Talqılaw:Bas bet
Ibrayim Yusupov qa'nee
Men hardayim kaawikige kirsem Ibrayim Yusupovti ko'rip usinday maqtanishimiz bar dep shukirler aytar edim(... Ajiniyaz ag'a ekinshi bas bet aship "Jaqsi maqala" atamasin qoyip, I.Yusupov maqalasin qayttan qoyin'sa iltimas InabatAllanova talqılaw هىخساشة 06:30, 2022 j. dekabrdiń 22 (UTC)
- Yaqshı qaytaramız, qáteler bar maqalada, soǵan alıp edim. Qátelerdi durıslap shıǵayın, keyin tez ornına qoyamız. Ajiniyaz Nurniyazov 07:00, 2022 j. dekabrdiń 22 (UTC)
Қарақалпақ тилиниң жағдайы
Ассалаума алейкум Әжинияз, Ең алдымен, конструктив жууабыңызға рахмет.
1) Ауа, неше жыллардан бери, Қарақалпақстанның мектеп және университетлеринде қарақалпақ тили сабағы латыншада өтилип атыр. Бул тууралы хабарым бар. Мен мектепте оқыған кезде-да, бизлер латынша қарақалпақшаны өттик.
Бирақ, Қарақалпақстанда кириллша қарақалпақшаны билетуғын, түсинетуғын, оқыйтуғың адамлар жеткиликли. Уатсап, телеграм, фэйсбукта адамлар өз хат, постларын көбинесе кириллша қарақалпақшада жазады. Кириллша жүргизилетуғын группа, бағдарлама, сайтлар-да бар. Мәселен 1) фэйсбуктағы "Қарақалпақ тарихы, мәденияты, этнографиясы" группасы 2) kitapxana.com сайты 3) sozlik.com бағдарламасында кириллшада сөзлерди жазыу мүмкин 4) erkinkarakalpak.uz газетасы 5) kknews.uz сайты 6) жоқарғы кеңестиң сайтында кириллша қарақалпақша версия бар 7) karakalpakstan.travel сайты
Усы жоқарыда атап өтилген сайт, бағдарламалар өз жумысын кириллша қарақалпақшада жүргизеди
2) Еңбек пенен уақыт тууралы ууайымламаң. Егирде сизлерге қыйын/уақытыңыз жоқ/тек латынша Уикипедияны бағдарламастырғыңыз келсе (нужное подчеркнуть), кириллша вариантты өзим-ақ ислейин
3) Кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын адамлар болған, бар, және келешекте-да болады деп ойлайман.
Әнгиме бул жерде актуаллықта емес-ғой, әнгиме бул жерде кириллша қарақалпақ тилин сақлап қалып, баспалатыуда.
Кириллша қарақалпақ тилиниң тәғдири менен келешегин тек ғана Аллатаала биледи. Жоқарыда айтқанымдай, Қудайға шүкир кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын, оның сақланыуын ойлайтуғын энтузиастлар бар.
Адам жумысқа, проект я бирде бир затқа қызыққан кезде, ол бул жумыс қанша еңбек, уақыт талап ететуғыны жайлы ууайымламайды, неге десең ол адамда қызығушылық бар.
Главное, чтобы было желание и интерес 37.110.214.195 21:09, 2023 j. yanvardıń 22 (UTC)
Кириллша қарақалпақ тилиниң хәзирги жағдайы
Ассалаума алейкум Әжинияз, Ең алдымен, конструктив жууабыңызға рахмет.
1) Ауа, неше жыллардан бери, Қарақалпақстанның мектеп және университетлеринде қарақалпақ тили сабағы латыншада өтилип атыр. Бул тууралы хабарым бар. Мен мектепте оқыған кезде-да, бизлер латынша қарақалпақшаны өттик.
Бирақ, Қарақалпақстанда кириллша қарақалпақшаны билетуғын, түсинетуғын, оқыйтуғың адамлар жеткиликли. Уатсап, телеграм, фэйсбукта адамлар өз хат, постларын көбинесе кириллша қарақалпақшада жазады. Кириллша жүргизилетуғын группа, бағдарлама, сайтлар-да бар. Мәселен 1) фэйсбуктағы "Қарақалпақ тарихы, мәденияты, этнографиясы" группасы 2) kitapxana.com сайты 3) sozlik.com бағдарламасында кириллшада сөзлерди жазыу мүмкин 4) erkinkarakalpak.uz газетасы 5) kknews.uz сайты 6) жоқарғы кеңестиң сайтында кириллша қарақалпақша версия бар 7) karakalpakstan.travel сайты
Усы жоқарыда атап өтилген сайт, бағдарламалар өз жумысын кириллша қарақалпақшада жүргизеди
2) Еңбек пенен уақыт тууралы ууайымламаң. Егирде сизлерге қыйын/уақытыңыз жоқ/тек латынша Уикипедияны бағдарламастырғыңыз келсе (нужное подчеркнуть), кириллша вариантты өзим-ақ ислейин
3) Кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын адамлар болған, бар, және келешекте-да болады деп ойлайман.
Әнгиме бул жерде актуаллықта емес-ғой, әнгиме бул жерде кириллша қарақалпақ тилин сақлап қалып, баспалатыуда.
Кириллша қарақалпақ тилиниң тәғдири менен келешегин тек ғана Аллатаала биледи. Жоқарыда айтқанымдай, Қудайға шүкир кириллша қарақалпақшаға қызығатуғын, оның сақланыуын ойлайтуғын энтузиастлар бар.
Адам жумысқа, проект я бирде бир затқа қызыққан кезде, ол бул жумыс қанша еңбек, уақыт талап ететуғыны жайлы ууайымламайды, неге десең ол адамда қызығушылық бар.
Главное, чтобы было желание и интерес Karakalpak balasy (talqılaw) 21:10, 2023 j. yanvardıń 22 (UTC)
- Ассалаўма алейкум Karakalpak balasy. Улыўма алғанда пикирлериңиз дурыс, кириллша қарақалпақшаның халқымыздың саўатлылық дәрежесин асырыўда (20-әсирдиң 30-жылларыннан баслап), Қарақалпақстан мәмлекетшилигиниң, қарақалпақ тилиниң (жазба, илимий) қәлиплесиўинде ҳ.т.б. роли оғада үлкен. Мен де ашынаман: латыншаға өтиў процессинде кириллша алфавитте жазылған қанша мийнетлер, китаплар қайта басылмай, я латыншаға аўдарылмай, жоғалып кетиў қәўпи бар. Интернет ҳәм социаллық тармақларда кириллша қарақалпақшада жазыўшылар да, былайынша мағлыўматлар да көп екенлиги де ҳақыйқат. Алдын да кирилл алфавитиндеги қарақалпақша ўикипедиасы бойынша додалаўлар болды телеграм группада (ол телеграм группа өшип кетти ҳәзир) ҳәмде "ҳәзирше латынша версия менен ислеўди даўам етиў керек" деген шешимге келинди. Ең баслысы - адамда қәлеў, умтылыў болса нәтийжеге ерисиледи деген гәпиңизге де қосыламан. Ал кириллша қарақалпақшаны сақлап қалыў бойынша: бул нәрсе мәмлекет сиясатына, илимпазлардың усынысларына (есапқа алынса) байланыслы, барлық тараўларда кириллшаға қайтсақ да яқ демеймен жеке өзим. Дурыс ертең не боларын Алла биледи, актуальность хаққында сөзим мәмлекеттиң ҳәзирги күндеги тил бойынша сиясатының реал жағдайынан келип шығып айтқан шамалаўым еди. Темаға қайтсақ: Усынысыңыз бойынша қарақалпақша ўикипедиаға арналған Qaraqalpaqsha-Wiki chat кишигирим каналымыз бар. Баслама ийеси (инициатор) сыпатында усынысыңызды сол жерге жазсаңыз, пикир алысыў тезлеў болады, және басқалардың пикирлерине де қулақ түрер едик. Саў болыңыз. Ajiniyaz Nurniyazov 04:25, 2023 j. yanvardıń 23 (UTC)
Ассалаума алейкум Әжинияз, Конструктив диалог ушын рахмет, айтылған көп ойларыңызға қосыламан
мен кириллша қарақалпақшада жазылған китап, шығармалардың жоғалмауы ушын, бир электрон китапхана я бир де база исленгенде жақсы болар еди деп ойлайман
Дурыс, мәмлекет пенен илимпазларда кириллша қарақалпақ тилиниң сақланыуында белсенди қатнасыуы керек. К сожалению, сейчас государство и академическое сообщество уделяет мало внимания сохранению и развитию каракалпакского языка. Улыума қарақалпақ тилиниң хәзирги жағдайы тууралы айтқанда бул ууайымлы-ғо. Адамларды қарақалпақ тилин үйрениуге, баспалатыуға, қарақалпақ тилиниң тазалығын, сөз байлығын сақлауға қызықтыратуғын kitapxana.com, sozlik.com сыяқлы көбирек китап, усыныс, жойбар, бағдарламалар керек.
Қарақалпақ тилиниң тазалығын, сөз байлығын сақлау хәм де баспалатыуға жақсы үлгилер бул Нора Галь "Слово живое и мёртвое" хәм Максим Ильяхов "Пиши, сокращай" китаплар Karakalpak balasy (talqılaw) 23:41, 2023 j. yanvardıń 30 (UTC)
- Ассалаўма әлейкум Karakalpak balasy. Электрон китапхана (ямаса база) бойынша пикириңизге қосыламан, ҳәзирги күнде телеграм каналлардың да пайдасы тийип тур, жеке өзим солардан алып жүрмен китапларды (Баскаков, түсиндирме сөзликлерди). Академиклер жәмәәти хаққында кескин пикир билдире алмайман, олар да қолынан келгенин қылып атырған шығар, бирақ расы менен хәзирги қарақалпақша мектеплик сабақлықларда (латынша география, тарийхларды шолып шығып едим) жүдә көп қәтелерди көрсетип бере аламан. Қарақалпақ тилиниң хәзирги жағдайы туўралы уўайымлаймыз, сол ушын да "ең болмаса қарақалпақша ўикипедиаға үлес қосайын" деп усы жойбарға қосылдым жеке өзим. "Адамларды қарақалпақ тилин үйрениўге, баспалатыўға, қарақалпақ тилиниң тазалығын, сөз байлығын сақлаўға қызықтырыў" бойынша: телеграмда Ана тилим - қалқаным деген топар бар (мен билген ең үлкен канал тилимиз бойынша), сол жерде жазысып көриң, бәлким басқалар менен "Қарақалпақ тилиниң тазалық жанкүйерлери" (мысал ушын) деген Басламалар топарын (Инициативная группа) шөлкемлестире аларсыз (ақыл берди деп ойламаң, пикиримди билдирдим тек). Ajiniyaz Nurniyazov 03:40, 2023 j. fevraldıń 2 (UTC)
Сөз, мәтинлерди қарақалпақ тилине аударыу тууралы
Ассалаума алейкум,
Қарақалпақша Уикипедияны көрип шыққаннн кеийн, жуумаққа келдим: жақсы жерлери-да жеткиликли, кемшиликлери-да жеткиликли
1) Алды бурын, Қарақалпақша Уикипедияны жаратыу идеясы мийне келген адам/адамларға алғысымды билдиремен.
Бул өте дурыс идея, Қарақалпақстан, қарақалпақ әдебияты, поэзия, тарихы, мәденияты, шайырлар, жазыушылар, изертлеуши, илимпазлар, барлық Қарақалпақстанға хадал еңбек пенен жумыс ислеген адамлар хәм әлем, дүния тууралы мағлыуматты жыйнап, электрон энциклопедия етиу.
Мениң ойымша, бундай электрон энциклопедиялар, мағлыуматтың умытылып, өшип кетпеуине, сақланыуына хәм де мәнгилисиуине үлкен үлес қосады (архив сыяқлы).
2) Қарақалпақша Уикипедияда әдебий, таза қарақалпақ тилиндеги бар "өндирис, шаңарақ, жалпы, шөлкем, мекеме" сыяқлы сөзлерди пайдаланғаныңызға қууанышлыман
3) көп тараулар жайлы мағлыумат қосылған – әдебият, поэзия, философия, тарих, спорт, экономика ...
Енди кемшиликлерге өтетуғын болсақ, Уикипедияның бир жерлерин көрип, ырасын айтқанда қапа болдым. Мысалға, көп сөзлер қарақалпақшаға тууры өзбекшеден аударылған (илтимас, мәнзил, терме жәмәәти, хош келипсиз, ибарат, шерик, әллеқашан, мәсләхәт, инглисше). Бул сөзлердиң қарақалпақша синоним, эквивалентлары бар-ғо.
Бул сөзлер не ушын қарақалпақшаға өйтип аударылғанын онша түсине алмадым. Мениң ойымша, бул қарақалпақ тилине көрсетилген сыйласызлық я бирде билмеушилик деп ойлайман
Негизинде қарақалпақша қалай аударылыу керек еди 1. "хош келипсиз" орнына хош келдиңиз 2. "илтимас" (негизинде бундай сөз қарақалпақ тилинде жоқ, Баскаков сөзлигинде-да, sozlik.com да жоқ) орнына өтиниш 3. "мәнзил" (негизинде бундай сөз қарақалпақ тилинде жоқ, Баскаков сөзлигинде-да, sozlik.com да жоқ) орнына адрес, жасау орны (қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде адрес деп жазылып тур) 4. "әллеқашан" орнына алдын, бурын 5. "терме жәмәәти" (бул фраза қарақалпақша сөзликлерде жоқ) сөзликлерорнына қурама команда 6. "ибарат" орнына қурайды, дүзилген 7. "шерик" орнына серик 8. "жинаят" орнына қылмыс 9. "мәсләхәт" орнына кеңес 10. "хәмме" орнына бәри, барлық 11. "бийпул" орнына хақысыз, пулсыз, мут, ешейин 12. "инглисше" орнына англичанша, английсше деген мақул деп ойлайман 13. "ашынарлы" орнына қайғылы, ууайымлы, муңлы 14. "тастыйқлау" орнына дәлиллеу, ыраслау 15. "додалау" орнына қосыу 16. "шахс, шахсий" орнына тулға, жекке 17. "шуғылланыу" орнына айланысыу 18. "алақа" орнына қатнас, байланыс 19. "қаттий нәзер" орнына қарамастан 20. "исенимим кәмил" орнына мен исенемен
Егерде мен жоқарыда белгилеп шыққан сөзлерди, оның үстине және басқа сөзлерди адамлар қоллана берсе, қайдем ал, қарақалпақ тилиниң қандай сөз байлығы, өзгешилиги қалады
Қарақалпақ тилиниң тазалығын сақлау я бирде сақламау бул хәр адамның өзине байланыслы, неге десең буны хәр адам өз хүжданы менен ойласып болып шешиуи керек
Хәр аудармашы, бир тилден екинши тилге бир затты аудармастан алдын, ең баста ол тиллердиң қағыйдалары, өзгешелиги, нормалары, грамматикасы, сөз байлығы, фразеологизм, синонимлар, қурамы жайлы ойланыуы керек. Тек ғана анализлап, ойланып, түсиндирме сөзликти көрип болғаннан кейин, аударып баслауы керек.
Корней Чуковский, Нора Галь "Слово живое и мёртвое" китабы, Владимир Гак, Николай Баскаков, Борис Пастернак, Максим Ильяхов ("Пиши, сокращай" китабы бар (https://alpinabook.ru/catalog/book-pishi-sokrashchay/), Ноам Хомски, Стивен Пинкер – усы илимпазлар, изертлеушилердиң аударма практика, тәжирибеси менен, және қосымша бул пайдалы мақала менен танысыуды усынаман https://transeurope.ru/category/outstanding-translators-and-linguists
Мениң өзим МГУда оқыған кезимде, орысшадан – франсузша және немисше тиллерине аударыу жөнинде 4 жыл теория менен практика өттик. МГУда лингвистика курсынада қатнадым. Буған қосымша, мен ауызеки аудармашы (kaa, ru, en, fr, es) болып 3-4 жыл жумыс иследим. Жоқарыда айтқанымдай, менде аудармашылықта жеке тәжрибе болғаннан кейин, мен аударма тууралы өз ой-пикиримди айтып атырман.
Сиз ислеп атырған проект бул дурыс зат, тек өтиниш, жоқарыда айтылған тил хәм сөзлер умытылыуы машқалаларына кеуил бөлиңиз, буны байқаңыз хәм де қадағалыңыз. Рахмет Karakalpak balasy (talqılaw) 23:24, 2023 j. yanvardıń 30 (UTC)
- Assalawma aleykum! Áwelem bar Qaraqalpaq wikipediasına qızıǵıp pikir bildirgenińiz ushın úlken raxmet! Biraq, siz aytıp ótken ayırım sózlikler sap qaraqalpaq tilinde dep oylaysızba? Mısalı adres, anglichansha, komanda h.t.b. Baskakov, tuwrı, ol qaraqalpaq tili ústinde izertlew júrgizip, sonsha miynetler jazdı hám qaraqalpaq tili rawajı ushın úlken úles qostı! Biraq ol ózi orıs! Biz aldın SSSR quramında boldıq, ata-babam, ata-anam, sol qatarı bálkim siz de Sovet dáwirinde mektepte kirill jazıwına tiykarlanǵan qaraqalpaq álipbesinde oqıǵanlıǵıńız tábiyiy! Biraq házir zaman ózgerdi! Qanshadan-qansha jaslar Ǵárezsizligimizdi qolǵa kiritkenimizden soń Latın jazıwına óte basladı (jeke ózim latın jazıwına tiykarlanǵan qaraqalpaq álipbesin úyrengenmen Kirill emes!) Siz bolsa eskini tikley almaysız! Sebep bar! Bul da bolsa barlıq kitap, sabaqlıq hám basqa da qollanbalar taza latın jazıwına tiykarlanǵan qaraqalpaq álipbesine ótiwi! Siz shetten kelip wikipediadaǵı barlıq zattı kirillshege aylantırıp taslay almaysız, hátte ózim zamanagóy latın alipbesinde oqıǵanlıǵım ushın oǵan heshqashan da jol qoymayman! Endi aldınǵı kirillshe álipbege toqtalatuǵın bolsaq, onı tiklewdiń ilaji bar, ol da bolsa, Kaawikidiń ekinshi kirillshe versiasın da islep shıǵıw (maǵlıwmat ornında aytıp ótemen ózbekshe wikipediada áyne usınday hár eki jazıwda qáliplesken). Biraq onıń ushın eń áweli latınsha versiasın sál jaqsılap alıwımız shárt, onnan keyin kirillshe haqqında oylap kórermiz, bul birden bolatuǵın zat emes! (Xalıqta gáp barǵo: "Eki kemeniń basın uslaǵan suwǵa ketedi" degen). Sonlıqtan bir toqtamǵa kelip pikir bildirip juwmaq shıǵarıwdan aldın máseleniń ekinshi tárepin de sál oylanıńqırap sáylegen maqul! Endi ósip kiyatırǵan jas áwladtı da oylańda azımaz, eski-eski kirill jazıwı dey beresizler, haw jas áwlad, keleshek jaslar robot emesqo mektepte latınshanı úyrenip, birden kirillshege ótip ketetuǵınday. Kirill álipbesindegi sol bayaǵı kórinistegi ғ, ө, ң, ә hám basqa da túrtik belgileri menen jazılatuǵın háripler haw latınsha kórinisinde barǵo áp-ánedey: á, ó, ú, ǵ, ń, ı htb, bular heshbir til álipbesinde joq háripler adaspasam, tek qaraqalpaq tili ushın jaratılǵanǵo minekey!
- Ekinshiden, siz joqarıda keltirip ótken sózliklerdi tawıp, onı mısal retinde jazǵanıńız ushın raxmet! Biraq wikipedia óz aldına xalıq túsinetuǵın sózlerde, xalıq túsinetuǵın tilde sózlik jaratıw huqıqına iye! Yaǵniy wikipedia óz aldına sózlik jarata aladı (álbette qaraqalpaq tiliniń sol bayaǵı sózlikleri: túsindirme sózlik, imlá sózlik, termin htb kitaplarına tiykarlanǵan halda). Bul degeni, biz de qaraqalpaq tiliniń sap taza qaraqalpaq tilindegi sózleriniń joǵalıp ketpew tárepdarımız! Biraq, maǵlıwmat ornında aytıp óteyin, men tilshi, filolog ya qaraqalpaq tiliniń studenti yamasa izertlewshisi emespen, men tek kewilli jas retinde ana tilimniń saqlanıp qalınıw tárepdarı sıpatındaǵı úles qosıwshısıman! Bul jolda, hátteki, geybirewler menen urıs-qaǵıs etip, qaraqalpaqsha wikipedianıń usınday dárejesine shekem sál bolsa da úlesimdi qosıp kelip atırǵan bir adamman! (reti kelgende aytıp qalayın dedimdá tek usını) InabatAllanova talqılaw هىخساشة 06:15, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
орыс тили→ Rus tiliИнглиз тили,алгличан тили→ Inglis tili PirjanovNurlan (talqılaw) 11:33, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
- Ассалаўма әлейкум, 2008-жылы тийкары салынған қарақалпақша ўикипедиа басламашыларынан бири Атабек Муртазаев атлы қарақалпақ жигити деп еситемен, биз де алғыслаймыз оны (ҳәзир жойбарда жоқ). Дурыс, кемшиликлер көп, мысалы арада алфавитке бир қатар өзгерислер киргизилди (сарказм: дүньядағы ең ақыллы тилшилер бизде шығар, алфавит бойынша жаңалық ойлап табыўға тепериш ("тепериш" - уста, шебер)), ал мақалалар бурынғы алфавитте жазылыўы менен қалған.
- Сизиң комплексли наразылықларыңыз орынлы, бирақ ол бойынша қысқа жуўабым: қарақалпақша ўикипедиа 2014-жыллардан 2022-жылы августқа шекем "шала уйқыда болды" (администратор (кадағалап отырыўшы) да қалмаған еди). Соннан берли азлы-кемли қайта қолға алынды (Нурлан, Инабат ҳәм басқаларға рахмет). Жеке өзим қарақалпақша ўикипедианы ҳәзирше ҳәттеки сынға алыў дәрежесине жетпеди деп есаплайман, ол ушын көп нәрсе ислениўи керек (басқа пайдаланыўшылар қапа болмасын). Сол ушын кимдур сынға алып басласа айтарым: мәрҳәмәт, сизде сонша пикир, идея бар екен, ислеп көрсетиң (өзим де баста ана жери анандай, мына жери мынандай деп едим, ислеп баслағаннан соң түсиндим соларды дурыслайтын адам жетиспеўин).
- Егер сын пикириңиздеги бастағы алты сөзин додаласақ (айтқандай, "додалаў" да қарақалпақша сөз: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, II том, Нөкис-1984, 80-бет.):
- 1. Хош келипсиз!: бәримизге белгили, мектеплерде "Хош келдиңиз!" деп пайдаланылады, қарақалпақша ўикипедиада да солай жазылып турды жақынға шекем, жақында интерфейсти өзгертип, сынап көрип атыр едик, сонда администраторымыз "хош келипсиз" деп пайдаланыпты. Бул стилистикалық қәте болғаны менен, бирақ орфографиялық, лексикалық жақтан қәте емес екенлиги айырымларды алжастырады деп ойлайман өзим. Себеби усыған уқсас "кеше келипсиз", "жаңа келипсиз", "тез келипсиз" дегенге уқсас көп гәплерде "келипсиз" ислетиледи мысалы. Бирақ ең дурыс жазыўы "Хош келипсиз!", қәте дурысланды, рахмет қырағылық ушын.
- 2. Илтимас: Н. А. Баскаков, Русша-қарақалпақша сөзлик (47 000 сөз), Москва-1967, 814-бет. Просьба - 1. өтиниш, сораў, илтимас, тилек
- 3. Мәнзил: M. Dáwletov, Sh. Abdinazimov. Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi, Nókis, "Bilim"-2020, 301-bet. (Qosımsha: kitap latın imlasında baspadan shıqqan, "mánzil" dep jazılǵan).
- 4. Әллеқашан: M. Dáwletov, Sh. Abdinazimov. Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi, Nókis, "Bilim"-2020, 51-bet. (Qosımsha: kitap latın imlasında baspadan shıqqan, "álleqashanǵı" kórinisinde berilgen).
- 5. Ибарат: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, II том, Нөкис-1984, 255-бет. Ибарат - қуралған, жасалған, турады.
- 6. Терме жәмәәти: дурыс бул сөз өзбекше "терма жамоа" дегеннен сөзбе-сөз аўдарылған. Себеби биз басқа тилдеги мақалаларды қарақалпақшаға аўдарғанымызда алдын русшадан (инглисшеден) өзбекшеге (Google Переводчик арқалы), кейин өзбекшеден қарақалпақшаға өткериў ушын [From-to-uz өзбекше-қарақалпақша онлайн текст аўдармашысы]нан пайдаланамыз, себеби текстлерди (сөзлерди емес) туўрыдан-туўры русша-қарақалпақша ямаса инглисше-қарақалпақша аўдарма ислеўши программа жоқ ҳәзирги күнде. Бул онлайн текст аўдармашы өзбекше "терма" (не собирай) дегенди "терме" (не собирай), "жамоа" (общество) дегенди "жәмәәт" (общество) деп сөзбе-сөз аўдарып береди. Сол ушын мақала авторы усы онлайн текст аўдармашысын пайдаланғанда итибарлы болыўы керек, қайта-қайта оқып, "сайланды команда" деп дурыслап шығыўы керек еди.
- Улыўмаластырып не демекшимен? Көрип турғаныңыздай, кемшиликлерди мойынлаў менен бирге, айтажағым, бизлер де Баскаковтың аўдарма, қарақалпақ тилиниң орфографиялық, түсиндирме сөзликлери менен ислесемиз.
- Қарақалпақша ўикипедиа ҳәзир тил бойынша қәнигелер жәрдемисиз жүргизилип атыр, бирақ келешекте 4-5 адамнан қуралған тилшилер топарын дүзип, оларға мақалаларды лингвистикалық жақтан (стилистика, пунктуация, орфография) кадағалаў функциясын тапсырыў идеялары да жоқ емес.
- Сөз жуўмағы ретинде және бир нәрсе: Ўикипедиа - еркин энциклопедия, бундағы мақалалар илимий, рәсмий стильдеги сыяқлы идеал дәрежеде болыўы шәрт емес, бирақ соған умтыламыз. Ўикипедианың және бир қағыйдасы - қәте қылыўдан қорқпаў: басқалар қәтеңди мақаланың талқылаў бетине жазып кетсе, дурыслап қоясаң мысалы.
- Сол ушын қәте тапсаңыз сол мақаланың талқылаў бетине жазып кетиңиз, автор ямаса администраторлар дурыслап қояды лазым тапса. Ямаса қарсы пикирин жазады. Себеби сизиң де айырым пикирлериңизге қарсы дәлиллер (илимий китаплардан) жоқарыда атап өтилди (додалаўдағы 2, 3, 4, 5 пунктлер). Көпшиликтиң алдында биреўдиң қәтесин шығарыў мен ушын жат нәрсе, сол ушын жоқарыдағыларды сизиң пикирлериңизге берилген түсиндириў жуўабы деп қабыл етесиз деп ойлайман.
- Академиялық дәрежеңиз жоқары болған аўдармашы (эмгэушник) сыпатында сизге ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги мектеп сабақлықларындағы қәте аўдармаларды үйренип, сын мақалалар жазыўды усыныс етемен.
- Сын пикирлериңиз ушын бәрибир рахмет, сын болмаса раўажланыў болмайды. Саў болыңыз. Ajiniyaz Nurniyazov 11:14, 2023 j. fevraldıń 2 (UTC)
- Ассалаума әлейкум,
- Ырасын айтқанда, бул жерде сизден алдын берилген еки жууаптан кейин, мен бул тема жауылған шығар деп ойлаған едим, бирақ қәтелесиппен.
- I) "Келдиңиз" сөзи (+ усы сөздиң хәрқыйлы вариантлары "келдиз, келдим, келдиң") барлық жақтан дурысрақ деп ойлайман хәм де күнделикли өмирде көбирек қолланылады, мәселен "Сиз келдиңизпа?", “Ерте/кеш келдиңиз-ғо", "Қашан келдиңиз?", "Мен келдим", "Ол келди", "Сен келдиң" – бул барлық сөзлердиң түбири "келдиңиз"
- Бас бетке хош келдиңиз деп жазылғанын көрдим, өзгерткен адамға рахмет
- II) Мен Баскаковтың 1957 жылғы сөзлигин хәм sozlik.com ды (бул электрон сөзлик илимий китаплардағы мағлыумат арқалы жаратылған) көргенимде, “мәнзил” менен “илтимас” сөзлери жоқ еди. Алдыңғы хатымда мен Баскаковтың 1957 жылғы сөзлиги тууралы айтып атыр едим.
- Н.А. Баскаков, Каракалпакско-русский словарь (около 30,000 слов), Москва, 1957
- Баскаковтың 1957 жылғы сөзлигинде: просьба – өтиниш, пожалуйста – мәрхәмәт болып жазылып тур
- тағы, төмендеги китапларда мәнзил орнына “адрес” сөзи пайдаланылғанын көрдим
- 1) Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, I том, Нөкис, 1982, 7 бет
- Cөзликке тийисли пикир хәм тилеклер төмендеги адреске жиберилсе болады
- 2) Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, I том, Нөкис, 1982, 30 бет
- Адрес 1) туратуғын жер, мәкан үйдиң көшенин қаланы атлары жай номери жазылған хат 2) биреуге қаратылған сөз хат
- 3) Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, IV том, Нөкис, 1992, 5 бет
- 4) Н.А. Баскаков, Каракалпакско-русский словарь (около 30,000 слов), Москва, 1957, 20 страница
- III) id картада, әнедей қарақалпақша “тулға, ат, қолы” сөзлери орнына “шахс, исми, имзасы” деп жазылғанына ашыуым келди; буған қосымша, Қарақалпақстанның байрағы, гербы, бас заңы Өзбекстандикинен копияланған, ал енди хәзир қарақалпақ тили жылдан сайын өзбекшеге уқсап баратыр. Tағы “мәнзил, мүрәжәт, тез күнде, мәхәлле, мүнәсибет, дәрамәт...” сыяқлы сөзлер, хәзир қарақалпақшада көп қолланылатуғын болып кеткен – бул муңлы
- Мениң ойымша, мәнзил сөзин, мәтин я бирде сөйлемниң контекстине қарап қарақалпақшаға келесидей аударыу мүмкин
- 1) жасау орны (паспортта жазылып турғандай етип), адрес – үй, жай тууралы айтылып атырған кезде; 2) өткерилген жери – өткизилген жарыс, мереке, жыйналыс тууралы айтылған кезде; 3) орналасқан жери – мекеме, имарат, шөлкемниң орналасқан жери тууралы айтылып атырғанда
- Жеке мениң ойымша, “өтиниш” (паспорттың ақырғы бетинде усылай жазылып тур) бар кезде, “илтимас” сөзин қолланыудың қажети жоқ деп ойлайман; “қурайды, дүзилген, турады” бар кезде “ибарат” сөзин қолланыудың қажети жоқ деп ойлайман
- IV) сиз қолланып атырған аударыушы сервис From-to-uz өзбекше-қарақалпақша онлайн текст аўдармашысы
- Әлемде, қарақалпақ тилине ең жақын тиллер бул ноғайша менен қазақша – бул илимий фактты Баскаков аға ыраслаған. Тағы,
- қарақалпақша Уикипедия қазақша Уикипедия фундаментинде исленген.
- Сонлықтан, бир сөз тиркесин орысша/англичаншадан қарақалпақшаға аударған кезде, ең баста ноғай хәм де қазақшада бул сөз және сөз тиркелердиң эквивалентлери қандай болатуғынын көриу керек деп ойлайман
- https://sozdik.kz/
- https://glosbe.com/en/nog
- V) Қазақстанда, қазақ тилине жаны ашып, қәдирлеп, қәстерлеп атырған адамлар сонша таза сөзлер жаратты – тикушақ (вертолёт), бағдаршам (светофор), ғаламтор (интернет), жүйе (система), дәрумен (витамин), бет перде (нықап орнына), мекенжай (мәнзил орнына), сөйлем (гәп орнына), етистик (фейил), тилтаным (лингвистика)
- Бирақ қарақалпақ тилинде бундай таза сөзлер жаратылғанын көрип турғаным жоқ, көп сөзлер хәм де сөз тиркесилер қарақалпақшаға аударылмай, тууры өзбекше (инглис тили, шегирме, суғырта, тез күнде = жақын арада, ишимлик суу = ауыз суу), арабша (мәнзил, мәсләхәт, ғыйбат, муқәддес), парысшадан (хәмме) алынып атыр – бул муңлы
- өтиниш, ет (есть и в ногайском), бөлме, заң, қурайды, қамтыу, қамсызландырыу, көклем, тәбиғый – эти слова есть и в каракалпакском и казахском языках, однако сегодня они практически не используются в Каракалпакстане. Ногайский и казахский языки это ориентиры (үлги) и они напоминают, сколько слов потерял и теряет каракалпакский язык.
::айғабағар, ғәрезсизлик, гешир, машқала, пышық, шөлкемлестириу, шөлкем, нәхән, торақ, билимлендириу – қарақалпақ тилинде мине усындай өзгеше, уникал, бир неше түркий тиллерде жоқ сөзлер бар, бирақ хәзир бундай таза сөзлер жаратылмай атыр
- Мениң айтажағым усы еди. Karakalpak balasy (talqılaw) 20:24, 2023 j. fevraldıń 12 (UTC)
Инабат, 1) Инабат, егер алдын билмеген болсаң, хатты көп мәрте "!" белгисин қолланбайда жазыу мүмкин.
2) Сениң хатың өте сыйласықсыз жазылған. Әжинияз сеннен мың есе жақсы жазады.
3) Николай Баскаков орыс адам болғаны менен, ол сен хәм де айрым усы Уикипедияны редакторлап атырған адамларға қарағанда, қарақалпақ тилиниң сақланыуына мың есе көп үлес қосты. Сен филолог, изертлеуши, профессионал аудармашы болмай турып, Баскаковтың жумысын бахалалмайсаң!
4) ең баста, "адрес, команда" сөзлери орысшаға англичан, франсуз тиллеринен келген. Кейин есе, бул сөзлер орысшадан қарақалпақшаға өтти.
Егерде ондай логика менен ойлайтуғын болсаңыз, "интернет, телефон, почта, вокзал, фэйсбук, уатсап, холодильник, стол, ручкы, телеграм, сайт" сөзлери менен қолланба.
Адрес, өтиниш, команда "мәнзил, илтимас, терме жәмәәти" ден мың есе жақсы!
5) мен алдын айтқанымдай, Қарақалпақстанда кириллшада жазылатуғын сайт, группалар жеткиликли. Тағы, егер хабарың жоқ болса, Қарақалпақстанның үкиметиниң сайтында кириллша версия бар.
6) мен барлық затты кириллшаға өтириу керек дегеним жоқ. Мен бул жерде кириллша Уикипедияны жаратыу тууралы әнгиме айтып атырман. Бир зат деп жазбастан бурын, мениң алдыңғы хатымды жақсылап оқы!
7) á, ó, ú, ń, ģ хәриплери және венгр, чех, словак, поляк тиллеринде ушырасады.
Сениң усы хатыңнын өзинде мен неше фактологиялық қәтелерди байқадым, қәйдем ал, Уикипедияда мақала қалай жазып атырғаныңды.
8) Уикипедия өз алдына сөзлик жаратқан жағдайда-да, ең алдымен, қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзликлери, әдебий қарақалпақ тилиниң сөз байлығы және қағыйдаларын есапқа алып ислеу керек.
9) "Уикипедия халық түсинетуғын сөзлерде, халық түсинетуғын тилде сөзлик жаратыу хуқықына ийе".
Егер сен, Уикипедияда "хош келдиңиз, өтиниш, кеңес, адрес/жасау орны, алдын, бурын, қайғылы, ууайымлы, муңлы, қылмыс, серик, ыраслау, айланысыу, жекке, тулға" сыяқлы сөзлерди жазсаң, Қарақалпақстандағы адамлардың көбиси бул сөзлерди түсинеди.
Тағы, егер Уикипедияны оқып атырған адам, әдебий қарақалпақ тилинде бар айрым бир сөзлерди түсинбесе, бул сөзди sozlik.com да излеуи мүмкин. Бул адамның өзине пайда болады, неге десең ол таза сөз үйренеди және өз сөз байлығын байытады. Адам таза сөз үйренген кезде, бул мийне пайда болады, бул фактты илимпазлар ыраслаған.
10) Қарақалпақ тилиниң сақланыуна болысатуғын екенсиз, не ушын онда тил тазалығын сақламайсыз?
Не ушын әдебий қарақалпақ тилинде бар "хош келдиңиз, өтиниш, алдын, бурын, қурайды, серик, қылмыс, қеңес, хақысыз/пулсыз/мут, ешейин, қайғылы/ууайымлы/муңлы, дәлиллеу/ыраслау, тулға, жекке, айланысыу, қатнас/байланыс" сыяқлы сөзлерди қолланбайсыз?! Karakalpak balasy (talqılaw) 19:58, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
Нурлан, бириншиден Инабаттан кейин қосылып коммент жазыудың қажети жоқ, сизлер екеулеп маған қарсы шығып атырсыз.
Екиншиден, қарақалпақ тилинде "Орысша, англичан тили" деген сөзлер бар, сөзликти жақсылап қараң. Karakalpak balasy (talqılaw) 20:18, 2023 j. yanvardıń 31 (UTC)
- Qaraqalpaq tili taza imla sózliginde sonday kórsetilgen. Menda aldın orıs tili dep júretin edim. PirjanovNurlan (talqılaw) 05:05, 2023 j. fevraldıń 1 (UTC)
- Jaqın arada bári tuwrılanıp shıǵadı. Avtomat awdarmadan paydalanılǵan maqalalar kóp. Bul jerde bunday jazabergenińiz heshkimge payda keltirmeydi. Nadurıs paydalanılǵan sózler bolsa ózińiz tuwrılap basqalarǵa órnek bolǵanıńız jaqsı. PirjanovNurlan (talqılaw) 05:16, 2023 j. fevraldıń 1 (UTC)
Рахмет, Нурлан
Қуры мениң Инабаттың сыйласықсыз және фактологиялық қәтелер менен жазған жууабына қаттыға ашыуым шығып кетти.
исенимли sozlik.com сайтында "орысша, англичан тили" деген сөзлер бар екенин көрдим
Мен қарақалпақ тилиниң ууайымлы жағдайына кеуил бөлиуди өтинежақ едим. Қарақалпақ тили умытылып баратырғаны хәм тил машқаласы жөнинде неше илимпазлар және Дәулетмурат ағада айтқан еди
Өрнек тууралы айтқаныңыз дурыс. Karakalpak balasy (talqılaw) 20:44, 2023 j. fevraldıń 1 (UTC)