қызлары: Кеше ҳәм бүгин. ХIХ аcирдиң ақыры ҳәм XX асир. ҳаял-қызлары: Кеше ҳәм бүгин. ХIХ аcирдиң ақыры ҳәм XX асир. 2010. 224 б.; Абдуллаева Я.А. Қорақалпоғистон хотин-қизлари тарихшунослиги. (ХIХ асрнинг сўнги чораги - ХХ аср. 2017. 40 б.

[67] Сарыбаев М.К. Из истории хлопководства Каракалпакстана в конце XIX – начале ХХ века. – Ташкент: Изд. Национальной библ. Узбекистана им. А.Навои, 2006; Усы автор. Политика хлопковой монокультуры советской власти в Каракалпакстане и ее последствия (1917 1990 гг.). – Ташкент: Изд. Национальной библ. Узбекистана им. А.Навои,, 2006; Усы автор. Об экономических преобразованиях в хлопковом комплексе Республики Каракалпакстан (1991 2001 гг.) // Общественные науки в Узбекистане.- Ташкент, 2006. - №6; Усы автор. Репрессивная политика советской власти в Каракалпакии в период коллективизации. // Тошкент давлат юридик институти илмий-тадқиқотлар ахборотномаси. – Тошкент, 2006. - №6; Усы автор. Хлопковая политика советской власти в Каракалпакии в 1965 1985 гг. // Ўзбекистон тарихи. – Тошкент, 2008. - №1; Усы автор. Курс на закрепленийе однобокой хлопковой направленности сельского хозяйства Каракалпакстана в 1954 1958 гг. // Научный мир Казахстана. – Астана, 2008. –№2.

[68] Карлыбаев М.А. Медресе в Каракалпакии в XIX – нач. XX вв. Нукус: “Билим”, 2002. – 84 с; К истории ислама у каракалпаков XVIII-XIX вв./ Арало-Каспийский регион в истории и культуре Евразии. Материалы II-Международной научной конференции. Алматы-Актобе, 2011; Город Чимбай как культурный и религиозный центр каракалпаков/ Город и городская культура в Южном Приаралье: история и перспективы. Нукус: Илим. 2017.

[69] Джумашев А.М. История переселенцев 1930-х годов (часть I).// Вестник ККО АН РУз, 1995, №1, -с.106-110; История переселенцев 1930-х годов (часть II)// Вестник ККО АН РУз, 1995, №4, -с.94-97; Земельно-водные реформы ХХ века в Каракалпакстане (страницы истории)// Вестник ККО АН РУз, 2003, №5, с.50-51; Сотрудничество Центральной Азии в решении проблем Арала: история и современность/ Международная конференция «Новый Узбекистан и региональное партнерство в Центральной Азии (к 30-летию Независимости Узбекистана и государств Центральной Азии)», г.Ташкент, 18 октября 2021 г.

[70] Нуржанов С.У. Каракалпакская автономная область: история в источниках. Нукус, Илим.  2014; Новостная пропаганда в годы Второй мировой войны: особенности и последствия// Вестник ККОАН РУз,2016, №3, С.109-112; Трансформация социальных установок в каракалпакском обществе/ Трансформация социальных установок в каракалпакском обществе: история и практика. Сборник статей. Н, 2020. – С.7-23;  Есбергенов Х.Нуржанов С.У. Сын Отечества. Нукус, Илим, 2018

[71] Сейтимбетов М. Қарақалпақстанда темир жол қурылысының тарийхынан. Нөкис. 1993; Қубла Арал аймағындағы суў жоллары ҳәм байланыс қураллары// Вестник ҚМУ 2021,№ 3; Қарақалпақстан аймағында жол қатнаслары ҳаққында тарийхый мағлыўматлар// Вестник ККОАН РУз, 2022. № 1;

[72] Тангирбергенова К. Некоторые аспекты историко-культурных взаимосвязей каракалпаков с Российей в XIX - начале XX века// Международный научный журнал «Universum: общественные науки» Москва,2020,№6(66) ,с.3-8; Из истории возникновения и развития хозяйства и материальной  культуры каракалпаков в конце// Вестник ҚМУ 2022,№ 2;

[73] Кудияроа А.Р. Торгово-культурные связи г.Хивы с г. Чимбаем// Вестник ККОАНРУз.2000.№4., История города Чимбая(XIX-начало ХХ вв), Нукус «Илим»,2019. С.-123.

[74] Сайманов С. Русскийе миссиии посольства в Хивинском ханстве(XVIII-первое половина XIXвв)// «Восток-Запад:аспекты взаимодействия». Ташкент 2006, с.161-164.

[75] Бекимбетов Б.М. История общественно-политического движения за спасенийе Аральского моря (1960-1990-е гг.). – Автореф. дисс. … канд. ист. наук. – Нукус, 2006;

[76] Сулайманов С. Пути сообщения Хивинского ханства с другими странами в XIX в.//Вестник ККОАНРУз.,2007,№3, с.64-65.// Созданийе и деятельность флотилии на Аральском море и Амударье.// Буюк ипак йўлининг ўтмиши ва ҳозирги куни: ривожланишининг ижтимоий-маданий, тарихий, сиёсий ва иқтисодий йўналишлари. Халқаро илмий-амалий конференция материаллари тўплами.Тошкент. 25-март.2013. 117-120-б.; Амударё флотилиясининг ташкил топиши ва унинг минтақа транспорт-коммуникация тизимида тутган ўрни.// Ўзбекистон тарихи фанидаги инновациялар: назария ва амалиёт. Республика илмий-амалий анжуман материаллари. ЎзМУ. Тошкент 19-20 апрель 2013 й.,161-164-б.; Источники по истории водного транспорта Каракалпакстана в XIX вв.// Марказий Осиё халқлари тарихи манбашунослиги ва тарихнавислиги масалалари мавзуидаги Республика 5-илмий конференциясининг материаллари. 2-қисм. Тошкент 2013., с.245-250.; Амударё флотилиясининг ташкил топиши ва фаолияти.// Ўзбекистонда ижтимоий-иқтисодий ва этномаданий ҳаёт: тарих ва таҳлил республика илмий-анжумани Термиз 2014 й., 349-351б.; Арал теңизинде кеме қатнасының пайда болыўы тарийхынан.// Илим ҳәм жәмийет. №1 2013. С 35-37.; История создания и деятельности Амударьинской флотилии.//Ilm sarshashmalari. №3,2013, с 49-51.

[77] Сулайманов С.А. Аральская флотилия и его участия в военно-политических событиях в Хивинском ханстве.// Вестник КГУ, 2015,№1. С.106-108; Қарақалапақстан Республикасында тарийхый-этнографиялық туризмди раўажландырыў перспективалары.// ҚҚДУ Ахборотномаси, №2(35) 2017-йил. 127-129 б.; Уллы Жипек жолы бойындағы Қубла Аралбойы қалалары.// Приложенийе к №3 журнала Вестник ККОАНРУз, 2017. С.41-44.; Из истории деятельности Аральской флотилии в 70-80-е годы XIX века.// ҚҚДУ Ахборотномаси, №2(43) 2019-йил. 126-128 б.; Амударё сув йўлининг минтақа коммуникация тизимида тўтган ўрни.// Тамаддун нури// 2020-йил 2 сон (25), 11-14 б.; The first reseaches of the Aral Sea from history.// Novateur publications. JournalINX-A Multi disciplinary Peer Reviewed Journal. ISSN No: 2581-4230 Volume 6? ISSUE 4, Apr.-2020; Аральская флотилия во второй половине XIX в.//Перекрёстки истории. Актуальные проблемы исторической науки. Материалы XV международной научной конференции. Астрахань 2019.с.134-136.;Орол денгизи сув йўллари тарихидан.// ҚҚДУ Ахборотномаси, №1(50)2021. 199-202 б.

[78] Кощанов Б.А., Джумашев А.М. Зарубежная и отечественная историография истории Туркестана, Хорезма и Каракалпакстана в первой четверти XX века. Нукус «Каракалпакстан» 1997. С .32-35.

[79] Richardson David; Richardson Sue. Qaraqalpaqs of the Aral Delta. Prestel Verlag. 2012

[80] Salih Yılmaz. Karakalpak Türkleri Ve Karakalpakistan Tarihi. Ankara. Türk Tarih Kurumu Yayinlari. 2008. 534 p.

[81] Micklin P.P. Dessication of the Aral Sea: A water management disaster in the Soviet Union// Science. American Association for Advancement of Science. Washington, 1988. № 241. p. 1170-1176// http://www.ciesin.org/docs /006-238/006-238.html

[82] Berg A. Globale Konzepte versus lokale Realität. Eine Studie zu Nicht-Regierungsorganisationen im unabhängigen Usbekistan. - Baden-Baden: Nomos Verlag, 2003. – p.24

[83] Central Asian Security. The New International Context. Eds. by Allison R., Jonson L. — London, Washington: RIIA/Brooking Institution Press, 2001, pp. 171—198 Salamatsu (talqılaw) 11:33, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Сулайман Бақырғаний Ҳәким ата

[derekti redaktorlaw]

Мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев Мойнаққа рәсмий сапарларынан биринде: «Мәденият Мойнақтан басланады». Егер кимдур бизиң реформаларымызға гүман менен қараса, Мойнаққа келип кѳрсин. Мойнақ халқына сабыр-қәнааты, ўатансүйиўшилиги, мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз ҳәм оған мүнәсип хызмет кѳрсетиўимиз бәрше ис-ҳәрекетлерден гѳзленген баслы мақсетимиз еди, - деп атап ѳткен еди [1].

Президентимиздиң  бул жерге келген бир неше сапарларынан кейин, аймақта алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў ислери және де жанланып, Мойнақ және де кѳркемлесип, халық параўанлығы жоқарыламақта.

Шынында да, ғәрезсизликке ерискен жылларымыздан баслап, миллий қәдириятларымызға, ата-бабаларымыз мийрасына айрықша итибар ҳәм дыққат қаратыла басланды. Нәтийжеде кѳплеген әўлийе ҳәм уламаларымыздың бай мәдений мийрасы қайтадан тикленди ҳәм шығармалары баспадан шығарылды.

Уллы ата бабаларымыз қатарында суфизм тарийхында терең из қалдырған, «Мәдийнада Муҳаммед – Түркистанда Хожа Ахмет» деп түркий мусылман дүньясына белгили болған Ахмет Яссаўийдиң қолында тәлим алыўға барған ҳәм тапқырлығы, алықлығы себепли ҳәзирети Яссаўий тәрепинен «ҳәким» («данышпан») лақабына сазаўар болған, пүткил түркий мусылман дүньясында Хожа Ахмет Яссаўийден кейинги әўлийе сыпатында тән алынған ҳәм даңқы шыққан данышпан бабамыз Сулайман Бақырғаний бизиң уллы жерлесимиз есапланады.

Сулайман Бақырғаний (чағатай. Сулейман-Ата, Хаким-Хожа)[2] — турк әўлийеси, суфизмниң легендалық шайықы, ислам динин Орта Азияға кең ен жайдырыўшы есапланады. Ол он бес жасында Хожа Ахмет Яссаўийдиң (Ҳәзирети Султан) ең талантлы, билимли шәкиртине айланады, Яссавия тәлийматының 4-халифасы сыпатында тарийхтан орын алған.

Сулайман Бақырғаний ѳмири ҳәм дѳретиўшилиги бойынша илимий изертлеўлер алып барылып, 2002-жылы ѲзИА ҚҚБ Тарийх, археология ҳәм этнография институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Қоңырат районы ҳәкимлиги менен биргеликте Сулайман Бақырғанийдиң 880-жыллығы мүнәсибети менен «Сулайман Бақырғаний ҳәм оның дәўири» Республикалық илимий-теориялық конференция болып ѳтти.

Сондай-ақ, 2018-жылы Бердақ миллий музейинде «Уллы данышпанның ибратлы ҳикметлери» атамасында Республикалық кѳлемде илимий-әмелий конференция болып ѳтти.

Мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға сапары ўақтында мәденият тараўына тийисли айырым усынысларын билдирип, Мойнақ районы аймағында Хожа Ахмет Яссаўийдиң шәкирти, суфизм тәлийматының белгили ўәкили Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний махбарасы жайласқан болып, 2022-жыл Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң 900 жыллығына араналған халық аралық конференцияны шѳлкемлестириў, оның махбарасын абад етиў ҳәм шығармаларын баспадан шығарыў бойынша ўазыйпа белгиленген еди[3].

Уллы бабамыз Сулайман Бақырғаний - Ҳәким ата ҳикметлериндеги, «Меражнама», «Ақырзаман муҳәммасы», «Биби Марьям», «Сабыт ҳикаяты» сыяқлы дәстанларындағы ҳадаллық, адамгершилик, саўап, дослық, меҳир-муҳаббат, мийрим-шәпаат, пәклик, қәнаат, инсап, ийман, сабырлылық ҳәм мийнет ҳаққында даналық пикирлери бүгинги күнимизде де ѳз әҳмийетин жойтқан жоқ.

Бабамыздың әкесиниң аты Бужи Хожа Малик, анасының аты Улығпашша. Зайыбы Бақырған журтының ҳүкимдары Буўраханның генже қызы - Әнўар ана (1151-жылы туўылған) 98 жас ѳмир кѳрген, қәбири Ташкент ўәлаятының Зәңги ата районында жайласқан. Ҳәким атаның ўәсияты менен оның шәкирти Айхожа ибн Тажхожа – Зәңги атаға (1161-1258) турмысқа шыққан ҳәм қәйненеси Улығпашша қасына жерленген. Бужи хожа Мәликтиң қәбири белгисиз.

Олардан үш перзент болған: туңғышы Маҳмуд (1166-жылы туўылған, қайтыс болған жылы намәлим) қәбири Самарқанд ўәлаятының Қошқарабат районы, Жўш аўылында жайласқан. Ортаншысы Асқар хожа (1168-жылы туўылған, қайтыс болған жылы намәлим) қәбири Гѳне Үргенште. Генжеси Ҳүбби хожа әкеси сыяқлы атақлы суфист ҳәм шайыр болған. Туўылған ҳәм қайтыс болған жыллары 1170-1190 жж. Тымсалый қәбири Қанлыкѳл районы, «Бала шейит» қойымшылығында.

Зәңги атаның кѳплеген суўпылары, ықласбентлери ҳәм шәкиртлеринен бири Саййид ата (шама менен 1135-1225 ж.) устазының устазы Ҳәким атаға ғайыптан шексиз ықлас ҳәм исенимде болған, ол «бил оҳир ѳмирден кѳз жумсам, денемди ол ҳәзиреттиң аяғының ушына қойыңлар» - деп нәсият еткен, сонлықтан олардың махбарасы бир жерде жайласқан[4].

Сулайман Бақырғаний – Хаким атаның ѳмири ҳаққындағы дәслепки мағлыўматларды «Бақырған китабы», 1898-жылы З.Г.Залеман тәрепинен жәрияланған «Ҳәким ата ҳаққында аңызлар», оның қосықлары ҳәм хикметлери ҳаққында Абдурахман Жамийдии "Нафакат ал-Унс мин хадарат ал-кудс", Фахриддин Али ибн Хусейн Кашифийдиң (14631531) 1503-жылы жазылған «Рашахат айн аль-хайат»[5], Алишер Науайының «Насаим ал-Мухаббат» шығармаларынан кѳриўимизге болады.

Сондай-ақ «Тазкира-и Хәкийм ата», «Хикайати Хәкийм ата» ямаса «Хәкийм ата рисаласы» деген атлар менен белгили болған Ҳәким ата ҳәм оның жақынлары ҳаққында дѳретилген аноним шығарма илимий фондларда ҳәм халық арасында сақланған.

XIX - әсирде жасаған Хорезмлик суўпы Аллаяр Худайберди улы әл-Маҳзун тәрепинен жазылған илимий орталыққа онша белгисиз болған Хорезм ҳәм Қарақалпақстандағы суфизм тарийхын сѳз ететуғын, 1892-1896 жыллары жазылған «Рийад аз-Закирин» (Алланы еслеўшилер бағы) деп аталған шығармасының 2-бѳлиминде бир неше суфизм ўәкиллери қатарында Ҳәким ата ҳаққында да ѳз алдына айтып ѳтиледи.

Cондай-ақ, В.Н.Басиловтың жазып алған түркмен шежиресинде Сулайман Бақырғаний «Кутб ал-актаб» деп тәрийпленеди, бул суфизм тәлиматында ең жоқары атақ болып есапланады.[6]  Саййид ата Ҳәким ата мазарын қорықлаўшысы сыпатында дереклерде келтириледи.

Венгерли илимпаз Армений Вамбери ѳзиниң 1861-жылғы Орта Азияға шѳлкемлестирген саяхатында Қоңыратлы Исқақ молла менен биргеликте ѳткерип, оның жәрдеми менен Қоңырат ҳәм оның әтирапынан тарийхый ҳәм этнографиялық материаллар жыйнайды ҳәм соңынан ѳзи менен бирге оны Европаға алып кетеди. Вамбери 1864-жылы жәриялаған «Орта Азия бойлап саяхат» шығармасында келтирилиўинше, Ҳәким ата Қоңыраттан онша узақта емес Арал теңизи тәрепинде жайласқан.[7]

XVI әсир шайыры Кул Шарифтиң лирика-эпикалық «Қыссайи Хубби Ходжа» атлы китабы 1899-жылы Казан университети тәрепинен жәрияланып, Ҳәким ата ҳәм оның шаңарағы бул шығарманың баслы қаҳарманлары сыпатында айтылады[8].

Бақырғаний қосықларының мотиви башкир суфист шайырларының (Ш.Заки, А.Каргалы, М.Кутуш-Кыпсаки, Х.С.Салиханов ҳ.т.б.) дѳретпелеринен де орын алған.[9]

Жәҳәнге белгили башқурд шығыстаныўшысы Зәкий Ўәлий Тоған (1890 -Башқурдистан, 1970-Туркия) 1920-жылдың гүзинде Қоңыратқа келген ҳәм ѳзиниң «Воспоминания» (Москва-1997) китабында тѳмендегише мағлыўматлар жазып қалдырады:

«Қоңырат Хийўа ханлығының сорамындағы ўалаят орайы, бул киши қала болыўына қарамастан Герменияның Гамбург, Англияның Манчестер, Қытайдың Шанхай қалалары киби картада аты бар қала. Араблардың географиялық картасында X әсирде бул қала Бақырған деп аталады. Ол ҳәзирги Қоңыраттың арқа-батысындағы аўыл. Бул жерде белгили шайық, уллы суфизмши шайыр Ҳәким ата-Сулайман Бақырғанийдиң махбарасы бар. Ол бизге туркий тилде суфизмлик қосықлар жазып қалдырды. 1857-жылы Ҳәким атаның «Бақырған китабы» дәслепки мәрте Қазанда басылып шығады. Бақырғанда бир саат тоқталғанымыздан пайдаланып, мен әзиз тулғаның қәбирин зиярат еттим»[10].

Академик С.Камаловтың жазыўынша, Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний ѳзиниң «Бақырған китабы», «Биби Марьям китабы», «Қыссайы Ибраҳим Ҳалил», «Ақырзаман китабы» ҳәм басқа шығармалары сол дәўирдиң ѳзинде-ақ Маўараннахр, Дешти Қыпшақ ҳәм Волга бойларына кең таралған. Сулайман Бақырғаний қарақалпақлардың қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе болған этникалық орталықтан шыққан шахс болып есапланады [11].

Түркий тиллес халықлардың тарийхын жетик билген атақлы орыс илимпазы академик А.Н.Самойлович «Хорезмнама»дан еки үзинди» деген мийнетинде: «Хийўалы ѳзбеклердиң ураны «Я, ҳәзирети Палўан! Я, Шәҳимардан!» болса, қарақалпақлардың урына «Я, ҳәзирети Ҳәким ата!» - болып есапланады», - деп жазған еди[12].

«Бақырған китабы» ХIХ әсирде бир неше ирет баспадан шығарылған. 1848 ҳәм 1898-жыллары Қазан  қаласында жарық көрген Сулайман Бақырғанийдиң «Бақырған китабы» 1991-жылы Ташкентте «Ёзувчи» баспасында елимизде биринши мәрте әдебияттаныўшылар И.Ҳаққулов ҳәм С.Рафиддиновлар тәрепинен баспадан шығарылады.[13]

1898-жылы Император илимлер академиясында оның өмирине байланыслы 11 рәўият, әпсана жәмленген «Ҳәким ата китабы» (белгили шығыстаныўшысы К.Г.Зелман тәрепинен) шығарылған басылым Ашпулат Жаббаров, Хожамурод Жаббаровлар тәрепинен сөз басы жазылып 1993-жылы Қаршыда «Насаф» баспасында қайта шығарылады.

1997-жылы Қарақалпақстанлы илимпаз Қырқбай Байниязовтың Нѳкисте, «Ҳәким ата-Сулайман Бақырғаний бизиң уллы жерлесимиз», Жаббарберген Шамуратовтың 2002-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Ҳәким ата Хожа Сулайман Бақырғаний» атамасындағы китаплары басылды.

Сондай-ақ, 2011-жылы Тожи Қораев ҳәм Абул Бозоровлар тәрепинен Ахмет Яссаўий ҳәм Сулайман Бақырғанийдиң ҳикметлери топламы баспадан шығарылады [14].

Ийгиликли ислер қатарында Умирбай Ембергенов ҳәм Жапақ Шомуродовлардың авторлығында «Сулаймон Боқирғоний (Ҳоким ота)» китабы 2015-жылы шығарылып, ол ѳзиниң мағлыўматларға байлығы менен дыққатқа ылайық болды.[15]

2018-жылы Жаббарберген Шамуратов ҳәм Шәригүл Пайзуллаевалардың таярлаўында Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң ҳикметлери «Қарақалпақстан» баспасында жарық кѳрди.

2021-жылы Ѳмирбай Ембергенов ҳәм Жаббарберген Шамуратовлардың авторлығында «Сулайман Бақырғаний Ҳәким ата» атамасындағы китап қарақалпақ тилине аўдармаланып, толықтырылып Ташкент «Ёш авлод матбаа» баспасында қайта шығарылды.

Дереклерде Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата қоныс басқан орны ҳәм елаты бойынша мағлыўматлар гезлеседи, деген менен археологиялык изертлеўлер усы ўақытқа шекем алып барылмаған еди. Бул дереклерге археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде анықлық киритиў мақсетинде, 2021-жылдың бәҳәринен баслап Тарийх факултети археологлары тәрепинен Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата естелигинде археологиялық қазып изертлеў жумыслары алып барылып, оған археология кафедрасы баслығы, доцент, т.и.к. Ж.Ҳәкимниязов, т.и.к., доцент. М.Туребеков, үлкен оқытыўшы С.Сайпов, ассистент-оқытыўшы М.Толыбаевлар басшылық етти.

Ийгиликли ислер қатарында Сулайман Бақырғаний мемориаллық комплексиниң қубла-шығыс тәрепиндеги дәрўазасына жақын жайласқан мәкан орында қазыў изертлеў жумыслары даўам еттирилип, Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата жасаған дәўирге тийисли қурылыс (илимпазлар пикири бойынша Жума мешити деп болжанбақта) излери анықланды. Бул қурылыс орны Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата махбарасының қубла мүйешинен 130 м. қубла-шығысында жайласқан.

Қосымша жаңалық қурылыс гербишлери ылай гезинде қол бармақлары менен ойып түсирилген ҳәр түрли белгилерге ийе болып, схематикасы бойынша бир таяқ, қос таяқ, үш таяқ, төрт таяқтан ибарат болып, олардың айырымлары гербиштиң үстиңги бөлегиниң бир капталында, шетинде ҳәм диагоналына түсирилип, тигине, кесесине, ярым шеңбер, «П» тәризли, «Т» тәризли, «Х» тәризли, биразлары сүйир тәризли болып та келеди. Сондай-ақ, орайлық бөлиминде айланасына ҳәр бири он ноқаттан ибарат болған еки шеңбер тәризли белгилер де ушырасады.  Бул белгилер әлбетте оны ислеп шығарыўшы устаның ямаса белгили бир руў ўәкиллерине тийисли болса керек, -деп болжанбақта.

Және де, №2 қурылыс (Изертлеўшилер пикири бойынша жазғы мешит орны деп болжанған) қалдығы анықланып, оның дийўаллары пискен гербиштен  ѳрилген ҳәм ени 90 см, бийиклиги 35 см. михраб орны анықланды. Қурылыстың орайлық бѳлиминде көриниси шахмат тасына уқсас еки база колонна анықланып, олардың екеўи де пирамида тәризли кѳриниске ийе.

Сулайман Бақырғаний мемориаллық комплексиниң арқа-батыс тәрепиндеги ески сай (500 метр аралықтан) бойының үстиңги қатламынан ХI-ХIV әсирлерге тийисли керамика буйым бөлеклери ҳәм шише қалдықлары табылды.

Улыўмаластырып айтқанда, бул табылған өжирениң гербишлери хронологиялық жақтан Хорезмшахлар ҳәм Алтын Орда дәўирине тән болып, олар ХII-ХIV әсирлер менен яғный, Сулайман Бақырғаний жасаған дәўир ҳәм оннан кейинги дәўирлер менен сыбайласады.

Хәким ата –Сулайман Бақырғанийдиң әжайып мийрасларының тоғыз әсирден берли өзиниң қунын жоғалтпай, халқымыз тәрепинен қәстерленип сақланып киятырғанлығының да сыры мине усылардан ибарат болса керек.

Ҳәким ата – Сулайман Бақырғанийди ѳтмиш бабаларымыз «ақылы кәмил», «мәрийпалы шәмил», «шукранаи неъмати илаҳий»дан тәлим үйреткенлиги ушын ҳәм де «лутфу мурувват», «иззати мутавозе», «ахлоқи ҳамида», «сидқу садоқат»ты улығлағаны себепли әсирлер даўамында елдиң меҳрине ерискен ҳәм буннан кейинде ерисежақ.


[1] «Халқ сўзи» газетаси, 2018 йил, 18-ноябрь, № 237 (7195) Жума, 1-б.

[2] Бартольд В. В. Хаким-Ата // Сочинения. — М.: Наука, 1964. — Т. II (2). Работы по отдельным проблемам истории Средней Азии. — С. 532. — 657 с. — 5250 экз.

[3] Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында 25-февраль күни ѳткерилген 16-санлы баянламасы (07.03.2022-ж, 01-РА 1-3163-сан). 133-пункты.

[4] Камараддин Эшон Маҳаммед Карим Эшон уғли. Комилжон Дурди Қилич ўғли. Тазкиратул авлиё ёхуд Хоразм диёрида мадфун бўлган авлиёлар зикри. Ургенч. 1997. 10-бет.

[5] Бахревский Л. Сулейман Бакыргани // Татарский мир : газета. — М., 2010. — № 1 (6312). — С. 4—5.

[6] Басилов В. Н. О происхождении туркмен-ата (простонародные формы среднеазиатского суфизма) // Домусульманские верования и обряды в Средней Азии. — М.: Наука, 1975.

[7] Арминий Вамбери. Путешествие по Средней Азии. — М.: Восточная литература, 2003. Архивная копия от 26 марта 2013 на Wayback Machine

[8] Миннегулов Х. Благородный Кулшариф.

[9] Шарипова З. Я. Бакыргани Сулейман, Хаким-Ата // Башкир энциклопедиясы: 7-том /Бас. ред. М. А. Ильгамов. — Уфа: НИ «Башкир энциклопедиясы», 2005. — Т. 1. А—Б 624-б.

[10] Зәкий Ўәлий Тоған «Воспоминания», Москва-1997, стр. 107.

[11] Ахмет Яссауий. Хикметлер. Ташкент, 1991. 23-бет.

[12] Записки Восточного отделения Императорского русского археологического общества. Санкт-

Петербург, 1909, том 19, выпуск 1, с. 83.

[13] Боқирғон китоби. -Тошкент. «Ёзувчи», 1991.

[14] Аҳмад Яссавий, Сулаймон Боқирғоний. Ҳикматлар куллиёти. – Т. «Ўзбекистон», 2011.

[15] У.Ембергенов., Ж.Шомуродов. «Сулаймон Боқирғоний (Ҳаким ота)» – Т. «Ўзбекистон», 2015. Salamatsu (talqılaw) 11:39, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақлардың әййемги дәстүрий мәденияты (археологиялық табылмалар тийкарында)

[derekti redaktorlaw]

Қарақалпақстан жеринде бронза дәўиринде еки археологиялық мәдениятты пайда еткен қәўимлер жасайды. Булар Суўжарған ҳәм Тазабағжап мәденияты болып есапланады.  Б.э. шекемги 2 мыңыншы жыллар ортасында Орта Азияның қубла районларында дийханшылық пенен шуғылланып, қоңсы қәўимлер менен экономикалық-мәдений байланыста болып жасаған қәўимлердиң бир топары Әмиўдәрьяны өрлеп келип, Ақшадәрья дельта бойындағы Келтеминардың урпақлары менен араласып ҳәм суўжарған мәдениятын пайда етеди. Қубла Арал жерлери, қубладағы дийханшылық орайлары менен арқадағы кең далалықта жасаған көшпели шарўалар арасында жайласқаны ушын, қублалылардың мәдений тәсири көшпели қәўимлерге ҳәм Қубла Арал халықлары арқалы өткен. Суўжарғанлылар, суўғарып дийханшылық етеди, шарўашылық ҳәм балықшылық пенен де шуғылланады. Оларда өндириўши хожалық түри өмир сүреди. Суўжарғанлардың материаллық мәдениятында, әсиресе, гүлал ыдыслардың түри, нағыслары Түркменстанның қубла районында, Анаў мәканында ҳәм Иранның шығыс таў етеклеринде жасаған қәўимлердиң хожалық буйымларына уқсаўы, бул еллер арасындағы мәдений байланысларды дәлиллейди. Суўжарғанлылар бронза дәўиринде Қазақстан аймағында жасап ҳәм «Федоров» мәдениятын пайда еткен көшпелилер менен де мәдений байланыста болған. Суўжарған мәдениятына тийисли естеликлерге: Қамыслы 1,2, Жанбас 6, Базар 1,2 ҳәм Қаўынлы 1 жатады[1].

Б.э.шекемги XV әсирде,  Суўжарғанлар менен иргелес Тазабағжап мәденияты пайда болады. Тазабағжап мәдениятының пайда болыўына б.э. шекемги 2 мыңыншы жыллары қубла Арал бойларына, жергиликли халықлар арасына қубла Урал бойларында Сруб мәдениятын пайда еткен, батыс Қазақстанда ҳәм Сибирьде шарўашылық пенен шуғылланған қәўимлердиң араласыўы себеп болады. Нәтийжеде Тазабағжаплылар, Евразиядағы бронза мәдениятын пайда еткен халықлар қурамына араласады. Евразияның көшпели қәўимлери, мал жайлаў излеп ҳәм Орта Азияның қубла районларына араласады. Соның менен бирге, Тазабағжаплылар, Орта Азияның қубла районларындағы отырықшы дийханшылық мәдениятын пайда еткен халықлар менен де байланысын үзбейди. Усы дәўирдеги исленген Тазабағжаплылардың таярлаған гүлал ыдыслары Қазақстан, Сибирь ҳәм Волга бойы жерлериндеги жасаған халықлардың гүлал буйымларына уқсас болады. Бирақ, Тазабағжап мәденияты өзине тән өзгешелиги менен, Шығыс Европадағы көшпели шарўалар пайда еткен Сруб мәдениятынан, Қазақстан ҳәм Сибирьдеги Андронов мәдениятынан айрылып турады. Себеби Тазабағжапшылардың хожалығы қурамалы болып ҳәм бул жерде дийханшылық кең тарайды. Тазабағжапшылардың турақ жайлары еки-үш бөлмели жайлардан турып, олар бир-биринен 30-150 м қашықлықта, канал жағаларында ҳәм атыз басларында жайласады.

Тазабағжаплылар, бронза әсиринде Әмиўдәрьяның ески тармағы Ақшадәрья дельта бойларында суўғарып дийханшылық етеди. Дийханшылық егинлерин суўғарыўда ҳәм Әмиўдәрьяның тасқын суўларынан пайдаланады. Дийханшылықта тәжирийбелер  топлап, гүлше атызларға, салмалар арқалы суўларды апарып, жап қазып ҳәм егислик жерлердиң көлемин кеңейтеди. Дийханшылықтың  қазып, егислик жерлердиң көлемин кеңейтеди ҳәм дийханшылықтың өнимин арттырады. Қарақалпақстандағы бронза дәўириндеги қазып изертленген естеликлерге Жанбас -21-30-33, Қават 3, Анка 5, Көкше 16-19 ҳәм басқалар киреди. Усы ўақытта қәнийгелескен өнермент усталар болып, олар мыс, бронзадан моншақ, жүзик ҳәм сырға ислейди. Ең дәслеп өнермент усталар өз қәўим ағзаларының талабын қанаатландырыў ушын ислеген. Олар сатыў-сатып алыў ушын таярламаған. Жәмийет ағзалары өнермент-усталарды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеп отырған. Қабат 3 мәкан жайынан бронзадан исленген қураллар ислейтуғын устахана орны ашылып ҳәм  изертленди. Бул жерден қурал ислейтуғын қәлиплер, металл ҳәм қураллардың сынықлары табылды. Көкше 3 мәканы әтирапында бронза дәўириндеги қәбирстанда қазып ҳәм изертленди. Қабирлердеги өликлерди бүкшейтип, бас сүйеклерин батысқа қарап жерлеген. Гейде ерли зайыпларды бир қәбирге, аўқатлар салынған ыдыслар, қураллар ҳәм безениў затлары менен бирге салып жерлеген. Бул қәбирстан, үлкен туўысқан қәўимге тийисли болған[2].

Қарақалпақстанның әййемги Хорезм менен жақыннан қатнаста болыўы, оның мәдениятына да әдеўир тәсир тийгизген. Хорезм ҳалықлары VI-VIII-әсирлерден баслап-ақ Арал жағаларындағы «батпақлықтағы қалалар» турғынлары менен мәдений қатнасықлары Әмиўдәрьяның аяғындағы «Күйик қала», «Төкқала» қусаған археологиялық естеликлерде де көринеди.[3]Бул қалалардан шыққан материаллық естеликлериндеги жазылған қарақалпақлардың урыў- атамаларына сәйкес келетуғын дереклер бугинги тарийхшыларымызды хайран қалдырмақта. Топырақ қала сарайының гейбир залларында, ҳәр түрли жергиликли бояўлар менен дийўалға салынған декоратив нағыслар болған.

Тахтакөпир районының  территориясынан табылған «Барақ там» да Хорезм архитектурасы менен көшпелилердиң қара ўй соғыў дәстүрлери араласқан. Археологлардың болжаўлаўынша, жайдың екинши этажының төбеси, кийиз бенен жабылып турған.[4] Усы жағынан қарағанда, көрнекли илимпаз С. П.  Толстовтың «Әййемги Хорезм мәдениятын  излеп»   деп   аталған мийнети   қарақалпақ. халқьның шығысын изертлеўде де оғада баҳалы мийнет болып есапланады. Бирнеше дәўирлерди өз ишине алатуғын «Аяз қала», «Бурлы қала», «Қой қырылған қала», «Қырық ңыз қала»,  «Дәў  кескен қала»  материаллары буның айқын дәлийли  бола алады. Бул қалалардьщ, тарийхы   қарақалпақлардын. әййемги  дәуир тарийхы менен  оғада үнлес.  Сонлықтанда  бул     естеликлердиң тарийхый      шығысына    үлесин  қосқан жас илимпаз Ю.  П. Манылов  «Бул   естеликлер  әййемги Хорезмниң ҳәзирги  халықлары  менен   бир   қатарда      қарақалпақ халықларының  антик дәўиринен дерек  береди»[5] - деп туўры көрсеткен еди. Усы дәўирдеги мәденияттың қарақалпақ халқына  қатнасы мәселеси  ҳаққында сөз болғанда да, биз сөзсиз халық аўзындағы анызлар ҳәм бул аңызлардың тарийхый шынлығы мәселесине    тоқтамай өте  алмаймыз.   Себеби қанлы урыслар  дәўир  тариихларын  жоқ етип   жибергенлиги де  мәлим.  Бирақ сол дәўирлердиң елеси атадан балаға, баладан әўладларға өтип, аңызлар арқалы өз изин қалдырады. Ал бул ауыеки естеликлер өтип кеткен тарийхымыздың ерте дәўирлерин тирилтиўге ҳәрекет жасайды. Соның ушын      да академик  Марат  Нурмухамедов: «Қарақалпақ  поэзиясының дереклери оғада  ерте заманлардан, әйиемги уакытлардан басланады. Халық поэтикалық сөзсиз жасай алмайлы. Ал оның  әдебиятынын  сағалары оғада  ерте ўакытлардан, қарақалпақ халқы келип шыққан әйиемги массагетлер, черноклобуки, пененег,  қыпшақ ноғай аўқамларынын руўҳый өмиринен излеў    керек»[6] -деп көрсеткен еди. «Қарақалпақ ҳалқының тарийхы да ашылмай атыр. Жазба тарийх сақланбаған. Солай болсада бул салада әдебият естеликлери жәрдем бериўи мүмқин» — деп есаплайды академик М. К. Нурмухамедов[7].

  Бизиң үлкемиз әййемги естелиқлер орайы. Бул илимий орай пүткил дүнья  алымлары тәрепинен де мақулланған. Буннан тысқары бул қазылмалардан табылған дәскелер, антропологиялық өзгешеликлер қарақалпақлар турмысынан узақлап кете алмайтуғыны да аньқланған. Соның ушын, бизиң археологларымыз бул жаналықлар ҳаққында әдеўир китаплар да жазып жүр.

Бирақ бул жаңалықлар халық массасына терең жетип барып атырған жоқ. Сол тййкарда ҳәзирги Қарақалпақстан жеринен табылған қазылмаларды үшке бөлип қараў мүмкин.

1.       Бизиң эрамыздан бурынғы дәўирде пайда болған қалалар:   булардың қатарына   «Миздакхан»,     «Барақ там»,  «Кердер»,  «Бурлы қала», «Қырьқ қыз»,      «Қой қырылған қала»,   «Жамбас қала»  ҳәм  басқа  да   естеликлерди  көрсетиў мүмкин.

Бизиң эрамыздан   баслап,   қарақалпақ   атамасы пайда болған IX әсирге шекемги естеликлер. Бўлардан: «Шылпық»,   «Кердер»   (Кердер тап)   IX  әсирге    шекем өмир  сүрген,   «Моншақлы»,   «Мазлумхан сулыў», «Кат» ҳәм тағы басқалар.

Шыңғыс  хан   басқыншылығы дәўириндеги   қалалар қатарына «Қият», «Күйик қала», «Жампық қала», «Гүлдирсин» ҳәм басқалар киреди.


[1] Мәмбетуллаев М., Туребеков М. Қарақалпақстан тарийхы. Нөкис «Қарақалпақстан» 2010.

[2] Мәмбетуллаев М., Туребеков М. Қарақалпақстан тарийхы. Нөкис «Қарақалпақстан» 2010.

[3] А. Алламуратов. «Қарақалпақстан искусствосының тарийхынан», Нөкис 1958 7-бет

[4] С. П. Толстов. «Работы Хорезмской археолого-этнографической экспедиции» АН. УзССр в 1955-56, «Советский археолог», 1958  1.

[5] Ю. П. Манылов «Археологические памятники Султануиздага эпохи античности и средневековья» автор Ф. К. И. Н. Ташкент, 1972 жыл

[6] М. Нурмухамедов. «Қарақалпақ жазба әдебиятының дөреяй ҳаққында», Амиўдәрья, 1968 жыл, № 6

[7] М. Нурмухамедов. «Қарақалпақ жазба әдебиятының дөреяй ҳаққында», Амиўдәрья, 1968 жыл, № 6 Salamatsu (talqılaw) 11:40, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний ҳәм оның дǝўири

[derekti redaktorlaw]

Адамзатты руўхый пәкликке ҳәм жетикликке ерисиўге шақырған ислам дининде қәлиплескен суфизм философиясының ең жоқары ўәкиллериниң бири Сулайман Бақырғаний болып есапланады. Ол түркий халықлар арасында Хәким ата аты менен белгили. Оған бул атақ устазы Хожа Ахмед Яссаўий тәрепинен тапқырлығы, билимшилиги, терең ой-пикир жүрите алғанлығы ушын берилген.

Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний Қубла Арал бойларында Бақырған аўылында дүньяға келген. Бақырған аўылы Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының орталығындағы ҳәзирги Ҳәким ата қойымшылығы әтирапында болған. Ҳәким ата Бақырғанийдиң ислам идеялары, тасаўўыф философиясы, иләҳий ышқы-мухаббат ҳәм инсаний әдеп-икрамлылық ҳаққындағы пикирлери кеңнен таралған, жазба ҳәм аўызша  түрде әўладтан-әўлақа өтип, бизиң күнимизге жетип келген.

Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний устазы Хожа Ахмед Яссаўий тәрепинен ортаға қойылған Яссаўия тариқатының философиясының жарқын жулдызларының бири ретинде мәдениятымыз тарийхынан ылайықлы орын ийелейди[1].

Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдан бизге мийрас болып қалған шығармаларының тийкарғы идеясы Иләҳий ышқы, яғный Аллаға мухаббат, сол дүньялық инсанлар турмысына тән болған машқалаларға жуўап бериў болып табылады. Оның пикринше адам өзин Аллаға пүткиллей бағышлай отырып нәпсин тыйыўы, тәўбеге келиўи, өзиниң руўхын ҳәм денесин пәклеўи, ҳарам ислерден пүткиллей безиўи, байлық ҳәм артықша мал дүньяға умтылыўдан өзин аўлақ тутыўы лазым. Адам қанаатлы ҳәм сабыр тақатлы, инсаплы ҳәм ийманлы болыўға умтылыўы зәрүр[2].

         Ҳәким ата Бақырғаний Ислам традициясына садық бола отырып, инсанды қәдирлеў оны Алла жаратқан барлық нәрседен жоқары қойыў, оны ҳүрметлеў идеясында турғанлығы оның ҳикметлериндеги «ҳәр кимди көрсең Хызыр бил, ҳәр түн көрсең Қәдир бил»-деген қатарлары арқалы көриўге болады.

Уллы бабамыз Сулайман Бақырғаний Қубла Арал бойларынан бүгинги Қоңырат районы әтирапындағы Бақырғаний қаласында 1122-жылы дүньяға келип, усы жерде 1180-жылы ҳәзирги Ҳәким ата қәбиристанына жерленген. Бул жер Хорезм ойпатында ҳәм пүткил мусылман шығысында белгили болған сыйыныў орынларына айланып, 800 жылдан берли шарапатлы орын ретинде зиярат орайына айланған. Қарақалпақ аўыз еки әдебияты менен жазба естеликлеринде Ҳәким ата ҳаққында мыңлаған әпсаналар дөретилип, олар арқалы бул шайыр алламаның пайғамбарларша пазыйлетин көклерге көтерип данқын әлемге жайды.

Сулайман Бақырғаний уллы бабамыз суфизм илиминиң пири, устазы Хожа Ахмед Яссаўийдиң,Мансур Ҳаллаждың (858-922) әмелий ҳәм фундаментал идеяларын өзине ҳәм басқаларға идеяль етип,тахзип-нәпсини тыйыў,ҳәўестен қалыс болып тәўбе етиў, таза пәкизе болып өзлигин умытыў, фаний дүньядан келип, илаҳиятқа сыйыныў ҳәм Алла менен бирлесиў, өзлигин жоқ етип, Алланың жамалына ышқы етиў сыяқлы концепсияларына таянып “ана-я-ҳақтың мәнисин билмес ҳәргиз наданлар “ -деген программалық жолды өзине қабыл етип барлық дөретиўшилигинде Алла жаратқан барлықтың бир қыялы деп билип,өзин сол ышқыға бағыш еткен идеясын жәҳәнге алып шығады. 2002-жылы  Қарақалпақстан  Республикасының   жәмийетшилиги өткендеги  Орайлық Азияның  уллы  ойшылы,талантлы  шайыры халқымыздың  руўхый мәдениятын  қәлиплестириўге  үлкен үлес қосған уллы  улама  Ҳәким ата  Сулайман  Бақырғанийдиң 880-жыллық  мерекесин кеңнен белгиледи.

Сулаймон Бакиргоний узининг устози Яссавийнинг энг яхши яратувчилик дастурларини давом этган ва ривожлантирган. (Байниязов 1997й. 4 бет).

        Буюк шоирнинг хамма вакт золимлардан куркмай хакикатликни айта олган. Сулаймон Бакиргонийнинг «Охирги замон мухаммаси» эски афсоналарда езилган булса хам бу нашриётда шоирнинг узи яшаган давр хакикатлигини тугри акс эттира олган.

        Хоким ота- Сулаймон Бакиргоний бугунги кунда саккиз асрдан купрок вактдан бери узининг кучини йукотмай, турк тилдош халклар томонидан саклаб келаетганлиги сир эмас мана шулардан иборат деб айтишимизга булади. Хулоса килиб айтганда Хоким ота Орол буйи халкларининг маънавий дунёсида белгили из колдирган, тарихимизда белгили кушик ва достонлари билан  белгили машхур инсон эканлигига гувох булдик.   (К. Бойниязов. Нукус 1997 й).

Ҳәким атаның дүньяға келген қаласы Бақырғанның жайласқан орны ҳәзирше илимде анық емес. Хийўа ханлығы жазба дереклеринде ушырасатуғын Хаванд қаласы академик Я.Г.Гулямовтың пикиринше Қоңырат қаласы менен Ҳәким ата Бақырғаний қойымшылығы аралығындағы Бограхан қаласы. Сондай-ақ, бул қала X әсирлерде шығыс жазба дереклеринде ушырасатуғын Мадмине қаласына туўры келеди. XIXәсирдиң басында К.Е.Зельман жазып алған дереклерде Бақырғандағы Ҳәким ата мазарына Сейид Ахметтиң ғамхорлық қылғаны айтылады. Халықтың арасында Бограхан аты менен байланыслы аңыз, қорған ҳәм қойымшылық сақланған.


[1] Комилов Н. Тассавуф. Т.1996

[2] Ембергенов А. Шамуратов Ж. Ҳаким Ота. Т.2015 Salamatsu (talqılaw) 11:41, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ

[derekti redaktorlaw]

Мәдений-мәнәўий мийрастың көплиги, бай ҳәм рәң-бәреңлиги ҳәм де әййемгилиги менен Өзбекистан дүньяда жетекши орынлардың биринде турады. Итибарлы тәрепи сонда, бүгинги күнге шекем Орта Азия мәмлекетлеринде жайласкан 6 мәдений мийрас объектлери “Пүткилжәҳән мәдений мийраслары дизими” нен орын алған болса, соннан 5 Өзбекистан Республикасы аймағында жайласқан.

Тарийхый әҳмийетке ийе болған 1 миллион 395,5 мыңнан артық экспонат мәмлекетимиздеги 87 музейде сақланады. Соның ишинде, Ташкент қаласындағы музейлерде 517,5 мың, Самарқанд қаласындағы музейлерде 208,5 мың ҳәм Нөкис қаласындағы музейлерде 200 мыңнан аслам экспонат топланған. Ҳәзирги ўақытта бәрше тарийхый объектлерди қорғаў, сақлап қалыўда мәмлекет қадағалаўы орнатылған. Ғәрезсизлик жыллары халқымыздың өзлигин оятып, руўҳый-мәнәўий жетилистириў ҳәм миллий раўажланыўымызды тәмийнлеў ушын өтмиш мийрасымызды тиклеў ҳәм раўажландырыў мәмлекетимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди[4.265].

Қарақалпақстан аймағы өзине тән «археологиялық қорықхана» есапланады. Бул аймақта 300 ден артық археологиялық тарийхый естеликлер болып, олар тек ғана Өзбекистан пуқаралары емес, бәлким сырт ел саяҳатшыларының да дыққатын өзине тартып келмекте. Үлкеде археологиялық, тарийхый-мәдений естеликлерди қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпакстан Республикасында бир неше туристлик бағдарлар Нөкис-Хожели, Нөкис-Елликқала, Нөкис-Беруний, Нөкис-Төрткүл, Нөкис-Шымбай, Нөкис-Қоңырат, Нөкис-Мойнақ болып олар әййемги естеликлер арқалы өткен. Олардан Топыраққала, Шылпық, Миздакхан, Жанбас қала, Аязқала, Ийшан қала, Пульжай естеликлери пүткилжәҳән саяҳатшыларының, изертлеўшилериниң дыққат итибарын өзине тартып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2006-жыл 13-октябрь 166/10 санлы Қарары менен 255 тарийхый мәдений мийрас объектлери мәмлекетлик қорғаў дизимине алынған. Солардан 48 тарийхый архитектуралық, 120-тарийхый археологиялық, 87 тарийхый мәдений монументаллық ҳәйкеллер ҳәм бюстлер болып есапланады[5.4].

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта туризм тараўын раўажландырыў ҳақкындағы дәстүри тийкарында бүгинги күнде шет ел илимпазлары менен саяхатшыларының дыққат итибарында турған бир неше археологиялық объектлер Республикамыздың туристлик маршрутына киритилди. Солардан Хожели районы Миздахкан архитектуралық ҳәм археологиялық комплекси, Беруний районы Қызыл қала, Ақшахан қала, Пил қала археологиялық объектлери ҳәм Султан Ўвайс баба зиярат жайлары; Елликқальа районы Топырақ қала, Қабат қала, Гүлдирсин қала, Бүркит қала, Қырыққыз қала, Аяз қала-1,2 археологиялық объектлери ҳәм Наринжан баба зияратхана жайы; Төрткүл районы Жамбас қала, Қойқырылған қала, Қумбасқан қала; Әмиўдәрья районы Шылпық; Қараөзек районы Жампық қала археологиялық объектлери болып саналады.

Ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстан аймағында бир неше халық-аралық археологиялық экспедициялар жумыс алып барды. Әсиресе соңғы жигирма жыл даўамында Қарақалпақстан-Австралия халықаралық археологиялық экспедиция ағзалары(Беттс, Ягодин, Хожаниязов ҳ.т.б.) Қаратөбе, Ташқырман төбе ҳәм Ақшаханқала да стационар қазыў жумысларын алып барды.Олардың алып барған илимий изертлеўлери нәтийжесинде археология илиминде илимий жаңалыклар ашылды. Бул жаңалықлар туризмди үлкеде раўажландырыўға хызмет ететуғынлығы анық[5.4].

Бай тарийхый-мәдений мийраслардың үйренилиўи, қорғалыўы ҳәм әўладтан-әўладқа жеткерилиўи ҳәр бир кәмил инсанның ҳәр тәреплеме руўхый ҳәм мәдений жақтан байыўына, пүткил жәмийетимиздиң раўажланыўына тәсир жасайтуғыны анық. Сонлықтан бүгинги күнниң ўазыйпалары қатарында халқымыздың бай мәдений мийрасларын үйрениў, сақлаў ҳәм оларды халық ийгилиги ушын пайдаланыў әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Бүгинги күнде үлкемиз тарийхын үйрениўге болған қызығыўшылық үлкетаныў ҳәм туризм бойынша кадрларды таярлаўға да зәрүрлик туўдырмақта.

Пайдаланылған әдебиятлар:

1.       Ахмедов М.К. Ўзбекистонда меъморий ёдгорликларни таъмирлаш муаммолари.// Ўзбекистон меъморий обидаларини таъмирлаш ва улардан фойдаланиш муаммоларига бағишланган халқаро илмий –амалий конференция тезислар тўплами.- Самарқанд 2004, 16-17 б.

2.      «Еркин Қарақалпақстан» газетасы. №148-149(19923), 8-декабрь 2016-жыл

3.      Абдурашидов К.С. Ўзбекистон архитектура ёдгорликларини асраш муаммолари.// Ўзбекистон меъморий обидаларини таъмирлаш ва улардан фойдаланиш муаммоларига бағишланган халқаро илмий –амалий конференция тезислар тўплами.- Самарқанд 2004

4.       Ўзбекистоннинг энг янги тарихи. Тошкент 2000

5.       Хожаниязов Г. Ғәрезсизлик жылларындағы Қубла Арал бойы археологиясының жетискенликлери.// Жанубий Орол бўйи: ўтмиши ва бугуни мавзусидаги Республика илмий-амалий анжуман материаллари.-Нукус 2016 Salamatsu (talqılaw) 11:42, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Орайлық Азия халықлары мәдениятында Наўрыз байрамы: тарийх ҳәм ҳәзирги заман.

[derekti redaktorlaw]

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар даўамында инсан ҳуқықлары менен мәплерин, оның қәдир-қымбатын тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў, жәмийетте тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын, социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Булардың барлығы әййемги тарийх ҳәм дәстүрлерге ийе болған, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт сыяқлы ажыралмас бөлеклери бар Шығыста жаңа жылдың басланыўы - Наўрыз байрамының адамгершилик мәнисин және де арттырмақта.

Наўрыз жәҳән мәденияты тарийхындағы ең әййемги байрамлардан бири, Орайлық Азия халықларының ең сүйикли ҳәм қәдирли байрамы болып есапланады. Дийқаншылық байрамының тийкары сыпатында ол өзиниң келип шығыўы бойынша әйемги Иран тийкарларына ийе болып, бәҳәрги күн теңлесиў ўақтын ҳәм аўыл хожалығы жумысларының басланыўын белгилеп, әйемги Иран қуяш календарьы бойынша фарвардин айының биринши күни, яғный 21-22, гейде 23-март күнлерине туўра келген. Наўрыз парсы тилинен жаңа күн деп аўдарылып, они байрамлайтуғын барлық халықлар мәдениятында жаңа жылдың басланыўын билдирген.

Наўрызды белгилеў ўақыттың өтиўи менен әййемги Иран орталығы шегарасынан шығып, Орайлық Азия, Жақын Шығыс ҳәм Кавказдың көплеген халықларында кең тарқалған. Дәслеп Наўрыз дийқаншылық пенен шуғылланыўшы халықлар мәдениятының ажыралмас бөлеги болған болса, узақ даўам еткен мәдениятлар аралық байланыслар нәтийжесинде Орайлық Азиядағы көшпели түркий халықлар турмысында да беккем орын ийеледи.

Бул байрамды белгилеўши барлық халықларда оның пайда болыўы ҳаққында көплеген аңыз-әпсаналар тарқалған. Рәўиятларга қараганда, Наўрыз байрамының пайда болыўы б.э.ш. 3 мың жыллыққа тийисли болып, Иран халықлары оның пайда болыўын арий қаўимлериниң әпсанаўий патшалары Жамшид ҳәм Қаюмарс атлары менен байланыстырады. Байрамның пайда болыў тарийхы ҳәм оны өткериў дәстүрлерине бағышланған "Наўрызнама" шығармасында уллы ойшыл ҳәм шайыр Омар Ҳайям төмендегилерди атап өтеди: "Наўрыздың белгилениў себебине келсек, ол соннан ибарат, бизге белгили, Қуяш еки рет айланады, олардан бири соннан ибарат, ол ҳәр 365 күн ҳәм шерек суткада Ҳамал жулдыз топарының дәслепки минутларында күн қайсы ўақытта шыққан болса, сол ўақытта қайтып келеди ҳәм ҳәр жылы бул дәўир кемейип барады. Жамшид бул күнди билип алып, оған Наўрыз деп ат қойды ҳәм байрамды әдетке айландырды. Патшалар ҳәм басқа да адамлар оған ерип кетти. Айтыўларына қарағанда, Иран патшасы Каюмарс биринши мәрте патша болғанда адамлар билсин деп жыл ҳәм ай күнлерине ат қойып, жыл есабын белгилеўге қарар еткен екен. Ол азанда Қуяштың Ҳамал жулдыз топарының биринши минутына киретуғын күнди белгилеп, Иран мубадларын жыйнады ҳәм сол ўақыттан баслап есаплаўды буйырды."

О.Хайям менен бир қатарда, А.Беруний ҳәм А.Фирдаўсий де Наўрыз байрамының пайда болыўын әлем жаратылыўының басланыўы ҳәм әпсанаўий ески Иран патшалары Жамшид ҳәм Қаюмарс атлары менен байланыстырады. Әййемде бул байрамның пайда болыўы, соның ишинде, өлип-тирилмектеги тәбият ҳаққындағы әпсаналар, соның ишинде, Сиявуш қудайына сыйыныў менен байланыслы болып, оның қан тамшысынан, аңызға бола, қызыл лалалар пайда болған, А.Фирдаўсийдиң "Шаҳнама"сында "Хуни Сиёвуш" (Сиёвуш қаны) деп белгиленген, бәҳәрдиң басланыўы ҳәм тәбияттың қайта тиклениўи сыпатында белгиленген. Байрамның пайда болыўы туўралы түркий көшпели халықларда халық әпсаналарының әйемги иран версиясынан өзгеше түрли вариантлары бар. Аймаққа, ол яки бул халықтың әлемди қабыл етиў өзгешеликлерине байланыслы рәўиятлар, әпсаналар ҳәр қыйлы мәдений компонентлер менен өзгерип, қурамаласып келген.

Орайлық Азияда Наўрыз байрамын белгилеўдиң мәресимлик әмелиятын үйрениў тек ғана бир халықта өзгешелигин атап өтиў емес, ал бул аймақта тарийхый қәлиплескен халықлар арасындағы мәдений байланыслардың қурамалы системасын салыстырмалы талқылаў тийкарында анықлаў имканиятын береди. Орайлық Азия халықларында Наўрызды белгилеў дәстүрлериндеги барлық уқсаслықлар менен бирге Наўрызды белгилеўдиң мәресимлик-дәстүрлик әмелияты көплеген өзине тән өзгешеликлерге де ийе болып, олар көп жағынан бул байрамның қабыл етилиўине, анаў яки мынаў халықтың хожалық-өндирислик искерлигиниң өзгешеликлерине, оның турмысының тәбийий-климат шараятларына, дүньяға көз-қарас тәреплерине ҳәм т.б. байланыслы болған. Солай етип, Орайлық Азияда Наўрыз байрамын өткериўши барлық халықлар мәдениятында улыўма қағыйдалар, байрамлаў мәресимлерин көриў мүмкин, олар мәресимлик искерликтиң көплеген бағдарларында көринеди.

Әзелден барлық халықларда Наўрыз байрамына бир неше күн қалғанда өткерилетуғын тийкарғы илаж - мәканды тазалаў болып есапланады. Тазалық Жақсылық басламасының бири сыпатында Зардуштийликтиң философиялық-әдеп-икрамлылық түсиниклери системасында Ҳақыйқатлық, Жақтылық ҳәм Жақсылық пенен бир қатарда бар еди. Бул әййемги иранлылардың тек кеңислик, муқаддес элементлер емес, ал жан тазалығы мазмунындағы тазалыққа болған мүнәсибетине де тәсир көрсеткен: жаман пикир ҳәм сөзлерден тыйылыў, гүналарды кешириў, өкпе-гийнелерден кешиў... Наўрыз күни жерге фраваши (меҳирли периштелер) түседи, ислам дәўиринде болса оларды периштелер деп атаған, олар басқан үйде бахыт, қут-берекет пайда болады, жасаўшыларға қуўаныш ҳәм үмит бағышлайды, деген исеним бар еди. Бирақ, олар патас үйлерге, душпанлық, исенимсизлик ҳәм өкпе-гийне жасырынған орынларға кирмеген. Оған муўапық, табыслы жыл кирип келиўиниң зәрүр шәртлеринен бири еки әҳмийетли мәресимди өткериў, яғный, байрам басланыўынан алдын үй ҳәм көшени жақсылап тазалаў, урыс-қағыс ҳәм душпанлыққа жол қоймаў, өкпе-қарызды кешириўден ибарат болған. Бул дәстүр усы байрамды белгилеўши барлық халықларда да сақланады.

Наўрыз байрамын изертлеўши тәжик илимпазы А.Е.Негматийдиң пикиринше: "Байрам мәресимлери ҳәм дәстүрлериниң ажыралмас белгилери от, суў ҳәм ақ реңдеги буйымлар болган. Мысалы, Наўрыз әййямы алдынан жағылатуғын от үлкен күшке, мақсетке ерисиўге жәрдем беретуғын айрықша қәсийетлерге ийе деп есапланған.

"Наўрыз байрамы менен байланыслы бир қатар от пенен тазалаў ҳәрекетлери әмелге асырылған. Айтып өтиў орынлы, отқа барлық халықларда айрықша мүнәсибет болган, себеби ол жақтылық ҳәм ыссылық бериўши Қуяштың жердеги аналоги сыпатында қабыл етилген. От муқаддес элемент сыпатында әййемги иранлылардың дини болган зардуштийликте де айрықша қәдирленген, оған тазалаўшы күш берилген. Соған муўапық, Наўрыз байрамын белгилеў дәўириндеги тийкарғы ҳәрекетлерден бири от жағыў ҳәм оттың үстинен секирип өтиў болған. От пенен бир-биринен пүткиллей өзгеше характердеги мәресимлер байланысқан. Олардың қатарына үй шырақларын жағыў (ошақта от жағыў, шамлар, шырақлар жағыў) ҳәм жәмийетлик шырақларды жағыў (гүлханлар, фонарьлар, маш‘алалар жағыў ҳәм т.б.) сыяқлы байрамның орайлық ҳәрекети сыпатында қатнасқан. Бул дәстүр Аўғанстанда, Тәжикстанда, Өзбекстанда сақланған, бул дәстүр уйғырлар, сондай-ақ, қыргызлар ҳәм қазақлар арасында да тарқалған. Әдетте, гулханлар кешке таман, жаңа жыл қарсаңында ҳәўлиде ямаса үй ишиндеги ошақта, бийик, бәлент жерлерде – төбеликлерде жағылған. Аўғанстанда бундай отты кишкене балаларга жағиў дәстүр болган, ондағы от тазалаўшы деп есапланган. От үстинен секириў Наўрыз байрамына арналған арнаўлы дуўалар менен бирге әмелге асырылған болып, онда адамлар аўырыўдан, сәцизликтен, қайғыдан қутылыў ушын руқсат сораған. Гулхан жанында сейиллер өткерилип, қосықлар айтылып, кеўиллер көтерилген. Халық жағылған от бәҳәрги қуяш нуры ҳәм ыссылықтың жақынласыўына түртки береди деп есаплаған. От пенен байланыслы байрам ис-ҳәрекетлерине Наўрыз байрамы күнлеринде сакрал-магиялық мақсетлерде арнаўлы әдираспан шөплерин жағыўды да киргизиў мүмкин (тәжиклер, аўғанлар, өзбеклер мәдениятында бул шөплердиң бузылыўын жоқ етиў, жаман көзди қайтарыў, жаман күшлерди қуўыў ҳәм емлеў мақсетинде жағыў қабыл етилген). Бул әдет бүгинги күнге шекем Орайлық Азияның айырым халықларында, соның ишинде, Наўрыз байрамында да үйдиң ишин тазалаў ушын әмелге асырылады. Байрам күни, сондай-ақ, шомылыў ҳәм таза, ақ (тазалық ҳәм жақтылық тымсалы) кийимлерди кийиў әдет болган. Азиқ-аўқат, буйымлар, кийим-кеншек ҳәм үй безеўлерин таңлаўда да шығыс халықлары ақ реңнен кең пайдаланған. Балаларга, әсиресе, қызларга ақ кийимлер кийгизилген. Байрам дастурханына, сондай-ақ, ақ реңдеги аўқатлар - сүттен исленген гүриш быламығы, қумшекер, сыр, простокваша, қус ямаса балық гөшинен таярланган аўқатлар қойылған.

Әййемнен бир-бирине суў шашыў дәстури бар екенлигин А.Беруний тилге алып, фарвардин айының алтыншы күни халық таң азаннан шығып, қолларын ямаса ыдысларын ағып турған суўға толтырып, бир-бирине ямаса қарама-қарсы келгенлерге суў қуйғанлығын атап өтеди. Дербентлилердиң (Өзбекистанның қубласы) исенимлерине қараганда, Наўрыз байрамынан алдын төрт күн оби рахмет (14-марттан 17-мартқа шекем) басланып, сол ўақитта шомылыў керек болған. Сондай-ақ, жаўынлы күнлерде жаўын суўын жыйнап, онда шомылыў қабыл етилген. Қазақ ҳәм қырғызларда әййемги заманларда ҳәм бүгинги күнге шекем айырым жерлерде байрам алдында үйдеги барлық ыдысларды суў ямаса сүт пенен толтырыў дәстүри болып, ҳәтте кишкене кесе де бос қалмаўы керек екен. Суў - тиришилик, сүт - молшылық тымсалы есапланған. Айтылыўынша, байрам алдынан суў ямаса сүт толтырылған ыдыс жыл даўамында толы болады.

Наўрыз байрамын белгилеўде жасыл реңге айрықша әҳмийет қаратылған, ақ рең сыяқлы жасыл рең де терең символикалық мәниске ийе болған. Философ илимпаз А.Турсун пикиринше, жасыл рең араб-мусылман дүньяқарасы системасында айрықша абзал көрилген, бирақ, әжам (әййемги Иран) естетикалық дәстүрине де жат болмаған, себеби қайта тиклениўши тәбият белгиси сыпатында Наўрыз байрамы архетипине үнлес болган.

Бәҳәрги күн теңлесиўине шекем тәбиятқа шығыў, қуяшқа тәжим етиў, дәслепки гүллерди териў, бәҳәр келиўине қуўаныў дәстүри Орта Азия ҳәм Иран халықларының ҳәммесинде болған. Наўрыз байрамы ҳәм дийқаншылық жумысларына байланыслы дийқаншылық пенен шуғылланыўшы халықлардың тәжиклерде жуптбаророн, иранлыларда эсфандеген деп аталатуғын мәресими бар. Бул мәресимде дийқанлар еки сыйырды гүндеге қосып, қуўанышлы сүренлер астында биринши көргизбели сүримди өткереди ҳәм сол арқалы егин мәўсимин рәсмий түрде ашып береди. Ҳәзирги күнге шекем тәжиклер, өзбеклер, аўғанлар ҳәм уйғырлар арасында жаңа жыл алдынан ҳәм жаңа жыл күнлеринде бир-бирине дәслепки гүллер - боян тамызықларды жыйнаў ҳәм саўға етиў дәстүри сақланып қалған. Тәжиклер, аўғанлар, өзбеклер, уйғырлар ҳәм қырғызларда бул дәстүр Гүлгардони (парс. "гүл тағыў") ямаса Байшешек (парс. "снежник"). Көш 10-15 адамнан ибарат топар болып, олар қолларына әдетте узынлығы бир ярым метр болған арнаўлы таяқты көтерип, оның ушына арнаўлы усылда бәҳәр гүллериниң гүлшеңбери байланыстырылған. Басқа қатнасыўшылар тек қолларында гүллер топламын көтерип жүрди. Бул илажда тийкарынан балалар ямаса жаслар қатнасқан. Олар ертерек бәҳәр гүллериниң түрлерин жыйнап, үйме-үй жүрип, қосық айтып, қосықшыға дуўтар ямаса дойнақ шертип қосық айтатуғын болған. Ҳәр бир үйде оларды қуўаныш пенен күтип алып, балалар үй ийелерине аманлық пенен биринши гүллерди усынады, оларды қабыллап, сүйип, көзлерине қойып, ҳәр қыйлы мазмундағы тилеклер айтады. Буның есесине олар жүргенлерге мазалы затлар, кептирилген мийўелер, боялған мәйеклер, әнар, ғоза, нан ҳәм т.б.берген. Ҳәзирги ўақытта бул байрам Аўғанстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның көплеген аўыллық жерлеринде сақланып қалған.

Гүл жыйнаў мақсетинде тәбиятқа шығыў менен өтетуғын және бир байрам сейиллери апрель-май айларының басларында өткерилген - бул қызыл гүл байрамы, Сайлы гүли сурх, қызыл сурх сейили болып, ол Орта Азия дәрялары аралығындағы көплеген ўәлаятларда ҳәм Шығыс Түркстандағы уйғырлар арасында лалалар пайда болған дәўирде белгиленген. Бул байрам Орайлық Азияның айырым аўыллық жерлеринде ҳәзирги күнге шекем тәжиклер, өзбеклер, аўғанлар ҳәм уйғырлар арасында сақланып қалған.

Барлық халықларда Наўрыз байрамында мол дастурхан жайыў дәстүр болған ҳәм бул символикалық мәниске ийе. Байрам дастурханының мол болыўына байланыслы жаңа жылда хожалықтың абаданлығы, үйдиң молшылығы, атыздың зүрәәтли болыўы есапланған. Барлық халықларда Наўрыз байрамының ажыралмас бөлеги байрам дастурханына таярланатуғын дәстүрлик аўқат болып есапланады. Наўрыз байрамында таярланатуғын дәстүрлик тағамлар ҳәр қыйлы халықларда ҳәр қыйлы болыўын атап өтиў керек. Өзгешеликлер, тийкарынан, отырықшы дийханшылық ҳәм көшпели шарўашылық пенен шуғылланыўшы халықлардың мәдениятында ҳәм олардың аўқатланыўының өзгешеликлеринде көзге тасланады. Дийқаншылық пенен шуғылланыўшы халықлар мәдениятында Наўрыз мәресиминиң азық-аўқаты тийкарынан өсимликлерден, яғный ғәлледен, өсип шыққан дәнлерден, кептирилген мийўелерден, нан өнимлеринен таярланған. Көшпели халықлар мәдениятында асханада гөшли тағамлардың үстинлигин көремиз, бул олардың байрам салт-дәстүрлик тағамларында да сәўлеленеди. Тәжиклер, отырықшы өзбеклер, уйғырлар, аўғанлар, иранлыларда ҳәзирги күнге шекем сүмелек (семине, саманак) тийкарғы салтанатлы байрам аўқаты болып, ол өсип шыққан бийдай дәнлеринен таярланған. Бул тағамды таярлаў процеси узақ ҳәм машақатлы. Ол бир топар ҳаял-қызлар тәрепинен таярланады, олар түни менен азанға шекем отты араластырады ҳәм бул процесс даўамында музыкалық әсбапларды шертеди, қосық айтады ҳәм аяқ ойынға түседи, ҳәзил айтады ҳәм қуўанады. Исенимлер бойынша, қазанға сүмелек араластырып атырғанда тилек айтылса, әлбетте, тилек орынланады. Аўганларда байрам дастурханына сүмелек пенен бирге ҳафт мийўе компоты (парсы тилинен аўдармасы "жети мийўе") таярланып, ониң ушын қурғатылған мийўелердиң жети түринен пайдаланылған. Отырықшы дийқаншылық пенен шуғылланыўшы халықларда байрам дастурханына "син" ҳәрипли жети түрли тағам ямаса өним қойыў, жети түрли дәнлерден нан писириў дәстүр болған. Айырым мағлыўматларға қарағанда, ҳафт син дәстүри "Амеша-Спента" зардуштийлик дининиң жети әўлийеси менен байланысқан. Бул тағамлардың барлығы символикалық мәниске ийе болып, атыз өнимдарлығын арттырыў ҳәм жылдың мол болыўына қаратылған.

Ҳәзирги ўақытта тәжиклер ҳәм өзбеклерде байрам дастурханында барлық байрам ҳәм салтанатлардағы тийкарғы аўқат - палаў да әҳмийетли орын ийелейди. Көшип жүриўши мал бағыўшы халықлар, қазақ, қырғыз, түркмен ҳәм қарақалпақлардың байрам дастурханындағы тийкарғы тағам Наўрыз гөже болып, ол Наўрыз күнлеринде ҳәр бир үй бийкеси тәрепинен таярланған ҳәм ҳәзирги күнге шекем таярланады. Түркмен ҳаял-қызлары қурбанлыққа атылған өгиз гөшиниң сорпасында тары, гүриш, бийдай ямаса басқа түрдеги майдаланған дән менен Наўрыз гөже таярлайды. Наўрыз гөже таярлаў ушын қазақлардың тийкарғы өнимлери гөши, сүт ямаса ашшы сүт өнимлери, суў ҳәм дәнлер болып есапланады. Бул аўқат пенен байрам күни үйге киргенлердиң ҳәммеси аўқатландырылған. Наўрыз-кѳше тек ғана салт-дәстүрлик аўқат емес, ал адамлар дүньясы ҳәм тәбият дүньясының глобал алмасыўының бир бөлеги болған қурбанлық болып хызмет еткен. Наўрыз көже менен бирге қазақлар жаңа жыл байрамы күнлеринде халықтың белгили бир жыныс жасы топары ушын арнаўлы байрам аўқатларын таярлаған. Атап айтқанда, кексе ҳәм әззи адамлар ушын белкотерер сыяқлы жоқары калориялы, жумсақ ҳәм мазалы аўқат таярланатуғын еди. Жигит-қызлар тәрепинен үйленген жас жигитлер ҳәм бойдақ жигитлер ушын қыста сойылған гөштиң майлылығы жоқары болған кийизден ямаса қақ етинен ҳәм жаңа сүттен уйқыашар таярланатуғын болған. Еркеклер жақсы таярланған аўқат орнына қыз-келиншеклерге ҳәр қыйлы саўғалар берген.

Тәбияттың қайта ислеп шығарыўшы күшлерин күшейтиўге қаратылған ҳәрекетлер сыпатында Наўрыз байрамының ажыралмас бөлеги болған халық ойынларын көриў мүмкин. Усындай ойынлардың бири қыз бенен жигит арасындағы қазақ айтысы болып, ол қыс пенен бәҳәрдиң тымсалый гүресин сәўлелендирген. Қазакларда да, қырғызларда да қыз қуўыў ямаса қыз қуўмай деп аталған ойын сақланған болып, онда тийкарғы ҳәрекет қызды услап алыўға қаратылған. Егер бул жағдай жүз берсе, онда қыз жигитке турмысқа шығыўға келисим береди, егер қыз бул жағдайдан қутыла алса, онда ол жигитти қуўып жетеди ҳәм оны қамшы менен урыўы мүмкин, бул оның жеңилгенлигин билдиреди, сонда ол қыздың ҳәр қандай тилегин орынлаўға мәжбүр болады. Еркеклер жарысы Наўрыз күнлери Орайлық Азияның көплеген халықлары - тәжиклер, өзбеклер, түркменлер, аўғанлар, уйғырлар ҳәм басқалар мәдениятында өткериледи. Олардың қатарына ешки ушын гүрес - бузкашӣ (тәжик ҳәм аўғанларда), улоқ (өзбеклерде), гүштингирын гүрес (тәжиклерде), гүрес (өзбеклерде), пахлавонӣ (аўганларда), чуббази таяқ пенен гүрес, поло чавган, сангпартойи тас ылақтырыў (аўған ҳәм тәжиклерде), қарақалпақларда ылақ ойын сыяқлы жарысларды киргизиў мүмкин, бунда ер адамлар өзлериниң күш-қуўаты, шаққанлығы ҳәм зийреклигин көрсеткен. Тәжикстанның айырым аймақларында Наўрыз байрамы күнлери жаслар майданларға топланып, тухым жәнжелин жарыў, қабық жәнжел ҳәм қораз жәнжелин шөлкемлестириў бойынша жарысларға қатнасқан. Әткөншек ушыў да Наўрыз байрамын белгилеўши барлық халықларда Наўрыз күнлериндеги әҳмийетли ҳәм символикалық ҳәрекетлерден бири болған. Байрам сейиллеринде беланшак ҳәм карусельлер ушын қалаларда арнаўлы орынлар ажыратылған. Әткөншекте, тийкарынан, жаслар ойнаған. Бул дәстүрге Орайлық Азияның барлық халықлары ҳәзирги күнге шекем қалада да, аўылда да әмел етеди.

Жуўмақлап айтқанда, Наўрызды белгилеў әсирлер даўамында да өз әҳмийетин жоғалтпаған ҳәм әййемги дәўирден басланатуғын көплеген үрп-әдетлерди халық бүгинги күнде де қәстерлеп сақлап киятырғанын атап өтиў керек. Орайлық Азияның айырым халықларында Наўрыз байрамын белгилеўге байланыслы материалларды салыстырмалы талқылаў арқалы оларда байрам-дәстүрлик искерлигиниң тийкарғы өзгешеликлериниң уқсаслығын атап өтиў мүмкин. Әсиресе, уйғырлар, өзбеклер, қарақалпақлар ҳәм тәжиклерде байрамлаў дәстүрлери бир-бирине жүдә жақын болып, бул жаңа жыл байрамының әҳмийетли атрибутларынан пайдаланыўда көринеди: мәресимлик аўқат ("син" ямаса "шин" ҳәрибине тән жети түрли тағам, жарма ҳәм нанлардағы жети түрли дән, сүмелек - өсип шыққан дәнлерден исленген кисель ҳәм басқалар), от, суў менен әжайып-тазалаў ҳәрекетлери, қайтыс болған ата-бабалардың руўхына ҳүрмет көрсетиўдиң бир қыйлы формалары - оларға үйде аўқат таярлаў, қойымшылықларға жәмәәт болып барыў ҳәм соңынан аўқатланыў. Айтып өтиў орынлы, ҳәр қыйлы халықларда Наўрыз байрамын белгилеўдиң тийкарғы өзгешеликлери уқсас болыўына қарамастан, ҳәр бир этникалық вариантқа жоқарыда мысалда көрсетилген айырым өзине тән өзгешеликлер, атап айтқанда, усы аймақтағы көшпели халықлар - қазақ ҳәм қырғызлардың дәстүрий тағамларының өзине тәнлиги де тән болған.

Ҳәзирги ўақытта Наўрыз байрамы Орайлық Азия халықларының заманагөй мәдениятында әҳмийетли орын ийелейди. Наўрыз байрамы менен байланыслы дәстүр ҳәм мәресимлердиң салмақлы бөлеги сақланып қалғаны ҳәм көплеген мәмлекетлерде оның рәсмий байрам сыпатында мәмлекетлик дәрежеде тән алынғаны да соннан дәрек береди. 2009-жылы ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының Репрезентатив дизимине киргизилгени де бул байрамның бүгинги жоқары статусынан дәрек береди. Бул қутлы әййямның өз орталығы географиясынан тысқарыға шығып, халықаралық байрам дәрежесине көтерилиўи Наўрызды байрамлаўшы барлық халықлардың қәдириятлары уқсас ҳәм жақын екенинен дәрек береди. Наўрыз халықларды бирлестириўге, олардың дослығы ҳәм аўызбиршилигине хызмет етеди, өзинде әҳмийетли руўхый миссияны жәмлеген.

Белгили тәжик илимпазы Акбар Турсунның сөзлери менен айтқанда: "Бул шын мәнисиндеги халықлық байрам өтмиштеги әўладлар ҳәм дәўирлердиң тарийхый санамыз дәрежесиндеги қойыўласқан мәнаўияты сыпатында мәдений дәстүр архетиплери ҳәм руўхый инвариантларының әзелий бирлигин, сондай-ақ, өтмиш, ҳәзирги ҳәм келешектеги әўладлардың ажыралмас руўхый байланысын өзинде сәўлелендиреди."


 Salamatsu (talqılaw) 11:50, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Транспорт логистика ҳәм жол мәселеси

[derekti redaktorlaw]

Жәҳәнде жүз берип атырған интеграциялық процесслер мәмлекетлер ортасында өз-ара экономикалық байланыслардың күшейиўине мүмкиншилик жаратып атыр. Бул процесслерден Өзбекстанда шетте қалмастан оның белсенди қатнасыўшысына айланды. Мәлим болғанындай, әййемнен Орайлық Азия регионы Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқаны себепли Батыс ҳәм Шығысты байланыстырыўшы айрықша көпир ўазыйпасын атқарған. Бунда кәрўан жолларының әҳмийети де күтә үлкен болған. Арал теңизи әтирапында жасаўшы халықлар турмысы болса суў транспорты менен байланыслы екенлигинатап өтиўимиз орынлы. Өзбекстан Республикасының Президенти 5 август күни Түркменстанның пайтахты Ашхабад қаласында БМШнинг Теңизге шығыў мүмкиншилиги болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасып кең түрде баянат жасады. Конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш менен ушырасыўы болып өтти. Бүгинги күнде мәмлекетимизде БМШниң 160 қа жақын қоспа дәстүрлери ҳәм жойбарлар табыслы түрде әмелге асырылмақта.

Соңғы бир неше жылда Өзбекстан басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.

Тарийхый изертлеўлерде Суў жоллары түсиниги ҳаққында сөз барғанда - жүк ҳәм жолаўшыларды тасыў ушын пайдаланылатуғын суў бассейнлери ҳәм дәрьялар түсиниледи. Суў бассейнлерине болса океанлар, теңизлер, көллер, суў сақлағышлар, дәрьялар, олардың тармақлары ҳәм қазылған каналлар киреди. Суў жоллары әдетте сыртқы - океан, теңиз ҳәм ишки-дәрья, көлге бөлинеди. Ишки суў жоллары да өз гезегинде, тәбийий ҳәм жасалма болып бөлинеди.

Өзбекстан Республикасы өзиниң географиялық жайласыўы бойынша теңиз жолына туўрыдан-туўры шыға алмайтуғын дүньядағы 45 мәмлекет қатарында турады. Суў жолларына туўрыдан туўры  шыға алмаслық  Өзбекстанның экономикалық -сыртқы саўда мүмкиншиликлерин мәлим дәрежеде шеклейди. Сол мақсетте мәмлекетимиз теңиз портларына шығыў ушын Шанхай Бирге ислесиў шөлкеми(ШБШ) мәканында транспорт-логистика бойынша өз-ара байланысларды күшейтиўге айрықша итибар қаратып келмекте. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қоллап-қуўатлаўында Ташкент қаласында Регионлараралық өз-ара бирге ислесиў орайы жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. М. Мирзиёевтиң тиккелей басламасы ҳәм қоллап қуўатлаўы менен “Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан” темиржолы қурылысы амелге асырылмақта. Сондай-ақ стратегиялық жақтан жане бир әҳмийетли  “Термиз - Мазари -Шариф - Кабул - Пешовар” темиржолы қурылысын әмелге асырыў жойбарлары корип шығылмақта.

Суў транспорты дүқньядағы ең арзан транспорт түри есапланады. Сонлықтанда дүньядағы халық-аралық жүклердиң дерлик 90% асламы суў транспорты үлесине туўра келеди.

Жәҳән банки мағлыўматларына көре, транспорт ғәрежетлериниң үлкенлиги ҳәм транзит системасының турақсызлығы себепли Орайлық Азия регионы ҳәр жылы жалпы ишки өнимниң еки процентине шекем жойтып атыр. Логистика ғәрежетлери өсип бармақта. Сонлықтанда исенимли жаңа транзит коридорлары ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў Орайлық Азияда турақлы раўажланыўдың зәрүрли факторына айланбақта.

Ҳәзирги ўақытта регионымызда бирден-бир транспорт -логистика мәканы қәлиплесип атыр. Бунда Орайлық Азияны Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы толық мәнистеги транзит хабына айландырыў ушын бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан шериклери менен бирге Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темиржолын қурыўға киристи. Өзбекстан - Түркменистан - Иран - Түркия транспорт логистикасы сезилерли дәрежеде өсти.

Өзбекстан өз гезегинде Өзбекстан-Аўғаныстан-Пакистан темир жолын қурыў жойбарын таярлаў ҳәм оны әмелге асырыўдан мәпдар. Бул перспективалы коридорды қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темиржолы магистралы менен байланыстырыў айрықша регионның экономикалық өсиўине кең имканиятлар жаратады.

Өзбекстан Республикасы Орайлық Азия мәмлекетлери менен биргеликте транзит транспорт коридорын жаратыўды гөзлеп атыр, бул болса оларға теңиз портларына шығыў ҳәм әййемги Уллы Жипек жолын қайта қайта тиклеў имканиятын береди. Бул мақсетте Орта Азия мәмлекетлери, Экономикалық шериклик шөлкеминиң басқа мәмлекетлери менен ҳүкиметлераралық шартнамаға қол қойылды ҳәм Тажан-Серахс-Машҳад темир жол линиясының қурылысы әмелге асырылып атыр, Пекин ҳәм Истамбулды бирлестиретуғын бул линия Трансазия магистралының бир бөлеги есапланады. Усы транспорт коридоры арқалы ҳәрекеттиң басланыўы, Тыныш океанының Азия бөлегиндеги мәмлекетлер ҳәм батысқа — Түркия ҳәм Европаға шығыў жүк тасыўды дерлик еки есе қысқартырады. Salamatsu (talqılaw) 11:52, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Миллетлер аралық татыўлық – мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири

[derekti redaktorlaw]

Көп миллетли республикада халықлар ортасында тынышлық ҳәм миллетлер аралық татыўлықты сақлаў сол мәмлекеттиң өзине тән раўажланыў жолында қолға киргизген ең үлкен жеңиси есапланады. Сол себепли ғәрезсизлик жылларында миллетлер аралық дослықты беккемлеў, жәмийетимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери ортасында аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт мүнәсибетлерин сақлаў, жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларымызға ҳүрмет рухында тәрбиялаўға айрықша итибар берилмекте. Бүгин мәмлекетимизде 130 дан артық миллет ўәкиллери бир шаңарақ перзентлериндей дос ҳәм татыў жасап келмекте. Олар улыўма үйимиз – Өзбекстанның раўажланыўы жолында бирлесип, барлық тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етпекте, раўажланған базар экономикасы ҳәм күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўға мүнәсип үлес қоспақта.

Ҳәзирги күнде геосиясий ҳәм идеологиялық процесслер ҳәўиж алған глобалласыў дәўиринде, сондай-ақ дүньяда экономикалық, сиясий, миллий, диний ҳәм басқа да келиспеўшиликлер күшейип баратырған бир шәраятта миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр бир мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Сол себепли бизиң елимизде миллетлер аралық татыўлық мәселесиниң ҳуқықый тийкарлары жаратылып, ҳәр бир миллеттиң жәмийетте өз орнына ийе болыўына, өз имканиятларын еркин жүзеге шығарыўына кең имканиятлар жаратылды.

Мәмлекетимизде миллетлер аралық қатнасықлардың ҳуқықый тийкарлары жаратылып, бул елимиздеги тыныш-татыў турмыс, сиясий турақлылық ҳәм миллетлер аралық татыўлықтың гиреўи болып келмекте. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 8-статьясында «Өзбекстан халқын миллетине қарамастан Өзбекстан Республикасының пуқаралары қурайды», 19-статьясында болса «Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы ҳәм социаллық статусына қарамастан нызам алдында тең» деп белгилеп берилген.

Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық қатнасықлар тараўына мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар берилип, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша қабыл етилген «Ҳәрекетлер стратегиясы»нда, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында, тараўға тийисли Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрман ҳәм қарарларында өз көринисин тапқан.

Миллетлер аралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды системаластырыўға, миллий-мәдений орайлардың өз искерлигин нәтийжели даўам етиўине, илимий конференциялар, ушырасыўлар өткерилиўине, миллетлер аралық қатнасықлар тараўындағы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиўде миллий өзгешелигимизден келип шыққан ҳалда сырт ел тәжирийбесинен пайдаланыўға кең жол ашып берди.  

Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық қатнасықларды раўажландырыўшы орайлар ҳәр бир аймақта шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта 150 дан аслам миллий-мәдений орайлар хызмет етпекте. Орайлардың мақсети Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық дослық байланысларын раўажландырыўға бағдарланған.

          Миллий -мәдений  орайлардың тийкарғы  ўазыйпалары  3  жөнелиске  ийе: 1) ҳәр бир миллеттиң тили, мәденияты, үрп-әдетлерин тиклеў,  тарийхый ўатан менен байланысларды жанландырыў, миллий сезимлердиң сәўлелениўине жол ашыў; 2) ғәрезсиз Өзбекстанды өзиниң  ҳақыйқый ўатаны деп билиў ҳәм оған миннетсиз ҳәм садықлық пенен хызмет  қылыў; 3) Ўатан менен бирге өмир кешириў, оның мәденияты, тарийхы ҳәм тилин үйрениў, ғәрезсиз мәмлекетке атама берген миллет пенен дослықта,  татыўлықта жасаў.

          Усы 3 жөнелисте алып барылып атырған ислер жыл   сайын жаңадан-жаңа көринислерде, жөнелислерде рәңбе-рең болып бармақта, солар қатарында:

       – өз миллий тарийхын, мәдениятын, тилин, үрп-әдетлерин үйрениў  дөгереклери ис алып бармақта;

       – Өзбекстан  тарийхын, мәдениятын ҳәм тилин үйрениў дөгереклери хызмет көрсетпекте;

       – миллий музыка, аяқ ойын ҳәм кәсип-өнер дөгереклери өз ислерин  кеңейтпекте;

       – миллий байрам күнлерине бағышланған илажлар өткерилмекте, фестиваллар шөлкемлестирилмекте;

       – тарийхый ўатанынан келген сиясий искерлер ҳәм мәденият ўәкиллери  менен ушырасыўлар өткерилмекте ҳ.б.

           Қарақалпақстан Республикасында корейслер ассоциациясы, рус мәденият орайы, қазақ миллий-мәдений орайы, түркмен миллий-мәдений  орайы, украин миллий–мәдений орайы, Қоңырат районы қазақ миллий мәдений орай бөлими хызмет көрсетпекте. Бул миллий-мәдений орайлардың  тийкарғы мақсети Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы түрли миллет ўәкиллери ортасында өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеў, ҳәр бир  миллеттиң өз миллий өзгешеликлери, тарийхый қәдриятлары, үрп- әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўдан ибарат.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жылы 4-майдағы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы орайларында “Дослық үйлери” дүзилди. Усындай Дослық үйи пайтахтымыз Нөкис қаласында 2021-жылы декабр айында пайдаланыўға тапсырылды.

2021-жыл 5-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде “Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. “Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында халқымызға тән кең пейиллик ҳәм әзелий дослық идеялары сәўлеленген. Халықлар дослығы ҳәм улыўма халықлық аўызбиршилик күнин байрам ретинде белгилеўден тийкарғы мақсет инсанлар, халықлар, мәмлекетлер, улыўма алғанда, жәмийеттиң түрли қатламлары ортасында аўызбиршилик, толерантлық, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм дослық байланысларын еле де раўажландырыўдан ибарат.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-июньдеги қарары бойынша, «Халықлар дослығы» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Бул көкирек белгиси менен елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери ортасында миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлық орталығының беккемлениўине мүнәсип үлес қосқан, миллий-мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлери искерлиги нәтийжелилигин асырыў бойынша  мийнет еткен жергиликли ҳәм шет ел шөлкемлери хызметкерлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, исбилерменлик субъектлери, социал тараўдың ҳәм ғалаба хабар ўәкиллери ҳәм де сырт елдеги ўатанласлар сыйлықланады. Көкирек белгиси ҳәр жылы 30-июль – Халықлар дослығы күни қарсаңында салтанатлы түрде тапсырылады.

        Республикамызда 30-июль – Халықлар дослығы күни байрам сыпатында белгилениўи, соның менен бирге «Халықлар дослығы» көкирек белгисиниң шөлкемлестирилиўи елимизде жасаўшы халықлар, миллетлер, жәмийеттиң түрли қатламлары ортасында бирге ислесиў, толерантлық, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм дослық байланысларын және де раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Жуўмақлап айтқанда, миллетлер аралық татыўлық жәмийетимиздиң социал-экономикалық раўажланыўының әҳмийетли факторы болып, мәмлекетимизде миллетине қарамастан барлық пуқаралардың мәплери нызамлы тийкарда кепилленген. Бүгинги күнде миллетлер аралық қатнасықлар тараўында мәмлекет сиясатының әмелге асырылыўы нәтийжесинде елимизде ҳәр бир миллет ўәкилиниң өз ана тилинде билим алыўы, өз мүмкиншиликлерин жүзеге шығарыўы ушын барлық шәраятлар жаратылған ҳәм усы жерде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкили бул бирден-бир ўатанның гүллеп-раўажланыўына үлес қосыўға ҳәм мүнәсип перзент болыўға ҳәрекет етпекте. Salamatsu (talqılaw) 11:54, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Хийўа ханлығы қурамындағы қарақалпақлардың исбилерменлик ҳәм саўда қатнасықлары

[derekti redaktorlaw]

Үлкемиз тарийхында әййемнен белгили болғанындай, саўданың раўажланыўы экономиканың, мәденияттың, улыўма халықтың турмыс жағдайын жақсылаўда, сондай-ақ халықлар ортасындағы байланысты, дослықты беккемлеп барыўда үлкен роль ойнаған.  

Әмиўдәрьяның шеп жағасындағы  қарақалпақлар ҳәзирги Әмиўдәрья, Хожели, Қанлы көл, Шоманай, Қоңырат, Мойнақ районы ҳәм Үстирт кеңислиги, Арал жағалары бурынғысынша Хийўа ханы қол астында қалды. Бирақ Хийўа ханының өзи де Россия патшалығына ғәрезли болып қалған еди.

Қарақалпақ халқының турмысында дийханшылық, шарўашылық, балықшылық, аңшылық ҳәм тағы басқа да хожалық түрлери раўажланған. Сондай-ақ саўда ислери де үлкен әҳмийетке ийе болған. Бул жерде жасаўшы халықлар қоңсы аймақта жасаўшы халықлар менен тығыз экономикалық байланыста болды. Соның менен сиясий ҳәм мәдений раўажланыўы өсип барды. Нәтийжеде халықтың турмыс дәрежесиниң өсиўине, дүнья таныўының кеңейиўине мүмкиншилик туўылды. Әмиўдәрья дельта бойларында жасаған қарақалпақлар хожалығында дийханшылық жетекши орын ийелейди. Олардың қаҳарманлық мийнетиниң нәтийжесинде XIX әсирдиң биринши шерегинде Қәлликөл, Қусхана таў ҳәм Кегейли –дийханшылық оазислери пайда болады[1].

XIX әсирдиң екинши ярымында қарақалпақлар жайлаған жерлерде еки ири Шымбай ҳәм Қоңырат дийханшылық хожалық районы пайда болды. Кейин Таллық ҳәм Хожели районы бөлинип шығады. Улыўма алғанда, XIX әсирде қарақалпақлардың хожалық турмысы бес- Шымбай, Дәўқара, Таллық, Қоңырат, Хожели ҳәм Шорахан хожалық районларында өтеди. Сондай ақ мал шарўашылығы, балықшылық, өнерментшилик, бағшылық ҳәм аңшылық пенен де шуғылланған. XIX әсирдиң ортасында Хийўа ханлығында саўда қатнасының раўажланыўына байланыслы қарақалпақларда саўдаға белсене қатнаса баслады.

Шеп жағалы қарақалпақларды да капиталистлик қатнасықлар нәтийжесинде Хорезим оазисиндегидей саўда раўажлана баслады. Бул жерлерде саўда орайлары болып Қоңырат, Хожели, Гоне Ургенич, Жаңа қалаға жақын жердеги базарларда ҳәптесине еки рет адамлар көплеп жыйналып саўда иследи.

Қурғақлық арқалы өткен  саўда жоллары төмендеги қалаларды байланыстырады. Шымбай, Хожели, Қоңырат, Гөне Ургенч, Хийўа менен. Және бир жол Қоңыраттан Хожели, Гөне Ургенчтен Хийўаға шекем (шеп жағалық бойынша Әмиўдәрьяның). Оң жағалық бойынша Шымбайдан Қыпшақ өткелине, соңынан шеп жағалыққа өтип Маңғыт арқалы Хийўаға. Сондай-ақ Шымбай арқалы  Казалыны Хийўа менен байланыстырған кәрўан жол өтти. Және бир кәрўан жол Хийўа Уральскке Устюрт арқалы Қоңыраттан алыс емес жерден өтти[2].

Хорезм оазиси аймағында жасап атырған халықлардың ишки ҳәм сыртқы байланысында суў жолларынан да кең түрде пайдаланылды. Әмиўдәрья, Арал теңизи ҳәм Сырдәрья арқалы басқа үлкелер менен саўда ҳәм экономикалық байланыслар орнатылды.

Қоңырат, Хожели, Шымбай, Шорахан саўда жағынан үлкен әҳмийетке ийе болды. Қарақалпақстан арқалы Сырдәрья бойларына, батысқа ҳәм Үстирт арқалы Волга бойларына кәрўанлар жүрип турды. Базарларда ҳәптесине еки мәртебе саўда жүргизилип турылды. Базардың халық ушын экономикалық жақтан тысқары мәдений жақтанда әҳмийети үлкен болды. Саўда ислеў менен бирге адамлар көп жаңалықларды базарда еситетуғын еди.

XX әсирдиң ақырында Хийўа ханлығында 20 мыңнан көбирек қарақалпақлар жасаған. Қарақалпақлар көбинше ханлықтың Қоңырат, Шоманай, Хожели бекликлеринде ҳәм Гөне Үргениш әтирапында жасаған. Ханлықтың басқа бекликлеринде жасаўшы қарақалпақлар аз санда болған.

Хийўа ханлығының жәмийетлик сиясий дүзими, 1873- жылдан кейин, патша Россиясы қол астында болған ҳәм оң жағалықтағы Әмиўдәрья бөлимине қарағанда оғада аз өзгерди. Хийўа ханы еледе басқарыў тәртиплерин сақлап қалыў ушын барынша ҳәрекет етти.

Жерден пайдаланыў формасына қарай Хийўа ханлығының халқы жер салығын ҳәр қыйлы дәрежеде төледи. Патшалық жерде ислеген дийхан мәмлекетлик жерди ижараға алған адам иретинде хызмет етти. Олардан алым (өним) егилген жердиң көлеминен алынбады ҳәм ал жыйналған өнимине қарай алынды.

Барлық мүлк жерлер, алым мәселесинде үш түрге бөлинген. Жарлықлы мүлк, мүлк ҳәм атайы мүлк. Жарлықлы мүлк ҳәм мүлк жерлери-жеке меншик жерлери болып есапланады. Жарлықлы мүлк-деп хан алдында қандайда бир атқарған унамлы хызмети ушын патшалық жердиң есабынан өмир бойы пайдаланыўға ханның жарлығы бойынша жеке адамларға берилген жерлер аталған. Бундай ҳүжжетлер хан ҳәм қазы қаланың мөри менен тастыйықланған. Бундай ҳүжжеттиң ийелери жарлықлы мүлкдар деп аталған. Патшалық жердиң есабынан көрсеткен иси ушын жер алсада көп адамлар жарлық алыўға ақша төлемеген. Бундай адамлар тек ханның есап дәптерине жазылып қойыла берген. Бундай жер ийелеўшилер мүлкдар деп аталған ҳәм ал жери мүлк жер деп аталған[3].

Атайы мүлк жерлер- туқым куўып атадан балаға киятырған жерлер. Бул жерлерди ийелеўшилерде барлық мүлкдарлардай үш түрге бөлинген. Бирақ, басқа мүлкдарлардай олар ақшалай жер салығын емес, ал ақшалай хожалық салығын төлеген. Хийўа ханлығында жер ийелеўдиң үшинши формасы ўақым жерлер болды. Ўақым жерлер тәртип бойынша 1/10 есабынан жерсиз дийханларға ижараға берилди. Ўақым жерлерден жыйналған барлық алым (өним) тәртип бойынша толығы менен диний мекемениң қараўына берилиўи тийис болған.

1873- жылдан кейин ханлықтағы қарақалпақлардан алынатуғын барлық салық системасы өзгерди. Бурынғы «салғурт кесме» орнына натурал алым ҳәм ақшалай салық алынатуғын болды. Соның менен бир қатарда Хийўа қарақалпақлары сол ўақытта 40 малдан бир мал закат төледи. Бул салықлар усы күйинде халықтан 1890-жылға шекем алынды. Усы жылдан баслап, хан натурал алымды «шаңарақ пулы» менен аўмастырды[4].

Хийўа ҳүкимети ҳәр үш жылдан «шаңарақ пулы» салығының муғдарын 5 есеге көбейткен. Олардың есабы бойынша усы ўақыт ишинде қарақалпақлардың хожалығы 1/20 есе өсиўи тийис болған. Бул қосымша салық елдиң бийи арқалы бөлистирилген. «Шөп пулы», патшалық жерге мал жайғанлардан алынады деп айтылса да, ҳәтте малы жоқтан да алынған. Барлық натурал алымның ишинде ең аўыры суўғарыў тармақларынан алынатуғын алым болған. Суўғарылып егилетуғын жердиң базасы қарақалпақлардың айырым руўлары тәрепинен қазылатуғын ҳәм суўғарыў каналларының көплеген тараўлары болған. Баслы каналларды тәртипке салыў ҳәммеге тең натурал- алым патшалық қазыў жолы менен белгиленген. Патшалық қазыў қарақалпақлардың аймағында Шоманай, Қыят жарған, Бегжап ҳәм Хан жапларда жүргизилген. Бул жаплардың қазыўы хан тәрепинен басқарылған. Соның ушын да патшалық қазыў деп аталған. Патшалық қазыўды шөлкемлестириў ушын хан өзиниң ҳәмелдарын жиберген, ол сайыпкер деп аталған. Сайыпкердиң қараўында жасаўыл, шыбықшы, мураб ҳәм ҳәр бир белдар келетуғын аўылдың бийи болған. Қарақалпақлар, патшалық қазыўға ҳәр бир үш хожалықтан бир белдар жиберген[5].

Булардан тысқары саўдагерлер ҳәм қалада жасаўшылар базарға шығарып сатқан буйымлары ушын  зәкәт төлеген ҳәм базарда саўда етиў   ҳуқықы ушын кесим «тәкижай» төлеген.

Әмиўдәрьяның шеп жағалығындағы Хийўа ханлығындағы жасаўшы қарақалпақларды ҳәм бул дәўирдеги хожалығының  түрине қарай еки топарға бөлиўге болады. Суўғарып егиўге қолайлы жерлерде жайласқан қарақалпақлар негизинен дийханшылық пенен шуғылланған. Теңиз жағалаўында, дәрья әтирапында жасаўшы қарақалпақлардың хожалығы көп тармақлы болып, шарўашылық, балықшылық ҳәм дийханшылық пенен шуғылланған.

Олардың дийханшылығында егистиң еки түри болған. Ақ егис ҳәм көк егис. Ақ егиске жазлық бийдай, гүзлик бийдай ҳәм арпа киреди. Егинниң қалған түрлери көк егиске жатады.

Шарўашылық аўыл хожалығының әҳмийетли тараўының бири болып есапланған. Мал бурынғы заманлардан баслап қарақалпақларда, олардың турмысының жағдайын ҳәм бай-жарлылығын белгилеўши өлшемли болып есапланады. Қарақалпақлардың барлық жыйнаған тергени, азық-аўқаты ҳәм басқа затларының баҳасы малдың саны менен белгиленген. Ҳәтте, Шоманай дийханшылық оазисиниң қарақалпақлары да Хийўа ханлығын қара мал менен тәмийинлеўшилердиң бири болған. Дийханшылық ҳәм шарўашылық пенен бир қатарда Хийўа қарақалпақларының хожалық турмысында балықшылықта үлкен орын тутқан.

Хийўа қарақалпақларында XIX әсирдиң ақыры- XX әсирдиң басында саўда оғада жақсы раўажланды. Аўыл хожалық өндирисиниң өнимлери жүн, тери ҳәм бир қатар қол өнер затлары менен саўда жасалған. Жергиликли саўдада майда алып сатарлар менен бир қатарда, бул ўақытта қарақалпақлар ортасында жоңышқа тухым, кептирилген мийўе, жүн ҳәм балық пенен көтере саўда жасайтуғын ири саўдагерлер де пайда болды. Балық сатып саўда жүргизиўшилер Қоңырат, Қазалы, Оренбург ҳәм Әмиўдәрья менен Чаржаўға барып, оннан арман темир жол арқалы Россияның орайлық районларынан бояў, қант, шай, тоқымашылық затларын әкелип, саўда ислеген[6].

Хожели, Қоңырат, Гөне Үргениш, Жаңа-қала (Шоманай беклигинде) Хийўа қол астындағы қарақалпақлардың саўда орайлары болған. Базарлар қарақалпақлардың жәмийетлик турмысында үлкен орын тутқан. Қарақалпақ аўылларының күнделик турмысындағы жаңалықлар ҳәм турмыста зәрүрли болған барлық мәселелер усы жерде талқыланған. Усының менен бирге базар қарақалпақлар менен ханлықта жасаўшы басқа халықлардың экономикалық қатнасын күшейтиўге бирден-бир орай болған.

Шымбай ҳәм Қоңырат қалалары қоңсы аймақлар менен саўда байланысында белгили болды. Сыртқа шығарыўда терилер, ат, дийханшылық өнимлери, балық ҳәм тағы басқалар болған. Қаракөл терилери Нижний Новгород ҳәм Москва ярмаркаларына жиберилген. Үлкемиз қалаларында татар, армян, Хийўа, Бухара ҳәм басқа жақтан келген саўдагерлер саўда ислеген[7].

Саўда байланыслары қурғақлықтағы ҳәм суў жоллары арқалы иске асқан. Сонлықтан да жолларға, жол баслаўшы кәрўанбасыларға айрықша дыққат аўдарылған. Жасларды жаслайынан илим үйрениўге, шет тилин билиўге тәрбиялап барған. Қарақалпақлар палыз өнимлерин жетистириўге үлкен кеўил бөлген. Ғәллени олар тек өзлериниң талабын қанаатландырыў ушын ғана емес, ал сатыў ушын да жетистирген. Ғәллени олар биринши гезекте қазақлар менен малға алмаслаған. Қазақ ханларына салықтың бир бөлими ғәллелей төленген. Балықшылар балығын дийханшылық пенен шуғылланатуғын қарақалпақлардың ғәллесине алмаслаған.

Қарақалпақ халқының турмысында саўда да әҳмийетли роль атқарған. Қазақлар менен қарақалпақлар арасындағы саўда алмасыў характерине ийе болды. Мәселен, қазақлар өзлериниң қойын қарақалпақлардың ғәллесине алмаслаған. Қарақалпақ саўдагерлери Бухараның қазақ далаларында саўда жүргизиўинде дәлдәлшилик ролин атқарған; олар сондай-ақ Араллы өзбеклерге, Бухараға ҳәм Хийўаға мал, аң терилерин шығарып, әдеўир көлемде саўда жүргизген. Қарақалпақ саўдагерлери рус қалаларына да барып саўда еткен.

Қарақалпақлар Россия менен байланысларды беккемлеўге ҳәрекет етип, Қазанға ҳәм Уфаға өз елшилерин бир неше рет жибереди. Буған себеп Россия менен экономикалық байланыслардың өсиўи болып есапланады.

Оренбург экспедициясының начальниги И.Кирилловтың жазыўынша: «…тек даңқ ушын емес, ал империяны кеңейтиўге және таўсылмайтуғын байлыққа жол ашатуғын еки уллы ҳәм мәңгилик ис бар. Бириншиси ҳәммеге белгили, Сибирь ҳәм Камчатка экспедициялары, ал екиншиси еле шешилиўин күтип турған… Қырғыз-қайсақ ҳәм қарақалпақ мәселеси болып, ол оғада үлкен әҳмийетке ийе, сонлықтан сәтли ўақытты өткерип жиберместен жигерли түрде күш жумсаўды талап етеди». Қарақалпақларды өз тәрепине өткергеннен кейин ерисилетуғын экономикалық нәтийжени атап көрсетип, И.Кириллов: «Бул халықтың ҳадал пухарашылығынан көп пайда келиўи мүмкин, себеби қарақалпақ халқы дийханшылық пенен шуғылланып, бийдай, тары, арпа жетистиреди ҳәм ғәллени қырғыз-қайсақларға қойға және басқа да малға алмаслайды. Оның үстине олар қол өнери және саўда менен шуғылланады… Олар Сырдәрьяның Аралға жақын жерлеринде жасайды, Россия саўдагерлериниң саўда кәрўанлары ушын тоқтап өтетуғын орынлар салып, бул жерлерден Бухараға, Бадахшанға ҳәм Ҳиндстанға қатнаўға болады…[8]»

Қарақалпақлар өз қоңсылары Араллылар менен, сондай-ақ Хийўа базарларына ири қара мал салып, қызғын саўда жүргизген. Жаңадәрья менен Қуўандәрьяның жоқарғы жағындағы қарақалпақлардың бир бөлими хийўалы саўдагерлер арқалы Россияның ҳәм Бухараның ҳәр қыйлы товарлары менен затларын сатып алып отырған. Соның менен бирге қарақалпақлар өзлерине керекли көплеген затларды, үскенелерди, гезлеме ҳәм темирден исленген затларды Хийўа ханлығындағы елатлардағы базарларда қойға алмастырып алған.

Балықшылардың балық аўлаў ҳәм транспорт қуралларының жоқары дәрежеде болмаўынан, оларда мийнет өнимлилиги оғада төмен болды. Хийўа ханлығын рус патшалығы жаўлап аларының алдында Әмиўдәрьяның төменги жағында ҳәр жылғы аўланатуғын балық шама менен 50000 пудты қурайтуғын еди. Бирақ бул жыллары Е.В.Бунаковтың дурыс жазғанындай-ақ, қарақалпақлар ийелеген арқа Хорезм «ханлыққа ҳәм қоңсылас дийханшылық районларына тийкарғы балық жеткерип бериўши болды»[9].

Қоңыратта, Шымбайда, Дәўқарадағы Қылыш қалада ҳәм Хожелиде балық базарлары болды. Ҳәр жылы қыста Әмиўдәрья қатқанға шекем, дельтадағы Дәўқарадан Чаржоўға 150 ден 300 ге шекем балық жүкленген қайық жөнетилип турды. Тийкарынан сазан, ылақа, сүўен ҳәм көп муғдарда бекире жиберип турылды. Гейде қыста балық түйелерге жүкленип, Бухараға да жиберилетуғын еди.

XIX әсирде қарақалпақлардың өз өнерментлери-темиршилери, ағаш усталары, етикшилери, тоншылары, зергерлери ҳәм тағы басқа да кәсип ийелери болған.

А.И.Бутаковтың атап көрсетиўи бойынша қарақалпақлар жергиликли ҳәм Хийўа темиршилерине сатыў ушын сексеўилден көмир таярлаған. Гүлалшылық кәсиби де раўажланған, оның тийкарғы орайлары Шымбай ҳәм Қоңырат болған[10].

Венгриялы алым Вамберидиң көрсетиўинше «Қоңырат өзиниң сыртқы көриниси бойынша қубладағы қалалардан төмен. Ал енди саўда жағынан жоқары турады. Оған көшпели халықлар оғада көп сандағы мал, май, кийиз, түйе ҳәм қой жүнлерин алып келеди. Оның үстине, Қоңырат ханлықтың басқа жерлери менен Арал көлиниң жағысынан алып келинетуғын қақпаш балық пенен саўда қылады» - деп жазады. Г.И.Данилевский Қоңырат қаласында 1843-жылы болып, бул қалада 315 саўда орны бар деп көрсетеди.  

Қарақалпақларда қатнас жоллары тийисли дәрежеде болмады. Аўылларды бир-бири менен әпиўайы арба жоллар ҳәм соқпақлар байланыстырды.

Ханлықтың арқасында Шымбай, Хожели, Қоңырат ҳәм Гөне Үргенч сыяқлы саўда қалаларын Хийўа менен тутастыратуғын кәрўан жоллары болды. Бир жол Қоңыраттан Хожели ҳәм Гөне Үргенч арқалы Хийўаға дәрьяның шеп жағасынан өтти. Екинши жол Шымбайдан Қыпшақ арқалы жағыстан өтип, Маңғыт арқалы Хийўаға барған. Соның менен бирге Шымбай арқалы Хийўадан Қазалыға баратуғын кәрўан жолы өтти. Тағы бир кәрўан жол Хийўадан Қоңыраттың қапталынан Үстирт арқалы Уральск тәрепке өтти.

Ханлықтағы қарақалпақларда ата мүлки жер ийелеўдиң тийкарғы түри болып қалды. Ўақым жерлер жерсиз дийқанларға ижараға берилди. Бул жерлерди ижараға алған дийқанлар зүрəəттиң тоғыздан бир бөлегин жер ийесине берип отырды. Шеп жағалықта ўақым жерлер көп еди. Мысалы, Моятдин ийшан ҳəм Малик хожаның ҳəрқайсысында бир мың танап меншик жери болды. Ўақым жерлерден алым-салықларды жыйнаў руўханыйлардың қолында болды. Хийўа ханлығында 221127 десятина жерлерге мəдений егинлер егилди. Усы егислик майданның 6,7 проценти қарақалпақлар жасап атырған Хожели, Шоманай ҳəм Қоңырат бекликлеринде егилди[11].

1890-жылға шекем ханлықтағы дийқаншылық пенен шуғылланып атырғанлардан затлай төлеў салығы жыйналып алынды. Бул салық халыққа оғада аўыр болды. Салықтың аўырлығына шыдам бере алмаған көплеген шаңарақлар оң жағалықтағы ағайин-туўысқанларының аўылларына көшип өтиўге мəжбүр болды. Усыған байланыслы Хийўа ханлығының ҳүкимети салық сиясатын бир қанша жеңиллетиўге арналған илажлар қабыл етти. Нəтийжеде салықтың муғдары белгиленди. Енди ханлықтың арқа бөлегиндеги халықлар ушын ҳəр бир шаңараққа 21 теңге, яғный орыс ақшасы менен төрт манат 20 тыйын салық белгиленди. Қазыўға шығыў жумысының мүддети бир қанша қысқартылды. Қарақалпақлардан бул дəўирде жер салығынан басқа малдан да салық-зəкат алынып турды. Оның муғдары дəслепки жыллары қырқ бас малдан бир бас мал болып белгиленген еди, ал 1890-жылдан баслап салықтың бул түри шөп пулы деп аталды. Солай етип, шөп пулы-бир қойға 5 қарабақыр, бир қара малға ярым теңге, бир түйеге бир теңге болып белгиленди1.

Хийўа ханлығы сорамындағы қарақалпақлар аралас хожалық жүргизди. Олар дийқаншылық, шарўашылық ҳəм балықшылық пенен шуғылланды. Қоңыраттың түслигиндеги Шоманай, Гөне Үргениш бекликлери аймақларындағы суўғарылып тийкарынан егилетуғын жерлерди мəкан еткен қарақалпақлар тийкарынан дийқаншылық пенен шуғылланды. Бул топардағылар қосымша шарўашылықты да жүргизди. Ал, теңиздиң жағалаўындағы, дəрья бойларындағы басыў жерлерде жасаўшы қарақалпақлар шарўашылықты, дийқаншылықты, балықшылықты тең жүргизди.

Қарақалпақлардың жасаған жер шəраяты, гоззал тəбияты мал сақлаўға оғада қолайлы болған. Теңиз жағаларында, көл бойларындағы, дəрья алапларындағы отлақлы жерлер  мал жайлаўлары болып хызмет еткен. Әмитўдəрьяның жағаларындағы, оның өзеклериниң бойларындағы, көллердиң əтирапларындағы жасыл отлақлы суў бойлары, қамыслықлдар қара малларға жайлаў болып, маллардың тəбийий от пенен тəмийинленген. Соның менен бирге қарақалпақлар қорада сақлайтуғын маллары ушын от-шөп таярлағын. Олар өз атызларынан өнген бийдай, арпа, тары, салы усаған егинлердиң сабанларын жыйнаған. Жуўериниң шиңгиригин, жоңышқа беделерин, ғаўышларды, қамысларды, боянды ҳ.т.б. от-шөплерди мал оты қылып қыска таярлайтуғын болған. Майда маллар ушын жантақ жыйнаған.                              

Әййем заманлардан баслап қарақалпақлардың экономикалық аўҳалы, турмыс жағдайы, бай-жарлылығы ҳəр бир хожалықтың малының санына қарап белгиленген. Ел ишинде мал байы, дəн байы атағын алған байлар болған. Шарўашылық аўыл хожалығының баслы тараўы болып, саўда байланыслары баслы орынларды ийелеген. Мысалы, Шоманай дийкагшылық алабындағы қарақалпақлар Хийўа ханлығының орайындағы жерлерди ҳəм əтирапларын қара маллар менен тəмийинлеп отырған.

Бул ҳаққында орыс ҳəкимшилигиниң ўəкиллери Гиршфельд ҳəм Галкин: «Шоманай беклиги менен Әмиўдəрья бөлиминиң Шымбай участкасының қарақалпақлары пүткил оазис (Хорезм оазиси) базарларын қара мал менен тəмийинлеўшилер болған»1 - деп жазған.      

Хийўа ханлығындағы қарақалпақлар дийканшылық ҳəм шарўашылық пенен шуғылланып отырып, балықшылық хожалығын да жүргизген.

Халықлар турмысында балықшылық салмақлы орын тутты. Қарақалпақлардың ишинде балықшылыққа бейим қəўим- уўрулар болған. Айрықша Қоңырат арысының балғалы, ашамайлы, қыят ҳ.т.б. ууруўларының халықлары балықшылықты тийкарғы кəсип еткен. Олар ушын балықшылық азық-аўқат ҳəм табыс табыўдың негизги дəреги болып есапланған. Балық аўлаған балықшылар күнделикли аўқатынан аўысқан балықларын жыйнап қойды, олар дийқаншылық өнимлерди алмастырды ҳəм оннан аўысқанын сатты. Дəрья жағалаўларындағы дийқаншылық пенен шуғылланыўшы аўыллардың халықлары да балық аўлаған. Бирақ, олар балық аўлаўды кəсип етпеген, тек қолы бос ўақытлары аўлайтуғын болған.

Шеп жағалықтағы қарақалпақлардың балық аўлаў əсбаплары  əпиўайы, атам заманнан қиятырған қураллар еди. Сол себепли олар балықты тек сайыз көллерде ҳəм дəрьяның тасқан ўақытларында дөреген өзеклерде ғана аўлап отырған. Ал, балық теңиз ишине, тереңге кеткен ўақытларында балықшылықты ўақытша тоқтатып басқа жумыслар менен шуғылланған.

XIX әсирде Хийўа ханлығында товар қатнасықларының раўажланыўына байланыслы қарақалпақлар аўыл хожалығы, мал шарўашылығы ҳәм балықшылық өнимлерин ханлықтағы қалаларға алып барып, саўда исине белсене қатнаса баслады. Шеп жағадағы қарақалпақлар өзлериниң ғәлле, мал ҳәм балығын Хийўа, Хожели, Қоңырат ҳәм басқа да қалаларға сатты. Ал усы қалалардан Россия, Хийўа ҳәм Бухара товарларын сатып алды. Шеп жағадағы Қоңырат, Хожели, Қыпшақ, Маңғыт ҳәм оң жағадағы Шымбай, Шорахан сыяқлы қалалар қарақалпақлар, қазақлар, өзбеклер ҳәм түркменлер ушын үлкен саўда әҳмийетине ийе болды.

Қарақалпақлар қалаларға саўда жасаў ушын ҳәптесине еки рет болатуғын базар күнлери келген. Узақ базар ҳәр жума күни, қысқа базар – дүйшемби күни болатуғын еди. Базарда саўда азаннан кешке шекем даўам ететуғын болған. Қарақалпақлар базарға сыйыр, қой, жылқы, түйе, бийдай, жүўери, тары, балық, ерик, жийде, ыдыс-табақ, палыз өнимлерин, өсимлик майын ҳәм тағы басқаларды алып келген.

Қарақалпақлар Хийўаға сексеўил ҳәм сексеўил көмир, ири қара мал ҳәм балық алып барып, саўда жасайтуғын еди. Олар ғәлле ҳәм балық сатыў ушын Сырдәрьяның төменги жағынада баратуғын еди.

Базар қарақалпақлардың турмысында тек экономикалық жақтан ғана емес, ал мәдений жақтан да үлкен роль ойнады. Сонлықтан да қала турмысының ири орайға айланыўында базарлар айрықша орын ийелейди. Екиншиден, халық турмысын көрсетиўде базар менен белгили болған. Себеби базар сол жерде жасап атырған халықтың турмыс жағдайын көрсетиўши айна есапланған[12].

XIX əсирдиң ақыры –XX əсирдиң басында Хийўа ханлығы қурамындағы қарақалпақлардың экономикалық турмысында саўда белгили орын тутты. Қарақалпақлар өзлери өндирип шығарған затлары менен саўда исин оғада жақсы раўажландыра алған. Саўдаға тийкарынан аўыл-хожалығы өндирсиниң өнимлери шығарылып отырған. Саўдаға жүн, тери  ҳəм бир қатар қол өнериниң затлары шығарылатуғын болган. Усы жылары Хожели, Қоңырат қалаларында өнерментшилик кушли раўажланған. Бул дəўирде майда саўдагерлер жергиликли саўда менен шуғылланды. Соның менен бир қатарда қарақалпақлардың арасынан көтере саўда менен шуғылланыўшы ири саўдагерлер өсип жетилискен. Олар жоңышқа туқым, кептирилген мийўе өнимлери, жүн, балық пенен көтере саўда ислеген. Балық сатып саўда ислеўшилер Коңырат, Қазалы, Оренбург жерлеринде балық сатқан. Саўдагерлер Әмиўдəрья арқалы Чаржаўға шекем балық алып барған ҳəм темир жол арқалы Россияның орайлық районларына балық өнимлерин апарып сатқан1. Хийўа ханлығы базарларында өнимли болған затларды алып келген. Усы бағдарда саўда қызып, адамлардың мүтəжлери питкен. Сол жағалықтағы қарақалпақлардың саўда орайлары  Қоңырат, Гөне –Үргениш, Шоманайбеклигиндеги Жаңа қала болған. Бул қалаларда ҳəптесине еки мəрте базар болып əтираптағы халық келип турған. Жума базары узын базар деп аталған. Базар қарақалпақлардың жəмийетлик турмысында оғада əҳмийетли болды. Базар күнлери усы үлкениң алыс-алыс аймақларындағы ағанийлер, тамыр –таныслар бир-бири менен базарда ушрасып апақ-шапақ болар еди. Аўыллардағы жаңалықларды, күнделикли турмыстағы өзгерислерди еситип олар өз-ара пикирлескен. Соның менен бирге базарлар арқалы қарақалпақлар ханлықтағы басқа халықлар менен экономикалық қатнасықларды орнатқан[13].

1873-жылга шекем саўда көпшилик жағдайларда алмасыў арқалы иске асырылған. Бул саўда қатнасы ерте заманлардан қарақалпақлардың турмысынан кең орын алған еди. Мысалы, малды ғəллеге алмастырған. Саўын маллардың сүтинен өнген өнимлерге-торақ, сары май, қурт ҳ.т. басқларға мийўе өнимлерин, қаўын-ғарбызларды ҳ.т.б. затларды алмастырып, саўда ислеп отырған. Россияның Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан кейин ел ишинде ақша қатнасы кең ен жайды.

Базар қаланың қала болып қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында, халықтың көбейип барыўына, басқа аймақлар менен байланыстың күейиўине, усы арқалы халықтың экономикалық ҳәм мәдений турмысының өсип барыўына түртки болған. Сондай-ақ, базар халықлардың турмысында ерте ўақытлардан баслап, пүткил бир халықтың байлығын, сол халықтың арасындағы исбилермен адамлардың искерлигин көрсететуғын, улыўма халықтың абырай даңқын белгилеп беретуғын әҳмийетли орын болып есапланады. Соның менен бирге базардың тағы бир функциясы, халықтың жыйналып өз-ара сәўбетлесиў орны да болып хызмет атқарған. Саўда жумысларын питкерип болғаннан кейин, чайханада отырып жаңа хабарларды еситкен, базардағы ҳәрекетлер ҳаққында, баҳа ҳәм тағы басқаларды билип отырған. Сонлықтан да базар үлкенге де, кишиге де тийисли, зәрүрли әҳмийетли орын болды. Базаршылар арасында пикир алысыўлар, кеңесиўлер, нәсият тыңлаўшылар, тәўиплерден даўа таўып, шершилерден дәри дәрмақлар алатуғын орын болып есапланған. Бул ҳаққында үлкемизге келген А. Е. Россикова «Орта Азия базары халықтың турмысында үлкен роль ойнап, бул тек экономикалық қатнаста ғана емес, ал үлкен ҳәм киши жастағылардың ақыллылық ҳәм әдеплилик жағынан театр, клуб орнын ийелейтуғын, жәмийетлик жыйналатуғын орын» - деп көрсетеди.

Базар күнлери базарда порханлар, тәўиплер болған. Масқарапазлар, дәрўазлар ойнап халыққа тамаша көрсеткен. Базарлар сатылатуғын өним түрлерине қарай қолайлы орынларға жайласқан. Мысалы, отын базары, мал базары, балық базары, ғәлле базары ҳәм тағы басқа. Мал базары қала сыртында жайласқан. Себеби қаланың тазалығына да итибар берилген. Ҳәр базардың затты тәртипке салыўшы басшылары болады.        

Бийбазар күнлери Шымбай ҳәм Қоңырат қалаларында дүканларда саўда турақлы түрде жүрип турды. Соның менен бирге ири аўылларға керекли товарлар арбаларда, түйелерде ҳәм каналлар арқалы қайықларда алып барып сатылған[14].

Қарақалпақстанның экономикасында аўыл хожалығы өнимлери менен саўда жасаў әҳмийетли орын тутты. Саўданың өсиўи биринши гезекте капиталистлик қатнасықлардың раўажланыўына байланыслы болды. XX әсирдиң басында Қарақалпақстандағы аўыл хожалығының тийкарғы тараўлары (пахташылық, жоңышқашылық, мал шарўашылығы) анаў яки мынаў дәрежеде товар айланысына тартылды. Саўда ҳәптесине еки рет болатуғын базарларда өтетуғын еди. Сол жағадағы қарақалпақлар жасайтуғын районларда -Хожелиде, Қоңыратта, Маңғытта қызғын базарлар болды. XX әсирдиң басында усы атап өтилген базар пунктлери тек жергиликли халық-өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлер ҳәм қазақлар арасында ғана емес, ал Россия саўдагерлери менен де жүргизилетуғын орайларына айланды. Олардың арасында Хожели ҳәм Қоңырат қалалары ең ири саўда орайлары болды. Дийханлар дийханшылық ҳәм мал шарўашылығы өнимлерин сатып, ал түскен ақшаларына гезлеме және шай, қант, ун сыяқлы азық-аўқат затларын, аўыл хожалығы қурал-сайманларын ҳәм тағы басқа затлар сатып алатуғын еди.

Аўыл хожалығы ҳәм мал шарўашылығы өнимлери (пахта, жоңышқа туқым, жүн, тери ҳәм т.б.) өндириўшилердиң қолына өтип, ири саўдагерлердиң қолында топланып, ең соңында оазистен шетке шығарылыў алдында рус фирмаларына қараслы үлкен сақлаў орынларына жыйналып көтере саўда жолы менен жөнетилетуғын еди.

Нөкис ҳәм Хожели базарлары ҳаққында А.Е.Россикова «Бурын Нөкис базарларында күнделикли турмысқа зәрүрли барлық нәрсени табыўға болатуғын еди… Барлық керекли нәрселер ҳәптесине еки мәртебе болатуғын Хожели базарынан алып келинеди» - деп жазады. 1909-жылғы Сырдәрья ўәлаятының ҳәр жылғы шығарылып турылатуғын мағлыўматында Әмиўдәрья бөлими бойынша 8 базар көрсетиледи. Ал шеп жағалықта қанша базар болғаны айтылмайды[15].

Қарақалпақстан пахтасы «Кавказ ҳәм Меркурий», «Шығыс жәмийети», «Россия жәмийети» ҳәм «Надежда компаниясы» жәмийетлериниң транспорт компаниялары арқалы Әмиўдәрья флотының қайықлары менен баржаларында Чаржоў қаласына жеткерилип, ал оннан арман темир жол арқалы алып кетилетуғын еди. Әмиўдәрья бөлиминде пахтаны сатып алыў менен «Үлкен Ярослав мануфактурасы», «Ағайинли Крафтлар», «Кнопп», «Ағайинли Мануиловлар» ҳәм «Саўда-санаат сериклиги» фирмаларының ўәкиллери шуғылланды. Олардың ҳәр бир завод қапталында бир неше склад орынлары болды, сатып алынған пахта усы заводларда тазаланып, оннан кейин қайта сатылатуғын еди.

Қарақалпақстаннан шетке жиберилетуғын товарлардың тийкарғы бөлегин пахта, жоңышқа туқым, пиллешилик өнимлери, ийленбеген мал тери, ийленген қой тери, май, жүн, қаракөл тери, гилем ҳәм көплеген басқа да затлар қурады. Ҳәр жылы бөлимнен пахтадан тысқары ҳәр қыйлы товарлар жөнетилетуғын болған. Тек 1899-жылы ғана бөлимнен Россияға 95 мың манатлық тери, 65 мың манатлық жүн жиберилген еди. Пахта менен тери Москва ярмаркасына, жүн орта Волга бойы қалаларына, жоңышқа туқым Гамбург қаласына, ал оннан ары Арқа Америкаға, гилем Туркияға, сарымай Бакуге, балық Оренбургқа жиберилген[16].

Пүткил Орта Азия сыяқлы Қарақалпақстан тек аўыл хожалығы шийки затлары базасы болып шекленбестен, ал соның менен бирге ол санаат өнимлери; мануфактура (шыт ҳәм басқа да гезлеме), шай, қант, ийирилген жип, лампамай, металл, темир буйымлар, былғары ҳәм қурылыс материаллары және тағы басқа затлар сатылатуғын әдеўир түсиримли базар хызметин де атқарды.

Қарақалпақстанда товарлы пахташылық пенен жоңышқашылықтың раўажланыўы санаат кәрханаларының пайда болыўына алып келди. Бирақ пахташылық Қарақалпақстанды рус санааты өнимлерин сатыў базары ретинде ҳәм капиталистлердиң фабрикалары менен заводларына шийки зат жеткерип бериўши ретинде күш пенен сақлап турыўға ҳәрекет етти. Россия саўда санаат капиталы бул жерде тек аўыл хожалық шийки затын, биринши гезекте пахтаны дәслепки қайта ислеўши кәрханаларды ғана дүзди.

Хийўа ханлығында 1914-жылы 30 пахта тазалаўшы ҳәм 4 май шығарыўшы завод болды. Қарақалпақстанның сол жағалық районларының аймағында 13 пахта тазалаў заводы болып, Қыпшақта 2, Маңғытта 4, Хожелиде 4, Қоңыратта 2, Қытайда 1 еўи ислеп турды.

Бул кәрханалардың барлығы оғада майда ҳәм техникалық жақтан төмен еди. Бирақ әҳмийетли жери, олар ең артта қалған ҳәм орайдан оғада узақта жайласқан үлкеде салынып ислеп атырғанлығы ҳәм оларда турмыс жөнинде жаңа көз-қараслар қәлиплесе баслаған жаңа адамлар өсип атырылғанлығы болды. Бул рус жумысшы ўәкиллери менен бирге ислейтуғын жергиликли жумысшылар еди.

Солай етип бул дәўирде Қарақалпақстан халқының социал-экономикалық турмысында әдеўир өзгерислер орын алды. XX әсирдиң басында аўыл хожалығы өнимлери менен саўда жасаў кең раўажланды. Товарлы пахта, жоңышқа туқым ҳәм мал шарўашылығы өнимлерин жетистириўде мийнеттиң бөлиниўи қәлиплесе баслады. Завод ийелери менен алып сатарлар, жаңа базарлар пайда болды. Ишки ҳәм сыртқы саўда өсти ҳәм санаат кәрханалары раўажлана баслады.

1873-жылга шекем саўда көпшилик жағдайларда алмасыў арқалы иске асырылған. Бул саўда қатнасы ерте заманлардан қарақалпақлардың турмысынан кең орын алған еди. Мысалы, малды ғəллеге алмастырған. Саўын маллардың сүтинен өнген өнимлерге-торақ, сары май, қурт ҳ.т. басқларға мийўе өнимлерин, қаўын-ғарбызларды ҳ.т.б. затларды алмастырып, саўда ислеп отырған. Россияның Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан кейин ел ишинде ақша қатнасы кең ен жайды.

Хийўа ханлығы аймағының базарлары россиялық базарлар менен қатнасыққа түсти. Әлбетте, бул патшалықтың коллониялық сиясатының тəсири еди.

Хийўа ханлығында өз ақшасы ҳəрекет етип турды. Олар гумис теңге, гумис тилла, пухта тилла (алтын) пул деп аталды. Гумис теңге сол дəўирдеги орыстың 20 тийиынына барабар болған1. Саўда айналысында жүрген гумис тилла (киши тилла деп те аталған) орыслардың бир сом 80 тийинына барабар болған, ямаса 9 теңге менен тең болған. Ал, пухта тилла 18 теңгеге барабар болған. Бирақ ол сийрек гөзлесетуғын еди. Ақшаларды усақлаў ушын пул хызмет еткен. Бир теңге 32 пулдан ибарат болып2, ақшаларды майдалаў ушын ҳəм алыс –беристи тəмийинлеў ушын зəрүр болған. Сол жағалықтағы қарақалпақлар ҳəм басқа да халықлар Россия капитализмниң тəсирине өтти. Бул үлке жоңышқашылықты раўажландырыў орыс капиталистлериниң мəплерине сəйкес келди. Усы мақсетке тийкарланып XIX əсирдиң екинши ярымында Закаспий темир жолы салынды. Бул темир жол Арал теңизиндеги суў жолы, Әмиўдəрья суў жолы, Ташкент, Оренбург жоллары Қарақалпақстанның ишки районларын Россияның орайлық санаат районлары менен байланыстырды[17]. Солай етип, Россияның мəпин гөзлеген колониаллық сиясат үлкеде толық үстемлик сүрди.              

Хийўа ханлығы аймағының базарлары россиялық базарлар менен қатнасыққа түсти. Әлбетте, бул патшалықтың коллониялық сиясатының тəсири еди.

Россия империясының саўда-санаат капиталы Әмиўдəрьяның еки жағасынан көп көлемли жер алабын ийелеў ушын концессиясын ҳуқықларын алыўға киристи. 1912-жылы инженер Гржегоржевский Хожели, Гөне Үргениш ҳəм Ақтөбе районларындағы 400 мың десятина жерлерин концессияға алды. 1913-жылы Гөне Үргениш əтирапындағы халықлардың жерлеринде князь Андронников пенен атақлы финансист Путиловқа тийисли «Лаўазан» акционерлик жəмийети дүзилди. Ағайинли Сафарянцтың саўда үйи Хожели беклигинен 2633 десятина жерди концессияға алып, дийқанларға ижараға берди. Усы жылы Хожели, Қыпшақ, Порсы ҳəм басқа да дəрья жағалаўындағы жүз мың танаптан аслам жерлер россиялық концессияларға алынды.

        Усы жыллары пахта сатып алыў ислери менен шуғылланыўшы «Үлкен Ярослав мануфактурасы», «Крафт», «Кноплар» ҳəм «Ағанийли Мануиловлар» фирмалары, жəне де пахтаны тасыў ислери менен шуғылланыўшы «Шығыс жəмийети», «Кавказ ҳəм Меркурий», «Россия жəмийети» ҳəм «Надежда компаниясы» сыяқлы саўда-санаат бирлеспелериниң топарлары менен фирмалары концессияларға белсене қатнасқан.

Хийўа ханлығы басып алынғаннан кейин оның ғәрезсиз мәмлекет сыпатындағы әҳмийети жоғалды. Оның тәғдирине байланыслы барлық мәселелер Россия императорының қолына өтти. Ханлықтың Россия менен экономикалық байланыслары Хийўадан Оренбургқа, сондай-ақ Манғышлақ ҳәм Красноводскке өткен кәрўан жоллары менен жүргизилетуғын еди. Хийўа ханлығы Россия менен темир жоллар арқалы еле тутаспағанлығы себебинен кәрўан ҳәм Әмиўдәрья, яғный суў жолы транспорты үлкен әҳмийетке ийе еди. 1869-жылы жүдә көп пахта талшығын жүклеген кәрўан Красноводсктен жолға шықты. Соннан кейин кәрўандағы пахтаның көлеми ҳәр жылы аса берди. Егер 1870-жылы Россияға Хийўа ханлығынан жиберилген пахта 50 мың пуд болған болса, 80-жылларда бул көрсеткиш 150-200 мың пудқа, ал 1915-жылы 900 мың пудқа жетти.

Қурғақлық арқалы өткен саўда жоллары төмендеги қалаларды байланыстырады. Шымбай, Хожели, Қоңырат, Гөне Ургенч, Хийўа менен. Және бир жол Қоңыраттан Хожели, Гөне Ургенчтен Хийўаға шекем (шеп жағалық бойынша Әмиўдәрьяның). Оң жағалық бойынша Шымбайдан Қыпшақ өткелине, соңынан шеп жағалыққа өтип Маңғыт арқалы Хийўаға. Сондай-ақ Шымбай арқалы  Казалыны Хийўа менен байланыстырған кәрўан жол өтти. Және бир кәрўан жол Хийўа Уральскке Устюрт арқалы Қоңыраттан алыс емес жерден өтти[18].

Хорезм оазиси аймағында жасап атырған халықлардың ишки ҳәм сыртқы байланысында суў жолларынан да кең түрде пайдаланылды. Әмиўдәрья, Арал теңизи ҳәм Сырдәрья арқалы басқа үлкелер менен саўда ҳәм экономикалық байланыслар орнатылды.

Пахта саўдасы ҳәм оған санаатлық жақтан дәслепки қайта ислеў негизинен рус капиталистлериниң қолында еди. Жергиликли буржуазия әззи болып, тек дәлдәлшылықты атқарыў менен ғана шекленетуғын еди.

Россия мәмлекети менен жүргизилип атырған саўданың өсиўшилигин төмендеги салыстырыўдан да билиўге болады. Егер Хийўа ханлығының Россия менен пүткил бир жыллық саўда ислериниң көлеми 1858-1867-жылларда 803 мың сомды қураған болса, биринши жер жүзи урыс қарсаңында бул 33 млн 400 мың сомнан ибарат болды. Негизги алып шығылатуғын өним пахта болды. Оннан кейин жипек ҳәм қара көл тери туратуғын еди. Пахташылықтың раўажланыўы рус капиталының ханлыққа кирип келиўине кең жол ашып берди. Көплеген саўда фирмалары ҳәм коммерция банклери жүзеге келди.

XIX әсирдиң 80-жылларында Хийўа ханлығының тарийхында биринши мәртебе дәслепки санаат кәрханалары пайда болды. 1909-жылы Рус-Азия банкиниң қәрежети менен Хийўа ханлығында барлығы болып 81 санаат кәрханасы қурылды. Заводшылар арасында жергиликли байларда пайда болды[19].

Сол жағадағы қарақалпақлар жасайтуғын районларда -Хожелиде, Қоңыратта, Маңғытта қызғын базарлар болды. XX әсирдиң басында усы атап өтилген базар пунктлери тек жергиликли халық-өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлер ҳәм қазақлар арасында ғана емес, ал Россия саўдагерлери менен де жүргизилетуғын орайларына айланды. Олардың арасында Шымбай, Петро-Александровск, Хожели ҳәм Қоңырат қалалары ең ири саўда орайлары болды. Дийханлар дийханшылық ҳәм мал шарўашылығы өнимлерин сатып, ал түскен ақшаларына гезлеме және шай, қант, ун сыяқлы азық-аўқат затларын, аўыл хожалығы қурал-сайманларын ҳәм тағы басқа затлар сатып алатуғын еди.

Солай етип бул дәўирде Хийўа ханлығы қурамындағы қарақалпақлардың социал-экономикалық турмысында әдеўир өзгерислер орын алды. XX әсирдиң басында аўыл хожалығы өнимлери менен саўда жасаў кең раўажланды. Товарлы пахта, жоңышқа туқым ҳәм мал шарўашылығы өнимлерин жетистириўде мийнеттиң бөлиниўи қәлиплесе баслады. Завод ийелери менен алып сатарлар, жаңа базарлар пайда болды. Ишки ҳәм сыртқы саўда өсти ҳәм санаат кәрханалары раўажлана баслады.


[1] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[2] Сейтимбетов М. Қарақалпақлардың дәстүрий жол қатнасы қураллары тарийхынан. ҚМУ «Хабаршысы» №3.Н.2009

[3] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[4] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[5] Көрсетилген дерек

[6] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[7] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[8] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[9] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[10] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[11] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

1 Қарақалпақстан АССР тарийхы, 1989.

1  Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[12] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

1 Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[13] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[14] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[15] Қудияров А.Р. Өзбекстанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы. Н.2010

[16] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

1  Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

2 Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Қарақалпақстан ХIХ әсирдиң екинши ярымынан ХХI әсирге шекем. Нөкис,»Қарақалпақстан», 2003

[17] Көрсетилген дерек

[18] Сейтимбетов М. Қарақалпақлардың дәстүрий жол қатнасы қураллары тарийхынан. ҚМУ «Хабаршысы» №3.Н.2009

[19] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003 Salamatsu (talqılaw) 12:02, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақлардың жүргизген хожалығы

[derekti redaktorlaw]

Қарақалпақлар ҳәм олардың әййемги ата-бабалары өзлериниң күн көрис хожалық турмысында хожалықтың балықшылық, шарўашылық, дийханшылық тараўларынан ибарат болған комплексли  түрлери менен шуғылланып келген.

Усындай хожалықтың комплексли түри менен шуғылланыў қарақалпақларда XVII-XVIII әсирлерде Сырдәрьяның төменинде, Жаңадәрья, Қуўандәрья бойларында ҳәм оннан Әмиўдәрьяның төменине қайта көшип келгеннен кейин де даўам етиледи. Қарақалпақлар жери Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның қуяр жеринде  жайласқанлығы себепли хожалықтың қурама (аралас) түри менен шуғылланды. Олар ярым отырықшы турмыс кеширип-дийханшылық, мал-шарўашылығы ҳәм балықшылық пенен шуғылланды.

Қарақалпақлар суўғарыў ислерин көп заманлардан берли билетуғын  еди. Соның ушында олар үлкен ирригациялық қурылыслар ислеп  Сырдәрья ҳәм оның   тармақлары болған Қуўандәрья ҳәм Жаңадәрьялардан суў алып жерлерин суўғарып турған. 1740-жылы усы жерлерде болған Оренбург полкиниң   поручиги Д.Гладышевтиң мағлыўматларында қарақалпақлардың суўғарыў ислерин жақсы билетуғынлығы ҳәм дийханшылық  пенен  шебер шуғылланатуғынлығы көрсетилген.1

С.П.Толстов2 қарақалпақ халқының Сырдәрья Қуўандәрья ҳәм Жаңадәрья бойларында XVIII-XIX әсирлерде пидәкерлик мийнет пенен   улкен ирригациялық қурылыслар ислегенин, яғный жаңадан  узсыннан-узақ каналлардың, көп санлы жап  салмалардың  қазылғанлығын, оғада үлкен бөгетлердиң ислегенлигин көрсетти.

Қарақалпақлардың дийханшылық районлары Сырдәрьяның төменги бөлегин, оның теңизге   қуяр жерине дейин ҳәм Қуўан, Жаңадәрьялардың   алапларын өз ишине алған.

Қарақалпақлар  ғәлле егип оны тек өзлериниң ишип жеўи ушын ғана емес, сатыў ушында егип алып  атырған. Оны қоңсылас қазақларға сатқан  ямаса малға аўмастырған. Ғәлле менен бир қатарда палыз егинлерин де еккен.

Мийнеткеш қарақалпақ халқы бул жерлерди өзлестирип, каналлар қурып тез арада бул жерлерди гүлленген дийханшылық оазисине айландырып жибереди. Олардың бул жетискенликлеринен Хийўа ханлары пайдаланып, сиясий ҳәм экономикалық жақтан зулым өткерип отырды. Әсте ақырын қарақалпақлар Хийўалылыардың сиясий ҳәм экономикалық системасына киритиле басланды, көп санлы феодал аристократ басқарыўшылардың басшылығында дийхан пухара халықты езиў усылы қатаң енгизилди. Усы барлық қыйыншылықларға қарамастан қарақалпақ халқы көп әсирлик тарийхқа ийе болған өндирис усылын, мийнет сүйгишлигин ҳәм тәбиятқа қарсы гүресиўдеги турақлылығын, өзиниң еркин сүйерлигин, душпанға қарсы гүресиўдеги бирлигин, өзиниң терең тамырға ийе халық мәдениятын жойтпады. Әмиўдәрья дельтасындағы ашықлық майданлардан қарақалпақларға берилген жерлер ҳәм олар тәрепинен үлкен қыйыншылықлар менен өзлестирилген бул жерлер ханның мүльклери есапланды, олардан пайдаланғанлығы ушын үлкен салықлар ҳәм ҳәр түрли мәжбүриятларды орынлаў керек болды. Соған қарамастан қарақалпақлар ирригация ҳәм мелиоративлик тәжрийбелерин үнемли пайдалана отырып, жергиликли тәбийий-хожалық жағдайлардағы қыйыншылықларды жеңип бул жерлерди ислеўди даўам етти[1].

«Бул халық – 1820-ж. Муравьев былай жазады, - дийханшылыққа байланып қалған». 1868-ж. газета мақалаларының биринде былай делинген «Бул халықтың тийкарғы ҳәм жалғыз шуғылланатуғын кәсиби - дийханшылық»; «мийнет сүйгишлиги себепли барлық қарақалпақ жерлерине жақсы ислеў берилген, ҳәм ҳеш қандай кемшилик сезилмейди, шығыр менен суўды көтеретуғын жерлеринде де[2]». Дийханшылықтың раўажланыў менен хожалықта шарўашылықтын роли азайды. XIX-ә. қарақалпақлар тек дийханшылық пенен шуғулланды, айырым ўақытлары шарўашылық пенен. Себеби жайлаў жерлер көлеми азайды, пишен орыўға айрықша дыққат аўдарған, жоңышқа өндирилген. Дийханшылық жумыслары ўақтында қараүйлерди атызлардың қасларына қурған, ал қыста  туркмен ҳәм қазақ топылысларынан қорғаныў ушын бекинис жерлерге қурған. Хийўа ханлары қарақалпақларды бул ҳүжимлерден қорғаўдың ҳеш қандай илажын көрмеген; керисинше туркмен көсемлерин қоллап-қуўатлаған, ҳәм олар арасында миллий наразылықларды келтирип отырған.  Айрым қарақалпақлар турмысында балықшылық тийкарғы роль ойнаған. 1824-ж. рус бақлаўшысы былай дейди: «қарақалпақлар көбинесе балық жейди, айырымлары тек соның менен күнелтеди». Кишкене қайықларда теңизге балыққа барған. Ағысларда ҳәм көллерде пүтин бир балықшылық аўыллары болған, оның жайлары суўда қалқып турған ағаштан исленген қурылмалардың үстинде орналасқан. Қосымша жергиликли адамларды, саўдагерлер кәрўанларын дәрьялардың, көллерден қайықлар менен өткерип хызмет қылған.

Өнерментшилик өндириси әсте раўажланған. XIX-ә. Екинши ярымында да тек хожалық ушын керекли болған затлар өндирилген, солардың тек аўсықлары ғана базарға сатылған. Қарақалпақлар қағаз материалларын, гилем, қарүй ушын алашалар, түйе жүнинен гезлеме тоқыған, ағаш затларды (қарүй, арба, қайық бөлеклерин) соққан, тери, ер, кийиз - әпиўайы ҳәм нағыслы, айыл, жүўен ислеген. Қарақалпақ халық әмелий көркем-өнер тараўы әдеўир жетискенликке еристи – қарүй қапыларындағы ағашқа ҳәм басқада затларға нағыс ойыў, гилем тоқыў, кестешилик, қымбат бахалы тағыншақлар өндириў.

XIX-ә. қарақалпақлардың ҳәкимшилик орайы болған Шымбай қаласы ең әхмийетли базарға айланды. Қала бир бай қарақалпақтың ҳәўлисиниң дөгерегинен пайда болды. Бул жерде саўдагерлерден ҳәм диний адамлардан басқа турақлы жасайтуғын халық болмаған, көпшилик халық ўақытша тек саўда ушын келип кеткен. Шымбай Хийўа ханлығы менен суў жолы арқалы байланыстырып турған, ҳәм Россия байланысқа қолай жолда, географиялық жақтан қолайлы жерде жайласыўына байланыслы саўда орайына айланды. Затлар жаңа Үргенчке шекем ҳәм басқа жақларға суў арқалы жеткерилген. Оннан басқа бул жерден оны басқа қалалар менен байланыстырып турған суў жоллары кесилискен. Шымбайда саўда бәндиргилери көп болған, келген қонақлар ушын базар қасында кәрўан сарай болған.

XIX-ә. Биринши ярымында қарақалпақлар еле патриархал-урыўлық турмыстың көпшилик тәреплерин ескирген халында сақлап қалған. Қарақалпақлардың қәўимлерге, урыўларға бөлиниўи турақлы түрде сақланған. Қытай, қыпшақ, кенегес, манғыт биригип үлкен Он төрт урыў арысын дүзген, Екинши арыс – Қоңырат еки бөлимге: шүллик ҳәм жаўынғыр; шүликке 8 қәўим: ашамайлы, қолдаўлы, қостамғалы, балғалы, қәндекли, қарамаойын, қыят ҳәм мүйтен кирген. Жаўынғыр киширек болып, олда бирнеше урыўларға бөлинген. Урыўлық бөлиниў суў ҳәм жерден пайдаланыўда анық көринген. Қәўимге тийисли болған жерлер урыўлар ҳәм оннан киши бөлимлер арасында бөлистирилген (тийре, көше)[3].

Суўғарыў жаплары урыў күши менен қазылған ҳәм әдетте сол урыўдың аты менен аталған (мысалы, Аралбай-жап, Қыят-жап ҳ.т.б.). Маллар жеке мүльк болған, бирақ улыўма урыўлық тамға менен белгиленген ҳәм улыўмалық жайлаўда жәмәәтлик ис деп биргеликте бағылған. Қарақалпақлардың жайласыўы урыўлық бөлиниў менен байланыслы болған, ҳәр бир аўылдың халқы белгили бир урыўға ямаса урыўлық бөлимге тийисли болған. Қарақалпақлардың шаңарақ турмысында да ески дәстүр, үрп-әдетлер бар еди. Неке қатнасықларында экзогамия – урыў ишинен қыз алыспаў қатаң сақланды; шаңарақтағы ўақыялар менен байланыслы үрп-әдетлерде (баланың туўылыўы, келин той, намаз ҳәм садақа) пүткил урыўлық аўыл қатнасты, айырым ўақытлары басқа аўылдағы урыўласларда қатнасқан. Мархумларды тек белгили бир урыўдың қойымшылықларына жерлеген, онда әдетте әўлийе бабалардың мазарлары болған. Патриархал турмыстың қалдықлары раўажланып баратырған феодаллық қатнасықлар менен уйғынласып ҳәр түрдеги патриархал-феодал эксплуатацияның пайда болыўына тийкар жаратып берди. Жер менен суў тек атына ғана урыўға тийисли еди. Феодаллар тәрепинен жәмәәтлик жерлерди басып алыў процессии күшейген еди. XIX-ә. Хийўа ханлары ҳүжжетлери соннан дерек береди, қәўим ҳәм урыўлардың улыўма суўғарылатуғын жерлери, бий, жүзбасы, молла, ишанлар ҳ.т.б. жеке жерлеринен киши болған. Жерлер дийханлардан экономикалық қысым арқалы ямаса салық өндириў арқалы тартып алынған. Социаллық бөлиниўшилик күшейеди. Жеке меншик жерлер арасында ең ирилери 15 мың танаб болған. Әпиўайы дийханлардың суўғарыў жерлери 1-2 танаптан аспаған. 1871-1872-жж. мағлыўматларға қарғанда қарақалпақлар арасында маллардың бөлистирилиўинде тенлик болмаған. Ҳеш қандай малы болмаған жарлылар болған, ҳәм мың бас қара малға ҳәм 1500 қойға ийелик еткен байлар болған. Солай етип қарақалпақ жәмийети тек сыртқы көринисте урыўлық характерге ийе болған. Бул аймақлық, қоңсышылық жәмәәт еди, оның ишинде теңсизлик, класслық қатламласыў ҳүким сүрди. Жерсиз ҳәм аз жерге ийе болған дийханлар өз аўылының феодал-урыўлық басшыларына қуллыққа түсип қалған; өзиниң урыўласына жәрдем көрсетиўди көзоба қылып жәмәәттиң бай ағзалары оларға белгиленген шәрт пенен жер берген – шарымшы болыўы шәрти менен; олар менен егиншерик те болған, алынған өнимниң азғана бөлими ушын олар дийханшылықтың барлық жумысларын ислеген; улыўма гедейлесип қалған дийханлар байлардың тек атызларында емес, ал үйлеринде де хызмет еткен. Көп сандағы малға ийе болған байлар «саўын», «майына» деп аталатуғын дәстүрлерден пайдаланып оларды ҳәдден тыс жумсап отырған, яғный малдан саўын ҳәм жумысшы күши ретинде пайдаланғаны ушын жумыс ислеп берген. Қарақалпақ қәўимлерин басқарыў рәсмий түрде бийлердиң ҳәм ақсақаллардың қолында қалды, бирақ олардың хуқықлары ҳәм еркинлиги шекленген еди. Хан бийлерди бекиткен, ҳәм оларға қәўимлерди басқарыў жарлығын берген.

Өзек ҳәм арналардан суўды жаплар арқалы, ал  жаптан салмалар арқалы суў алып атызларды суўғарған. Суўдың  аз болған жыллары өзек, арна, жаплардан суўды шығыр арқалы атызларға суў жиберген. Қарақалпақлар қайыр жерлерди де, яғный өзектиң көлдиң жағаларында, дийханшылық етип пайдаланған, соның менен қатар суў алып қайтып кеткен жерлерге де егин   егип отырған. Ирригациядағы ең   аўыр жумыс бул қазыў болған. Ол жумысты тийкарынан мийнеткешлер   атқарған, қазыў ўақтында көп  адамлар өлип кеткен. Жасаўыллар  қазыўшыларды уратуғын болған[4].

Дийханшылық қураллары жүдә әпиўайы болған. Жерди үш мүйешли пазна салған гүнде менен сурген, тегислеў  ушын  ағаштан мала ислеген. Гүндеге де малаға да еки өгиз жеккен. Дәнди орақ пенен орып алған.Қарақалпақлар ғәлледен, бийдай, салы, арпа, жүўери, тары, мәш, мәкке, лобия, май алатуғын егинлерден-гүнжи, кендир, жоңышқа палызлы егинлерден, қаўын, ғарбыз, асқабақ, гешир, пияз ҳ.т.б. еккен.XIX-әсирдиң орталарында қарақалпақлар   пахта да еккен. Ол азырақ Шымбай жағында көбирек Қоңырат Шорахан тәрепинде егилген[5].

Қарақалпақлардың дийханшылығының суўдың көплиги ямаса азлығынан басқа  ерте қыраў, түсиў ҳәм шегиртке деген де   қыйратып кететуғын бәлелери болған. Бул жерлерде бағшылық пенен де шуғылланған. Ерик, алма, шабдал егилген. Әсиресе жийде көп болған. Жийде  аўқаттың көп түринде қолланылған. Соның менен бирге қарақалпақтың аўылларында ақ терек, ақтал, қаратал деген ағашлар көп егилген. Дәрья, өзек бойларында, айырым атаўларда жийи –жийи тораңғыллар, жийделер өскен тоғайлар да көп болған[6].

Хожалықтың екинши түри бул мал-шарўашылығы болып, олар тийкарынан қарамал сақлаған. Оларда қой түйе, жылқылар  қазакларға салыстырған да аз болған. Қарамал тек жазда   ғана  жайылып жүрип отлай алатуғын болғанлықтан, оған қысқы от сабан, қамыс жүўериниң пақалларын яғный шиңгирикти таярлаў керек болған, сонлықтан қарақалпақлардың  мал-шарўашылығы дийханшылықтан ғәрезли болды. Мал-шарўашылығын жургизиўдиң тәртиби қарақалпақларда бурынғыдай падаларындағы бас мал ири қарамал болған. Соның менен бирге олардың хожалығында жүн, гөш, сүт, алыў ушын көп санда қой, ешки де сақлаған. Көлик ретинде жумсаў ушын  ат ҳәм түйе сақлаған. Дийханшылық ҳәм мал-шарўашылығы менен бир қатарда балықшылық та үлкен  әҳмийетке ийе болған. Арал теңизи, Қаратерең, Дәўқара көллери Әмиўдәрьяның қуяр жеринде пайда болған мыңсан еки көллер, Хорезм ойпатындағы  ең үлкен балық кәнлери болып есапланады. Балықты қармақ шанышқы ҳәм аў менен   услаған. Балықшылар суўда жүриў ушын   кемеден, салдан пайдаланған. Балық елден тысқарыға да сатылған. Қарақалпақлар ушын  аңшылықтың да бир қанша әҳмийети болды. Олар қырғаўыл, кийик ҳәм түлки услайтуғын  еди[7].

XVIII әсирдиң 40 жылларына келип қарақалпақлар, қоңсы казахларға қарағанда аз санлы болған. Араллы өзбеклерде сан жағынан көп болмады. Биз үйренип атырған дәўирде қарақалпақлар хожалығы оларды қоршаған орталыққа яғный қумлы дала кеңислигине байланыслы көшпели мал шарўашылығына бейимлести. Деген менен қарақалпақлар жайласқан айрым районларда (Түркистан қаласы әтирапы) таў дәрьялары бар, өнимдарлы топыраққа байланыслы егиншилик ҳәм қала турмысы раўажланған.

Бирақ төменги Сырдәрья аймағында егиншилик бир тәрептен дәрья суўларының тереңирек жайласыўынан ямаса ығалдың көпшилигинен батпақлы далалардың пайда болыўы нәтийжесинде қыйыншылық пенен иске асырылды. Деген менен Арал бойы Сырдәрья тармақларында жасаған қарақалпақлар белгили дәрежеде XVII ә баслап-ақ егиншилик пенен шуғылланыўға  мүмкиншилик алған. Бул аймақта жасаған қарақалпақлар жасалма суўғарыў системаларынан пайдалана билди. Суўғарыў тармақларының айырымлары XII-XIV әә Алтын Орда заманында-ақ пайдаланған еди. Қарақалпақлар олардың қалдықларын қайтадан тамырлап, өзлестирди[8].

Улыўма алғанда XVII-XVIII әсирлерде-ақ қарақалпақлар өзлерниң мийнети менен суўғарыў траўында техникалық ҳәм шөлкемлестириўшлик ислери нәтийжесинде хожалық турмысында табысларға ерискен.

Өзлериниң егиншилик өнимлерин қарақалпақлар қоңсы жайласқан казахлар мнен мал шарўашылық өнимлерине аўмастырған. Егиншилик хожалығы менен бирге Арал бойында жайласқан қарақалпақлар мал шарўашлық хожалығы менен де шуғылланған. Бирақ қоңсы көшпелилерден олардың айырмашылығы қарақалпақларда ири шақлы қарамал өршитилген, бул шарўашылық түри бурыннан-ақ көшпели дала қәўимлерине онша тән емес.

П.И.Рычковтың мағлыўматы бойынша қарақалпақ ири қарамалды жергилкли саўда да ҳәм Хийўа базарларына айдап апарып сатқан. Атап айтқанда П.И.Рычков өзиниң этнографиялық мағлыўматында қарақалпақларда “егиншилик бар, жылқы оларда көп емес, керисинше ири шаклы қарамал жүдә көп оларды олар өзлеринде ҳәм қоңсы жерлерге сатады. Ҳәттеки Хийўаға сатыў ушын айдап барады.. Олар ылайдан тикленген қалалар (қорғанлар)ға ийе олардан олар киргиз-қайсақлар шабылыўынан қорғанады, ал қыста Арал теңизи жанындағы қонысзарларға кетеди. Бундай болғанда да, олар әскерий адамлар болмағанлықтан, тынышлықты сүйиўши олар тәрепинен (қырғыз-қайсақлардан) көп талапатлар көреди”[9].

XVIII әсирдиң қарақалпақлардың этнографиялық тарийхы ҳаққында В.Н.Татищевта жазып қалдырған. Ол қарақалпақлардың хожалығы ҳақында былай жазады: Қарақалпақлар үлкен аўылларда Арал теңизи бойларында жасайды, бул Сырдәрьяның арқа тәрепи араллыларға дейинги аралықта. Оларда егиншилик ҳәм шарўашылық раўажланған.

Бирақ XVIII ә қарақалпақлар ҳәм араллылар ҳаққында хожалық турмысы жөнинде жазған Гладышев ҳәм Муравинлер есапланылады. Олардың «Көрсетпе» түриндеги қосымшаларында (әсиресе Муравин) қарақалпақлардың хожалығы жөнинде баҳалы мағлыўматлар бар. Бул көрсетпелерде дельталарға тән егиншилик, дәрья тармақларында суўғарма жайлар балықшылыққа қолай атаўлар сөз етиледи[10].

Атап айтқанда Ол халықлардан қарақалпақлар егиншилик пенен шуғылланады. Қумлы, қайырлар жер, дәнди көллер, дәрьялар бойларына себеди, олар ойпатлықлар болып сүриўге қолайлы, тары көбирек егиледи. Атызларға суўды каналлар арқалы жибереди. Қарақалпақлар теңиз бойлап кишкене желқомлы үш саженли қайықларда Араллыларға барады, Сырдәрья қуйылмаласынан Уллы дәрья (Үлкендәрья) да жүзип жүреди” деп жазады. “Қарақалпақлар, Хийўа, Бухара ҳәм Араллылар менен түлки, қорсақ қарамаллар менен саўда жасайды. Муравинниң көрсетпелерине қосымшалардың бири “Қарақалпақлар ҳақкында жазыў” деп аталып оның мазмуны этнографиялық  характерге ийе[11].

Бул дереклерде этнографиядан басқа хожалық өнерментшилик, саўда ҳәм қалалар ҳаққында мағлыўматларды жәмлестириўши дәслепки дереклерден есапланылады.

Хожалық турмысы ҳаққында мағлыўматлар төмендегидей дереклер менен толықтырылады. Қарақалпақлар хожалығында: “… өгизлер жәрдеминде жерди айдайды, көл дәрьялардан суў жиберип егисти суўғарады, көбирек өгиз жегилген арбаларда жүреди, арбалар еки дөңгеликли. Бул үлкен дөңгелеклер еки ярым, үш аршын бийикликте. Ҳайўанлардан жылқы, қой, ешки, қарамал бар.  Түйелер аз ушырасады”.

Солай етип XVIII әсирге тийисли жазба дереклерде Арал бойында жасаўшы көшпели, ярым отырықшы, отырықшы халықлардың тийкарғы хожалық турмысы жөнинде мағлыўматты ушыратамыз.

XVIII-XIX әә басларындағы жазба дереклерди тарийхый талқылаў жасағанда бул жерде Хийўа ханлығы ҳаққындағы мағлыўматларға да тоқтап өтиў керек. Себеби Арал бойы ҳәм Хийўа ханлығы халқының турмыс дәрежеси, хожалығы, қалалар мәдениятының уқсаслығы көп.

Муравин дүзген «қырғыз-кайсақ, қарақалпақлар, араллылар ҳәм қарақалпақ, хийўалылар олардың күн-көриси ҳәм кийим-кеншеклери ҳақкында” деген журнал дәптеринде 1740 ж ноябрьдеги Хийўа бақлаўларын арнаўлы жазған. Хожалық турмысы жөнинде Муравинниң Гладышев пенен дүзген арнаўлы хатында да жазылады.

Муравин өз жазыўларында жергиликли халықлардың хожалығы турмысы ҳаққында мағлыўматлары бир-брине салыстырыўға ҳәрекет еткен.

Мысалыға қарақалпақлар ҳаққындағы жазыўларында булардың “дәрья, көл бойларында төменшик қайырларда бийдай, арпа, тары егип” қарақалпақ дийқаншылығының араллылар ҳәм хийўалыларда болатуғынын бирақ соңғыларда “қарақалпақларға қарағанда” көпшилигин ҳәм өнимдарлығын көрсетеди. Журнал дәптерде “араллылар бақшаға ийе, онда ғарбыз, қаўын, қабақ, қыяр (тәрнек) гешир, шалғам, чеснок ҳәм буршақ (лобия, мәш) өндирилетуғынын жазады.

Буларданда көбирек баў-бақша, мийўе өнимлерин хийўаллыардың жетистиретуғынын айтып жоқарыда көрсетилген өнимнен басқа гүриш, жүўери, гүнжи, пахта, темеки, капуста, алмурт, алма («алмурт и анар»), жүзим, тут, жийде, габдал («шепталу»). Муравин бир неше ирет хийўалыларың дийқаншылығы ҳәм бақшылығы жасалма суўғарыўға негизленгенин айтады. Суўды каналлардан («воду напусчают каналами») жибереди, өгиз жәрдеминде сүреди, ат ҳәм өгизлерди арбаларға жегеди деп жазады. Муравин сондай-ақ Хийўалыларда дигирман қаразлар, өгиз, ат түйелер жәрдеминде ҳарекетке келетуғынын билдиреди.

Муравин казак ҳәм түркменлердиң «дийқаншылық (дақыл) пенен шуғылланбайды» деген мағлыўмат қалдырған. Хийўалылар сондай-ақ жипекшилик пенен шуғылланып «жипекти наўқан қуртлары тутағашын жасайды, оны саўдагерлер көбирек саўдаға шығарады» деп атап өткен. Муравин мағлыўматларында хийўалылардың оқ дәри таярлайтуғынын оған керекли шийки зат сера (күкирт) Бухарадан сатып алатуғыны айтылады[12].

XVIII-XIX әә мағлыўматларында Арал бойы халықларның саўда қатнаслығын арнаўлы сөз еткенин көремиз. Арал бойы халықлары қәдим заманлардан  саўда ҳәм мәдений қатнасларын жүргизген. Бул жердеги халықлар ишки ҳәм сыртқы саўда қатнасларын раўажландырды.

Муравин жазыўларының айрықша пункти жергиликли саўда ислерине арналған. Онда Арал бойы жерлериндеги саўда ислерине тән өзгешеликлер атап өтиледи. Бәринен де бурын Муравин  қарақалпақларда өзиниң базарлары жоқлығын атап өтеди. Олар өз товар өнимлерин (шарўа маллары, түлки корсақ терилерин) араллылар Хийўа, Бухараға апарып сататуғынын айтады.  Араллылар “өзинде саўда жасайды” бирақ оларда жоқарыдағы өнимлерди Хийўа ҳәм Бухараға жөнелтген, апарған. Муравин жазыўларында Хийўа саўдасының бирқанша жанлы жүргизилетуғынлығы атап өтиледи. Хийўа ишки саўдадан басқа Бухара Астрахань қалаларынан саўдагерлер келип, алыстан “Шемаха товарларын оларға әкелген”. Шемаха бул Азербайжандағы саўда өнерментшилик орайларының бири. Хийўалылардың өзи Персия, Бухара, Россияға барған жипек пахта гезлемеси қағазы, жергилкли кушакларды сатқан[13].

Қарақалпақлар ҳәм араллылардың еркек кийимлери қызыл белбеў орнына әпиўайы арзаны менен алмасқан. Бай араллылар белбеўлеринде булаттан исленген қанжар тағылып, сабы ақ балық сүйегинен исленген яхонт, алмаз бенен безелди, ал қанжар қыны алтын, алтын жалатқан гүмис ҳәм жасыл түрдеги териден турды. Қарақалпақ ҳаялларының кийимлери қазақ хатынларына уқсады. Бас кийимлери ажыралып кеткен. Қарақалпақ ҳаял-қызларының бас кийими гүмис мыстан безелген, ҳасыл таслар менен әшекейленеди. Араллылар ҳаялларының бас қийими дөңгелек түрде болып Россиялылар ҳаялларына уқсас чепчик кийип үстинен ақ бяз орамал менен жабылған. Бирақ араллы ҳаяллар бархат, жипек гезлемелерден де пайдланған. Муравин пикиринше араллы ҳаяллар байрақ бас кийим шапан кийген. Хийўалы еркеклерде бай, қымбат кийим кеншек пенен араллылар ҳәм қарақалпақлардан ажыралып турған[14].

Солай етип биз Муравин жазбаларында араллылар, хийўалы ҳәм қарақалпақлардың өнерментшиликке тән кийим-кеншеклер менен ажыралған. Олардың үстки кийимлеринде пайдаланған тағыншақ безеўлер, қарыў жарақ түрлери Арал   бойы халықларының XVIII ә өнерментшилик тарийхынан мағлыўмат аламыз.

Араллылар ҳәм қарақалпақлар ҳаққында әсиресе саўдасы жөнинде қосымша мағлыўмат беретуғын және бир дерек бул М.Д.Чулковтың (1743-1792 жж) жети томлық “Россия саўдасы тарийхын тәрийиплеў” атамасындағы мийнети есапланылады. Бул көп томлық китаптың екинши китабында Россия империясының Оренбург қаласы арқалы дала көшпели халықлары менен Хийўа ҳәм Бухара қалаларына саўда жасаў ислерин таныстырыўға бағышланған.

М.Д.Чулков қарақалпақ халқының жайласыў орны, олардың сиясий жәмийетлик аўҳалы, саўда ҳәм елшилик қатнаслары тарийхта аты бар шахслар, Арал теңизи бойында қарақалпақлардың Россия пуқаралығына өтиўдеги сиясий ҳәм тарийхый жағдайы ҳаққында тәрийиплеп жаза билген. Оның исенимли жазыўы бойынша Арал теңизи арқалы қайықлар менен қарақалпақларға ҳәм аралылларға барыўға болады теңизден шығып Уллы дәрья (Әмиўдәрья) шекем жүзип Хийўа ҳәм Бухараға оданда ары (яғный Термез) тәрепке жүзиў мүмкин деген мағлыўматты қалдырып Қарақалпақларға Арал теңизин айланып өтип барыўға да болады деп жазады[15].

Арал бойы халықларының өнерментшлиги тарийхын соң XIX әсирдиң биринши ярымында бул жерлерге келген рус ҳәм европалылар да жазады. 1753 жылы Оренбургтан үлкен саўда кәрўаны Хийўаға атланды, оның қурамында Самаралық саўдагер Данил Руковкин болған, кәрўан Оренбург-Уральск-Сарайчик-Үстирт–Анбар қорғаны-Шават-Хийўаға бағдары бойынша келип кейин Сырдәрья арқалы қайтады.Д.Рукавкин мағлыўматын («Описание») Я.В.Ханьков, Н.И.Веселовский ҳәм баса да илимпазар пайдаланған[16].

Оның топлаған мағлыўматында араллылар ҳакқында дереклер толығырақ берилген. Бул деректе бурын айтылғандай-ақ араллылар Хийўа ханлығы менен жақын қатнаста болып, онша көп болмаған халық, Араллыларда алтын рудасы бар, лекин олар оны қайта ислеўди билмейди, араллылар татар тилинде түркмен диалектинде сөйлейди, жазда олар көшип жүреди, дийқаншылық пененде шуғылланады, қыс айларында қара үйлер ҳәм жертөлелерде жасайды деп көрсетеди.

Сырдәрьяның арғы тәрепинде бир Аралда олардың «Арал» деп аталған қаласы бар деген деректи ушыратамыз. Бул дәўирде Арал бойы халықларының хожалығы, мәденияты, қалалары ҳаққында азы-кем мағлыўматты биз Филипп Ефремовтың тоғыз жыллық (1774-1782 жж) саяхаты, Мендияр Бекчурин (1780 ж) ниң Оренбургтан Бухараға барған саяхаты ҳәм тағы басқада әдебий дереклерден аламыз. Бул Россиялы мағлыўматлар бир-бирин толықтырады. Усы мағлыўматлар арасында Г.И.Данилевский саяхаты ҳаққындағы жазыўлар Арал бойы халықлары тарийхын үйрениўге жаңа материаллар береди. Оның «Хийўа ханлығы ҳаққындағы очерк» деп аталған китабында Хийўа, Үстирт ҳәм Арал бойындағы халықлардың тарийхын үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе. Онда Шымбай, Хожели, Қоңырат қалалары ҳаққында мағлыўматлар бар.

Шымбай ҳәм Қоңырат қалалары қарақалпақ ҳәм қазақлардың административлик орайы есапланған. Араллы өзбеклердиң арасында Хожели қаласында үлкен әҳмийетли болған. Бул қаланың әтирапында қоңсы халықлар менен бирге қарақалпақларда орналасқан. Шымбай қаласында үлкен сарай, бир жүз елиў дүкан, Қоңыратта үш жүз елиў дүкан, Хожелиде бир жүз елиўден артық дүкан орналасқан[17].

Қоңырат базарындағы дүканларда базар күнлеринен басқа күнлерде ҳәм мудамы саўда болып турған. Улыўма бул қалалар ишки ҳәм сыртқы саўдада үлкен әҳмийетли есапланады[18].

XIX әсирдиң биринши ярымындағы Арал бойы халықларының хожалық қала саўдасы, мәдений жағдайы жөнинде Н.В.Ханыков (1841-1842 жж) А.И.Бутаков (1858 ж) Игнатьев мағлыўматлары қосымша дереклер береди.

Н.В.Ханыков 1841-1842 жж Б.Ф.Бутенов миссиясы қурамында сегиз ай даўамында Бухара да болып бул жердеги халықлар ҳаққында толық мағлыўматлар береди. Бунда өзбеклер, тәжиклер, араблар ҳәм қазақ, қарақалпақлар жөнинде айтылған. Қызылқум, Қарағатай, Жиззах, Урартепа тәрептеги қарақалпақлар түйе сүтинен жылқы сүтинен қымыз таярлаған. Бул айырым аймақларда жасаған қарақалпақлардың қоңсы көшпелилерге ҳәм олардың хожалық турмысы менен өз-ара байланыста болғанын көремиз.


1  С.Камалов. А.Қощанов. Қарақалпақстан тарийхы. Нөкис. 1993.

2 С.П.Толстов. По древним дельтам окса и Яксарта.- М., 1962.

[1] Камалов С.К. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[2] Камалов С. XVIII әсирдеги қарақалпақ-рус қатнасықлары. H.1966

[3] www.kungrad.com

[4] Сарыбаев К.С. История орошении Каракалпакстана. Н.1997

[5] Қаракалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[6]  Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[7] Мамбетуллаев М. Туребеков М. Қарақалпақстан тарийхы. Н.2011

[8] www.ziyonet.uz

[9] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[10] www.ziyonet.uz

[11] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[12] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[13] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[14] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[15] Тлеумуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-начале XX вв. Н.1993

[16] Көрсетилген дерек

[17] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[18] Сайманов С. История города Кунграда. Автореф. дисс.канд.ист.наук. Н.2001 Salamatsu (talqılaw) 12:05, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

XVIII әсирдеги қарақалпақлардың қалалары

[derekti redaktorlaw]

XVIII-XIX әә биринши ярымында Арал бойында жасаўшы халықлардың қала мәденияты жөнинде мағлыўматлар Россия, Европа авторлары жазып қалдырған. Арал бойларында қәдимги заманларданақ қала мәденияты раўажланған. Қала мәденияты отырықшы халықларға ғана көбирек тән.

Жазба дереклерде (Муравин) Арал бойы халықларының жайласыў территориясын жаза отырып, айырым қалалар жөнинде де мағлыўмат береди. Муравин араллылардың жайласыў орнын атап өтип Шахтемир қаласы ҳаққында жазады. Бул қала сол ўақыттың өзинде «гөнерип қулап ылашық қара үйлерден басқа қурылыслар болмаған». Ал халық массасының көпшилиги «көшип-қонып, қара үйлерде жүзден бес жүзге дейин» орналасады. Бирақ халықтың көпшилиги «Улыдәрьяның жоқарғы оң тәрепинде каналлар бойларында да орналасады» деген мағлыўматы Арал әтирапы халықлары қарақалпақлар, араллылар отырықшыларға тән жай қурылыслар; қалалар, қорғанларға ийе екенлигин билиўге болады[1].

Екинши қала Қоңырат болған Гладышев ҳәм Муравинниң бирге дүзген ҳүжжет есабында Хийўа ҳәм оазистеги басқа қалалар ҳаққында да мағлыўмат бар. Бул дереклерде Азия қалаларының бир-бирине уқсаслығы айрықша атап өтиледи.

Мысалыға қорғанлар бирдей қурылып «ылайдан,  ағаш қададан тикленип еки ҳәм қалыңлығы алты вершок (1 в=4,4 см), узынлығы бес шерек (0,25 м) кирпич тәризли пахсалардан тикленген, бийиклиги бес сашиннен (өлшем) 2 аршын (0,71 м) ға дейин төртмүйешли. Қаланы айланып дийўаллар болып, төбе бетинен тис тәризли безеўлер менен күшейтилген, бул адамды қорғаўға бағышланған. Сондай-ақ мүйешлерде минар башня («Бутки») жасалған.

Изертлеўшилер Хийўа қаласының жайлар санын айтпасада, бирақ қала көшелериниң өзине тән белгилерин атап көрсетеди: «жай қурылыслары ылайдан тикленген, көше бойлап жайласады, төбелери бирдей. Шарбақлары жоқ, ҳайўанатлары қала сыртында услайды, қала жайлары қасында қара үйлерде бар. Көшелер тар, еки сажаннен артпайды».

Хийўа қаласы планы (дүзилиси) Назимов тәрепинен алынады, онда қала дийўалларының профилиде сол ўақытлары сызылған. Я.В. Ханыков тәрепинен баспада жәрияланған планда қала әтирапында канал боған, оған Әмиўдәрьядан суў түскен. Қала дийўалларында бир ғана дәрўаза боған, ол шығыс тәрепинде жайласқан ол канал менен шекленген, көпир арқалы өтип ишке зәңги текше менен түскен. Қала ишиндеги бир ғана кең көше дәрўазадан басланып хан сарайына дейин барған, жасаў кварталлары жиңишке көше (переулок) лер менен бөлинип турған. Кварталлар ҳәм дийўал арасында бағ орынлары болған[2].

Муравин дүзген жол журналында Хийўадан басқа «Ургенч, Адарус (Хазарас), Бетняк (питнек), Ақсарай «қалаларын айтады. Улыўма бул деректе жергиликли адамлардың мағлыўматына сүйенип он бир қала барлығы айтылады.

Улыўма алғанда XVIII-XIX ә биринши ярымында көплеген қалалар болған. Олардың көпшилиги Хийўа Жаңа Ургениш әтирапларында жайласқан. Арал бойы әтирапларында қала мәдениятының излери бул заманлары онша раўажланбаған. Изертлеўшилер Қоңырат, Шахтемир қалаларынан басқа да елатлары болғанын жазады[3].

Қоңырат қаласы Арал әтирапындағы ески қалалардың бири. Қоңырат қаласы әтираптағы елатлар менен суў, қурғақлықтағы жоллар менен байланысып, саўда мәдений орайға айналған.

Қоңырат қаласы Үстирт арқалы өтетуғын гүзар жол менен Қазақстан, Россия, Кавказ халықларына мәдений саўда байланысларын, әййемги дәўирлерден баслап жүргизген. Жергиликли халықларға  Европадан киятырған елши, саўдагер ҳәм басқада жолаўшылар Қоңырат қаласы арқалы Гөне Үргениш, Хийўа, Самарқанд, Бухара ҳәм Орта Азияниң басқа ири қалаларға, орайларына, елатлы орынларға өнерментшилик өнимлерин апарған ҳәм әкелген. Қоңсы жерлерден әкелинген өнимлер ишки ҳәм сыртқы базарларға шығарылып отырған. Сондай-ақ Орта Азиядағы базарларға, Қазақстан далаларындағы Волга бойындағы қалалардың, халықлардың ўәкиллери келип турған. Олардың дәслепки келген базары Қоңырат қаласы болып есапланған. Өз нәўбетинде Қоңырат қаласының өнерментшилери саўдагерлери Россия еллерине әсиресе қубла Урал, Волга бойы қалаларына барып саўда сатлық ислеген. Бул жағдай Қоңырат қаласын үлкен саўда ҳәм санаттың орайына айландырған[4].

Соның менен бирге Қоңырат қаласы ҳәр қандай сиясий, тарийхый ўақыялардың орайы. Орта Азияға киятырған ҳәр  қандай киши саўдагер, саяхатшы Қоңырат қаласына келген. Сондай-ақ Қоңырат қаласы өз душпанларына қарсы гүреслерде, халықтың азатлық ҳәрекетниң орайына айналған. Қоңырат қаласы турғынлары араллылар, қарақалпақлар Әмиўдәрья, Арал әтирапындағы басқада халықлар менен узақ ўақыт өз алдына бийликте жасаған. Ол ҳәкимликтиң орайы Қоңырат қаласы болған[5].

Қоңырат қаласы сиясий ўақылар менен тығыз байланысын төмендеги мысаллардан көриўге болады.XVIII ә араллылар қарақалпақлар менен бирликте Хийўа ханына турақлы қарсылас болып турды. Өзлериниң ғәрезсиз жасаўы ушын ҳәрекет етти. Ҳәттеки өз араллыларынан яғный араллылардан, қарақалпақлардан хан көтерди[6].

Айрым ўақытлары Арал бойы адамлары Хийўа тахтынада ҳәкимлик етиўге умтылды, буған қарсы Хийўалылар әскерий жүрислар жасады.Арал бойы адамлары ҳаққында жазба дереклерде: «бул далаларда (Хийўа ҳәм Маңғышлақ арасы) еки халық ўәкиллери жасайды, бири қарақалпақлар ямаса қоңыратлар».

1714 ж Ядгар хан ўақтында «хан Меккеге зияратқа кеткенде араллы өзбеклер көтерилиске шығып қарақалпақ төре (патша әўлады) лериниң бири Ешим Султанды әкелип оған ант етти. Хийўа ханы оған еки мәрте жүрис қылды, оған қарсы әскерлер жиберди. Бәринде де күшли урыслар болды..» Ешим Султан өзиниң орайы етип Қоңырат қаласын белгилейди. Кейинги хан Шерғазы (1715-1728 жж) ўақтында да Ф.Беневини мағлыўматы бойынша араллылар және көтерилген. Ол «… Шерғазы бәрҳама Бухара ханына қарсы (Абул Фаизға) адамларды қозғады. Ҳәттеки өз ханына қарсы шыққан өзбеклер оны өлтирип орнына Шерғазыны да қоймақшы болды. Өз гезегинде Абулфайз Шерғазыға қарсы араллыларды қорғайды. Соңғылар  хийўалылар менен бирге он төрт жасар Тимур-Султанды хан таярлайды»[7].

1753-ж Хийўада болған Данил Рукавкин былай деп мағлыўмат береди: «1728 ж тутқындағы руслар, араллылар жасырын түрде келисип қалаға топылса (араллылар) ханды өлтиретуғынын айтады. Руслардың ҳәрекети еки перс қызтеке (евнух) тәрепинен алдың-ақ иске асырылған. Рус илимпазы Н.И.Веселовский  пикирлеринше Шерғазыхан сол ўақытта араллылар менен урыстан соң Шах-Темир (Темур Султан) тәрепинен өлтирилген. Бул пикирди Д.Гладышевта тастыйықлайды. Ол «Шерғазыхан бир неше жыл бурын Аралллылар тәрепинен өлтирилди» деп жазады[8].

Хийўада Илбарсхан ўақтында (1728-1740 жж) араллылар Шах-Темир ҳәм оның тәрепдарлары Ширдали бий қарақалпақлар менен бирге хийўалы ларды қыйратқан. Тек ғана 1735 ж Шахтемирди өлтиргеннен кейин араллылар ҳәм қарақалпақлар Элбарсхан тәрепинен бағындырылды. 1793-1794 жж Хийўада болған саяхатшы майор Блакенагель Арал ҳәкимиятлығының Хийўадағы жийи-жийи бөлинип шығыўы бул жерлердиң бөлек жайласыўына алып келди. Хийўадан бөлиниўге ҳәрекет етиў хийўалылар ҳәм қоңыратлылар арасында тез-тез тоқнасыўларға алып келген деген мағлыўмат береди[9].

Жуўмақлап айтқанда жазба деректеги мағлыўматлар XVIII ә Қоңырат қаласы Арал ҳәкимиятлығы ғана емес, ал Хорезм оазиси тарийхында белгили хызмет атқарғанын көремиз. Соның ушында академик В.В.Бартольд» Қоңырат XVIII-ә ақырында үлкен әҳмийетли елат болды, ол орта әсирлердеги Гөне Үргенштиң, Хорезмдеги әҳмийети менен теңлеседи» деп жазады[10]. Солай  етип Қоңырат қаласы XVIII-XIX әә биринши ярымындағы Арал бойы қала мәдениятының үлгиси есапланады.

Арал бойындағы және бир ири қала Шахтемир болған. Шахтемир ҳәзирги Шымбай әтирапында жайласқан деген пикир бар. Шахтемир Шымбай арқалы XVI-XVII әә оң жағадағы Әмиўдәрья да әҳмийетли болған Кесе жол саўда жолы өтип ол қарақалпақларды Қазахстан ҳәм Россия менен тутастырған. Шахтемирде XVI ә баслап усы әтираптың саўда өнерментшлик ҳәм административлик орайы боған. Дәслеп Шахтемир 1625 ж қәлиплескен Арал ҳәкимлигиниң орайы боған, ал XVIII ә (1734 ж) Әмиўдәрьяның шығыс бассейнинде жайласып (Кегейли бойында) үлкен қалаға айналған. Бул сол ўақытларға тән қорған болып, жергиликли халықлар душпан қәўип дөнген ўақытта жыйналып, қорғанатуғын орны болған[11].

Жазба дереклерде XVII ә ақырында маңғытлар тәрепинен Қарабайлының батыс тәрепинде Манғыт қала, ол Кегейли бойынла Шахтемир қорғаны қурылған деп жазады.

XVI-XVII әә де-ақ Шахтемирдиң қурылғаннан археологиялық дереклерде тастыйықлайды.1643- ж Абулғазы Арал ҳәкимлиги ханы болған соң Шахтемир айтылады. Аралдан соң ол Хийўаға ийелик етти. 1741 ж бул жерге келген Гладышев ҳәм Муравин уллы дәрьядан (Әмиўдәрья) 53 верст (бир шақырым км) қашықлықта жайласқан деп жазады. Усы қашықлықта Шымбай жайласқан. Усыған негизленип рус тарийхшысы П.П.Иванов академик Я.Г.Гулямов Шахтемир бул Шымбай деген пикирди айтады. 1728 ж Арал ҳәкими Шахтемир Ильбурис хан тәрепинен өлтирилген соң бул қаланың аты онша айтылмай Шымбай атамасы көбирек қолланылады[12].

Қарақалпақлар ҳәм араллылардың қала мәденияты излери биз сөз еткен Россия Европа жазба дереклеринен басқа археологиялық изертлеў нәтийжесинде де бақланады. С.П.Толстов дүзген Хорезм археологиялық экспедициясы (1937-1992 жж) Арал ҳәкимлигиниң жаңа дәрья бассейнинде Ақшадәрья Көк-өзек бойларында қарақалпақларға тийисли тарийхый орынлар менен қатар XVIII-XIX әа биринши ярымындағы қорғанларды тапты ҳәм дәслепки изертлеўлер жүргизди.

Тарийхтан белгили, қарақалпақ халқы XVII-XVIII әә өзинде төменги ҳәм орта Сырдәрья бойларында жайласты. Қарақалпақларға тийисли отырықшы дийханшлық мәдениятның излери батыс Арал әтирапларында да болды. 1950-1951 жж Хорезм археологиялық экспедициясының археолого-топографиялық изертлеўлер XVIII-XIX әа басында қурылған қарақалпақ халқының үлкен естелиги Орынбай қаланы ашты. Орынбай қала қарақалпақлардың ири феодалының қорғаны тарийхый дереклерде XIX ә басларына дейин бий болған.

Бул дәўирдеги қарақалпақлардың тарийхый археологиялық естеликлерине Аралбай қалада тийисли. Естеликлер әтирапы XVIII-XIX әә басларындағы қарақалпақларға тийисли болған суўғарыў системалары мазарлар, егислик майданлары ҳәм де ески замандағы саўда жолы излерине бай. Бул естеликлер Арал бойы халықларының қәдим заманлардан усы жерлерде қоныс басып тарийхый дәўирлердиң белгили бир басқышларында қарақалпақлар ҳәм араллы өзбеклердиң мәмлекетшилик тарийхын үйрениўде үлкен әҳмийети бар. Қоңырат Шахтемир, Орынбай қала, Аралбойы қала, Ақ жағыс (Айдос қала) ҳәм тағы басқада қала мәденияты естеликлери бул жерде өз заманына сай экономикалық, сиясий ҳәм мәдений раўажланыў болғанын көремиз[13].

XVIII әсирде Абылғазы Арал бойларында елатлардың ҳәм көп санлы отаўлардың бар екенлигин көрсетеди. XVII әсирдеги жазба дереклерде этнографиялық характердеги мағлыўматлар жоқ. Оларда тек ғана қарақалпақлардық сиясий ўақыяларда қатнасыў туўралы айтылып, олар жасаған аймақлар көрсетилген. XVII әсирден баслап қарақалпаклардың турақ жайлары туўралы мағлыўмат көбейе баслайды. Россия империясының хүжжетлеринде, атап айтқанда, Орта Азияның дәслепки карталарында қарақалпақлар макан басқан аймақлар көрсетилген, ал А.Тевкелев миссиясы ўақтында қарақалпақлар туўралы этнографиялық мағлыўматлар пайда болады[14].

Д.Гладышев ҳәм геодезист Муравин хүжжетлеринде Сырдәрья ҳәм Қуўандәрьяның еки бойындағы ҳәм Адам-Атада жайласқан қарақалпақ  елатлары, қарақалпақлардың не менен шуғылланатуғынлығы туўралы мағлыўматларды көремиз[15].

П.Рычковтың «Топография Оренбургской губернии» атлы жумысында қарақалпақлардың тарийхы ҳәм этнографиясы бойынша бөлимлер бар. Толық болмаса да, қарақалпақлар турмысы туўралы қунлы мағлыўматлар Мунис ҳәм Агахийлердиң тарийхый хроникаларында келтирилген[16].

Хийуа ханларының архивлериндеги мағлыўматлар Әмиўдәрьяның төменги жағында жайласқан елатлы пунктлер, олардың атлары ҳәм халықтың этникалық қурамы көрсетилген, қарақалпақлардың жазлаўда ҳәм қыслаў турмысын анықлаўға жәрдем бериўши салынған салықлар туўралы мағлыўматлар келтирилген[17].

XVIII әсирде ҳәм XIX әсир орталарында турақлы (стационар) және көшпели турақ жайларға ийе болған елатлы пунктлер қатарына Үстирт тегислигинде жайласқан Кара, Балықшы қоныслары, Таллық бойларындағы Бесқум, Қазанкеткен, Қум-өзек киреди. Арал теңизиниң түслик жағаларындағы Таллық ҳәм Бесқум қолтықларында, сондай-ақ, Шомиш көл, Узын қайыр, Тилла деген жерлерде қарақалпақлар XVIII-XIX әсирлерде ярым көшпели турмыс кеширип, қонсылас қазақлар менен бирге шарўашылық, балықшылық, аңшылық пенен, ҳәр қыйлы өсимликлерден бояўлар таярлаў, аў тоқыў менен шуғылланған. Бул жерлердеги орайлық қалалар Шымбай, Қонырат, Хожели болған[18].

Г.И.Данилевский төменги Әмиўдәрья бойларындағы қарақалпақлар туўралы айырым мағлыўматларды келтире отырып, атап айтқанда, олардың комплексли хожалық жүргизетуғынлығын, дийханшылық, шарўашылық, балықшылық пенен шуғылланып, қара үйлерде жасайтуғынлығын, жазға қарай егинлерге ямаса жайлаўларға жақын жерлерге көшип кететуғынлығын көрсетеди, ҳәм оларды «көшпели халықлар» қатарына киргизеди. Г.И.Данилевскийдин мағлыўматларында тек Қарақалпақстанның арқа районларындағы қарақалпақлардың қоныслары ҳәм стационар турақ жайларының өзине тән белгилери көрсетилгенлигин көремиз[19].

1856-1860 -жыллары ҳәзирги Қоңырат районы аймағында болған Е.Я.Килевейн дөгерегинде ылайдан өрилген дийўаллар менен қоршалған бағлары бар стационар турақ жайларды атап өтеди[20].

П.Небольсин  Үстирт тегислигинде Қорғанша, Ақбулақ, Қосбулақ, Урге, Қараўымбет елетлы пунктлеринде стационар ҳәм көшпели турақ жайлардың бар екенлигин атап өтеди[21].

1858-1859-жыллары төменги Әмиўдәрья бойларында болған М.Н.Галкинниң жазыўынша, қарақалпақлар отырықлы турмыс кеширген, стационар ҳәм көшпели турақ жайлары болған, ал Қонырат қаласында турақ жайлар, карўан сарайлар болып, үсти жабық тар көшелерде (қаранғы көшелер) күни-тү саўда жүргизилген. Алдына отаў тигилген бастырмалы сарай, оның қапталында бағ-хареми бар екенлигин, олардың бири дийуал менен қоршалғанлығын  көрсетеди. М.Н.Галкин тағы да Коңырат қаласының бир ўақытлары тап дәрьяға тийип турған дийуал менен қоршалғанлығын, Қоңырат ҳәм Хожели қалалары ортасында жайласқан Нөкис қорғанын, кейин Хожели, Қыпшақ қалаларын, олардағы медреселер, мешитлер, стационар ҳәм көшпели турақ жайларды, жергиликли халықтың қыслаў ҳәм жазлаў көрсетип өтеди[22].

Бухара ҳәм Хийуаға келген венгер илимпазы А.Вамбери қарақалпақлардың хожалық жүргизиўи, материаллық мәденияты туўралы, атап айтқанда, Түйемойын, Аққамыс, Шорахан елатларындағы көшпели ҳәм стационар турақ жайлар, календерхана (Төрткил районы), Султан Уаис Баба мазары (Беруний районы) хаққында гейпара мағлыўматларды келтиреди. «Шорахан ылайдан исленген дийуал менен қоршалған. Дарўазалары хәптесине еки рет саўда етиў ушын ашылады. Календерхана қала дарўазасы жанында жайласқан, ал онын жанында отаўлар тигилген»[23].

А.Вамбери, сондай-ақ, Қытай, Кыпшақ, Рахманберди бий (ҳәзирги Бийбазар елатлы пункти), Манғыт, Нөкис, Хожели елатлы пунктлерин, Жампық қала қалдықларын, бир неше мешит ҳәм медреселерди, қарақалпақ Кабыл беглер бегиниң хәўлисин атап өтеди[24].

Төменги Әмиўдәрья бойларындағы қарақалпақлардың турмысын суўретлей отырып, А.Вамбери қарақалпақ отаўларының қырғыз отаўларға уқсас екенлигин, лекин хеш қандай безеўлер жоқ екенлигин ҳәм үсти терилер менен жабылғанлығын айтады.

А.Вамберидиң бул мағлыўматлары XIX әсирдиң биринши ярымындағы ҳеш бир автор тәрепинен тастыйықланбайды. Қарақалпақ отаўлары терилер менен жабылмаған ҳәм бай адамлардың үйлери жақсылап безетилетуғын болған.

Хийуа ханлығын патша Россиясы басып алғаннан кейин бул жердеги хожалық жүргизиў усылларын ҳәм халықларды үйрениў шеңберлери кеңейе баслайды. Бул изертлеўлер тар әмелий мақсетлерде әмелге асырылды: бириншиден, патша Россиясының санаат ҳәм саўда топарларының мәплери  ушын, екиншиден, халықтың анық саны, хожалық жүргизиў усыллары, турмыс тәризи туўралы анық мағлыўматлар зәрүр болған әскерий-административлик басқарыу мәплери ушын жүргизилди.

А.Кунның мағлыўматларына қарағанда, төменги Әмиўдәрьяның он жағалығында Арал теңизине шекемги аралықта ярым көшпели қарақалпақлар жасаған. Нөкис қорғаны, жергиликли халықтың этникалық қурамы, турмыс тәризи (отырықлы ҳәм ярым отырықлы), көллер, ирригациялық тармақлар ҳ.т.б. атап өтиледи. Қарақалпақлардың тийкарғы бөлеги ханлықтың арқа ҳәм арқа-батыс шетлеринде қоныс басқанлығы көрсетиледи[25].

1876-жылы жарияланған А.Кунның мақаласында ески ирригациялық системалар, Қылышниязбай, Майлышеңгел (ҳәзирги Әмиўдәрья районы) елатлы пунктлери, Гөне Ургениш ҳәм Хожели қалаларының ортасындағы тарийх ҳәм мәденият естеликлери, мысалы, Шамун Набий зыяратханасы, Геўир қала қорғаны, Сарай көл, Қаракөл, Айбүйир топонимлери көрсетилген. Хожели қаласы Сүўенли каналынын еки бойында жайласқан. Қаланың еки бөлегин тутастырыўшы көпир жанында каналдың еки тәрепинде де жабық базар жайласқан, деп көрсетеди. А.Кунның пикиринше, Хожели атамасы Туpкистан қаласынан келген хожа исми менен байланыслы. Қаланың жасы туўралы аңыз-әпсаналарды келтире отырып, А.Кун Хожели ҳәм Қоңырат, Қоңырат ҳәм Шымбай қалалары аралығында жайласқан тарийхый ҳәм маденият естеликлерин, Қусханатаўдан баслап Шымбайға шекемги аралықта қарақалпақлар қоныс басқанлығын көрсетип өтеди[26].

Төменги Әмиўдәрья бойларын изертлеген А.Каульбарс Нөкис, Қыпшақ, Белтаў сыяқлы елатлы пунктлер көрсетилген карта дүзген, ол бизге қарақалпақлардың қонысласыўы туўралы қунлы мағлыўматлар бериўши дерек болып есапланады. Белтаў етеклеринде жасаўшы қарақалпақлар балықшылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланса да, ҳәр бир шаңарақ буның үстине дийханшылық пенен де шуғылланған. Каульбарстың көрсетиўинше, Жаңа суў арқалы Даўқара көллериниң артықша суўы теңизге қуйылған. Жаңа суўдың жоқарғы бөлеги Көк деп аталып, оның жағаларында қарақалпақлар қоныс басқан. Көктен көплеген жаплар саға алып, оларда шығырлар қурылған. Жаңа суўдың шеп жағалығында Мехтер қала қорғаны болған. Жергиликли халықтың берген мағлыўматларына қарағанда, Жәнибек қала қорғаны XIX әсирдиң 60-жылларында қурылған. Көк өзектиң (яғный Жаңа суўдың) аяқ жағында үлкен тары атызлары жайласқан болып, Қусханатаў ойпатлығының түслик тәрепиндеги Шортанбай арнасының бойларында қарақалпақлардың қоныслары болған. Ток төбешигиниң түслик тәрепинде  ылайдан салынған жайлардың қалдықлары, қойымшылықлар, Тарлы арнасынан суў алатуғын Қанлыбек ийшан қорғаны болған. Қарабайлы арнасының оң жағалығында Нөкис қорғаны жайласқанлығы туўралы А.Бутаков жазып қалдырған. Өз гезегинде, А.Каульбарс Ақ қ, Таллық арнасының орта бөлегинде Молла Пирим қорғаны, ал буннан 4-5 км төмениректе Тасполат ахун қорғанының қалдықлары бар екенлигин көрсетип өтеди. Қыят бөгет сағасынан 3 км аралықтағгы шеп жағалықта Нулман қала қорғанының қалдықлары, ал оғ жақын жерде Изберген қала жайласқан. А.Каульбарс қарақалпақлар ҳәм қазақлардың отанларының өзгешеликлери, қарақалпақ отаўларының ишки безелиўи туўралы мағлыўматлар береди[27].

Солай етип, А.Каульбарс мағлыўматлары бойынша қарақалпақ урыў-қәўимлериниң қонысласыўы, елатлы пунктлердиң жайласыўы, ҳәзирги турмысымызда путкиллей жоғалып кеткен қарақалпақлардың стационар ҳәм көшпели турақ жайлары, хожалық жүргизиў түрлери ҳәм усыллары туўралы белгили бир дәрежеде түсиникке ийе боламыз.

Н.Каразинниң мағлыўматларына қарағанда, қарақалпақлардың қоныслары бир тутас жайласып, бунда қатламларға ажыратылған аўыллық қәўим принциплери есапқа алынған, яғный жәмийетлик мүлкке - жерге, мийнет қуралларына, малға ҳ.т.б. қәўимлик қатнас принципиниң ыдыраўы көзге тасланған. Солай етип, Н.Каразинниң бундай пикирлери илимпазлардың, жайлаўлар, жер, мийнет қураллары урыўлық-қәўимлик белгилер бойынша пайдаланылған, деген пикирлерин бийкарлайды. Н.Каразин буннан тысқары қарақалпақлардың, атап айтқанда, балықшылардың  ўақытша, мәўсимли турақ жайларын (көшки) көрсетип өтеди. Н.Каразин Қусханатаў менен Шымбай қаласы аралығындағы жерлерди, егислик майданларды, қыслаўларды, ол жерлердеги стационар ҳәм көшпели (отаўлар) турақ жайларды, ийесиз қалған үйлерди, және жергиликли халықтың жақын ўақытларға шекем бул жерлерде тығыз халық жасағанлығы, бағлар, егислик майданлар болғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларын толық сүўретлеп береди. Бул жерлердеги қарақалпақлардың қара үйлери кийиз бенен жабылған болып, дөгереги ший менен қоршалған[28].

Бул жерде қарақалпақлардың жазлаўы туўралы айтылған болса керек, себеби жақын жерде усы аўылдың қыслаўы - бийик ылай дийуал менен қоршалған, төрт мүйешли, ишки жағында дийўал бойлап шертек қурылған ҳәўли бар екенлиги айтылған. Н.Каразин Шымбай қаласын жәмийетлик имаратлары, базар ҳәм көшелери болған административлик орай сыпатында баян етеди. Шымбай базары көшениң еки тәрепиндеги жайлардың арасына қойылған сырықлардың үстине шөплик және шыпталар жабылған саялы шертеклер астында жайласқан. Бундай жабық галерея пүткил базар бойлап созылған. Шымбай қаласында жайлар аз болып, пүткил қала 1,5 км шамалас майдандағы ылайдан исленген дийўал менен қоршалған, лекин бул майданның базар бөлеги ғана қурылған. Қарақалпақлар жазда өз атызлары жанындағы отаўларға көшип өтеди, ал қыста болса Шымбай қаласына қайтып келеди, ол жерде қырық мыңға шамалас қара үйлер топланады.

Хожели, Коңырат, Нөкис ҳ.б. сыяқлы елатлар ҳәм қалалар каналлардың жағалары бойлап жайласқан ҳәм административлик және мәдений орайлар хызметин атқарған. Нөкис бекинисиниң артында Нөкис аўылы болған. Шылпық қорғанының етегинде XVIII әсирде пискен гербиштен қурылған, гүмбезли Хожанияз бий медресеси жайласқан. Буннан кейин Н.Каразин Бийбазар, Шаббас-Уалий, Шорахан елатлы пунктлерин, олардағы стационар ҳәм көшпели турақ жайларды көрсетип өтеди.

Шаббас-Уалийде хан сарайы болып, оның дийўалларында мүйешли минаралар, майда тесиклер болған. Сарай кейнинен карўан сарайға айландырылған, ал бул жерден 19-20 км қашықлықта қорған калдықлары болып, ол, аңыз-апсаналардың көрсетиўинше, араб басқыншылығынан бурын қурылған.

Солай етип, Н.Каразинниң мағлыўматлары балықшылардың тығыз жайласқан жерлерин, дийханлардың хуторлық типтеги қонысларынан дерек береди. Бир ўақыттың өзинде бир хожалықта стационар және көшпели турақ жай болған, бул жергиликли халықтың, соның ишинде қарақалпақлардың ярым отырықлы турмыс тәризин көрсетеди. Н.Каразин тағы бир жумысында Ақ қала корғанының Үлкендәрья бойында жайласқанлығын ҳәм 1873 жылы рус пароходлары менен болған саўаштан белгили екенлигин көрсетеди[29].

Н.Каразин жарлылардың қара үйлериниң ишки безетилиўин былайынша сүўретлейди үйлер жүдә аптада, бир де бир кийиз жоқ, қара жерде қамыс баўлары төселген, жүн арқанға қандай-да бир шүберек илдирилген. Бул аўылдың молласының үйиниң төри әдеўир таза ҳәм пакизе. Лекин оның ишки безетилиўи туўралы айтылмаған.

Н.Каразин тағы да Әмиўдәрьяның қуяр жеринде Урал қазақлары, қарақалпақлардың төлелери ҳәм отаўлары бар екенлиги туўралы жазады, тағы да бул жердеги қарақалпақлардың қонысларын Сырдәрьяның қуяр жериндеги қазақлардың қоныслары менен салыстырады. Буннан тысқары, Н.Каразин маллар жайылып жүрген жайлаўлардың дөгерегиндеги қонысларды да атап өтеди. Ол жерлердеги көплеген турақ жайлар отырықлы турмыс тәризинен дерек береди.

Бизиңше, бул жерде Көкдәрьяның қуярлығындағы Айырша, Мерген атаў, Тербенбес, Жалайыр ҳ.б. қарақалпақ қоныслары туўралы айтылған. Ҳәзирги Қара өзек районы орайынан арқада жайласқан Айырша, Тербенбес деген жерлерде қарақалпақлардың тийкарғы бөлеги тиришилик еткен. Бул жерлерде комплексли хожалық жүргизиў усылы, өнерментшилик, қоңсылас халықлар менен саўда-сатық ен жайған.

Л.Костенконың еске түсириўинше, Әмиўдәрьяның қуяр жеринен 16 верст (шама менен 2,5-3 км) қашықлықтағы оң жағалықта Ақ қала корганы ҳәм онын догерегинде бир неше турак жайдан ибарат елатлы пункт болган. Сол уакытта корганда хеш ким болмаган, ал елатлы пунктте адамлар жасаган. Корган минаралы жане торт муйешли болып, арка шегараларды коргау бойынша Хийуа ханлыгынын стратегиялық уазыйпаларын аткарган[30].

1873-жылгы Әмиўдәрья экспедициясынын агзасы И.Краузенин жазыуына караганда, қарақалпақлар тереклерди курылыста да, отын ушын да ислеткен, жергиликли тургынлар агашка онша мутаж емес, тогайларды кобейтиуге онша итибар бермейди. Халықтын копшилиги кара уйлерде жасайды, тогайдагы тереклерден кайык соккан ҳәм жайлардың устин бастырыуга пайдаланган[31].

П.Веселовскийдин жумысында Аль-Беруний дауиринен баслап XVIII асирдин акырына шекемги Хийуа ханлыгы хаккында, Арал бойларындагы жерлер тууралы жазба дереклер улыумаластырылады, Кердер, Миздакхан, Конырат, Шахтемир (Шымбай) х.б. ири елатлы пунктлер атап отиледи[32].

Қарақалпақлардың сол дәўирдеги турақлы ҳәм жылыспалы турақ жайлар орналасқан ири қоныслықлардың қатарына Ақ қамыс, Арзы қала, Айдос бийдиң қаласы. Ақ жағыс, Айымбет ийшан, Айырша, Ашамайлы, Молла пирим, Ережеп қала, Жаңа қала, Ийшан қала, Қабыл беглер беги, Қарақум ийшан, Ақ қала ҳәм т.б. киреди.

Ол дәўирдеги ири қалаларға Шымбай, Хожели, Қоңырат, Нөкис, Қыпшақ, Кет ҳәм т.б. болып есапланады. Қарақалпақ қоныслықлары хожалықтың түрлерине байланыслы айырым өзгешеликлерге ийе болған. Дийханшылық пенен шуғылланыўшы хожалықлардың қоныслықлары балықшылық пенен шуғылланған хожалықларға қарағанда өзгешелеў болған. Мысалы: Балықшылар Түслик Арал бойындағы, дәрьяның теңизге қуяр тармақлары бойларында теңиз ҳәм көллердиң шетлериндеги бийик жерлерде, атаўларда, анығырақ етип айтқанда тийкарынан ҳәзирги Мойнақ, Тоқпақ ата, Үрге, Тербенбес, Мерген атаў, Порлытаў, Ақ қала, Таллық, Қазақдәрья бойларында жайласқан еди. Бул аўыл қоныслары көбинше урыўлық белгилерине қарап орналасып, ол ҳеш қандай белгили бир планға ийе болмаған. Ҳәр бир аўылда жасаған адамлар негизинен бир урыўдан есапланып, майда урыўлық белгилери бойынша көше ямаса топарға бөлинип, буның ишинде аталас туўысқан адамлар бир-бирине жүдә жақын отырған. Соның ушын да урыўлық туўысқанлың белгилер аўыл қоныслықларында, турақ жайлардың орналасыўында кең түрде сақланып келген.


[1] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968


[2] Абдурасулов А. Хива. Т.1997

[3] Кудияров А.История города Чимбая. Автореф.дисс.канд.ист.наук. Н.1999

[4] Сайманов С. История города Кунграда. Автореф.дисс.канд.ист.наук. Н.2001

[5] Камалов С.К. XVIII-XIX әә Қарақалпақлар. 60-бет.

[6] Материалы по истории каракалпаков.с.226.

[7] Хоразм тарихи. У.1997

[8] Камалов С. Каракалпаки в XVIII-XIX вв. Т.1968

[9] Сайманов С. История города Кунграда Автореф.дисс.канд.ист.наук. Н.2001

[10] Бартольд В.В. К истории орошения Туркестна Соч. Т.III. М., 1965. 178 бет.

[11] Есбергенов Х. Шахтемир предшественник Чимбая Тезисс докладов НПК. Шхтемир -Чимбай, Нукус 1995. 25 б.

[12] Кудияров А. История города Чимбая. Автореф.дисс.канд.ист.наук. Н.1999

[13] Мамбетуллаев М., Туребеков М. Қарақалпақстан тарийхы. Н.2011

[14] Этнография каракалпаков XIX – нач. ХХ вв. (Материалы и исследования). –Ташкент: Фан, 1980. 6-бет

[15] Поездка из Орска в Хиву и обратно, совершенная в 1740-1841 гг. Гладышевым и Муравиным. СПб., 1851. 71-72-бетлер.

[16] Этнография каракалпаков XIX – нач. ХХ вв. (Материалы и исследования). –Ташкент: Фан, 1980. 6-бет

[17] Документы архива хивинских ханов по истории и этнографии каракалпаков. –М., 1967. 27-67-бетлер

[18] Макшеев. Описание Аральского моря. //РГО. Кн. V. СПб., 1851. 49-50-бетлер

[19] Данилевский Г.И. Описание Хивинского ханства. //Зирго, 1851, кн.V. 68-117-бетлер

[20] Килевейн Е.Я. Отрывок из путешествий в Хиву и некоторые подробности о ханстве во время правления Сеид-Мухаммед хана, 1856-1860 гг. //Этнографический сборник. СПб., 1862. Вып. 5. 3-4-бетлер.

[21] Небольсин П. Очерки торговли России со странами Средней Азии, Хивой, Бухарой и Кокандом. СПб., 1856. 9-10-бетлер.

[22] Галкин М.Н. Этнографические и исторические материалы по Средней Азии и Оренбургскому краю. СПб., 1868. 177-185-бетлер

[23] Вамбери А. Путешествие по Средней Азии в 1863 году. –М., 1867. 124-128-бетлер

[24] Вамбери А. Очерки Средней Азии. (Дополнение к «Путешествие по Средней Азии»). –М., 1868. 121-129-бетлер

[25] Кун А.Л. Поездка по Хивинскому ханству в 1873 году. //Ирго. СПб., 1874. Т.Х. №1. 47-58-бетлер

[26] Кун А. От Хивы до Кунграда культура оазиса низовьев Амударьи. //Материалы для статистики Туркменского края. СПб., 1876. Вып. IV.216-220-бетлер

[27] Каульбарс А.В. Низовья Аму-Дарьи описанные по собственным исследованиям в 1873 г. //Зирго. СПб., 1881. Т.IX. 33-49, 76-77-бетлер

[28] Каразин Н. В низовьях Аму. Путевые очерки. //Вестник Европы, 1875, №2. 198-203-бетлер

[29] Каразин Н. Ученая экспедиция на Амударье. //Нева, 1874, №4. 62-бет

[30] Костенко Л. От Хивы до Казалинска. //Военный сборник. СПб., 1873. Т.94. №11. 163-164-бетлер

[31] Краузе И. О хивинском земледелии. //ИРГО. СПб. 1874. Т.Х. Вып. I

[32] Веселовский П. Очерк историко-географических сведений о Хивинском ханстве с древнейших времен до настоящего. СПб, 1877. 11-111 бетлер Salamatsu (talqılaw) 12:06, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw

Қарақалпақлардың Орта Азия халықлары менен мәдений байланыслары

[derekti redaktorlaw]

XVIII әсирде Орта  Азия халықларының  тарийхый раўажланыўына үлкен тәсир жасаған Орта Азия аймағында жүдә  үлкен көплеген  ўақыялар болып өткен. Бул ўақытта қарақалпақлардың Бухара,түслик Арал бойы ҳәм Урал әтирапларында жасап атырған бөлимлери менен Сырдәрья бойларында (Түркстанда) жасап атырған  қарақалпақлар тығыз байланыслар жасап, усы Туркстан қарақалпақлары дөгерегинде жәмлениў қубылыслары пайда болады. Бирақ бул ақырына жетпей  иркинишке  ушырайды. Буның иркинишке ушыраўнда 1723-жылы  Жонғар қалмақларының Сырдәрья бойларына топылысы себеп болған.

   Бул ўақытта  қарақалпақлардың өз алдыңа ханлығы болған. Бул ханлықтың басында Есимхан(Ешмуҳәммед)  турған. Есимхан мәмлекетиниң аймақлары Сырдәрьяның аяғы ҳәм Волга бойы қалмақлары, Башқурт улыслары ҳәм қазақ ханлықлары менен шегаралас болған. Жонғар қалмақларының басып алыўшылық топылысынан қутылыў мақсетинде  Есим хан 1722-жылы Россия менен дослық дүзиўге ҳәрекет жасаған. Бирақ бул ҳәрекетлер дөнип киятырған қәўиптен қарақалпақларды сақлап қала алмайды[1].

Қарақалпақлар менен өзбеклер, әсиресе араллы өзбеклер өзиниң келип шығыўы урыўлық дүзилиси, тили, дәстүрлери жағынан ең жақын туўысқан халықлар болып олар менен қарақалпақлар бәрҳама дос ағайинлик қатнасықларда жасаған.

Вамбери «өзбеклердиң көплеген урыўларының атамалары Орта Азияның басқа халықлары қәўимлердиң атамалары менен улыўмалық ортақ. Өзбеклердиң 92 урыў қатарына киретуғын қоңырат, қыпшақ, найман, қанжығалы, қаңлы, жалайыр урыўлары түркмен ҳәм қарақалпақларда ҳәм гезлеседи. Егер олардың арасында бурынлары байланыслар болмағанда бундай болмас еди.», деп жазады[2]. «Бет әлпети түри бойынша олар көбирек өзбеклерге уқсайды, әсиресе олардың ҳаяллары өзлериниң ақ жүзли шырайы, үлкен көзлери, қара узын шашлары менен адамларға жүдә сүйкимли тәсир қалдырады. Орта Азияда олар өзлериниң сулыўлығы менен даңқ шығарған», деп қарақалпақларға тәрип берген еди[3].

Петр I диң елшиси болған Флорио Беневениң берген мағлыўматларына қарағанда қарақалпақлар менен араллылар арасында туўысқанлық байланыслар болған, мәселен, қарақалпақлардың басшысы менен араллы өзбеклердиң ханы болған Шахтемир ортасында ағайинлик байланыслар болған.

Қарақалпақлардың ерте ўақытлардан-ақ Хийўа ҳәм Бухара ханлықларының сиясий ислерине белсене араласқанлығы туўралы көплеген мағлыўматлар бар. Қарақалпақлар Хийўа ханлығы менен Абыоғазы дәўиринде жақсы қатнасықта болған. Соның менен бирге Бердахтың Кулен болыс шығармасында Хийўа ханы болған Эльбарыс ханның үрим путақларының Қуленниң ата-бабаларының туўысқанлық байланыслары туўралы жазылған. Тарийхый дереклерде Хийўа ханлығының тахтына отырған қарақалпақлар ҳаққында гейпара дереклер бар. Олардың бири XVIII-әсирдиң екинши ярымында Хийўада хан болған Абдулла султан туўралы оның қарақалпақ төрелеринен екенлиги, оның Гурлен  қаласында хан болып отырғанлығы туўралы айтылады. Сондай-ақ қарақалпақ төрелеринен Ядгардың Хийўада хан етип сайланғанлығы туўралы мағлыўматлар жазылған. Бул ханлардың ҳеш қайсысыда Хийўа ханлығында ҳақыйқый күшке ҳәм ҳәкимиятқа ийе бола алмаған болсада бул дәўирде қарақалпақ ҳәм хийўа қатнасықларының бир қанша дәрежеде болғанлығынан дерек береди.

Қарақалпақларда өнерментшилик жағдайлары туўралы мағлыўматлар жүдә аз болса да 1698- жылғы ҳүжжетлердиң көрсетиўи бойынша қарақалпақлар Сырдәрьяның төмениндеги қалаларда жасап` олардың өзлери тәрепинен қорғасын, мыс, селитра өндирип шығарған. Рудаларды еритиў ҳәм дәрилерди ислеп шығарыў Бухарадан келген тутқынлар тәрепинен әмелге асырылады деп жазылған. Орта әсирлерде белгили өнер кәип орайлары болған Орта Азияның Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалалары менен саўда байланысларын орнатқан. П.П.Иванов  quew-жылғы Миянкөл көтерилиси 1821-25-жыллардағы Бухара көтерилиси ҳаққында мағлыўмат берип өткенде бул жердеги қарақалпақлардық турмысы, Қоқан ханларына қарсы көтерилиси ҳаққында да айтып өтеди[4]. Бул мағлыўматлар Бердахтың шығармасы «Амангелди» дәстанынында да ушырасады.

Алишер Наўайы, Бедил, Машраб ҳәм т.б. шайырлар шығармаларын, Бахрам Гүландам ҳ.т.б. дәстанларды өзбек халқы арқалы кирип келген ҳинд поэмасы «Қалила ҳәм Димна», «Тотынама» шығармаларын қарақалпақлар сүйип оқыған. Ҳәттеки қарақалпақ қызларыныңда сүйкимли шығармаларына айланған. Қарақалпақлар ерте ўақыттан баслап-ақ әдебий қол жазба китапларды топлап өз үйлеринде абайлап сақлаған ҳәм олар әўладдан әўладқа өтип турған. Ҳәтте олардың бир қаншалары араб парсы тиллеринде жазылған болған[5].

²Алпамыс² дәстанының қарақалпақ ҳәм өзбекше вариантлары бир-бирине уқсап кетиўи, бул еки халық арасындағы байланыслар күшли болғанын олардың түп дерегиниң бир екенлигин көрсетеди. ²Мәспатша² дәстаны қоңсы өзбек ҳәм қазақлар арасында гезлеспегени менен Миянкөл ойпаты, Самарқанд ўәлиятындағы көплеген географиялық атамалардың, соның ишинде Булунғур дәрьясының ҳәм тағы басқа атамалар гезлеседи[6]. Қарақалпақлар арасында тарқалған ²Қоблан² дәстаны қоңсы халықлар соның ишинде өзбеклер арасында да белгили болып, Өзбекстан аймағындағы көплеген топономикалық атамалар мысалы: Самарқанд қаласының аты бир неше рет гезлеседи. Төменги қарақалпақлар фольклорын изертлеген Л.С.Толстова атап көрсетиўи бойынша  қарақалпақларда ²Алпамыс², ²Гөруғлы², ²Рустем², ²Аўезхан², ²Раўшан бек², ²Юсуп ҳәм Ахмед² дәстанлары ушырасып, бул дәстанлар қоңсы өзбеклер арасында да кеңнен белгили болған[7].

XVII-XIX әсирлерде төменги қарақалпақлар менен жоқарғы қарақалпақлар арасында байланыс күшли болып олар ҳәтте бир-бириниң тогй мереклерине барып-келип турған. Н.Дәўқараев ²Жийен жыраўдың соңғы дәўирдеги өмири Түркстан районында, Нурата, Кенемех районында өтеди²- деп жазады[8].

Шаңкөт өзбек бақсысы Эргаш Жуманбүлбил менен дөретиўшилик байланыс болғаны ҳаққында мағлыўматлар бар. Академик В.М. Журмунский., Э.Жуманбүлбилдиң Нурата мектебинен, Фазыл Юлдаш улының Булунғур мектебиниң шыққанлығын атап көрсетеди[9].

Жийен жыраў қарақалпақлардың Түркстаннан Әмиўдәрьяның төменги ағысына көшип өтиўин баян етип буның себебин Түркстанда отырып қалыў имканияты қалмағанын, жердиң өнимдарсыз болып, мийнеттиң аўырласқанлығын, өз-ара жаўгершилик күшейип Хорезмге көшиўге мәжбүр болғанын айтып өтеди[10].

Қарақалпақ халқы XVI-XVIII әсирлерде қоңсылас қазақ халқы менен сиясий-экономикалық ҳәм мәдений байланысларға ийе болғанлыы туўралы толық түрде айтыўға болады.

Қазақ халқы XVI әсирлерде бир қанша қәўимлерден, атап айтқанда үйсин, қаңлы, қыпшақ, арғын, дулат, кереит-найман, алшын, қоңырат ҳәм басқа да қәўимлерден ибарат болып, қазақ халқының қәлиплесиўинде елеўли ис қалдырған.

Арал ҳәм Сырдәрья бойлары қарақалапақлардың ҳәм қазақлардың хожалық жүргизетуғын улыўма мәканы болған. Олардың ата-бабалары бул аймақларда биргеликте сыртқы басып алыўшылардан қорғаған.

Қарақалпақ, өзбек, қазақ халқының ата-бабалары Түркстан Жанкент, Сығнақ ҳәм басқа да қалаларды биргеликте қурған. Олардың қалдықлары Қазақстанның Қызыл Орда ўәлиятында усы ўақытқа шекем сақланып тур. Солардан Ақ мешит (ҳәзирги Қызыл Орда ўәлияты) ҳәм Қазалы-қазақ ҳәм қарақалпақлардың қаласы болғанлығы туўралы көплеген аңызлар сақланған[11]. Қарақалпақлар бир неше мәртебе қазақлар менен Жунғар      қалмақларының шабылыўына қарсы бирге қатнасқанлығы жөнинде көплеген мағлыўматлар бар. Әсиресе 1723-жылы Жонғар қалмақларының шабалыўы еки халық тәғдирине қайғылы из қалдырды. Бул ўахыялар ҳаққында мағлыўмат берген Жиенжыраў қарақалпақ ҳәм қазақлардың сүйкимли шайыры болған. Ол жоқары мағлыўматлы болып Абулхайыр ханды Искендер Зулхарнай Иран патшасы Жәмшид, Хорезмшах Султан Махмудларға усатып, ҳәтте Искендерде бундай жаўыз болмағанын атап өтеди.  

Сырдәрья бойларындағы қарақалпақлар қоңыслас қазақлар менен саўда -сатық ислерин жүргизип отырған.

XVIII әсирдиң 40-жылларында рус саяхатшысы Гладыщев қазақ ҳәм қарақалпақлардың турмысында жүдә көплеген жақынлықлардың бар екенлигин, олардың кийим -кеншеклериниң бир-бирине жүдә уқсас екенлиги туўралы айтқан. Еки халықтың аўыз еки әдебият үлгилери теңдей таралған.  Олардың бири қазақ ҳәм қарақалпақлардың тарийхында үлкен орын ийелеген. Атақлы ²Орманбет² жыры еки халықтың да ортақ мүлки. Бундай мысалларды көплеп келтирсе болады.

Қарақалпақлар арасында  Тәўке хан туўралы көплеген унамлы әңгимелер болып оның қарақалпақлар арасында да хан болғанлығы туўралы елеге шекем айтылады. XVIII әсирдиң 20-40-жылларында қарақалпақлар қазақтық киши жүзиниң ханы Абылхайр менен тығыз байланыста болған. Гейпара дереклерде оның ²қазақ ҳәм қарақалпақлардың улыўма ханы² болғанлығы ҳаққында жазылған. Сондай-ақ қарақалпақларға ҳәм қазақларға хан болған Семеке туўралы да мағлыўматлар бар[12].

Соның менен бирге Абулхайр хан қарақалпақ үстинен өзиниң үстемлигин орнатыў ушын, оларға аўыр салық салған.  Қарақлапақлардың басқа еллер менен күшейип баратырған қарым-қатнасығын жақтырмаған Абулхайр хан 1743-жылы олардың отырған аўылына ҳәм қалаларына үлкен шабыўыллар  уйымластырған. Қарақалпақлар усы шабылыўдың нәтийжесинде өзлериниң отырған жерлерин таслап кетиўге мәжбүр болған. Олардың бир қаншалары Сырдәрья бойларына жағалап Ташкент ҳәм оннан арман Ферғана тәрепке, ал бир қаншалары болса Арал теңизин жағалап Әмиўдәрья бойларындағы бурынғы отырған ағайинлерине қосылған.

Қарақалпақ ҳәм қазақ халықларының арасындағы байланыслар еки халықтың тарийхының барлық дәўирлеринде болған. Бул байланыслар XIX әсирде де даўам етип бирқанша дәрежеде күшейген.

XIX әсирдиң басында қазақлардың бирқанша бөлеги Хийўа ханлары тәрепинен жаўлап алынып Хийўа ханлығының аймағына көширилгген. Қарақалпақлар менен қазақлар Арал теңизиниң жағаларында отырып, олардың арасындағы экономикалық байланыслар күшейген. Қазақлар қарақалпақлардан ҳәм төменги Әмиўдәрья бойларында жасаўшы басқа да халықлардан, әсиресе өзбеклерден дийханшылық өнимлерин сатып алып отырған.  Қоңырат қаласында арнаўлы қазақ базары болып, бунда :стирт ҳәм Жайық жағаларынан қазақлар келип өнимлерин сатып отырған.

Сырдәрья бойларын изертлеген орыс изертлеўшилери   қарақалпақ ҳәм қазақ аўылларының аралас отырғанлығы туўралы көплеген мағлыўматлар келтирилген.

Белгили қазақ илимпазы Шоқан Ўәлиханов (1835 1864) қарақалпақлардың тарийхын, мәдениятын, әдебиятын жүдә терең билген. Оның мийнетлеринде Түркстан халықларының ортақ мүлки болған. Едиге,  Жийренше Шешен, Қорқыт Ата, Асан Қайғы, Алпамыс, Қоблан ҳәм басқа да мәдений мийраслар туўралы мағлыўматлар бар.Оның қарақалпақлар тарийхы ҳәм этнографиясы бойынша жүз беттен аслам арнаулы жумысы ҳаққында С.Тойшыбаева атап өтеди[13].  Ол өзиниң келип шығыуы ҳаққында Валий ханның анасы Сайман ханым қарақалпақ беги Сағындық Шууақбайдың қызы болған деп көрсетеди.

Қарақалпақ менен қазақлар арасындағы саўда байланыслары XVIII-әсирлерде күшли болған. Қазақларда шарўашылық түрлери` қой өсириў ҳәм түйешилик болса қарақалпақларда дийханшылық ҳәм ири қара мал өсириўшилик болған. Бул жағдай қазақлар менен қарақалпақлардың хожалық затларынан алмасыўын талап еткен ҳәм еки халық арасында саўда байланысларының күшейиўине алып келген.

Түркмен ҳәм Қарақалпақ халықларының мәдений байланысларының тарийхый тамырлары узақ дәўирлерден басланыўына қарамастан елеге шекем бел тема арнаулы изертлеў объекти болған емес.

        Түркменлер менен Қарақалпақлар арасында тығыз экономикалық байланыслардың болғанлығы анык. Себеби түркменлер менен Қарақалпақлар көп заманлардан бери қоңсы жасап Қиятыр. Олардың ата-бабалары бир мәмлекеттин саставында болған. Олар Хийўа ханлығында болып өткен көплеген сиясий ўақыяларға, әсиресе Хийўа ханларының қараўындағы халықларды эксплуатациялауына карсы котерилисине бирликте катнаскан. әсиресе түркменлер менен Қарақалпақлар Хийўа ханларының зулымлықларына карсы (1855-1856 жылгы) котерилиске, Хийўа ханлығында 1858-1859 жылларда болып өткен үлкен  халық-азатлық котерилисине бирге қатнасканлығы бизге белгили.

        Қарақалпақ халқының шайыры Бердақ Ғарғабай улы өзиниң тарийхый шығармасы болған «Шежире» түркмен ҳәм Қарақалпақ халықларының ата-бабаларының келип шығыўын жақынластырады. «Шежире» де түркмен ҳәм Қарақалпақ халықларының келип шығыўы туўралы биз төмендеги катарларды оқыймыз:

        Майкының улы Жайылған,

           Және бириси Сейилхан,

           Жайылған аты Уран болған

           Қоңырат Уран болған екен.

           Жайылған билан Сейилхан,

           Сейилхан Эмут түркмен болған,

           Майкыдан туғыб айрылған,

           Ол Қоңыратның туўғаны екен. 49

        «Шежиреде» келтирилген адам атлары соның ишинде Жайылған ҳәм Сейилхан атлары тарийхый адамлар болыўы мүмкин. Жайылған атамасы Қоңырат руўының ата-бабасы сыпатында, оның ураны сыпатында белгили. Ал Майқы бий болса тарийхый дереклерде монғол басып алыўшылығы дәўиринде көбирек ушырасады. Этнографларымыз тәрепинен экспедициялық изертлеў дәўиринде көплеп фольклорлық тарийхый материаллар, атап айтқанда Қарақалпақ халқы менен түркмен халқының арасындағы тарийхый байланысларды сэулелендиретуғын материаллар жазып алынган.

        Усындай түркмен ҳәм Қарақалпақ халықларының келип шығыўын билдиретуғын мағлыўматлар усы бизин заманымызга шекем сакланганлығы итибарга ылайык. Усындай материаллардың биреуи Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районы территориясынан Хорезм археологиялық ҳәм этнографиялық экспедициясы тәрепинен жазып алынган. Солардың биреуин келтирип отемиз. «Еки агайинли Жайылган ҳәм Сейилхан деген жигит болған. Бириншиси Қарақалпақлардың ата-бабасы, екиншиси түркменлердиң ата-бабасы болған» 50

        Усындай анызлардың бири тарийх илимлериниң кандидаты Л. С. Толстова ҳәм А. У. Отемисов тәрепинен жазып алынган. Онда «Майкы бийден Жайылган ҳәм Сейилхан болған. Жайылганнан Қарақалпақлар келип шыққан, Сейилханнан- теке ҳәм яумытлар келип шыққан» деп айтылады. Бул аныз Бухара областының территориясында жасаўшы Қарақалпақлар арасынан 1960 жылы жазып алынган. Усындай характердеги анызларды үйрене отырып, Қарақалпақ халқының келип шығыўы проблемасын изертлеўши Л. С. Толстова: «Халықлар арасындағы ямаса урыў-кэуимлер арасындағы хакыйкый урыўлық байланыслар легендарлық формада сәўлесин тапкан»,- деп жазады. 51


[1] Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Н.2003

[2] Вамбери А. Очерки Средней Азии. Москва 1972. 279-б.

[3] Тилеўмуратов М. Исторические и культурные связи каракалпаков с Россией и Башкирией в XVIII-нач. ХХ в.в. Т. 1993. 7-б.

[4] Тилеўмуратов Қарақалпақ ҳәм өзбек халқының мәдений байланыслары тарийхынан Нөкис 2003.

[5] Көрсетилген шығарма 21-б

[6] Тилеўмуратов Қарақалпақ ҳәм өзбек халқының мәдений байланыслары тарийхынан Нөкис 2003

[7] Көрсетилген шығарма 14-б

[8] Давкараев Н. Очерки по истории дореволюционной каракалпакской литературы. Т. 1969. 114-б

[9] Тилеўмуратов Қарақалпақ ҳәм өзбек халқының мәдений байланыслары тарийхынан Нөкис 2003. 12-б

[10] Тойшыбаева С. Карақалпақ әдебиеттериниң байланысы Алма-ата 1977. 20-б

[11] Тилеўмуратов М. Қарақалпақлардың туўысқан халықлар менен мәдений байланыслары Нөкис 1979. 24-б

[12] М. Тилеўмуратов Көрсетилген шығарма 53-б.

[13] С. Тойшыбаева Көрсетилген шығарма 24-б.

49  Х. Хамидов Ески Каракалпак тилинин жазба естеликлери Нокис 1985.

50 . Камалов С.К. Хорезм оазиси халыклары дослыгы. Нокис. 1961, 8 бет.

50 . Толстова Л.С. Каракалпаки за пределами Хорезмского оазиса. 191 бет.

Salamatsu (talqılaw) 12:08, 2026-jıl 1-aprel (UTC)Juwap beriw